ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 877 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 298 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 452 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 877 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 28 يونيو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -262، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 26.62‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.61‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 027 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 704 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 46.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 29 يونيو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 877
المشتركون
-1424 ساعات
-867 أيام
-26230 أيام
أرشيف المشاركات
СЕН ДЕГЕНДЕ... Жулдызлардың ең жақтысын Терип-терип алағойған. Адамлардың ең жақсысы Сол жақтыға барағойған. Асқар таўдай адамлықты, Ағын суўдай ҳадаллықты, Уллылықты, еденликти Көкирегиңе қуяғойған. Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да... "Халық" деп сениң атыңды да Ким қойса да дана қойған... Сен қуўансаң, кеўлим тасып, Ай-жулдызды аралайман. Сәл ынжылсаң, мазам қашып, Саў жанымды жаралайман. Базда өзим данадайман, Базда исим шаладайман. Сени көрсем, өз атама Еркелеген баладайман. Кеўлиңди табыўды ойлап, Бир сөзди бир сөзге байлап, Қара түнде қәлем шайнап, Ақ қағазды қаралайман. Әрманым сол турсам-жатсам: Сөз қусын ушардан атсам, Саған аз кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Әжинияз, Бердақ өтти, Аббаз, Садық жырлап өтти, Дәрья болып ҳағлап өтти, Сол дәрьяны жағалайман. Косық-теңиз, болсам-балық, Ис буйырса сиздей халық, Аяғымды қолға алып, Басым менен жумалайман. ✍ И. Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

Поездда тек бес адамғана бар еди. Бес тағдир, бес түрли ой-қыял. Ғарры ойлар еди: "Өмирим усы поезд сыяқлы өтти-кетти да.." Н
Поездда тек бес адамғана бар еди. Бес тағдир, бес түрли ой-қыял. Ғарры ойлар еди: "Өмирим усы поезд сыяқлы өтти-кетти да.." Наўқас жолаўшы: "Аспан буншелли тынық ҳәм алыс, ертең оны қайта көремен бе жоқпа..?" Жигиттиң қыялы: "Ол менен усы лалазарда мәңги бирге қалсам еди.." Қарыздар жолаўшы: "Усы жердеги лала гүллерди пулласам қанша болар екен.." Сапардан қайтқан Ананың қыялы: "Перзентлерим саў-саламатпекен, күн кеш болмасдан алдыларына жетип барсам еди.." Поезд болса тезлик пенен жолын даўам етер еди! https://t.me/ibratli_sozler

* * * Елге болған қумарлығымды Өлшеп болмас океан менен, Туби бар, ол болса да терең, Жағысы бар.. оған теңемең – Елге болған
*     *     * Елге болған қумарлығымды Өлшеп болмас океан менен, Туби бар, ол болса да терең, Жағысы бар.. оған теңемең – Елге болған қумарлығымды. Үлкен ҳәтте жер шарынан да... Магелланнан баслап адамзат, Оны айланып етер саяҳат, Ўатаныма менлик муҳаббат, Үлкен ҳәтте жер шарынан да. Бул бахытлы өлшеўсиз ышқым, Дәрйа болып ағар кеўлимде. Бултлар қонған төбелерине, Асқар бийик таўлар менен де Өлшенбейди бул шексиз ышқым. Егер етсем зәрре қыянат, Өз гүнасын тартып жүрегим, Болмай қалсын ҳешбир керегим, Жазаласын туўылған елим, Егер етсем зәрре қыянат. © Кеңесбай Рахманов «Өмир толғаныслары» топламынан (1974) Канал: @Kengesbay_Raxmanov

ҲЕШ КИМ СЕНИҢ КӨЗ-ЖАСЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ, ҲЕШ КИМ СЕНИҢ ҚАЙҒЫЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ, ҲЕШ КИМ СЕНИҢ АЗАПЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ. БИРАҚ,
ҲЕШ КИМ СЕНИҢ КӨЗ-ЖАСЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ, ҲЕШ КИМ СЕНИҢ ҚАЙҒЫЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ, ҲЕШ КИМ СЕНИҢ АЗАПЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ. БИРАҚ, ҲӘММЕ СЕНИҢ ҚӘТЕЛЕРИҢДИ БАЙҚАЙДЫ, СЫНҒА АЛАДЫ. https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Анаңды өмир бойы ийниңде көтерип жүрсең де, сени тоғыз ай көтергениниң ҳақысын орынлай алмайсаң! https://t.me/ibratli
#ҳикмет Анаңды өмир бойы ийниңде көтерип жүрсең де, сени тоғыз ай көтергениниң ҳақысын орынлай алмайсаң! https://t.me/ibratli_sozler

#садақа Садақа берген адамның пулы көп, үсти-басы жақсы, абырай-мәртебеси жоқары болыўы шәрт емес екен Иҳсан қутысына пул таслап атырған баланың үсти-басына бир итибар бериң... Жуўмақ шығарыў сизден! https://t.me/ibratli_sozler

#Нақыллар Қәтқудасыз ел болса, Бирин- бири шарпыйды. Жаманнан хәким қойсаң елди бузар. Қазаны басқаның қайғысы басқа. Аты ата
#Нақыллар Қәтқудасыз ел болса, Бирин- бири шарпыйды. Жаманнан хәким қойсаң елди бузар. Қазаны басқаның қайғысы басқа. Аты аталмаған жигиттен, Аты аталған жигилдик жақсы. Ел ағасы ақмақ болса, Елин жолаўшы тонайды. https://t.me/ibratli_sozler

#Ибратлы гүрриң. Ата-анасы ҳәр жылы жазда баласын поезд бенен атасының үйине алып барып ҳәм бир неше күннен кейин тағы поезд бенен алып қайтар еди. Азмаз есейгеннен кейин бала ата-анасына: - Енди мен үлкейдим, быйылғы жылы атама бир өзим барып қайтсам бола ма, не дейсизлер деди? Бираз тартысыўдан кейин ата-анасы баласының бир өзин жиберетуғын болып бир келисимге келди. Поезд бәндиргисинде баласына қол силтеп, шығарып салар екен вагон айнасынан қайта-қайта абайлы болыўын тапсырғанда, бала: - Аўа, билемен, билемен жүз рет айттыңыз..! Поезд ҳәрекетленип баслағанда әкеси: - Балам, мабада, өзиңди жалғыз сезинсең, тынышсызлансаң яки қорықсаң, бул сен ушын деди ҳәм баласының қалтасына бир нәрсе салып қойды. Солай етип бала енди бир өзи қалды. Әтирапында бийтаныс адамлар, бир-бири менен қағынып-түртинип күлисип купеге кирип-шығар еди. Вагон қадағалаўшысы баланың билетине қарап, бир өзи сапарға шыққанын сорап сораў берди. Кимдур оған ашынып қарады. Баланы ымлап бир-бирине сыбарласқанлар да болды. Бала биротола тақатсызлана баслады ҳәм өзине тигилген бийтаныс көзлерден өзин алып қаша баслады. Басын төменге ийип отырғыштың бир мүйешинде отырып қалды ҳәм негедур көзлерине жас қуйылып келе баслады. Сол ўақытта әкеси қалтасына бир нәрсе салып қойғаны есине түсти. Қалтыраған қолын қалтасына салды ҳәм кишкене бир қағаз бөлеги қолына илинди. Қағазда былай жазылған екен: "...Балам, бизлер ақырғы вагондамыз! " ☘ Биз ата-аналар балаларымызға ғәрезсиз қарар қабыллаўына рухсат бериўимиз, оларға исеним билдириўимиз керек, бирақ олар өмирге көнликпе пайда еткенге шекем ақырғы вагонда болыўымыз керек... https://t.me/ibratli_sozler

Күн даўамында жақсылар ҳәм жақсылықлар жолдасыңыз болсын әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қ
*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қандай жағдайда да қоллап туратуғын жақын адамларымыз саў болсын! Сизлердиң бәршеңизге сондай бийбаҳа ҳәм қәдирли болыў бахтын тилеймиз! 🌙Қайырлы түн! Түниңиз тыныш өтсин! Таңда ғайыбана дийдарласқанша Аллаға аманатсыз! Бизден узақласпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Айна менен топырақтың сәўбети Топырақ айнаға қарап: - Саған ҳәўесим келеди. Себеби саған қараған инсан өзин көреди. Ал маған қарағанда тек мени көреди,-деди. Айна жуўап берди: - Ҳәй топырақ, кеўлиң шөкпесин. Мен маған қарағанлардың тек бүгинги көринисин көрсетемен. Ал сен оларды келешеги менен жүзлестиресең,-деди. Бул жуўап топыраққа унағаны менен бәрибир кеўлин жақтыландыра алмады. Топырақ сәл ойланып турды да және сөзин даўам еттирди. - Айна бәлким сен мени жубатыў ушын айтып атырған шығарсаң, бирақ сеннен жүз бурып ҳешким маған қарамайтуғыны мәлим ғой - Қарайды деп жуўап берди айна. - Маған қараўға бети қалмағанлардың көзлери ҳәр дайым сен тәрепке қарайды.... http://t.me/ibratli_sozler

❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлес
❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлесиўшилер таўылады, бирақ руўҳый жығылсаңыз сизди теўип кетеди. 🌱Не болса да басыңызды тик көтериң, жүдә күшли сабыр ийесине айланың, тисти-тиске қойып үйрениң. 🌱Жоғалтыўларға таяр турың ҳәм көнлигиң. Себеби, бул сынаў дүньясы. 🌱Сизге наҳақ қәлб азабын берсе де күлимсирей алың. Бар күшиңизди жыйнап дүньяға мыйық тартып қараң. 🌱Ҳеш қашан көз жасларыңызды ҳеш кимге көрсетпең. Адамлар сизди әззи деп ойламасын. https://t.me/ibratli_sozler

2_5260636047636717136.mp38.00 MB

photo content

#Ибрат Бир шопан өзиниң қартайып қалған ийтинен қутылыў жолларын излей баслады, ойлай-ойлай ақыры оны көлге шөктириў шешимине
#Ибрат Бир шопан өзиниң қартайып қалған ийтинен қутылыў жолларын излей баслады, ойлай-ойлай ақыры оны көлге шөктириў шешимине келди. Шопан ийтин қайыққа салып, көлдиң ишине қарай барды. Көлдиң шуқырлаў жерине барып, қайықтан ийтин таслап жиберди. Ийт қайыққа қарай талпынған еди, шопан қолындағы ескеги менен ийттиң басына урды. Сол ўақытта қайық шайқалып кетип, шопан жигит суўға қулады ҳәм муздай суўда аяқ-қолының тамыры тартып қалып жүзе алмай қалды. Ийт ҳожайынының кийиминен тислеп көлден жүзип шықты ҳәм оны қутқарды. Көлден аман шығып алған шопан, өзиниң ҳақыйқый достын өлтирмекши болғаны ушын қатты өкинди. Ал ийти шопан урған соққыдан қасында басынан қан ағып өлип жатар еди. https://t.me/ibratli_sozler

❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлес
❗️Сиз күшли инсансыз! 🌱Қандай ҳәдийсе жүз бермесин, ҳасла руўҳый түскинликке түспең. 🌱Жығылсаңыз сизди турғызыўға жәрдемлесиўшилер таўылады, бирақ руўҳый жығылсаңыз сизди теўип кетеди. 🌱Не болса да басыңызды тик көтериң, жүдә күшли сабыр ийесине айланың, тисти-тиске қойып үйрениң. 🌱Жоғалтыўларға таяр турың ҳәм көнлигиң. Себеби, бул сынаў дүньясы. 🌱Сизге наҳақ қәлб азабын берсе де күлимсирей алың. Бар күшиңизди жыйнап дүньяға мыйық тартып қараң. 🌱Ҳеш қашан көз жасларыңызды ҳеш кимге көрсетпең. Адамлар сизди әззи деп ойламасын. https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўият Күнлердиң биринде Данышпан Уламаның алдына бир Ҳаял келип машқаласын айтыпты: — Буннан еки жыл бурын күйеўим менен мениң некемди сиз қыйған едиңиз. Ал, енди болса бизлерди ажырастырагөр. Мен оның менен жасаўдан тойынып кеттим. — Ажыраспаққа умтылған тилегиңниң себеби недур? — сорапты Данышпан. Ҳаял былайынша түсиндирипти: — Басқалардың күйеўлери өз ўақтында үйлерине келип қуўысады, ал меники болса, бир жерлерде иркилгени-иркилген. Удайы усындай аўҳал. Сол себепли, үйде ҳәр күни даў-жәнжел. Данышпан таң қалыпты: — Себебиңниң усы болғаны ма? — Аўа, болғаны. Мен бундай кемшилиги бар адам менен бир үйде турғым келмейди, — депти Ҳаял. — Ажырастыр дедиң, неси бар, ажырастыраман да қояман, лекин бир шәртим бар. Ҳәзир үйиңе қайт та, нәҳән ҳәм мазалы етип бир нан жап ҳәм маған алып кел. Наныңның масаллықлары ҳәргиз өз үйиңнен болмасын! Суўды — бир қоңсыңнан, дузды — басқа бир қоңсыңнан, мәйекти — аўылыңдағы және бир үйден, унды — басқа бир хожалықтан сорап ал да, наныңды таярлағайсаң. Не ушын сорап турғаныңды оларға жақсылап түсиндирип айт, — депти Данышпан. Ҳаял үйине жөнепти ҳәм иске кирисипти. Оң жағындағы жан қоңсысына кирипти де: — Қоңсыжан, маған бир лаўабы кесе суўыңнан берши? — депти. — Ҳаў, үйиңде суў жоқ па?... Өйппей, маңлайым, аўылымыздағы қ-дықтың суўы қурып қалды десеш! — Ҳаўлықпа, суў үйде де, қудықта да мол-молақай. Гәп сонда, мен Данышпан Уламамыздың алдына «күйеўимнен ажырастыр» деп барған едим... — деп ҳаял болған ўақыяны үсигин де қалдырмай оған баян етипти. Сонда қоңсы ҳаял терең гүрсинипти: — Эҳ, егер сен мениң күйеўимниң қандай екенин билгениңде бар-ғой... Ҳәм күйеўиниң етип жүрген ислерине шағынып кетипти. Соң Ҳаял шеп жағындағы жан қоңсысына кетипти. Дуз сорапты. — Үйиңде дузың таўсылды ма? Бир шымшым сорағаның нең? Сорамайсаң ба молырақтан! — депти қоңсы ҳаял. — Дузым үйде мол. Барлық гәп сонда, мен Данышпан Уламамыздың алдына «күйеўимнен ажырастыр» деп барған едим... — деп аўзын жасқай берип еди, қоңсысы оның сөзлерин шорта бөлди: — Эҳ, егер сен мениң күйеўимниң қандай екенин билгениңде бар-ғой... — деп өз күйеўиниң үстинен «гүзелерди сындыра баслады». Соң Ҳаял аўылындағы таўықлы бир үйден мәйек сорапты... Соң және бир үйден ун сорапты... Ол қайсы үйге кирмесин, сол хожалықтың еркеги ҳаққында жаманлықларды есите берипти. Барлық масаллықларды жәм қылған соң, мазалы етип нан жаўыпты. Оны Данышпан Уламаның дәстүрханына тартыпты да: — Сизге шексиз рахметлерим болғай! Мына мийнетимди бала-шағаңыз бенен бәҳам көриңиз. Сизден өтинишим сол, мени күйеўим менен ажырастырагөрмең... — Не болып қалды? — Сорапты Данышпан. — Болғаны сол, ҳәммесиникинен де жақсысы мениң күйеўим екен! ✍Интернет тармақларынан >>>>>>>>///////<<<<<<<< https://t.me/ibratli_sozler

ЖАҚСЫ ЖУЎАП Автобусқа бир кемпир кирип келди. Жас жигит турып оған орын берип атырса, кемпир оны мысқыллап: - Балам, жасың не
ЖАҚСЫ ЖУЎАП       Автобусқа бир кемпир кирип келди. Жас жигит турып оған орын берип атырса, кемпир оны мысқыллап:     - Балам, жасың нешеде?- деп сорады.     - Жасым жигирма сегизде, апа,- деп жуўап берди жигит.      - Жигирма сегиз жасқа толсаң да еле автобуста жүрсең бе? Мениң қызым жигирма еки жасына жетпей-ақ өзине   машина сатып алды, - деди кемпир жигитти кекетип.      Жигит оған күлимсиреп қарады да, әлпайымлық пенен:       - Мен де ақша жыйнап едим. Сол ақшама анама машина алып бердим. Енди анам анда-мында барғанда автобус күтип жүрмейтуғын болды,- деп жуўап берди. ✍Амантай Тойшыбай улы https://t.me/ibratli_sozler

#этнография <<ШЫҒЫР>> ШЫҒЫР--диханшылық ата-бабамыздың ерте дәўирлерден бери бирге киятырған кәсиби. Дийханшылықта суўғарыў ислери баслы орында турады. Сонлықтан, халқымыз щығырлардан кең пайдаланған. Шығырдың қурылысы дөңгеле түрде болып, еки қатар жиңишке қадаларды айландырып, бириктирип, орталығы қалақшалар бекитилген қурылма. Қалақшалар суўдың ағыс пәти менен шығырдың айланысын ҳәрекетке келтиреди. Шығырды суў шығарыў қыйын жерлерде пайдаланады. Шығырдың бир тәрепине гүзелер аўзы ағысқа қарсы қаратылып байланады, шығыр айланғанда гүзелер суўға толып, шығыррға тутастырылған, қарық сыяқлы наўаларға қуйылады. Сол қарық арқалы атызларға суў апарыўшы жап-салмаларға жеткериледи. Шығырды айландырыўға ағыстың пәти аз болып, күши жетпейтуғын орынларда шығырды ат, өгиз, түйелердиң күши менен айландырыў бурынлары көп болған. Шығырға қосылған көликлердиң көзин байлап қоятуғын болған.
Дерек: Шахзода Алламуратова жеке каналынан
https://t.me/ibratli_sozler