ar
Feedback
Baxıtlı SARÍBAEV

Baxıtlı SARÍBAEV

الذهاب إلى القناة على Telegram

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

إظهار المزيد
1 083
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
-17 أيام
-430 أيام

جاري تحميل البيانات...

سحابة العلامات
لا توجد بيانات
هل تواجه مشاكل؟ يرجى تحديث الصفحة أو الاتصال بمدير الدعم الخاص بنا.
الإشارات الواردة والصادرة
---
---
---
---
---
---
جذب المشتركين
أغسطس '26
أغسطس '26
+1
في 2 قنوات
يوليو '26
+42
في 3 قنوات
Get PRO
يونيو '26
+41
في 2 قنوات
Get PRO
مايو '26
+65
في 2 قنوات
Get PRO
أبريل '26
+65
في 4 قنوات
Get PRO
مارس '26
+50
في 3 قنوات
Get PRO
فبراير '26
+55
في 16 قنوات
Get PRO
يناير '26
+60
في 1 قنوات
Get PRO
ديسمبر '25
+62
في 3 قنوات
Get PRO
نوفمبر '25
+65
في 3 قنوات
Get PRO
أكتوبر '25
+47
في 3 قنوات
Get PRO
سبتمبر '25
+49
في 4 قنوات
Get PRO
أغسطس '25
+50
في 2 قنوات
Get PRO
يوليو '25
+58
في 3 قنوات
Get PRO
يونيو '25
+42
في 2 قنوات
Get PRO
مايو '25
+70
في 8 قنوات
Get PRO
أبريل '25
+55
في 4 قنوات
Get PRO
مارس '25
+66
في 4 قنوات
Get PRO
فبراير '25
+72
في 3 قنوات
Get PRO
يناير '25
+92
في 4 قنوات
Get PRO
ديسمبر '24
+118
في 4 قنوات
Get PRO
نوفمبر '24
+94
في 2 قنوات
Get PRO
أكتوبر '24
+92
في 2 قنوات
Get PRO
سبتمبر '24
+82
في 4 قنوات
Get PRO
أغسطس '24
+67
في 2 قنوات
Get PRO
يوليو '24
+59
في 2 قنوات
Get PRO
يونيو '24
+66
في 2 قنوات
Get PRO
مايو '24
+83
في 2 قنوات
Get PRO
أبريل '24
+129
في 3 قنوات
Get PRO
مارس '24
+107
في 3 قنوات
Get PRO
فبراير '24
+95
في 3 قنوات
Get PRO
يناير '24
+113
في 1 قنوات
Get PRO
ديسمبر '23
+75
في 1 قنوات
Get PRO
نوفمبر '23
+98
في 5 قنوات
Get PRO
أكتوبر '23
+67
في 2 قنوات
Get PRO
سبتمبر '23
+64
في 0 قنوات
Get PRO
أغسطس '23
+37
في 0 قنوات
Get PRO
يوليو '23
+50
في 0 قنوات
Get PRO
يونيو '23
+37
في 0 قنوات
Get PRO
مايو '23
+78
في 0 قنوات
Get PRO
أبريل '23
+101
في 0 قنوات
Get PRO
مارس '23
+79
في 0 قنوات
Get PRO
فبراير '23
+50
في 0 قنوات
Get PRO
يناير '23
+70
في 0 قنوات
Get PRO
ديسمبر '22
+324
في 0 قنوات
Get PRO
نوفمبر '22
+124
في 0 قنوات
Get PRO
أكتوبر '22
+120
في 0 قنوات
Get PRO
سبتمبر '22
+99
في 0 قنوات
Get PRO
أغسطس '22
+93
في 0 قنوات
Get PRO
يوليو '22
+19
في 0 قنوات
Get PRO
يونيو '22
+92
في 0 قنوات
Get PRO
مايو '22
+80
في 0 قنوات
Get PRO
أبريل '22
+142
في 0 قنوات
Get PRO
مارس '22
+65
في 0 قنوات
Get PRO
فبراير '22
+47
في 0 قنوات
Get PRO
يناير '22
+542
في 0 قنوات
Get PRO
ديسمبر '21
+68
في 0 قنوات
Get PRO
نوفمبر '21
+119
في 0 قنوات
Get PRO
أكتوبر '21
+77
في 0 قنوات
Get PRO
سبتمبر '21
+60
في 0 قنوات
Get PRO
أغسطس '21
+56
في 0 قنوات
Get PRO
يوليو '21
+113
في 0 قنوات
Get PRO
يونيو '21
+79
في 0 قنوات
Get PRO
مايو '21
+54
في 0 قنوات
Get PRO
أبريل '21
+99
في 0 قنوات
Get PRO
مارس '21
+92
في 0 قنوات
Get PRO
فبراير '21
+70
في 0 قنوات
Get PRO
يناير '21
+86
في 0 قنوات
Get PRO
ديسمبر '20
+385
في 0 قنوات
التاريخ
نمو المشتركين
الإشارات
القنوات
02 أغسطس+1
01 أغسطس0
منشورات القناة
photo content

2
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Қайсы комиссия не жуўмақ пенен кетип атыр, бул да ҳәммеге жумбақ. Машаның шаштәрезханасы тергеўханаға айналып, дүканшылар изли-изинен гә милиционерге, гә прокурорға тергеў берип шығып атқан. Қалалық саўда мәкемелериниң басшылары да биринен соң бири келип атыр, гәси бас шайқаса, гәсине тандыр өртелген сыяқлы да көринип атпаған қусайды, анда-санда қатты-қатты күлкилери де еситилип қалады. Гүрсинип жүрген тек Нурлепес пенен Айбөрек, Нурлепестиң неге гүрсинетуғынын өзи билер-дә, Айбөрек байын уўайымлап гүрсинеди. Шала өртенген таўарлар, от тийген, сөйтип, жарамсыз болып қалған шақыр-шуқыр темир-терсеклер кешке шекем хатланып, әлле қайларға машиналар менен алып кетилип атты, бәриниң көтерә-көтери әбден жүйкесин қуртқан Нурлепес сол күнгидей шаршамас, сол күнгидей қара күйеге былғанбас. Қараңғы түсип кеткенде үйине тек шықпаған жаны, тек сүйретилген сүлдери келди. Айбөрек кешки шам жанғаннан соң Әмирханның үйине Бердашын жетеклеп барды. Үбайда буның менен жөнли сөйлеспеди. Әмирхан болса: "Ўәй, не қылатуғын еди, қорқа берме, келин, горпромторгқа отчетымызды бергенимиз күни кеше! Өртти болса, өзлери анықлар, сирә да Жердаштың өзи от бермеген ғой! Оның үстине ноль бирге өрт тийген ўақытта-ақ звонлаған! Олардың бир машинасы ходланбай қалыпты, бир машинасының болса насосы бузық, суў тарта алмапты! Өзлери жуўап берер-дә, Жердаштан қорықпай-ақ қой" деп, тынышлап қайтарды. Сонда да келиншек сырт сытыр етсе қулақ түрип жатты, келетуғын Жердаш жоқ! Өрели таңды сетем алыў менен, селк етип ояныў менен атырды. Азанда сүтке келгенинде: - Жердаш келмеди ме?! - деп таңлана сорады Нурлепес. Келмегенин еситкен соң, тынышландырмақшы: "Өрт тоқтан кеткен" деп атыр ғой, ҳеш гәп болмас. Апптырмай, бала, көптен бери азан менен дүканға кететуғын едим, енди қайда барарымды билмей ҳайран қалып отырғанымды қараш! Әмирханға барайын, не ис буйырар екен?.. Әмирхан қашшан таңнан турып кетип қалыпты, ҳаялына қайда кеткенин де айтпаған қусайды. Нурлепеске де ис буйырмай кетипти. Не буйырсын, буйырмасын, сол күнди Нурлепес дүканның қарабаханасының басында өткерди. Бул бир, әйлийешиликти қорығандай саўда екен, сонда да тақыр-тақыр ис таўып ислеп жүрди. Сөнип қалған күлди тырма менен пешелеп анаў-мынаў қалдықларды былай жыйнап қояды, еле де сырттан келгенлер бир нәрсени алып кететуғындай ямаса еле де тексериўши келетуғындай дүканның күлин қорыйды имканиятынша журтқа пешелетип, басқылата жақ емес еди, кешке таман: "дүкан жоқ, енди несин қорыйсаң?!" деп, Әмирханның өзи келип ертип кетти. Жердаштың да әлле қашшан-ақ келип, үйине айналысып жүргенин Жумагүл - Жумаштан еситти. Ҳәптениң ақырғы күни кешке қарай арық қатпадан келген сары сынлы, шүңирек көзли бир жигит келди де, Әмирханның үйине ертип алып барыўды өтинди. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 02. 08
216
3
🧠Molshılıq - bul siziń sanańızdıń ishki jagdayı. 😞Eger siz tek "jetispewshilik"ke qarasańız, onda bul ómirde ol kóbeyedi. �
🧠Molshılıq - bul siziń sanańızdıń ishki jagdayı. 😞Eger siz tek "jetispewshilik"ke qarasańız, onda bul ómirde ol kóbeyedi. 💃🕺Sizde bar nársege qarań, sonda qurǵınlıq kóbeyedi.
158
4
لا يوجد نص...
159
5
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Әмирхан шыдамай адымын шаққан-шаққан басып турды да, көпшиликтиң арасынан жаңағы Турдыбай деген бети-аўзы шүйел-шүйел жигитти аламан менен дүканның арасындағы алаңға сүйреп шықты, утюк басып, таза кийинетуғын жигитлердиң бәри қара күшке ҳәлсиз туйыла беретуғын Нурлепес Әмирханнан бундай қарыўлылықты күтпеп еди. Әмирхан сүйреп шыққаны менен де турмай Турдыбайдың еңсесинен нуқып-нуқып жиберди. Ол да бир ләтте пәм, арсыз адам ба: - Қойса, аға, ойнап айтып атырман-аў! - деп, кеңкилдеп күле берди, Әмирхан сөксе де, урса да күледи. Буның ашыўланбағанына ашыўланған Нөкер Ниязович: - Арсыз екенсең, Турдыбай! - деп бақырды. - Дурыс баслап едиң, жаман аяқладың! "Совет муғаллими!" деген атқа дақ түсирдиң, ийт!.. - Пахмелинде қы-ыл, пиянщик!.. - Айтатуғынына қара, мына Әмирханның! - Нөкер Ниязович жулқынып шығып бармағын шошаңлатып сөйлеўи менен келе берди. - Мениң пиянщиклигим ҳүкиметке сен қурлым зыян тийгизип жүрген жоқ, уры! Урлап-урлап болып, өзиң от бергенсең дүканға! Ҳәзир сениң аўызыңды желкеңнен шығараман, әкеңниң!.. Әмирханның әтирапында гүбелектей айналшықлап жүрген Нурлепес қарсы киятырған Нөкербайды қапсыра қушақлап қалды. Бул сақал қойған, бир қолы шолақ адамның темир искенжедей қысқан сайын өзин өреге байланған жинлиге меңзетип ары келген Нөкербай сөгейин десе усы Нурлепестиң үйинде болып атыр, сөкпейин десе бул адам қушағынан жаздыра жақ емес, "қушағында-ақ тура берейин" десе, анаў жақта ҳаял бала-шаға қарап тур, олар да қуры қарап турған жоқ шығар, "мынаў пиянщикте диңке жоқ екен-аў, бара бас салатуғындай буўырқанып шығып еди, енди турғанын қара!" деп, күлип турған шығар! Жулқынып-жулқынып шыға алмағаннан соң: - Биллә урмайман Нуреке, жибере бер! - деп жалынды сыбырланып. Нурлепес оның усы гәпине исенип жибере жақ еди, еки милиционер келип, Нөкербайды жаздырып алды да, қолын артына қайырып, асханаға түйгишлеп алып кирди, оның изинен жаңағы "Турдыбай шайыр" деген түйгишленип киргизилди. Изинше белбеўли машина келип, бул екеўин де әлле қайларға алып кетти. "Нөкербайдың ашыўы жаман. Ишип келип, Әмирханның үйине от беретуғын болды-аў!.." деп қорқып қалды изинде Нурлепес. Түс болмай-ақ қудайымның көп комиссиялары келип қалды. Олардың ҳәр қайсысында бир нешше адамнан. Бир комиссия бир комиссияға бағынбайды. Комиссияның бири кетсе бири келип атты, ҳәр комиссияның өзиниң тексеретуғын, анықлайтуғын затлары-ақ көп екен, булардың қайсысы тамашагөй, қайсысы комиссия ағзасы, айырып таныўдың өзи де мүшкил екен. Нурлепес: "Былай қаш!" деп бақырса, ол комиссия ағзасы болып шығып атырған. "Комиссия ағзасы шығар" дегени қарабахананы тинтинип жүрген биреў. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 01. 08
242
6
#Психология Бахытлы инсанлардың 7 сыры!!! 💟 Әтирапыңыздағылардың сиз ҳаққыңызда не деп ойлаўлары ҳаққында бас қатырмаң (Ерки
#Психология Бахытлы инсанлардың 7 сыры!!! 💟 Әтирапыңыздағылардың сиз ҳаққыңызда не деп ойлаўлары ҳаққында бас қатырмаң (Еркинлик сыры). 💟 Бизиң ҳәр қандай ойларымыз, әлбетте өмирге көшеди. ( Жасаў сыры). 💟 Өзиңизди барынша қабыл етиң ҳәм жақсы көриң (Гөззаллық сыры). 💟 Өзиңизди де, басқаларды да критикалай бермең (Аўызбиршилик сыры). 💟 Меҳир-муҳаббат бериң ҳәм сүйген инсаныңызды өзгертиўге урынбаң (Муҳаббат сыры). 💟 Ең алды менен бериўди, сақыйлықты, кейин болса алыўды, қабыл етиўди үйрениң (Бай-дәўлетли болыў сыры). 💟 Азлаў ойлаң, көплеў жақсы көриң, қуўаның, заўықланың (Бахыт сыры). @baxitland
205
7
لا يوجد نص...
272
8
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Журт тек Әмирханға емес, буған да кеўил айтып атыр. Әмирхан болдырған, шаршаған түс билдирип, асхананың сыртындағы гүрсиде отыр, сырттан қарағанға әскери қыйратылған Напольеонға да усап кетеди. Оның алдында ҳеш нәрсе жабылмаған, сән-салтанаттан журдай болған жазыў столы, оның да бир мүйеши күйик. Жеңилген көсеминиң әтирапына жыйналып, "ендиги күнимиз қалай кешер екен?" деп уўайым шегискен көсеминиң қайғысын бөлискен генераллардай дүканшылар - Нәзигүл, Айбөректиң орнындағы Сәнегүл, таранған тоты қустай Әширепи, мудамы адамларға көзин сүзип қарайтуғын Гүлара. Булардың үсти-баслары тап-таза, бетлериниң, ләплериниң бояўлары да шайылмаған, өрт кеткенинен бийхабар, дүканларын ашыўға салланысып келген ғой түўе! Булар да Әмирханның әтирапында, Әмирхан гүрсинсе булар да, әлбетте, гүрсинеди-дә! - Мениң сумкам қалып қойыпты кеше. Ишинде алтын жүзигим бар еди, табылармекен? - деп сыбырлады Әширепи Гүлараға, Гүлара мырс етип күлди, соның менен ақ: "усынша самтықтың арасынан сениң жүзигиң табыла ма?!" дегенди аңлатып таслады. Соны одан сорағанына пушайман жеген Әширепи тумсығын ғәзеп пенен былай қарап таўлап таслап тур. Журт тек өрт өширисиўге, тамашаға келе бермеген сыяқлы булардың ишинен уры көзленип, көзлери күлдиң арасын тинтинетуғынлары да бар қусаған. Болмаса сонша милиционер неге қарабахананың әтирапын киш-кишлеп қорып, адам жолатпай жүр. Айбөректи де жолатпап еди, Әмирханның ымынан соң ғана жиберди. Айбөрек әдебинде сәлемлесиўди де умытып, әтираптан кисисин алақлап излей берди. Соң Әмирханға, басқа дүканшыларға кеўил айтты, оннан кейин ғана көзлери менен үнсиз күйеўин Әмирханнан сорады: Әмирхан оған түсинди. Жубатыўға да талапланбады: - Тергеўге әкетти, - деди ашыў менен. - Ақмақ болмасаң, уйықлап жата бергенше, дүканыңа қара! Маған шаңқай түсте хабарлап тур, тап бир, сүйинши сорағандай, ақмақ! - Әмирхан жерге былш еттирип түпирип, орнына турып кетти. "Сөйтсе болады-ғо!" деген мақуллаўды Айбөрек басқадан емес, тап өз бақталасы Сапаргүлдиң көзинен оқығанына күйинди. Соның арасынша биреў анаў көпшиликтен: - Дүканды Әмирханның өзи өртеткен! - деп бақырып жиберди. Журтқа "жоқ" деп қақсап жүрген велосипедлерине қараң, ҳаққыңнан!! Тигиў машинасына қараң ҳаққыңнан!.. - Қойсаң-ә, Турдыбай шайыр! - деп бақырды оған Нурлепес барлық ғәзебин көзине жумсап. - Абайлап сөйлесеңо, журт "ырас" деп жүрер!.. - Ырас емей өтирик пе?! Дүканды әдеп жеген!.. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 31. 07
353
9
Жақсылар жолдас болғай Жақсы адамларға болғанда жолдас, Гөззал көринеди көзиңе жоллар. Мәнзилиң бийқәтер, қәўип жоламас, Тилеклес жанларды жаратқан қоллар. Жолың өнип татлы сәўбет арқалы, Мәнзилиңе барып қаласаң дем де. Бул өмирге муҳаббатың артады, Жақсының сөзине қулақ түргенде. Машқала, табыслар алынып тилге, Мақуллаймыз бир-биреўдиң пикирин. Меҳир арта түсип жақын кеўилде, Жақсы көрип қаласаң-аў өмирди. Умытып бир демге жол машақатын, Жүректен сырласып аларсаң ләззет. Сүйкимли етер екен адамзатты, Сыйласық, ғамхорлық, меҳир ҳәм иззет. Қуяш тең адымлап, жол силтеп самал, Мазмунлы сәўбетке қулақ түреди. Жақсы жолдас табыў таптырмас ығбал, Жолыққай деп шынтлап тилер жүрегим. 30-июль, 2026 Бахытлы Сарыбаев @BaxitliSaribaev
206
10
🍏🍐🍇🍉🍌🍓🍍🥝🍋🍈🍑 Miyweni qolıńızda qıssańız, Sherbet payda boladı. 💐🌷🌹🥀🌺🌸🌼🌻🌾🌸🌺🥀 Gúldı qolıńızda qıssańız, X
🍏🍐🍇🍉🍌🍓🍍🥝🍋🍈🍑 Miyweni qolıńızda qıssańız, Sherbet payda boladı. 💐🌷🌹🥀🌺🌸🌼🌻🌾🌸🌺🥀 Gúldı qolıńızda qıssańız, Xosh iyisli átir payda boladı. 😞😔😣☹️🙁😕😖😡😠😳😭 Eger adam qıyınshılıqlarda qısılsa, Ruwxıy kúshli, shıdamlı hám dúnyatanımı keń adam payda boladı. 🙌🙌🙌🙌🙌🙌🙌🙌🙌🙌🙌 Tek qıyınshılıqlardı sanalı túrde ósiwim ushın júz berip atır dep qabıl etsek bolǵanı. Kanal mánzili:@baxitland
342
11
لا يوجد نص...
306
12
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Айбөрек қолынан түсип кеткен банкасын алып атырып сорады: - Қашан?! Адам аман ба?! - Таңның алдында тийсе керек. Бизикине күн шыға хабар жетти... - Адам аман ба?! - Адамың аман. Аман болғаны ғой, сениң кисиң телефон урды! Қалай болса солай албырап тур, қайнағаңды телефонға шақырып берген өзим!.. - Онда күн шыға от тийген шығар?! - Жа-ақ, өширип болып звонласа керек! - Өртти билиўден неге телефон ура қоймады екен?! - Мен ҳәм соған ҳайранман! - Үбайда даўысына гүман түсин бергенин сезген мәўритинде жуўып-шайды: - Өйппей, Айбөрек-ай, түсиң өңип кетти ғоо! "Өзи өртеди" деп атырғаным жо-оқ, есин жойтып, албырап қалғанындағы! Ким болғанда да албырайды-аў, "от бәлесинен сақла!" деген. Бар, сүтиңди ал, ҳеш гәп болмас, шайды енди ишпекшимисең?! - Иштим ғой, балама алып қоя жақ едим. Енди Жердашты ҳәлеклеп жүрмей ме?! - Қапылтпаш!! - Үбайда кетти. Ишинен түрли бәлениң бәрин Жердаштан көрип баратыр. Буған да байы уўайым. Тағы өзин өзи: үйдеги адам дүздеги дүканға от тийгенин қайдан билсин! Басында қараўылы бар, сол жуўап береди-дә!.." "Әййй, жүрегим бир нәрсени сезип жүр еди-аў!" - Айбөректиң өкиниши ишине сыяжақ емес. - Усы адамнан басымды сақытла, бәлеге жолығарсаң дегеним қашшан! Қылмады, жаман! Енди домзақта шелек жиберип жата бер! Сен Оразгүлден жақынбысаң буған?! Баласын Жумаштың қолына әкелип тапсырды да, етек-жеңин жылпылдатып, дүканға жуўырды. Дүканның қашшан жанары жанып, өшери өшип болған. Өрт өшириўши машинаның нешеўи келгенлиги намәлим, әтираптың бәри тап бир, шелеклеп жаңбыр қуйғандай, батпақ. Айналар үңирейген, шөлмеклери сындырылған, пәнжелери қыйсайтылған, жулынған. Кеше ғана даңғырлап турған минтаздай ақ жай дүт басқан шыраның моржасына усап қалыпты. Ағашлары жанып, пәтиклер ортаға түскен. Тақталары жанып кеткен тигиў машиналарының скелетлери сыртта қалай болса солай бийтәртип жатыр, жайрап атырған гөш машын, хожалық затлары жағының бүлинген, сынған, күл, ылай жуққан, күйеленген затлары. Гилең жартысы жанған, орамы жаздырылған, күл, ылайдан түри-түсин айырып болмаслық дәрежеде заяланған топ-топ гезлемелер, қулағы жанған малақайлар, ултаны тырысқан аяқ кийимлер. Нурлепес, қалай болса руўхый жақтан қыйраған, бети-аўзы күйе-күйе, кир-ғожалақ, үсти-басы бурыннан да ғарқ емес адам, әбден тандыр шапанлы ҳаялға усап қалыпты. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 30. 07
346
13
Yar ıshqı sıyqırlap aldı https://youtube.com/shorts/K3imWWRUGv0?si=QhzP7paOZzN7Fmeo
209
14
Alıp atırǵan adam qolın toltıradı🤲 Berip atırǵan júregin❤️ ✍Lao Czi 💓Muhabbat beriń💓: - Ózińizge; - Ata-anańızǵa; - Janıńı
Alıp atırǵan adam qolın toltıradı🤲 Berip atırǵan júregin❤️ ✍Lao Czi 💓Muhabbat beriń💓: - Ózińizge; - Ata-anańızǵa; - Janıńızda turǵanlarǵa; - Súygenińizge; - Kásibińizge; - Házirgi kúnińizge... @baxitland
235
15
لا يوجد نص...
357
16
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Яқшы, - деди Әмирхан. - Онда Сәнегүлди басқа бир дүканға орналастырып алайын. Ол да өзиңдей нашар, әширепилеп әкелдик, енди қуўып жибергенимиз уят болар. Хабары өзимнен болады, арада дийўал жоқ ғой, үйге жолыға берсең де болады-ғо! Соннан бери күн сайын Жердаштан: "Сәнегүл кеткен жоқ па!" деп сорайды. Жақ, кетпеген болып шыға берди. Анаў-мынаў хызметине келгенинде: "Айтармекен?" деген үмит пенен Әмирханға қарайды, жақ, ол да дым түсинбегендей. Айбөрек мың айтсаң да ҳаслы хийўалының қызы, әкеси Хийўадан көшип келгенинде бес-алты жасында еди. Соның ушын да бул аўылдағы басқа ҳаялларға қарағанда сыпайырақ, бирақ шайтанлаў. Болмаса Нөкис я Шымбай қызы болғанында қашшан-ақ Әмирханның жуп жағасынан тутып: "алып бер орнымды, болмаса барлық айыбыңды билемен", дейтуғын ўақты болды. Бирақ бул еле Әмирханның алдынан "өзи билер" менен шығып жүр еди, сөйтип жүргенинде бирден: "Дүканға от тийди!" деген хабарды еситип, қуйқасы жуўў ете қойды. Суўық хабар буған түстиң алдында жетти. Әйтеўир де таң атыўдан азан менен үйге келип, азанғы шайды бирге ишетуғын Жердаш үрдисли әдетин бузып, сол күни ўақтында келмеди-аў! Айбөрек буны "Әмирхан бир жаққа жумсап жиберген шығар"ға жорыды. Ўақыт өте берди, сонда да Жердаш келе қоймады, әдебинде "бирге ишемиз" деп, қара шайын да демлемей отырды. Соң баласы Бердаш пенен әжик-гүжик болып отырып ишти. Шәйнек- кесаларын жыйнады, бунда да Жердаш жоқ. Нурлепестиң үйи ешки саўады, ешкиси де көп. "Сүти татымлы" деп, Айбөрек сүтти Жумагүл Жумаштан алады, болмаса жән-жақтағы қоңсы-қобаларында сыйыр баршылық, мәселемкиден Қосберген дарғаның үйи төрт сыйыр саўады, киши ҳаялы азан менен қаланың орысларының есигин қағып, келеси айлығына сүт қуйып шығады, үлкен ҳаялы күни менен аўзына шыбын үймелеп, базар жайда қатығын, сары майын сата алмай, ақыры қатығын я мутқа берип, я тоңқылданып, гүби писип, сүзбе қалтасына қуйып атады, бирақ писирип алған сары майын мутқа бермейди, дүканда килосы он жети манаттан сары май турған соң қолдан пискен майды ийт алсын ба, сонда да ҳаяллар күйдирип алып, шийшелеп жыйып жүреди, қулласы, ағарған ийт ырқын! Сорасаң төрт-бес кеса сүтти мутқа-ақ ала қоясаң, айраның сирә мут. Сол мут сүттен де алмай Айбөректиң Жумаштың ешкисиниң сүтине ҳәўесин қайтерсең! "Ана сүтине жақын болады" деп, Үбайда да Қосбергенниң қатынларының әжийнесин тырыстырып, ешкиниң сүтин алады. Дурысырағы, Әмирхандикине сол үйдиң шорысы ғой, Жумаштың өзи әкелип беретуғын еди, неғып дегбиринен састы, сол күни Үбайданың өзи барыпты. Есиктиң аўзында қолындағы банкасы менен шығып киятырғанын көрген Айбөрек таңланып та үлгерген жоқ: - Дүканға от тийипти! - деди Үбайданың түри бузылып. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 29. 07
342
17
Gózzal ómirge eriskiń kelse, kewli gózzal insanlar menen qarım-qatnasta bol! Sebebi, psixologlardıń anıqlawınsha, keypiyatıńı
Gózzal ómirge eriskiń kelse, kewli gózzal insanlar menen qarım-qatnasta bol! Sebebi, psixologlardıń anıqlawınsha, keypiyatıńızdan baslap dáramatıńızǵa shekem átirapıńızdaǵılar tásir etedi. Sizdi húrmet etetuǵın hám háreketlerinde dálilleytuǵınlar menen joldas bolıń. Ózińizge isenimińiz artadı, qálbińiz ashıla baslaydı. @baxitland
244
18
Ҳақыйқатын айтсақ, көркем әдебият бүгинги дәўир адамының руўхый зәрүрликлериниң жүдә аз бөлегин қурайды. Жер шарының барлық мүйешлеринде адамлар өзлериниң бүгинги тәшўишлери менен жасайды - олардың өмирине тиккелей тәсири жоқ информацияларды алмайды. Бул информация дус болғанда да тек бир мәўрит қызығыўшылық билдирип қойыўы мүмкин, сол мәўриттен соң информацияны умытып жибереди. Сағынбай Ибрагимов
245
19
لا يوجد نص...
250
20
Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Қоңыр гүзде жайлардың үстин бастырып, печьлерин қурған да, ишки сыбаўларын сыбаған да, ҳәклеген де, қулласы, жайына киргизген де усы еки пиянщик. Екеўи де мына мектепте ислейди. Сабақтан соң пул берсең, арақ берсең шыра жағып-ақ ислей береди. Пулды да, арақты да Жердаштың өзи-ақ жеткерип тур, "Сен бир бәлеге жолығасаң, ең болмаса ғәрежетти қайдан тапқаныңды айт", деп жалынса да сылтаў таўып, тайдырып кете береди, ҳаялына жөнин айтпайды. Айбөректиң болса жүреги муздай суў! "Өзинен-ақ билип аларман" десе Әмирхан да Айбөрек балалы болғалы оның төсегине бас суққанды қойды. Бурын дым ҳеш нәрсе болмағандай ҳүрметли қайнаға болды да қалды. Айбөректи көрип, әри түсленип кетейин деп Гүлара: - Бул киси ҳәзир ҳәммени де қойды, - деди күлкиси келмесе де жортаға күлип. - Билесең ғой, сениң орныңа Сәнегүл деген сулыў қызды алып еди, ҳәзир Әширепиге де ийт тышып қалды! Оразгүлди болса истен айдап, исин прокурорға өткерди!.. - О неғыпп?! - Кемис келген. Ҳәзир бул киси ҳеш кимди аямайды. Ҳәзир соның орныңа адам излеп жүр, оннан соң Сәнегүлге де шыбын үймелейди, ўаҳаҳа... "Бәҳәрге таман жумысқа шығарман" деп жүргенинде Оразгүлдиң жыл алып кеткенин, оның орнына Назыгүл деген нашардың алынғанын айтып келди Жердаш. Бәринен бетер Айбөрекке Оразгүлдиң қамалғаны қорқынышлы көринди де, дүканға барыў нийетинен бас пүкил қайтты. - Мен билемен, Оразгүлдиң жеген бир тийини де жоқ! - деп зинҳарлады күйеўине! - Бул жаўыз адам, енди буннан абайлы бол! Абзалы, усы жумысты қой сен, жумысты өзим таўып беремен!.. 9 Лийкин, байына басқа жумыс таўып бермек түўе бала бағыўдан, үйдиң ғалма-ғалынан-ақ Айбөрек сыртқа шыға алмай қалды. Бирақ сонда да тарығып атырған жоқ, бир Жердаштың табысының өзи-ақ бул үйге бул үйге жетип атыр. Жердаш тасқынлатып пул әкелмегени менен үйдиң керек жарағына жеткерип тур. Солай да соңғы айлары биреў гәп берди ме, я өзиниң ер адам екенлигин жаңа сезине баслады ма, бурынғыдай бурыш-пияз, нан-пан, қант-чай қусаған дүкан саўдасына, базар саўдасына өзин ура бермейтуғын болып қалды. Бул нәрсе Айбөректи ай өткен сайын хожалықтың гөргүмрашылығына мықлап байлай берди. Бурын салланып кийинип үйренген жас келиншек бара-бара кийиминиң тозып баратырғанын, үсти-басына, өзине жөнлеп қарамағанлықтан ҳәтте өзиниң де санлы балақ "үй ҳайўанына" айналып баратырғанын сезине баслады ҳәм Әмирханның алдына, онда да үйине емес, кеңсесине арнап барып, өзиниң орнына алыўды талап етти. Бул күнлери баласы бирден асып, зыр жуўырып кетип еди, бирақ "бала бақша" деген бул "Ақтубаның" балалы ушын да үрдис емес, ҳаяллары да "бақша" дегенди ойламайды. - Ҳе-е, балаңды не қыласаң?! - деп таңланды Әмирхан. - Нурлепес ағаның ҳаялы Жумаш жеңгей бағып беретуғын болды, күниге бес манаттан... (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 28. 07
273