es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 864 suscriptores, ocupando la posición 4 299 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 452 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 864 suscriptores.

Según los últimos datos del 29 junio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -262, y en las últimas 24 horas de -11, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 26.92%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.44% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 080 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 669 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 46.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 30 junio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 864
Suscriptores
-1124 horas
-947 días
-26230 días
Archivo de publicaciones
Күн даўамында жақсылар ҳәм жақсылықлар жолдасыңыз болсын әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қ
*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қандай жағдайда да қоллап туратуғын жақын адамларымыз саў болсын! Сизлердиң бәршеңизге сондай бийбаҳа ҳәм қәдирли болыў бахтын тилеймиз! 🌙Қайырлы түн! Түниңиз тыныш өтсин! Таңда ғайыбана дийдарласқанша Аллаға аманатсыз! Бизден узақласпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Айна менен топырақтың сәўбети Топырақ айнаға қарап: - Саған ҳәўесим келеди. Себеби саған қараған инсан өзин көреди. Ал маған қарағанда тек мени көреди,-деди. Айна жуўап берди: - Ҳәй топырақ, кеўлиң шөкпесин. Мен маған қарағанлардың тек бүгинги көринисин көрсетемен. Ал сен оларды келешеги менен жүзлестиресең,-деди. Бул жуўап топыраққа унағаны менен бәрибир кеўлин жақтыландыра алмады. Топырақ сәл ойланып турды да және сөзин даўам еттирди. - Айна бәлким сен мени жубатыў ушын айтып атырған шығарсаң, бирақ сеннен жүз бурып ҳешким маған қарамайтуғыны мәлим ғой - Қарайды деп жуўап берди айна. - Маған қараўға бети қалмағанлардың көзлери ҳәр дайым сен тәрепке қарайды.... http://t.me/ibratli_sozler

❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлес
❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлесиўшилер таўылады, бирақ руўҳый жығылсаңыз сизди теўип кетеди. 🌱Не болса да басыңызды тик көтериң, жүдә күшли сабыр ийесине айланың, тисти-тиске қойып үйрениң. 🌱Жоғалтыўларға таяр турың ҳәм көнлигиң. Себеби, бул сынаў дүньясы. 🌱Сизге наҳақ қәлб азабын берсе де күлимсирей алың. Бар күшиңизди жыйнап дүньяға мыйық тартып қараң. 🌱Ҳеш қашан көз жасларыңызды ҳеш кимге көрсетпең. Адамлар сизди әззи деп ойламасын. https://t.me/ibratli_sozler

2_5260636047636717136.mp38.00 MB

photo content

#Ибрат Бир шопан өзиниң қартайып қалған ийтинен қутылыў жолларын излей баслады, ойлай-ойлай ақыры оны көлге шөктириў шешимине
#Ибрат Бир шопан өзиниң қартайып қалған ийтинен қутылыў жолларын излей баслады, ойлай-ойлай ақыры оны көлге шөктириў шешимине келди. Шопан ийтин қайыққа салып, көлдиң ишине қарай барды. Көлдиң шуқырлаў жерине барып, қайықтан ийтин таслап жиберди. Ийт қайыққа қарай талпынған еди, шопан қолындағы ескеги менен ийттиң басына урды. Сол ўақытта қайық шайқалып кетип, шопан жигит суўға қулады ҳәм муздай суўда аяқ-қолының тамыры тартып қалып жүзе алмай қалды. Ийт ҳожайынының кийиминен тислеп көлден жүзип шықты ҳәм оны қутқарды. Көлден аман шығып алған шопан, өзиниң ҳақыйқый достын өлтирмекши болғаны ушын қатты өкинди. Ал ийти шопан урған соққыдан қасында басынан қан ағып өлип жатар еди. https://t.me/ibratli_sozler

❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлес
❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлесиўшилер таўылады, бирақ руўҳый жығылсаңыз сизди теўип кетеди. 🌱Не болса да басыңызды тик көтериң, жүдә күшли сабыр ийесине айланың, тисти-тиске қойып үйрениң. 🌱Жоғалтыўларға таяр турың ҳәм көнлигиң. Себеби, бул сынаў дүньясы. 🌱Сизге наҳақ қәлб азабын берсе де күлимсирей алың. Бар күшиңизди жыйнап дүньяға мыйық тартып қараң. 🌱Ҳеш қашан көз жасларыңызды ҳеш кимге көрсетпең. Адамлар сизди әззи деп ойламасын. https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўият Күнлердиң биринде Данышпан Уламаның алдына бир Ҳаял келип машқаласын айтыпты: — Буннан еки жыл бурын күйеўим менен мениң некемди сиз қыйған едиңиз. Ал, енди болса бизлерди ажырастырагөр. Мен оның менен жасаўдан тойынып кеттим. — Ажыраспаққа умтылған тилегиңниң себеби недур? — сорапты Данышпан. Ҳаял былайынша түсиндирипти: — Басқалардың күйеўлери өз ўақтында үйлерине келип қуўысады, ал меники болса, бир жерлерде иркилгени-иркилген. Удайы усындай аўҳал. Сол себепли, үйде ҳәр күни даў-жәнжел. Данышпан таң қалыпты: — Себебиңниң усы болғаны ма? — Аўа, болғаны. Мен бундай кемшилиги бар адам менен бир үйде турғым келмейди, — депти Ҳаял. — Ажырастыр дедиң, неси бар, ажырастыраман да қояман, лекин бир шәртим бар. Ҳәзир үйиңе қайт та, нәҳән ҳәм мазалы етип бир нан жап ҳәм маған алып кел. Наныңның масаллықлары ҳәргиз өз үйиңнен болмасын! Суўды — бир қоңсыңнан, дузды — басқа бир қоңсыңнан, мәйекти — аўылыңдағы және бир үйден, унды — басқа бир хожалықтан сорап ал да, наныңды таярлағайсаң. Не ушын сорап турғаныңды оларға жақсылап түсиндирип айт, — депти Данышпан. Ҳаял үйине жөнепти ҳәм иске кирисипти. Оң жағындағы жан қоңсысына кирипти де: — Қоңсыжан, маған бир лаўабы кесе суўыңнан берши? — депти. — Ҳаў, үйиңде суў жоқ па?... Өйппей, маңлайым, аўылымыздағы қ-дықтың суўы қурып қалды десеш! — Ҳаўлықпа, суў үйде де, қудықта да мол-молақай. Гәп сонда, мен Данышпан Уламамыздың алдына «күйеўимнен ажырастыр» деп барған едим... — деп ҳаял болған ўақыяны үсигин де қалдырмай оған баян етипти. Сонда қоңсы ҳаял терең гүрсинипти: — Эҳ, егер сен мениң күйеўимниң қандай екенин билгениңде бар-ғой... Ҳәм күйеўиниң етип жүрген ислерине шағынып кетипти. Соң Ҳаял шеп жағындағы жан қоңсысына кетипти. Дуз сорапты. — Үйиңде дузың таўсылды ма? Бир шымшым сорағаның нең? Сорамайсаң ба молырақтан! — депти қоңсы ҳаял. — Дузым үйде мол. Барлық гәп сонда, мен Данышпан Уламамыздың алдына «күйеўимнен ажырастыр» деп барған едим... — деп аўзын жасқай берип еди, қоңсысы оның сөзлерин шорта бөлди: — Эҳ, егер сен мениң күйеўимниң қандай екенин билгениңде бар-ғой... — деп өз күйеўиниң үстинен «гүзелерди сындыра баслады». Соң Ҳаял аўылындағы таўықлы бир үйден мәйек сорапты... Соң және бир үйден ун сорапты... Ол қайсы үйге кирмесин, сол хожалықтың еркеги ҳаққында жаманлықларды есите берипти. Барлық масаллықларды жәм қылған соң, мазалы етип нан жаўыпты. Оны Данышпан Уламаның дәстүрханына тартыпты да: — Сизге шексиз рахметлерим болғай! Мына мийнетимди бала-шағаңыз бенен бәҳам көриңиз. Сизден өтинишим сол, мени күйеўим менен ажырастырагөрмең... — Не болып қалды? — Сорапты Данышпан. — Болғаны сол, ҳәммесиникинен де жақсысы мениң күйеўим екен! ✍Интернет тармақларынан >>>>>>>>///////<<<<<<<< https://t.me/ibratli_sozler

ЖАҚСЫ ЖУЎАП Автобусқа бир кемпир кирип келди. Жас жигит турып оған орын берип атырса, кемпир оны мысқыллап: - Балам, жасың не
ЖАҚСЫ ЖУЎАП       Автобусқа бир кемпир кирип келди. Жас жигит турып оған орын берип атырса, кемпир оны мысқыллап:     - Балам, жасың нешеде?- деп сорады.     - Жасым жигирма сегизде, апа,- деп жуўап берди жигит.      - Жигирма сегиз жасқа толсаң да еле автобуста жүрсең бе? Мениң қызым жигирма еки жасына жетпей-ақ өзине   машина сатып алды, - деди кемпир жигитти кекетип.      Жигит оған күлимсиреп қарады да, әлпайымлық пенен:       - Мен де ақша жыйнап едим. Сол ақшама анама машина алып бердим. Енди анам анда-мында барғанда автобус күтип жүрмейтуғын болды,- деп жуўап берди. ✍Амантай Тойшыбай улы https://t.me/ibratli_sozler

#этнография <<ШЫҒЫР>> ШЫҒЫР--диханшылық ата-бабамыздың ерте дәўирлерден бери бирге киятырған кәсиби. Дийханшылықта суўғарыў ислери баслы орында турады. Сонлықтан, халқымыз щығырлардан кең пайдаланған. Шығырдың қурылысы дөңгеле түрде болып, еки қатар жиңишке қадаларды айландырып, бириктирип, орталығы қалақшалар бекитилген қурылма. Қалақшалар суўдың ағыс пәти менен шығырдың айланысын ҳәрекетке келтиреди. Шығырды суў шығарыў қыйын жерлерде пайдаланады. Шығырдың бир тәрепине гүзелер аўзы ағысқа қарсы қаратылып байланады, шығыр айланғанда гүзелер суўға толып, шығыррға тутастырылған, қарық сыяқлы наўаларға қуйылады. Сол қарық арқалы атызларға суў апарыўшы жап-салмаларға жеткериледи. Шығырды айландырыўға ағыстың пәти аз болып, күши жетпейтуғын орынларда шығырды ат, өгиз, түйелердиң күши менен айландырыў бурынлары көп болған. Шығырға қосылған көликлердиң көзин байлап қоятуғын болған.
Дерек: Шахзода Алламуратова жеке каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹 ✍Т.Кабулов 🎤А.Әжиниязова 🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹 https://t.me/ibratli_sozler 🌹🎼🌹🎼🌹 🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹

Қайырлы түн әзизлер! Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин, Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин. Улықпандай мың жыл өмир сүрсең де
Қайырлы түн әзизлер! Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин, Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин. Улықпандай мың жыл өмир сүрсең де, Соның аржағында бар тағы бир күн.  ✍ Т. Жумамуратов 💫 💫 💫 💫 Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз... https://t.me/ibratli_sozler

- Көзи әззи адам жақты әлемди көриўди әрман етеди. - Қулағы аўыр адам даўысларды еситсем дейди. - Арбашада отырған адам, жерд
- Көзи әззи адам жақты әлемди көриўди әрман етеди. - Қулағы аўыр адам даўысларды еситсем дейди. - Арбашада отырған адам, жерди аяқлары менен ғаз-ғаз басыўды қәлейди. - Сақаў болса сөйлеўди әрман етеди. ❗️Сен болсаң ҳәм көресең, ҳәм еситесең, жүресең ҳәм еркин сөйлейсең. ❗️БАРЫНА, БӘРИНЕ ШУКИР ҚЫЛ ! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

ӨЗИ БОЛҒАН ӨЗМӘМБЕТ Өзи болған өзмәмбет, Көкте жүрген пәлпәллеп. Жерден үзип аяғын, Көзин басқан май, ғәплет. Аңлап ояқ-буяғы
ӨЗИ БОЛҒАН ӨЗМӘМБЕТ Өзи болған өзмәмбет, Көкте жүрген пәлпәллеп. Жерден үзип аяғын, Көзин басқан май, ғәплет. Аңлап ояқ-буяғың, Көрсем оның сыяғын. Кеўли өсип табыстан, Зорға басар аяғын. Зәңлеп кеўилханасы, Топасланған санасы. Көринбейди көзине, Ҳәтте туўған анасы. Дүнья алып ақылын, Билмес истиң мақулын. Көзге илмес ҳәттеки, Баўыр етин жақынын. Қапа етсең анаңды, Күйдирипсең Каабаңды. Жақынларсыз ҳешкимсең, Оят енди санаңды! Өзи болған өзмәмбет, Ақылыңды ал, жәмлеп. Бул бес күнлик дүньяда, Кимлигиңди ал пәмлеп. ✍Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА https://t.me/ibratli_sozler

Умит расы машын пулдан кыйналып баслады, онын устине пахта отак басланып атырган уакыт еди. Бириншилерден болып пахта гезекке( ол уакытлары конага) баратугынлыгын директордан еситкен еди. Ол енди абден кыйланып калган еди. Себеби конага барасан, болмаса орнына акша берип адам койып кетеу керек еди. Ол пахтага барган жерден хеш кимди танымасада, бирге келгенлер менен уйме уй журип зорга кешке таман орнына бир балага акша берип келисип кетти. Усылай бир хапте уакыт отти. Енди Умит ушын жумыс уакты басланып жумыска карай жол алды. Мектепке келсе хамме огар баскаша коз карас пенен карагандай сыяклы туйилди. Ойлаганындай болып шыкты. Кейин билсе директор оз ханасына шакырып алып жумыстан босаганын айтты... Хайран... Не болды деп сорамай атырып директор алдына бир бет кагаз бенен ручка койды. Жане хайран.. Ойлады маган тапсырма бар екенау Кейин тили зорга айланып бул не зат деди аппак бетти корип. Жаз арзанды деди. Енди бир немелерди сезгендей болды. Ойткени Умит жокта енеси келип жаманлап кеткенин еситкен еди. Бирак бул дарежеде екенин билмес еди. Себеби мектеп директори Умиттин алыслау кайнагасы еди. Олсызда кайин ене корген жерде, жумыстан босатыудын турли илажларвн корип жургенлигинен азмаз хабары бар еди.Енди абден директордын келиншегине, директордин озине Умитти жаман корсетип болган еди. Умит директор ханасынан хеш нарсе деместен шыгып кетти. Сыртта саялап отырган касиплеслеринин касына барып отырды. Оларда хамме уакыядан билгенликлерин билдиргиси келмегендец унсиз отырды. Умит буратала озин колайсыз сезди. Усылай жер сызып отырган уакытта бир затты банелеп директор саялап отырганлар касына келди, хам Умитке жане кете бер жумыстан босадын деди. Бул соз енди артыкша еди. Директор да, касындагы касиплеслерде Умитке айып ислеп койгандай карап турар еди. Умит сойлеуди билди, директор негатив пикир айтыуды кутер еди.Себеби Умит сойлеп, тонкылдап себебин сорап кетсе усы имкатяттан директор жаксы пайдаланып касиплеслерге жаман корсетиуин кутип тур еди. Азмаздан кейин хар ким оз жумыслары бойынша ишке карай таркаса баслады. Умит болса " салысы сууга кетип" уйге карай( торкинге) жолга машын кутиу ушын биндиргиге карай " сиркесин суу котермей" зорга журер еди. Арадан бир еки кун о кен сон жумыска барып корейин балким мени хаммеси сынап атырган шыгар, кейни жаксы болып кетер деген умитлер менен барды. Барса директор жане сол гап, тагы орнына адам алдым, пайдасы жок деп касты бар адамдай гапти кесип айтты. Умиттин устинен " муздай" суу куйылгандай болды. Ол енди не ислерин, кайда барарын, кимге жарыларын билмеди. Хеш жерде хеш зат жок жумысымнан айрылсам, мен кимге жаманлык кылдым, ким ушын журдим, ким ушын окыдым, кимлер менин жумысымнан айралып калыуыма себепши, кимлер маган жууап бере алады деген ой Умитти кыйнап келмекте.
Сизлер не деп ойлайсызлар? Шанарактагы, кызларма яки сол кызлардын созин ерген кайин атама, яки ененин созине ерген директорма (кайнагама) яки бариниң басында сол "майда" "катын гап" зулым кайин атама"??? Кайин аталар ким? Шанаракта олардын орны кандай болыуы керек? Усы кайин атанын келинге ислеген кысыуметлерине калай карайсызлар??
✍Қағазға тусирген: Индира Пирлепесова https://t.me/ibratli_sozler

Умитте кейнин ойлап дарриу кийеуине ерип барып сол кийим, сол ийниндеги сумкасы менен шингириклерди екеулеп, ушеулеп еселеп тасый баслады. Енди жигирмага шамаластау деп санапта кормеди усти басын кагып кетиуге бийимлескенде енеси куртканды шешип неге тасымадын, менин саган кайта кайта аперетугын акшам жок, десе айнадан карап куни менен бауларды алып откенин нешеу болганын корип турган кызларда буган еле жигирма болган жок деп оз " улес" лерин косты. Енди бул Умит ушын артыкша еди. Исинип, ханасына сыймай турган ол енди сойлеуге мажбур еди. Сол кызлар жумыска барып келип жургенин коре алмаслыкларын, барин усылар баслап, изин ата ене дауам етип атырганлыгын, озине кылган адалатсызлыкларын бирме бир айтып шеринде таркатып алгандай болды. Онын менен олар бир гапинеде, бир кылыгына да уялажак емес. Кайта сол жер улкен бир топаланга айланды. Кайин ата да кылыгынан кылмысынан уялыу жок. Гапке тусинбейтугынларын сезген Умит кешикседе мектепке карай асыкты. Уйде калган менен гап гужисе гужийдиде, токтамайтугынын билди. Ол жолда баратырып озин бир баска планеталар, яки баска алем адамлар арасынан тусип калгандай, хайран. Усылай ол бирине шыдап, бирине сойлеп еплеп журе берди. Енди кыз уактындагы сол баягы адепли, шаккан, шебер деген кыз асте шараятка, жагдайга карап озин озгерте баслады. " Атты ешектин касына байласан, ешектин табиси урады" дейди го. Сол айткандай Умитте озин ози коргауды сол " ешек" лерден уйренди. Ойткени кайин атанын, нырыкка сыймаган, гаплери, кылмас, кылыклары хатте кийеуи согип кормеген Умитти енди сол кайин атадан еситти. Усылай кунлер отип енди келинге абден " кет" деген адетти шыгарды. Ол оганда шыдап, жумыс, гейде уй гейде шаршап кетип калыуды да ойлады. Бирак шыдады, ойткени ол уйге барып отырыуды "уят" билди. Буларды ол ата анасына бирин айтып бирин жасырып айтпады. Кызлар жумысты койып кетиуине турли себеплер, турли гаплер тауып шаршамады. Умит жумыска келсе, уйге карай кайткысы келмей табаны тартпай, кайтар еди. Усындай кунлердин биринде аукат асыуды себеп етип барлыгы жыйналып я жумыс я уй болмаса кетсин деп биригип Бахытты ортага алды. Бахыт ан тан не болганын, не болып атырганын кимге боларын билмеди. Себеби бул ата анасынын кунделикли гапине айланды. Умит болса кийеуине мен уйде калсамда усы жанжел жумыска барсамда усы жанжел, мен барлыгына шыдап, барлыгына улгерип киятырман. Жумыстан босасам мен жилли болып каламан, себеби сен мени уйдегилерден коргай алмайсан сойлесен катыннын гапи болып атыр. Азмаз болсада басымды жазып келеменго. Айлыгым барибир солардын колында, менин зыянымнан пайдам кобирек шыгар деп ныкыртыпта койды. Бул жанжеллер артса арттыда хеш пасеймеди. Бир куни жумыска ертелеу кетиуге болмаса болмайьугынын мектепте жыйналыс откерилетугынын айтып ертерек шыгыудын илажын корип атырганда сол кайин ата жане аукат сылтаулап иркиуге тырысты. Умит енем бар болмаса кызлар бар мен казанды аркалап жургеним жок, тек бугинше еплей турсын деп кетип баратыр еди. Изинен сенин олар кулын емес аукатынды асып отыратугын кетсен кайтып келиуши болма деп катан турде буйрык етип айтты. Умыт асыга журип кетти. Ол мектепке барыпта, жыйналыста отырыпта берекети болмады. Басы ауырып катты ойланды, мунайды, не ислеринде билмеди. Уйге кайтып баргысыда келмеди. Барса сол базы баягы " майда" катынша" кайин ата кутип аларын билер еди. Коп ойланды, кейин шыдамай жумыстан тууры торкинге карай жол алды. Уйде анасы кутип алды. Олда бир нарсени сезгендей кауетерлене баслады, бирак билдирмеди. Умитте бирден гап баслай коймады. Азырак дем алды, шай тамагын ишти. Кейин анасы менен сырласа баслады. Анасы дым унсиз калды. Себеби ол усы уакытка шекем бул дарежеде болып атырганын, бурынлары келгенинде бар акылын айтып, кемисин питкерип, берип жиберип отыр еди. Усылай ол бир кун дем алып ертенине сол жумысына торкиннен барып, кайтыуды дауам еттирди. Умиттин ойлаганы азы кем кадиримди билсин, корсин дегени еди. Ол усылай етип бир еки хапте уйден катнап турды. Деген менен тилекке карсы мектепке еки районнын ортасында еки машынга минип, кайтарда жане еки машынга минип кайтар еди. Даўамы👇👇