fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 935 مشترک است و جایگاه 4 304 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 450 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 935 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 23 ژوئن, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -218 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -13 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.47% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.47% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 206 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 691 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 47 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 24 ژوئن, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 935
مشترکین
-1324 ساعت
-537 روز
-21830 روز
آرشیو پست ها
#Күн_нақылы Жаңылмас жақ болмас, Сүринбес туяк болмас. https://t.me/ibratli_sozler
#Күн_нақылы
Жаңылмас жақ болмас, Сүринбес туяк болмас.
https://t.me/ibratli_sozler

#Пикирлеў #тәрбия ЖАҚЫНЛАРЫҢЫЗ БЕНЕН ҚАТНАСТЫ ҮЗБЕҢ! 🔹Меннен ҳал-аўҳал сорамаса, мен де оннан сорамайман! 🔹Көриўге келмесе, мен де оны көриўге бармайман! 🔹Мени қутлықламаса, мен де оны қуўаныўы ушын қутлықламайман! 🔹Ҳүрметимди орнына қоймаса, мен де оны ҳүрмет қылмайман! Маған итибар бермесе, мен де оған қарамайман! Бул пикирлер сол дәрежеде тамырласып кетти, ҳәттеки жақын дос-яранлар түўе, ағайин-туўғанлар арасын да суўытып жиберди. Сиз бундай пикирге бармаң! Аллаҳ тааланың разылығы ушын бүгин көптен бери хабар алмаған достыңыз, жақынларыңыздан аўҳал сораң! Әпиўайы шийрин сөз бенен саўапларға ерисиң!
NASIYAT.UZ
https://t.me/ibratli_sozler

#Бизге келген хатлардан Қалай тыныш-татыу жасаса болады? Шаңарақтың шайқалмай берекетли болыуы хәр бир ағзасына тиккелей байланыслы. Хәр биримиз өз орнымызды билиуүимиз керек. Бул орта тәрбия ошағы онда өсип киятырған ул-қызлар усы тәрбияның жемиси. Мен жас келинмен. Хазирде периштедей гөдектиң анасыман. Жасым да улкен емес.Шаңарақлы болғаныма да көп болмады. Турмысқа шыққанда әке уйимниң берген тәрбиясын ақлау, ийилип тускен босағама хадал хизмет етиу, ата-ана, ата-ене, өмирлик жолдас разылығы мақсетим болған.(Және көп-көп ийгиликли ойларым бар еди.) Бирақ, усы күнлери енем менен сөзимиз бир жерден шықпайды. Алдын басқаша еди, кулип-ойнап журер едик. Енди не болған хайранман. Қай сөзим орынсыз, қайсы исим надурыс бос уақтымда ойланып таба алмайман жуүабын. Енем қатты тазалықлы. Келин уақтында уйин 2 мезгил жуүып, арта беретуғын болған. Қайин енесинен де қаттылық көрген. (Мен ондай болмайман деп еди сөзлериниң биринде.) Балалы уй базар дегениндей, өзи биреу болса да жыйнаған жеримди жайрата береди. Уйқлаған уақытларында өзимниң китапларымды азмаз тинтемен, аз болса да уйрене берейин алдымнан шығар деп. Ойлап қойған мақсетлериме жетиудиң хәрекетиндемен. Айтайын дегеним, "ШЕШЕСИ", "МЫНА УЙДЕГИ ҚАТЫН" деген сөзлер жуүкемди тырыстырады. Мумкин, бул сөзлер, енелердиң сөзиниң "қаймағы" болар, бирақ мен сыяқлы хеш бир келинге жақпас. Яки сөздиң салты ма? (Илтимас, көпти көрген жасы үлкенлер усы сорауыма өз кәтқудалық мәсләхәтиңизди бериң!) Бул я соған уқсас сөзлер еки ортаның татыулыған бузады деп ойлайман. Келинниң енени жек көриуине алып келмей ме, хурмети жоғалады-ғой. Келин де биреудиң әлпешлеп өсирген қызы. Ол сизиң улыңыз ушын келип отыр ғой. Усы әуладтың урпағын өсиреди. Изинде дауамшыларыңызды қалдыратуғын инсан-келин емес пе? Деп дуняларға жар салғым келеди....
Авторы сыр болсын...
Пикир билдирип отсениз
.. https://t.me/ibratli_sozler

АЙТАРЫҢДЫ АЙТЫП ҚАЛҒЫЛ ‎ ‎Мен желкемде бир шайтанды, ‎Көп арқалап жүриппен-ғой. ‎Кеўил жаманға айланды, ‎Жақсыны жек көриппен-ғой. ‎Шүкирликти билмеппен мен. ‎Нәпсиме қул болыппан-ғой, ‎Тәўбе етип жүрмеппен мен, ‎Жанды отқа салыппан-ғой. ‎Саўап деген не екенин, ‎Ойланып да отырмаппан. ‎Барар жерим жер екенин, ‎Басымды ҳеш қатырмаппан. ‎Излегеним жәнжел бопты, ‎Мөминликти умытыппан. ‎Бәдбақлыққа тәним батты, ‎Кеўилимди суўытыппан. ‎Мүтәж көрсем көзди жумдым, ‎Қолда барды қызғаныппан. ‎Шенгел егип, гүлди жулдым, ‎Опық жедим қызбалықтан. ‎Тилге тәўбе кешлеў келди, ‎Безип турман жалғызлықтан. ‎Инсап деген излеў келди, ‎Қутылған соң доңызлықтан. ‎Туўылғаным шынлық болса, ‎Кетерим де жалған емес. ‎Ҳүжданыңда қамлық болса, ‎Ҳеш ким мәңги қалған емес. ‎Өзиңе бир баҳа берип, ‎Тәрезиге тартып алғыл. ‎Саўабыңды көрши терип, ‎Айтарыңды айтып қалғыл... ‎ ‎2024-жыл. 1- ноябрь. ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziyahttps://t.me/ibratli_sozler

САЛЫКЕШ ЖИГИТ       ҚОСЫҒЫ            **** Ҳәй сулыў,келдиңбе атыз аралап, Жүрсеңбе,мийнеткеш жигит саралап, Бахытқа баслайын қурдай домалап, Салы атызларын сүйсеңиз егер. Жупар хош ийиске толған атыз бар, Гөззаллық дүньясын шуғла шаштырар, Мийнеттен ырғалған-салы атызлар, Шөллесе,суў болып аққыл сен мудам. Бир тислем нандыда ҳадал тислеген, Бәрҳа бәнт боламан-ҳадал ис пенен, Салыкешпен күндиз-түни ислеген, Түнлерде ислесем-жақтым бол маған. Гөззал елатында-гүл болғың келсе, Қуслар қанатында жыр болғың келсе, Жазықлықта жайнап-ырғалып бирге, Мийнеттиң гүл тажы-тахтым бол маған. Жадырап күлсеңиз- жайнатып жазды, Қосықлар айтсаңыз-жаңлатып сазды, Бәрқулла қасымда-жүрсеңиз назлы, Бәҳәрим болып сен-бахтым бол маған. Жаңарған елимде-ғәрезсиз болған, Халқымның өмирден-кеўили толған, Мийнетте бир болып-қапты қолласқан, Опалы,мийнеткеш яр болың маған.       Сали Кудайбергенов       16.06.26 ж. https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_пикирлер - Ең гөззал нәрсе не? - Адам. Себеби оны Алла Таала дөреткен. - Ең тез нәрсе не? - Ақыл. Ол ҳәмме нәрсени артта қалдырады. - Ҳәммеден данарақ нәрсе не? - Ўақыт. Себеби жалғыз ўақыт ғана ҳәмме нәрсени айдынластырады. - Ҳәмме ушын ең улыўма болған нәрсе не? - Үмит. Себеби ол ҳеш нәрсеси жоқларда да бар. - Ең күшли нәрсе не? - Зәрүрлик. Себеби ол ҳәмме нәрсениң үстинен ҳүкимдарлық етеди. - Ең қыйын ис не? - Өзин-өзи аңлаў. - Ең аңсаты не? - Өзгелерге кеңес бериў. - Кимди бахытлы санаў мүмкин? - Дени саў, руўхый қәтержам адамды. - Бахытсызлыққа шыдам бериўдиң аңсат жолы не? - Душпанларыңның сеннен де жаман аўҳалға түсип қалғанына гүўа болыў. ✍Милетли Фалес
@SIZLER_USHIN каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

КЕЎИЛДЕГИ СӨЗ ‎ ‎Жақсы болып жаксы адам десем де, ‎Бир қәтелик табылады бойымнан. ‎Жақсы тилек тилеп бәрҳа жүрсем да ‎Өсек гәпти тыңламаға қайымман. ‎ ‎Биразларға жақсы емес жаманман, ‎Тиймесемде сөз қылады сыртымнан. ‎Биразларға дым қәдирсиз адамман, ‎Айтпасамда сөз айтады атымнан. ‎ ‎Гедир-будыр бул жолдың аяғы жоқ, ‎Налышымды аңламас ҳеш бир адам. ‎Жүрегимди тиледи қыяғы жоқ, ‎Жақсылардың ишинде болдым жаман. ‎ ‎Төсек пенен дастыққа сырлас болдым, ‎Шадлықларды еситтим көралмадым, ‎Шексиз муңға тек өзим жолдас болдым, ‎Жақынларым қатарында жүралмадым. ‎ ‎Ким келер деп есикке тигилермен, ‎Сөз сөйлесем сөзимди тыңларым жоқ. ‎Кирпигимде көз жас боп төгилермен, ‎Бул өмирде берерим көп, аларым жоқ. ‎ ‎Сондадағы үмитим таўдан бийик, ‎Аспанымда АЛЛАМ жалғыз, мен жалғыз, ‎Тилегимди бере қойса егер үйип, ‎Өширмегил бахытымды және жанғыз! ‎ ‎ ✍‎Абат Крамов. ‎ https/t.me/ibratli_sozler

ТИЛИН ТИСЛЕДИ (Драббл) – Күйеўиңди сыйлаўың керек, – деп гәп баслады қәйин ене жаңа түскен келинине ақыл-нәсият ретинде. – Азанда уйқыдан турғанда жыллы суўын таярлап, бет-қолын жуўғаннан соң сүлгисин берип, шай-аўқатын ишкизип, жақсылап кийиндирип, аяқ кийимин сыпырыстырып, жумысқа шырайлы етип, күле шырай менен узатып сал. Кеште не аўқат жегиси келетуғынын да сорап қал. Түсте, я кеште келгенде де күлип-ойнап қарсы ал. Еркек дегенниң жора-жолдасы, зыяпаты болады, дегендей, нәбада күндеги ўақтынан, ҳәтте түнниң жарпына шекем кешигер болса да, аўқатыңды жемей, қаратып, уйқыламай, қапыға қулағыңды түрип отыр. Дәрўазаны қағыўдан жуўырып барып, жаўатуғын булттай түнермей, қасы-қабағына қарап, жыллы күтип ал. Жуўындырып, кеўли күсеген тамағын берип, хызмет ет. «Маған көйлек керек еди», «Төркиниме барсам бола ма?», «Достымның тойына пул бере аласаң ба?» дегендей болмағыр машқалаларыңды айтып, жумыстан шаршап келген ериңниң мийин шақпа. Телевизор көрип дем алсын. Телефонын тексерип, «Бул ким?» деп мазасын ала берме, жумыс барысында адам ким менен сөйлеспейди? Қулласы, «ериң – пириң» деген, ата-бабаларымыз, сондай, оның айтқанларын сөзсиз орынла, келин. Келин: – Болады, ене. Сизден өтип қайда бараман. Атама қәйтип ҳүрмет, хызмет етсеңиз, мен де соны ислеймен ғой, – деп еди, күйеўиниң еки аяғын бир етикке тығып қойған, ғайбар қәйин ене тилин тислеп қалды. Алланазар Әбдиев, Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты.
✍Алланазар Әбдиев жеке каналынан алынды..
https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Үзилген ҳәр қандай арқанды қайта қосып байлаў мүмкин, бирақ байланған жерде түйин пайда болады. Яғный, ағайин-туўысқа
#ҳикмет     Үзилген ҳәр қандай арқанды қайта қосып байлаў мүмкин, бирақ байланған жерде түйин пайда болады.     Яғный, ағайин-туўысқанларың ҳәм дос-яранларың менен байланысты үзбе, туўры, ҳәр қандай байланысты қайта тиклеў мүмкин, бирақ, бәрибир кеўилде бурынғы дық-гийне қалып қояды.
al_beruniy телеграм каналы
https://t.me/ibratli_sozler

"СЕН МАҒАН БАХЫТ ТИЛЕ" ✍Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ 🎤Мырзагүл САПАЕВА https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум азиз қәдири бәлент каналымыз ағзалары. ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! Ҳәр күни таңда оянғанымыздан кейин, ҳәмме нәрсе кешеги күнде қалғанын аңлап жетесиз. Жақсы ма яки жаман ба, парқы жоқ. Себеби, ол әҳмийетин жойтады. Тек сиз әҳмийетли. Жаңа күн... Жаңа өмир... Жаңа бетлер... Енди ҳәммеси сиз қайсы реңлерде сызыўды баслаўыңызға байланыслы! ҲӘР БИР КҮНИҢИЗ ПАЙЫЗЛЫ, БЕРЕКЕТЛИ ҲӘМ ӘЎМЕТЛИ ӨТСИН! 🌤🌈 🌤🌈 🌤🌈 🌤🌈 https://t.me/ibratli_sozler

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 Гейде қолда барымыздың қәдирине жетпеймиз. Көзимиз кеш ашылады. Қолымызда ғана турған бахытты ушырып аламы
🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱     Гейде қолда барымыздың қәдирине жетпеймиз. Көзимиз кеш ашылады. Қолымызда ғана турған бахытты  ушырып аламыз.    Әзизлер бахыт сизди ҳеш қашан тәрк етпесин.🤲🤲🤲 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟     Қайырлы түн қәдирданлар !!! Түн әлбетте өз ҳүкимин өткереди. Сизлерге түнниң тынышлығын тилеймен. Бир-бириңизди қәдирлең, ҳүрметлең, сағының, сүйип жасаң. Себеби өмир өткинши!! Солай екен, ертеңги таң сизлерди..... несийбеси, әўмети, бахты-қуўанышы менен күтип алсын! Аман жатып турың әзизлер!!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Инсан өмиринде умытылмас сәтлер жүдә көп. Солардың ишинде де ҳәр күн бир мәрте ойыңнан өтетуғынлары болады. Егер меннен "сизиң ҳеш умыта алмайтуғын, өмириңиздиң  умытылмас бөлегине айланған  бөлеги барма?"- деп сораса..... Мен,..."аўа, бар.... Ол анамның мениң қолымда жан берген сәти "- деп жуўап берер едим. 😪😪😪😪😪😪     Анамның сулыў келбети, әсте-ақырынлық пенен жумылған көзлери, маған бир өмирлик  умытылмас елес болып қалды..........🥀🥀🥀🥀 🌼🌼🌼🌼🌼🌼🌼🌼🌼 Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

ШАЙТАНҒА ДОС ТУТЫНБАҢ... Ҳәй Адам балалары! Шайтан ата-аналарыңыздың (Адам ҳәм Ҳаўаның) әўретлерин өзлерине көрсетиў ушын олардың кийимлерин шешип, жәннеттен шығарғанындай, сизлерди де алдап қоймасын! Әлбетте, ол ҳәм оның топары сизлер оларды көре алмайтуғын тәрептен сизлерди көреди. Биз шайтанларды ийман келтирмейтуғынларға дос қылып қойдық. (Аъроф сүреси, 27-аят). Шайтан инсанияттыӊ ата-анасы – Адам Ата ҳәм Ҳаўа Ананы қалай фитнаға салғаны жоқарыдағы аятлардан мәлим болды. Ол Адам Ата ҳәм Ҳаўа Ананы гүнаға баслап, жалаӊаш қылды ҳәм жәннеттен шығарыўға еристи. Адам балалары бул ўақыяны ҳасла умытпаўы керек. Кери жағдайда, шайтан оларды да шерменде қылып, жалаӊаш қылып, жәннеттен бийнесип қылады. Соныӊ ушын, Аллаҳ таала оларға былай деп атыр: «Ҳәй Адам балалары! Шайтан ата-аналарыңыздың (Адам ҳәм Ҳаўаның) әўретлерин өзлерине көрсетиў ушын олардың кийимлерин шешип, жәннеттен шығарғанындай, сизлерди де алдап қоймасын!» Адам баласы шайтан ҳәм «шайтанзада»лар менен болатуғын тоқтаўсыз гүресте жеӊилип қалмаўы керек. Өйткени, ол сәл күшсизленсе, оннан жеӊилип қалады. Солай етип, жәҳәннемниӊ ошағына отын болады. Олар бул гүресте оғада абайлы болыўы керек. Себеби, Аллаҳ таала оларға: «Әлбетте, ол ҳәм оның топары сизлер оларды көре алмайтуғын тәрептен сизлерди көреди», демекте. Демек, бул гүресте шайтан ушын қолайлықлар бар. Оныӊ имканиятлары инсандыкине қарағанда көплеў. Инсан шайтанды көрмейди, бирақ ол инсанды көреди. Ал, бул, өз нәўбетинде оған қосымша имканият береди, инсаннан және де сергеклик талап етиледи. Себеби, анық душпан болған шайтанныӊ жаманлығынан барқулла абайлы болып турыў керек. Буныӊ ушын күшли ийман ҳәм итиқад керек. «Биз шайтанларды ийман келтирмейтуғынларға дос қылып қойдық». Шайтан иймансызларға дос болып жүрип, оларды «баплайды». «Мен сениӊ достыӊман, саған жәрдемшимен» деп, жолдан азғырады. Олар оныӊ гәпине кирип, гүналарын ақлаў ушын ҳәм түрли сылтаўлар табады. ...."Тәфсири Ҳилал" китабынан. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"...... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Жумысты ислеўин биреў ислейди, Талтаңлауын биреў талтаңлайды. Хеш нәрсе ислемесе де ҳәммесин өзи атқарып жүргендей,  хоппыйып, минлет қылып жүретуғын кимселерге берилген баҳа.  Ылақтырған кесегин алып келе алмайды . Өзи оның атқарған жумысынын биреўин ислей алмаса да, сыртынан насақ сөз айтқан адамға тәмби бериў ушын айтылады. Қой көрмесек те кый көрип едик, Ешкили байдың қызы едик. Бул— мереке-мейлисте өзин менсинбей отырғанларға  «мен де сизлерден кем емеспен» деген мәнисте тийдирип ай­тылған нақыл. Айдағаның еки ешки, Ышкырығың жер жарады. Айтарлықтай ис етпесе де, дәбдебесин келистирип журе­туғын, менмен кисилерге айтылған сөз.  Тил менен орак орсаң, белиң аўырмайды. Сөзге шешен, иске мешел, гәп пенен хәмме нәрсени тындырып таслайтуғын, ал ҳаслында қолынан ис келмейтуғын мақтаншақ адамға айтылады. Уш қой — бир сом! Барып турған бийпәруа адамға берилген баҳа. Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар" китабынан алынды. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Соңы жоқ өмир... Виктор Гюгодан: «Ғаррылық жылларыңызда да буншама өзиңизди урындырып ислеўиңиздиң себеби неде? Басқаларға уқ
Соңы жоқ өмир... Виктор Гюгодан: «Ғаррылық жылларыңызда да буншама  өзиңизди урындырып ислеўиңиздиң себеби неде?  Басқаларға уқсап дем алсаңыз болмайма?» деп сорағанда ол былай жуўап берген екен: — Дем алыў ушын еле алдымда соңы жоқ бир өмир бар... https://t.me/ibratli_sozler

* * * Мен бенде болғанман сениң ышқында, Ақшам аспаныңда ойнаса сағым – Ол ҳеш уқсамайды мәзи сағымға, Ол – сөнбес көзлериң,
*     *     * Мен бенде болғанман сениң ышқында, Ақшам аспаныңда ойнаса сағым – Ол ҳеш уқсамайды мәзи сағымға, Ол – сөнбес көзлериң, ана-мәканым. Арал шуўылдысы қосығың сениң, Бугин нама шалмас атам заманнан, Шадлы қосық болып баслар ертеңиң, Бахтыңды излеп қуяш таманнан. Жыллар алып келди саған тамамын, Төбеңде нур күлип, қуяш жубатты. Қойныңда адымлар алтын заманын, Ҳәм басыңа қонды мың жылдың бахты. Өзиңдики болды дәрйаң ҳәм далаң, Тоғай, бағлар, таўлар, көллер сеники. Ғам-ғуссасыз болды сендеги адам, Таң шуғласын емген еллер сеники! Мектеп жолларында шаўып балалық, Сениң тарийхыңды оқыр ҳәм ядлар. Рәўшан жамалыңнан тәндар нәр алып, Сен деп қәдем таслар жаңа әўладлар. О, мениң мәканым, ана топырағым! Мен бир перзентиңмен келген камалға. Сен жасайсаң, демек, сөнбес шырағым. Адаспас гүзарым сендей анамда. © Кеңесбай Рахманов «Өмир толғаныслары» топламынан (1974) 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

📜Заман менен аяқ қосып жүрмесең, Кеўлиндегин қас-қабақтан илмесең, Шаңда қалып, ашалмассаң көзиңди Ҳәм шетке аларсаң кем-кем
📜Заман менен аяқ қосып жүрмесең, Кеўлиндегин қас-қабақтан илмесең, Шаңда қалып, ашалмассаң көзиңди Ҳәм шетке аларсаң кем-кем өзиңди. Ибрайым Юсупов, Төртликлер. 1981-жыл.....