uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 808 підписників, посідаючи 4 313 місце в категорії Релігія і духовність та 444 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 808 підписників.

За останніми даними від 07 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -287, а за останні 24 години на -3, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 27.91%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.45% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 249 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 658 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 08 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 808
Підписники
-324 години
-457 днів
-28730 день
Архів дописів
Төртликлерден Маржанның да арасынан тас шығар, Жай адамнан он есе пәс басшы бар. Өзим көрдим соның биреў-екеўин, Мүмкин, бира
Төртликлерден Маржанның да арасынан тас шығар, Жай адамнан он есе пәс басшы бар. Өзим көрдим соның биреў-екеўин, Мүмкин, бирақ, арамызда аз шығар.Тилеўберген Жумамуратов. 📖 ✍ 📖 ✍ 📖 ✍ Тилеўберген Купатулла улының туўылғанына 111 жыл толды! https://t.me/ibratli_sozler

Өзиниң айыбын жасырыў ушын, басқалардың айыбын таўып, Оларды айыпкер көрсетип қашып кететуғын (суўдан қурғақ шығатуғын) адамд
Өзиниң айыбын жасырыў ушын, басқалардың айыбын таўып, Оларды айыпкер көрсетип қашып кететуғын (суўдан қурғақ шығатуғын) адамды не яки ким деп атаймыз? https://t.me/ibratli_sozler

#Уллы_тулғалар 📜Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да, "Халық" деп сениң атыңды да, Ким қойса да, дана қойған. (И.Ю
#Уллы_тулғалар 📜Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да, "Халық" деп сениң атыңды да, Ким қойса да, дана қойған. (И.Юсупов) (Сүўретте Ибрайым Юсупов пенен Жолмурза Аймурзаев.) Каналға ағза болыў силтеме: 👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўаят 📜Ҳақыйқат Данышпанға сораў берди: - Инсанияттың қайсы ҳәрекетлери сизди ҳайран қалдырды?  Данышпан былай жуўап берди: - Бала ҳәм өспирим ўақтында илим үйрениўдиң орнына тезирек үлкен адам болыўды қәлейди. Ўақты келип үлкейгенде, илимсиз қалғаннан кейин жас бала болғысы келеди. Екеўинде де мақсетине жете алмайды. -Пул табаман деп ден-саўлығын жоғалтады, кейин көп пул сарплап сол ден-саўлығын қайта тиклей алмайды. - Ертеңги күнин ойлап қәўетер менен жасайды, бүгинин умытады. Нәтийжеде бүгинин де, ертеңин де алағадалықта өткереди, екеўинде де жақсы жасамайды.   Сиз оларға қандай мәсләҳәт бересиз? Данышпан жуўап берди: - Ҳеш кимди өзиңди ҳүрметлеўге, жақсы көриўге мәжбүрлеме! - Өмирде көп нәрсеге ийе болыўың әҳмийетли емес, көп нәрсеге мүтәж болмаўың әҳмийетли. https://t.me/ibratli_sozler

Бағ малынса мийўаға, Ийиледи шақасы. Демек, оның дүньяда Бар болғаны баҳасы. Дәл сондай-ақ, жаҳанда Баҳасыз зат жоқ екен. Бир
Бағ малынса мийўаға, Ийиледи шақасы. Демек, оның дүньяда Бар болғаны баҳасы. Дәл сондай-ақ, жаҳанда Баҳасыз зат жоқ екен. Бирақ оның адамға Қупыя жағы көп екен. Баҳалардың не түрин Түсинбей көп жүремиз. Гейбиреўдиң қәдирин Керек ўақта билемиз. Кеўилдеги гәплерди Гейде ашық айтамыз. Я соннан-ба, көп жерде Баҳаланбай қайтамыз. Гейбиреўге сол ушын Гейде жақпай қаламыз. Жүрип өткен жол ушын Қандай баҳа аламыз? Жақсы баҳа алсам деп, Гезсең де кең жаҳанды, Төрелигин айтып тек — Халық береди баҳаңды. Жоқ ҳеш алып-қосарың, Халыққа қулақ саласаң. Өзиң болып жасадың, Өзиң болып қаласаң. Жер-жаҳанға жалынлап, Шуғла шашып турсаң да, Халық ҳүрмети — ҳақыйқат Баҳа болар инсанға! Сыйланады сөзиң ҳәм Қалмайсаң ҳеш басқыға, Өз баҳаңды өзиң ҳәм Билип жүрген жақсы-дә!.. ✍️Толыбай Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

🎤Махсет Дошбаев "Бармекен" https://t.me/ibratli_sozler

😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек
😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек Аллаға 💫Жетипбиз биз ақшамға! 💫Сизге қайырлы ақшам, 💫Қайырлы түн қәдирдан, 💫Таңда сизди оятсын 💫Сәҳәр айтылған азан! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

#ПОЭЗИЯ 📖 ЖАПЫРАҚ Сылдыр етип түсти жапырақ, Кетип баратырсам алдыма, Самал менен шайқалар дарақ... Өмириңниң таўсылғаныма. Буртик жарып, бәҳәрде көклеп, Сыйдам шақаларға сән болдың. Жазда жасыл сәўлатқа енип, Саратанда саяман болдың. Самал менен тербелискенбиз, Кетесең бе әлўидағ айтып. Ана жерден өнип-өскенбиз, Ана жерге барамыз қайтып. Өкинбеймен өмириме деп, Жапырақ сарғыш түске дөнеди. Орыныма келеси көклем, Және жаңа жапырақ өнеди.            📖📖📖 Қыз дейди-аў туўылса назырқап, Алтынға, буйымға теңейди. Жанының ишинде шырылдап, Турарын ол ўақта билмейди. Қабақтан аңғарып кеўлиңди, Қайғыңды айтпай-ақ аңлайды. Қалдырып ол саған жеңилин, Қыйынды өзине таңлайды. Жат журтлық муңлым-аў қыз перзент, Жиңишке жол сондай тутымлы. Бойыңа топланған қәбилет, Кетесең қыя алмай журтыңды. Умытып өзин, ден саўлығын, Қәйин журт қабағын бағады. Көтерип сағыныш сандығын, Ҳәммениң кеўилин табады. Несийбин тартып ол жат үйден, Ҳәр қандай барымға баралар, Шыққан қыз тысқары дер шийден Лекин, ол кеўлиңнен хабардар. Тоң-тезек кисиниң есигин, Яр болып меҳирге ериткен. Төринде тербетип бесигин, Пирим деп күйеўин ер еткен.           📖📖📖 ...Мен туўылған күн әлем гүлистан, Бир әжайып түске енеди, Қәлбим сонда қозғалаң таўып, Көз алдыма анам келеди. Ашшы толғақ жанын аўыртып, Өмир менен гүрескен пайыт, Бир сааты өмирине татып, Мениң ушын қыйналганын айт. Бир ўақ шырлап түскенмен жерге, Қуўанышлы хабар тараған, Қызалақлы болдың дегенде, Анам шүкир айтып көкке қараған. Умытшақ аўырыў ҳазары қайтып, Мениң менен жүзлескен шадлы, Тәңирине мың қуллық айтып, Қуўанышқа қуўдырған ғамды. Сол толғақтың аўыр ҳазары, Мениң енди қәлбиме көшкен, Гә ерис, гә арқаў болып мен, Қалмайын деп келемен көштен. Туўылған күниме әкелген гүлди, Қәбириң басына қояман анам, Билемен, ҳәр жылы күтип бул күнди, Тәңиримнен тилек тилейсең маған. Тилеклессең қашан қайда болсаң да, Себеп қәдирданым сен анасаң да.           📖📖📖 Қәлбим жараланды, келди намысым, Жарылса деп едим жер-жибермеди, Қуўандым аспанға қанат қомладым, Ушайын десем де жер жибермеди. Жердиң жарығынан шықпаған инсан, Жердиң жарығына кире алмайды. Жер менен қарысқан пүтин барлығы, Жерден аяк үзип кете алмайды. Қайғың-қуўанышың, өзиң өзлигиң, Дебдиўиңди шығар, айт шадлығыңды, Барлығын сабырың, төзим көзгириң, Дәлиллейди сениң инсанлығыңды. Шаўлығыңа айтар сөзиңди айтқыл, Ўақты келип өзим аламан қайтып, Көзден кетсеңдағы көкиректе қалсаң, Сени жоқлар болар исмиңди айтып. Жердиң тартыў күши менен тик турып, Қуўат алып сен күшине енесең, Жердиң ар-намысы ушын ҳәттеки, Намыс ушын тик турып пәк өлесең. ШӘРИГҮЛ ПАЙЗУЛЛАЕВА https://t.me/ibratli_sozler

2_5411441398895350300.mp39.49 MB

photo content

Жумбақлардың жуўапларын табамыз. 1. Өз қуйрығын өзи тислейди,     Усылай жумыс ислейди.               (Б) 2. Жарық болса да көзинде,      Жылыўы жоқ өзинде.                (А) 3. Таспан қараман,      Отта жанаман.             (Т.к) 4. Онысыз кете алмайсаң,      Ушына жете алмайсаң.                (Ж) 5. Бармағы көп, аяғы бар,     Сырғасы көп, таяғы бар.               (Т) https://t.me/ibratli_sozler

#тәрбия ​​Ҳадал жаса, әлбетте бахытлы боласаң!       Мен бул қыссаны сирә умытпайман. Шамның Ҳәмидия базары көшесинде оғада пақыр жигит гезлеме сататуғын еди. Гезлемесиниң метри 50 лира болып, ол 1 долларға тең еди. Оның алдына Иранлы бир ҳаял келип, гезлемесин унатып қалды ҳәм бир метр сатып алып, пулын төледи ҳәм кетти.        Еки минут өткеннен кейин сатыўшы жигит қалтасына қарап 100 доллар көрди. Ҳаў бул қай жерден келди, гезлеме ушын бир доллар алған едим-ғо? Ҳә болды, ана ҳаял алжасып бир доллардың орнына 100 доллар берип жибергенге уқсайды.       Жигит қасындағы саўдагерге: «Илтимас, затларыма қарап турың», деди-дә, жаңағы ҳаялдың изинен жуўырды. Еки жүз метр арманлаўдан оны таўып:       «Кеширимли болсын, сиз меннен гезлеме сатып алған едиңиз. Оның пулы бир доллар, сиз алжасып 100 доллар берипсиз, мине пулыңыз, маған бир доллар берсеңиз», деди.       Ол шет елли ҳаял саўдагер жигитке терең миннетдарлық билдирип, пулын қайтарып алып, бир доллар берип кетти. Сол жердеги ўақыяны бақлап турған үлкен дүканның ийеси болған бай, бардамалы инсан сатыўшы пақыр жигитке, «ҳәй жигит, мениң менен шерик болып саўда қыласаң ба?», деди. Жигит разы болды.       Аллаҳға ант, ҳәзир усы ҳадал жигиттиң үлкен саўдасы, гөззал үйи ҳәм қымбат баҳалы көлиги бар. Үйленип шаңарақлы да болған!        Аллаҳ таала бул инсанның ҳадаллығын әне солай марапатлады! https://t.me/ibratli_sozler

БИЛИМЛИ ҲАЯЛ МЕНЕН ДАНА ҲАЯЛДЫҢ АЙЫРМАШЫЛЫҒЫ    Билимли ҳаял күйеўиниң қәтелигин бетине басады, «Мен саған усындай болады деп айтқан едим», «әнекей, мениң айтқаным келди», т.б деп кейпиятты түсиреди. Усылайынша, әсте-ақырын күйеўиниң өзине деген исенимин, алға басыўға, сәтли болыўға деген талпынысын жоқ қылады.    Ал дана ҳаял ҳеш нәрсе билмегендей болып, күйеўин қоллап, демеп жибереди.    Билимли ҳаял үйде аз ғана жетиспеўшилик, кемшилик жүзеге келсе, жағдайды қолға алып, күйеўине ақша табыўды, дурыс өмир сүриўди үйретеди.    Ал дана ҳаял басқа биреўлер (мысалы, қәйинатасы ямаса қәйинағасы сыяқлы) арқалы күйеўине ақша табыўдың жолларын көрсетип, өзи үйде күйеўин қоллап, жағдай жаратып отырады.    Билимли ҳаял балаларының ҳәммесин өзи жақсы көрген, өзи дурыс деп билген бағытта тәрбиялайды.    Ал дана ҳаял ҳәр қайсысының қызығыўшылығы менен қәбилетине қарап, ҳәр қайсысынан ҳәр түрли инсанларды тәрбиялап шығарады.    Билимли ҳаял ислерин жоқары дәрежеде, ҳеш бир кемшиликсиз орынлаўға тырысады. Басқаларға да тап сол талапты қояды.    Ал дана ҳаял өзиниң нәзиклигин умытпай, айналасына жыллылық пенен муҳаббатты, мийримди үлесип жүреди.    Билимли ҳаял балалары өсе баслағанда олардың ҳәр бир адымын бақлап, өзиниң айтқанына жүргизиўге тырысады.    Ал дана ҳаял балаларына қәтелесиўге мүмкиншилик берип, тәжирийбе жыйнаўларына, өмирден сабақ алып, қандай жағдай болса балалары өзлери шығыўы ушын имканият береди.    Билимли ҳаял өзиниң пикириниң дурыс екенин дәлиллеў менен болады.    Ал дана ҳаял индемей тыңлап, келисип дурыс исти қылады. Және өзиниң ҳаяллық миннетлерин мәжбүрлик пенен емес, муҳаббат пенен атқарады.    Билимли ҳаял дүньяны өзгерткиси келеди, адамларды дурыслағысы, дүзеткиси келеди.    Ал дана ҳаял өзин өзгертип, өзин раўажландырады. Кеўилли болыўға, ҳеш кимге өпкелемеўге, жүрегин кирликлерден тазалаўға бел буўады. Адамларды қалай болса, солай қабыл қылады. Ҳеш кимди айырмайды.    Билимли ҳаял кимдики дурыс болса, сол бахытлы болады деп ойлайды.    Ал дана ҳаял ким бахытлы болса, соның жолы дурыс деген шешим қабыллайды.    Билимли ҳаял менен дана ҳаялдың айырмашылығы мине усыларда.    Билимли болыў, ақыллы болыў ҳәммениң де қолынан келеди, бирақ, дана болыў – ақыл менен, ашық минез бенен ҳәрекет ететуғын нағыз ҳаялға ғана сай қәбилет екенин умытпайық! Аллаҳ таала билимимизди даналық пенен жумсаўды несип етсин! nasiyat.uz https://t.me/ibratli_sozler

2_5332720876062246016.mp33.25 MB

photo content

Қайырлы ақшам қәдирданлар!!! 🌙🌙🌙 Әпиўайы қағыйда бар: Ерте жатыў ҳәм ерте турыў - инсанды ақыллы, саламат ҳәм бай етеди. (
Қайырлы ақшам қәдирданлар!!! 🌙🌙🌙     Әпиўайы қағыйда бар: Ерте жатыў ҳәм ерте турыў - инсанды ақыллы,  саламат ҳәм бай етеди.      (Бенжамин Франклин).      Ерте таңда каналымыз арқалы қайта сәўбетлескенше жақсы дем алыңызлар, әзизлерим! 🌙🌙🌙     ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! https://t.me/ibratli_sozler