ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 787 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 324 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 447 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 787 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 10 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -272، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 28.31‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 20.04‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 319 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 764 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 44.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 11 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 787
المشتركون
-1424 ساعات
-447 أيام
-27230 أيام
أرشيف المشاركات
АНАсы бар адамлар ҳеш қашан қартаймайды, дурыс. Бирақ, перзенти жақсы АНАларда қартаймайды! https://t.me/ibratli_sozler
АНАсы бар адамлар ҳеш қашан қартаймайды, дурыс. Бирақ, перзенти жақсы АНАларда қартаймайды! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"Әдебият инсанға өзлигин аңлаўға, келешегин белгилеўге жәрдем бериўши - бийминнет қудиретли күш" ✍️Раўаж Отарбаев https://t.m
"Әдебият инсанға өзлигин аңлаўға, келешегин белгилеўге жәрдем бериўши - бийминнет қудиретли күш" ✍️Раўаж Отарбаев https://t.me/ibratli_sozler

"Усыннан да турмыс болды ма?" "Усыннан да турмыс болды ма?" дейсең бе? Дәслеп тынышланып ал, өзиңди бас, стаканнан бир қултым суў иш. Сен 185 миллион адамлардай суўды жап-салмалардан алып, оны тазартаман деп әбигериң шығып жүрген жоқсаң. Музлатқышыңды аш. Ишинен жейтуғын бирдеңе ал да, гүйсеп-шайнап, бөлмең ишинде ерсили-қарсылы жүр. Аўзыңдағы шийринлик болса, онда жүдә жақсы: буннан адамның кейпияты көтериледи. Аҳ-ҳа, ҳештеңеге де мейилиң алмай тур, иштейиң жоқ, солай ма? Аўзыңа салғаның, тамағыңнан өтпей тур, я? Ал, 870 миллион адам ҳәттеки қатқан, қара нанға да зар болып жүр. Неге бүйтип музлатқышыңның есигин қатты, тарс еттирип жаптың? Ҳаў, билсең, планетамызда жасайтуғын халықтың тек жетиден бириниң ғана музлатқышларында тап сеники қурақым азық-аўқатлар бар. Енди моншаңа бар, шомылып ал. Соң айна алдында сүлги менен сүртин, жүзиңе әтирлер сеўип, өзиңе ара бер. Соң иргелес, жап-жақты бөлмеңе шық. Билесең бе, 3 миллярд 200 миллион адам үйинде жуўына сала, дәрҳал сыртқа, далаға шығып кетеди, өйткени турақ жайы бир бөлмеден ибарат, дәлизи де жоқ. Ал, еки ярым миллион адам керосин лампаның, шамның жақтысында үйинде шомылады. Гейпараларының ай далада отты лаўлатып жағып жақтысында жуўынып жүргенине сен не дейсең? Жып-жыллы суўдан жаның рәҳәтке бөленди ме? Кеўлиң жай тапты ма? Жүдә жақсы. Сен уйықлаўдың ямаса жумыс ислеўдиң орнына, телеграм ишинде саяхат жасап жүрипсең ҳәм мениң жазған усы мақаламды оқымақтасаң. Демек, телефоның, телеграмға кириў ушын төлейтуғын пулың жеткиликли, айлық алып, қәрежет жумсап жасап атырсаң. Сениң дәрежеңе планетамызда жасап атырғанлардан тек 17 пайызының ғана қолы жеткен. Айтпақшы, жоқарыдағылардан хабардар бола отырып, сен сонда да "Усыннан турмыс болды ма?" дейсең бе? Жуўмақ өзиңизден әзизлер!!
✍Бибиажар Демегенова @sizler_ushin каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

Қашанлардур ҳәмел тийип қалса, билип қойың; ҳәмел гүрсисине отырғаныңда ким көп аяғыңа жығылып жалтақласа,ҳәмелден түскен ўақ
Қашанлардур ҳәмел тийип қалса, билип қойың; ҳәмел гүрсисине отырғаныңда ким көп аяғыңа жығылып жалтақласа,ҳәмелден түскен ўақтыңда сол адам биринши болып сеннен кешип кетеди. ✍Ўткир Ҳошимов https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+5

Rashid Usnatov-Ne bilsin

Билесизбе, неден қорқыў керек?.. Сиз қашандур: - ҳеш бир кеселленбесеңиз, - ҳеш қандай сынаў келмесе, - денеңиз азар шекпесе.
Билесизбе, неден қорқыў керек?.. Сиз қашандур: - ҳеш бир кеселленбесеңиз, - ҳеш қандай сынаў келмесе, - денеңиз азар шекпесе.. Сонда қорқыў керек. Себеби, сынақлар - Алланың итибары, таңлаўы. Алла сизге жүзленди- азар арқалы. Сизди жубатты - сабыр арқалы. Сизди Аллаға жақын етти сынақ арқалы. Шүкир қылың - Алла сизден жүз бурмады. Себеби, сынақ - Аллаға жақынлық белгиси. Сизге сынақ келдиме...? Демек, Алла сизге итибарсыз емес...
Берген сынақларына шүкир, буннан беттеринен сақласын
🌺🌱🌺🌱🌺🌱🌺🌱🌺🌱🌺 https://t.me/ibratli_sozler

Қасқыр ийттен сорады: -Адамлар сен ҳаққында не ойлайды? Ийт басын төмен ийди. Кимди жаман көрип кемситпекши болса оны ийт деп атайды. Қасқыр ҳайран болып көзин қысты. -Сен оның балаларына зыян бердиңбе? -Ҳеш қашан,керисинше мен оларды жақсы көрдим,уйқлап атырғанында қорықладым. Қасқыр күлди ҳәм және сорады: -Айтшы,олар қорқатуғын ҳәм ҳүрмет қылатуғын адамларын не деп атайды. Ийт көзлерин төмен алды ҳәм деди; -Оларды қасқыр деп атайды. Тоғай бир пурсат үнсизликке шүмди. Соң қасқыр айтты: -Билесеңбе мен оларға не қылдым,олардың қой-ешкилерин жедим,балаларын қорқыттым,оларға машқала келтирдим. Соған қарамастан олар кимдидур мақтамақшы болса оны маған усатама?! Қасқыр ийтке жақынлап әсте сыбырлады; -Еслеп қал бирәдар,адамлар көбинесе өзлерине зулым қылған адамларды қәдирлейди,садық хызмет қылғанларды менсинбейди.. (Жуўмақ өзлериңизден)
✍Перида Аллекеева каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

ӘССАЛАЎМА АЛЕЙКҮМ ҚӘДИРЛИМ! Атқан таң берекетли болсын! Жума әйямыңыз мүбәрек болсын! Аллаҳым бул қәсийетли күнде қәстеликте,
ӘССАЛАЎМА АЛЕЙКҮМ ҚӘДИРЛИМ! Атқан таң берекетли болсын! Жума әйямыңыз мүбәрек болсын! Аллаҳым бул қәсийетли күнде қәстеликте, қыйыншылықта ҳәм машақатта қалған бирадарларымызға шыпа ҳәм жеңиллик берсин, олар ушын қайыр есигиңди ашсын🤲! https://t.me/ibratli_sozler

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн! Күн даўамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билд
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн! Күн даўамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! 💫Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти.       ✨✨Әзизлерим, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң.  Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Соны билип қойың, дүнья тек биз ушын емес, биз өткиншимиз! 💫 Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң. Бәрин умытың, жақсы дем алың! Қайырлы түн Қәдирданларым! https://t.me/ibratli_sozler

Араб философларының пикиринше, адам данышпанлықты излеп атырғанда данышпан болады. Ал "данышпан болдым" деген ўақытта ақмақ б
Араб философларының пикиринше, адам данышпанлықты излеп атырғанда данышпан болады. Ал "данышпан болдым" деген ўақытта ақмақ болады екен. https://t.me/ibratli_sozler

-Маған бир нәсият айтып кетиңиз? -Пайғамбарымыз Мухаммед алейҳиссаламның: "Қыямет күни басыңызға дөнип турғанда да, илажын та
-Маған бир нәсият айтып кетиңиз? -Пайғамбарымыз Мухаммед алейҳиссаламның: "Қыямет күни басыңызға дөнип турғанда да, илажын тауып өзиңизден соңғы инсанлар ушын пайдалы бир дарақ тигип үлгериңиз" -деген нәсиятын ҳешқашан умытпаңыз.
✍Төлепберген Қайыпбергенов 📒 (Қарақалпақпан.Тәўекелшимен китабынан) https://t.me/ibratli_sozler

Мен сондай дәўлетли елден боламан, Қайсы байлығымнан келсең де сорап, Зәриў болғаныңда бере аламан, Бир қысым топырағын берме
Мен сондай дәўлетли елден боламан, Қайсы байлығымнан келсең де сорап, Зәриў болғаныңда бере аламан, Бир қысым топырағын бермеймен бирақ.
✍ И.Юсупов. https://t.me/ibratli_sozler

"Бул өмирде ҳәмме дөретиўши, ҳәр ким ақылы жеткен жумыс пенен дөретиўшилик қылады, дөретиўшилик тоқтаса, өмирде мазмун қалмай
"Бул өмирде ҳәмме дөретиўши, ҳәр ким ақылы жеткен жумыс пенен дөретиўшилик қылады, дөретиўшилик тоқтаса, өмирде мазмун қалмайды. Илхам-дөретиўшиликтиң түрткиси, ақыл менен билим негизи есапланады" ✍️Раўаж Отарбаев https://t.me/ibratli_sozler

Күниңиз кеўилли өтсин әзизлер! 🎤Султан Қосекеев "Есиңдеме" https://t.me/ibratli_sozler

ШАБАЗЫМ   Шабазым, көп қатын байларын Жаманлап отырар барғанға. Олардың көриўге ай дағын Көзлери қапылып қалған ба?   Шабазым, жарысып оларға Қапталдан атыңды қоспағыл. Әзелден жаманлар оңар ма? Басқаша ал, сениң қостарың.   Шабазым, көгерсин еккениң, Кеўлиңде бир гирбиң болмасын. Басқаға жаманлық етпедим, Жақсылық – бурыннан жолдасым.   Шабазым, жараспас күйгениң, Минезим болмады көз бояр. Өзиңнен басқаны сүймедим, Жалынып турса да өзге яр.   Шабазым, нелерге жексең де Жүгиңди қалдырып, талдым ба? Өгизге айланып кетсем де, Өзимди мақтайман алдыңда.   Шабазым, астарлы сөз бенен Гәп айтсаң кеўилим сызлар дым. Қызғаншақ десең де, өзгеден Тек ғана өзиңди қызғандым.   Шабазым, байының қәдирин Билмеген қатынға қосылма. Қосықтың келтирип әдибин, Өзиңе арнаўым тосын ба?   Шабазым, сырыңды жан билип, Болмағай тәбизди аңлаған. Мен саған қалғанман мәңгилик, Мәңгилик болғансаң сен маған! 1992-ж. ✍@Kengesbay_Raxmanov https://t.me/ibratli_sozler