uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 786 підписників, посідаючи 4 322 місце в категорії Релігія і духовність та 448 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 786 підписників.

За останніми даними від 12 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -259, а за останні 24 години на 1, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.31%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.91% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 319 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 741 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 45.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 13 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 786
Підписники
+124 години
-307 днів
-25930 день
Архів дописів
#Қайырлы_түн Жымыңлап жулдызлар кулимлеп турсын, Бахыт нурын сизге мол молдан төксин, Қәлби пәк ийманлы азиз заманлас Бугинги
#Қайырлы_түн Жымыңлап жулдызлар кулимлеп турсын, Бахыт нурын сизге мол молдан төксин, Қәлби пәк ийманлы азиз заманлас Бугинги туниңиз қайырлы өтсин!😘 Қайырлы түн қәдирлим ! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ https://t.me/ibratli_sozler

Кийиклер падасы-?
Anonymous voting

Мәдели-?
Anonymous voting

Оқжайдың оқларын салып асынатуғын қалташа-?
Anonymous voting

ДУРЫС ЖҮРГЕН ДҮЗЕП ЖҮРЕДИ... «Түйе қартайса, көшегине ереди», — дейди дана халқымыз. Сонда биз бүгин сырттан келген «жат қылықларға» көзсиз ерип,  артымыздан киятырған жаслардың жетегинде кетип баратырған жоқпыз ба? Мақалдың мәнисин терең түсинбеймиз «туўырыдан-туўры айтта қойсаңа» дейтуғынлар ушын гәптиң пос геллисине көшейик. Ҳәзирги ўақытта шет елдиң жат дәстүрлерин сынап-минемей қабыллап, соған соқырларша әмел ете басладық. Солардың бири — туўылған күн өткериў мәресими. Бул әдет бара-бара үлкейип, сыртына шығып баратырғандай. «Елиңе дәстур болса, ешегиңе көрпе жап», — дейди халқымыз. Бирақ, ата-бабамыздың салтында аты менен болмаған, тәрбиямызға жат қылықларды «дәстүр» деп ҳәўиж алдырсақ, келешек әўлад алдында күлкиге қалмаймыз ба? Енди туўылған күн басланбай атырып, бир күн бурын тойлайтуғын жаман әдет шығардық. Түңги саат он екиде, үлкен торт пенен саўғаларды алып, шийрин уйқыда жатқан бир шаңарақтың үйине бастырып киремиз. Шет елдиң қосығын хор менен айтып, сол үйдегилердиң де, қоңсы-қобаның да тынышын алып, уйқысын бузамыз. Пайғамбарымыз (с.а.ў.): Шын мусылман тили менен де, қолы менен де басқаларға азар бермегени — деп ескерткен. Сонда биз түн ортасында адамлардың мазасын қашырып, өзимизди қалайынша «шын мусылманбыз» деп айта аламыз? «Бундай жат қылықты қойыңлар, уят болады» десең, үлкенлер «балалардың кеўли бар ғой» деп өзлери аппақ хожаның ақлығы қылып, билмегендей бир шетте отыра береди. «Басыңа түссе — баспақшы боласаң» дегени усы шығар. Бирақ, баланың кеўли деп отырып, миллий тамырымызға балта шабатын жат қылықты урпағымыздың қан-қанына сиңирип алмаймыз ба? Ҳәзир кишкене балаларымыз да бир ай бурын өз туўылған күнлерин есимизге салып, бизди руўхый ҳәм материаллық жақтан «таярлап» баратуғын болды. «Баяғылар бағда қалды, бағ жығылып суўда қалды» дегендей, бизлер туўылған күн дегенниң не екенин мектеп питкергенде бир-ақ билген едик қой. Таяқтың екинши ушы «Гөне қырманды қанша суўырсаң да дән шықпас». Мусылман емес, жат журттың болмас әдетлерин өзилестиргенимиз бенен қырманымыз тасып, дәрежемиз асып кетпейди. «Бир туўылған күн ғой, несине сонша шуўладыңыз?» деп қақ ете қалатуғынлар да баршылық. Биз улыўма туўылған күнди белгилемеңлер демекши емеспиз. Тек оны Бердақ бабамыз айтқандай, мәртлик ҳәм пәклик өлшемлери менен өткерсек деймиз: Орынсыз жерге умтылма,  Биреўге жөнсиз жутынба, Еки рет өтирик айтпа, Ҳағына жүр бәрҳа, балам. Өзгелердиң жат дәстүрлерине жутына бермей, бул қуўанышлы күнди өзимиздиң мусылманшылық ҳәм миллийлик сыпатларымызға сәйкес нышанласақ болмайма?Мәселен: Түңги саат он екиде емес, күндизги саат он екиде; Дәстүрханды ҳадал тағамлар менен толтырып берекетли етип, ағайын-туўысқан, жақынлар жыйналып, ҳақыйқый жақсы тилеклер айтып отырсақ. Светти өширип, тортқа шам жағып, үплеп өшириў деген «суўық» әдеттиң орнына, үйди еле де жарық етип, Аллаға мақтаў, Пайғамбарымызға салаўатлар айтылса, соң шүкирлик етип, «Пәленшениң бүгинги дүньяға келген күни қутлы болсын, арамызда аман-есен отырғанына шүкир» деп дуўалар қылынса, қандай әжайып нурлы мәресим болар еди! Атам қарақалпақ: «Дурыс жүрген дүзеп жүреди, бузық жүрген бузып жүреди», — дейди. Ертең ўақыт өтип, белден күш кеткенде, балаларымызға сөзимиз өтпей, күшимиз жетпей қалары анық. Дурыс жүрсек — соңымыз дүзеледи. Сол дурыс жүриўди, пәкликке умтылыўды бүгиннен, өз шаңарағымыздан баслайық. Әтираптағыларға ҳәм бабалардан киятырған пәкизе дәстүрлеримизге қыянет етпейик, досларым! Әбдиғаппар Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Бәрше шийрин нәрселерди татып көрдим бирақ ден-саўлықтан шийринлеў нәрсе таппадым. Ашшы нәрселердиң бәрин татып көрдим, лекин
Бәрше шийрин нәрселерди татып көрдим бирақ ден-саўлықтан шийринлеў нәрсе таппадым. Ашшы нәрселердиң бәрин татып көрдим, лекин адамларға мүтәж болыўдан ашшылаў нәрсени таппадым. Темирди де, тасты да алып жүрдим, бирақ қарыздан аўырлаў нәрсени таппадым. ✍Ҳазрат Али р. а. https://t.me/ibratli_sozler

Жүдә көпшилик адамлар ыссыда муздай суў ишип қәте қылғанлығын билмейди 🔠 Ыссы күнде муздай суў ишиў жүрек ҳәм мийге зыян жет
Жүдә көпшилик адамлар ыссыда муздай суў ишип қәте қылғанлығын билмейди 🔠 Ыссы күнде муздай суў ишиў жүрек ҳәм мийге зыян жеткереди! 🔠 Муздай суў ишиў жүрек, баўыр, бас мий сыяқлы тийкарғы органлар тәрепинен тез сорылады ҳәм олардың искерлигине зыян жеткереди. Аш қарынға муздай суў ишиў асқазанғада зыян келтиреди! ️➡️ Жақынларыңызға жиберип қойың Каналға ағза болыў ушын👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар әдебияты "JETKINSHEK"TI SÚYIP OQÍŃ, BALALAR! Atıń qalsa bilim menen ilimde, Oqıp berseń, ata-anańa úyińde. Ziya nurı
#Балалар әдебияты "JETKINSHEK"TI SÚYIP OQÍŃ, BALALAR! Atıń qalsa bilim menen ilimde, Oqıp berseń, ata-anańa úyińde. Ziya nurı shuǵla shashar kewilge, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar. Jazıwshı, shayır, ilimpaz ósken, Xalqınıń, eliniń, kózine túsken. Soqpaqlar gúzarı ushlastı desken, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar. Bilimdan bolıwǵa sizler asıǵıń, Kóp oqısań ómir boyı azıǵıń. Súyikli gazetańa qalmay jazılıń, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar! ✍Diana NÁJIMATDINOVA Qanlıkól rayonındaǵı 23-sanlı ulıwma bilim beriw mektebiniń oqıwshısı Каналымызға қосылың👇 https://t.me/ibratli_sozler

Әке - қыз перзенттиң ең биринши қаҳарманы! Әкелеримиз аман болсын! https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_сөзлер 📜Ақыл - майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас-түйнек қараңғыда да саған жол таўып береди. 📖«Қарақалпақнама»д
#Даналық_сөзлер 📜Ақыл - майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас-түйнек қараңғыда да саған жол таўып береди. 📖«Қарақалпақнама»дан Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/ibratli_sozler

Екшемби дем аляс күниңиз кеўилли өтсин әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Аман жатып турдыңызба? Бүгинги атқан таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге жақсылық
🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Аман жатып турдыңызба? Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! БҮГИНГИ  КҮНИҢИЗ  САЎАПЛЫ  ИСЛЕРГЕ  ТОЛЫ БОЛСЫН !!! Каналымыздан узақласпаң. Ибрат излесеңиз, күниңизди биз бенен бирге  өткериң....! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тыны
Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тынышлығын тилеймиз. Хəмийше алға умтылыўдан шаршамаң, өткен күн елес, өткенге өкинбең!! Каналымызға ағза болыуды умытпаң! 👉https://t.me/ibratli_sozler

БИЙДАЙ ӨНИМИНЕН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМЛАР           <<Арпа--бийдай ас екен>>                            Халық сөзи          Қарақалпақ халқының ерте заманнан егин өсирип, турмыс-тиришилигине киретуғын дәнли дақыллар: жүўери, салы, тары, арпа, сулы, мәш, лобыялар қатарында бийдай да тағамлық мазмуны жағынан  ең баслы, әҳмийетли орынды ийелейди.           Бийдайдың жазлық бийдай, гүзлик бийдай түрлери егилип, пискен ўақытта орып, түйеклеп, кепегинен тазартып алғаннан кейин дигирманларда тартып ун еткен.          Басқа халықлар сыяқлы қарақалпақ халқы да бийдай унынан нешше түрли нан писиреди.          Нан писириў түрлерине тоқтап өтетуғын болсақ, буның этнографиялық және тиллик тәрепинен мәниси күшли.           Нан писириў түрине қоспасына қарай бир неше түрге бөлинген:       ~ТАНДЫР НАНЛАР:~ тандырға жабылған шөрек нан, пәтир нан,  зағара, қамырды жуқалап жайып арасына қақланған мийўелерден, майдаланған гөш, тоңмай салып писирилгени~қатлама нан;       ~ЖЕР ОШАҚТА НАН ПИСИРИЎ~жер ошақта қазанға қатырылып писирилгенлерин--қатырма нан, қазан жаппай, ақсаўлақ; ОТҚА КӨМИП ПИСИРГЕН НАН~ отқа көмип писирилгенлери--көмбе нан, көмеш [тилимизде "күлли көмеш қылып",--былғастырып,--деген теңеў сөз усыдан келип шыққан],  қамырды жуқалап жайып  писирген "ақсаўлақ"; ТАБА НАН~табаға салып, асты-үстине шоқ салып, қамырды 1-2 см қалыңлықта жайып, ишине шыжық салып   писиргени~таба нан, балалар ушын "гүлше нан": МАЙҒА ПИСЕТУҒЫН НАН~майға писирилгенлери~баўырсақ, ший баўырсақ, билезик баўырсақ, шелпек, созбан, жайма ~деп аталған.       БӨРЕК ТҮРЛЕРИ~буларға қосымша бөреклердиң түрлери:  ишине гөшти майдалап салып писирилген --гөш бөрек, асқабақ,  мәйек бөрек, асқабақ, палаўқабақ салып писирилгени "қабақ бөрек",--деп аталған.          МАЙҒА ПИСИРИЛЕТУҒЫН НАН ТҮРЛЕРИНЕ~ашытылған қамырдан жуқалап жайып, киширек көлемде пирилген баўырсақ, қамырды ашытпай сүт, сары май, тоң май, мәйек қосып, кампиттиң үлкенлигиндей, майда етип кесип "ший баўырсақ", узынлығын бармақтай етип кескен "бармақ баўырсақ", қамырды узынша кесип, "бурама баўырсақ",  үлкен--үлкен етип кесип писирилетуғын "қудағай баўырсақ, зуўаланы кишигирим етип ислеп, жайып писирилген "шелпек", "жайма", "созбан"лар майға писирилетуғын нанлар түрине киреди.       СОРПАЛЫ ТАҒАМЛАР---қамырды жайып, көлемин, 5×6 см көлеминде кесип, гөшли, асқабақ салып писирген сорпалы тағамларға "гүртик",  майда шаштың талындай етип кесип "кеспас" салып писиреди. Қатқан нанды туўрап, тоң май,, гөшли сорпаға салып писирген "нан сорпа";        ҚУЙМАҚ~мәйек қосылған, сүтке ийленген [суўға ийлеўге де болады]  суйық қамырды күйип турған майға салып писиреди.        БӨКПЕН--қайнап турған сүтке сары май, қант қосып, унды себелеп, шайып писиреди. Бөкпен жас нәрестелерге, жасы үлкен тиси жоқ адамларға суйық етип писирилсе, есин билип қалған балаларға қойыў, қасық пенен бөлип алып жейтуғындай етип писириледи.          ҚУЎЫРМАШ~бийдайды суўға дуз салып бир қайнатып алады. Соң исинген бийдайды кептирип, қазанға май жағып, қуўырып алады.           Нан қытшылық болған  ашлық, урыс жылларында бийдайды қуўырып, дәстүрханға шашыратып сеўип таслайды, соны талғажаў етип шай менен ишип, тамақ еткен. Гейде жол сапарына шыққан жолаўшылар қуўырылған бийдайды жол азыққа алып кететуғын болған. Бийдайды аўызға салып, сорып жүрсе тоқлық береди, бундай усылды нан жетиспеген аўыр жылларда  адамлар қолланып, жан сақлап қалған.         ТАҚАН~қуўырылған бийдайды дигирманға тартып, ун етип, қант ямаса жийдени түйип қосып шай менен ишетуғын азық есабында пайдаланған. Тақанды сүтке, қатыққа, сары майға, [гейде қайнаған суўға]  былғап балаларға, қартайған жасы үлкенлерге тамақ есабында берген. Бийдай өниминен ата-бабамыз пайдаланған бир қанша тағам түрлерин көрсетип өттик.          Ҳәзирги ўақытта кондитер өнимлерин таярлаўда, жәмийетлик асханаларда бийдай кең түрде қолланылады.
Пост Шахзода Алламуратова жеке каналынан.
https://t.me/ibratli_sozler

* * * Жоқ, Енди мен есейгенмен қалайда, Ақылыма қулақ қояр талайлар. Бала десе, бала десин... Баланың Тентеклигин көтере алса
*     *     * Жоқ, Енди мен есейгенмен қалайда, Ақылыма қулақ қояр талайлар. Бала десе, бала десин... Баланың Тентеклигин көтере алса ағайлар. Жоқ, Енди мен өтискенмен баладан, Шабысларға жарап қалдым пәрәўан. Бала десе бала десин, Баланың Бир белгисин көре алмасам ағадан. © Кеңесбай Рахманов «Өмир толғаныслары» топламынан (1974)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Ҳәмел ҳеш кимге опадарлық қылмайды. Егер буны бийкарламақшы болсаң, қәне айт-шы, бурынғы ҳәмелдарлар қаяқта? Солай ек
#ҳикмет Ҳәмел ҳеш кимге опадарлық қылмайды. Егер буны бийкарламақшы болсаң, қәне айт-шы, бурынғы ҳәмелдарлар қаяқта? Солай екен, лаўазымда отырғаныңда ийгиликли ислер ислеп қал, себеби ҳәмелиң кетеди, ислериң қалады.
paziylet_uz
https://t.me/ibratli_sozler

Qaraqalpag'im A'zelden erkinlik bolg'an tilegin, Tariyxtın ju'zinde qaldi bilegin', Edige batırdan miyras namisin', Dunyanin' to'rinde, Qaraqalpag'ım. Sak-massagetten baslang'an jolin', Gezdi-aw qanshama jazi menen sho'lin', Babalardan qalg'an muqaddes jerin', Altin bosag'amsan, Qaraqalpag'im. Shing'isxan kelgende dize bu'kpedin', Ar-namıs ushın sen ko'z jas to'kpedin, Ma'rtlik dastaninda o'shpes ha'ripsen, Maqtanıshım menin', Qaraqalpag'im. Bu'gin zaman gullep baxtın ashılg'an, A'miw boylarına nurlar shashılg'an, Zamanagoy qala, awıl-kentin' bar, Kewıl daryadayım, Qaraqalpag'im. Mangı  jasa azat elim, erkinim, Sen menin' maqtanıshım,ku'shim har ku'nim, Dastanlarg'a siymaytug'in ta'riyxsan, Ko'zimnin' qarası,Qaraqalpag'im.                     Shomanay rayonina qarasli 31-sanli uliwma bilim beriw mektebinin' 7- klass oqıwshısı Kurbanova Feruzabanu

Ашық ярсыз, булбил гүлсиз, Кийик шөлсиз, сона келсиз, Зийўар айтур йуртсыз, елсиз, Адам бир дийўана меңзер. Әжинияз. "Кеўлим
Ашық ярсыз, булбил гүлсиз, Кийик шөлсиз, сона келсиз, Зийўар айтур йуртсыз, елсиз, Адам бир дийўана меңзер. Әжинияз. "Кеўлим мениң"
Бул жерде ғарға-қузғынлар өмирдиң (текстте: гүлдиң) мәнисин билмейтуғын, тек ғана тән тиришилигине, ишип-жегенине мәсиретуғын надан адамлардың образын еслетеди. Олар азада турмысқа, илим-билимге, ийман-инсапқа, улыўма руўхый байлыққа (текстте: гүл) умтылмайды, олардың қәдирин билмейди. Әжинияздың қосықларында гүл ҳәм бүлбил, ашық ҳәм яр, сона (ғаз) хәм кол. кийик ҳәм шөл образлары жийи қолланылады, олар өзлериниң тиккелей затлық мәнислеринен тысқары терең социаллық, философиялық, жәмийетлик түсиниклердиң, қубылыслардың нышаны, (символы) сыпатында көринеди. 
https://t.me/ibratli_sozler

#Есте сақлаң Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлким жақсы адам болыўға сарыплаң. Сонда жақсылардың өзлери сизди изле
#Есте сақлаң Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлким жақсы адам болыўға сарыплаң. Сонда жақсылардың өзлери сизди излеп таўады. https://t.me/ibratli_sozler

Кеўилли дем алыс тилеймиз! https://t.me/ibratli_sozler