cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

Baxıtlı SARÍBAEV

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Більше
Рекламні дописи
1 032
Підписники
-324 години
-97 днів
-2230 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Дәрьяның кеўип атырған ултаны менен мөңкилдесип жортып киятырған түйелерден қорқып, үшеўи үйлерине қарай қашып кетти. Ал, ҳарламай салма болса әсте шурылдап шуқанақты толтырып, кейин суўы жайылып ултанға қулай баслады. Ал, бөгетти бағыўшылар болса қара кешке шекем байлаўдағы ылақаны жеймиз деп үйден басын шығармады. Усы күни түн жарпында ултаны шаңғытып жатырған Әмиў аңғарынан ҳарлап аққан суўдың сестинен «Үйши аўыл»дың ҳәммеси шоршып оянды.
Показати все...
👍 1
Наржан Атабаева Биз, солай сүйгенбиз... Повесть - Биринши Дәниярдан баслаймыз. Доник, сен ҳә дегеннен келиншегиң тәрепке қарай бермей (ол таярланып отырған диктор келиншек тәрепти нусқады) мына жас ҳәм сулыў қызларға қарап басла қосығыңды. Оларға ашық бол, ғайбана посалар жолла, ол саған жүдә жарасады, және съёмкадан кейин ерип кетип қалма. Оннан соң келиншегиңе қәлегениңше қарай бер... Режиссёр ҳәзилкешлеў, тез-тез сөйлейтуғын, күйгелеклеў киси екен. Ҳәмме биледи, бизде қайта-қайта түсирип ала беретуғын әсбап-үскенелер жетиспейди. Монтажға көп исене бермең. Бир түсирейин қәне, басқа репетиция болмайды. Жигитлер, сизлер қызларды алып бағ тәрепке кетиң. Басқасын үйретпесем де болатуғын шығар. - Қәне, басладық. Оператор өз орнын ийеледи. Мен еки жүз метрдей жердеги ҳәўиздиң бойына барып турдым. Қаяқтан шыққанын билмеймен, тосыннан қасымда узын бойлы, муртлары жаңа тап берген дегеннен өсиклеў, джинсий шалбар ҳәм футболка кийген, қысық көзлери қуўланып күлип турған жигит пайда болды. Биз бир-биримизди узақ излеп, жаңа тапқандай қуўанып кеткен көзлер менен қарастық. Бул режиссёрдың тапсырмасы емес, балаларша ақ кеўиллилик еди. Бизлер отырдық, үлкен адамлардың қасында зорға турып едим. Өзим теңлес баланың алдында бираз жеңилленейин дедим. - Атым Бахтияр, - деди ол қолын усынып. - Усы жерде, яғный, "Қарақалпақстанның қырқ жыллығы" атындағы мектепте он биринши рус класында оқыйман. Мени олар, - деп столдағылар тәрепти нусқады, - тез-тез шақырып турады. Ол таза рус тилинде сөйлер еди. Мен болсам жабаннан келген қыз, аўылда қанша жақсы оқығаным менен рус тилин енди ғана бир-бирине урыстырып сөйлеп үйренип жүрген қыз он бир жылдан берли русша тәлим алып атырған бала менен сөйлесиўим қыйын болды. Оған бережақ сораўларым көп еди-дә, қәте сөйлеп қойыўдан қорқып үндей алмадым. Бахтияр қарақалпақша билмесе керек, оған режиссёр микрофоннан рус тилинде бақырды. "Обнимай ее крепко". Бахтияр маған күлип қарады. Режиссёр шыдамсызланып және бақырды. "Обнимай девушек..." Камералар бизлерге қаратылған еди. Бахтияр жақынлаңқырап отырып қолымды услады. - Әттең, - деди, - бул жерге келмесең де сени өзим таўып алар едим. Сен сулыў қыз екенсең. - Сен қарақалпақ емессең бе? - дедим үнсиз отыра алмай. Оған айтатуғын сөзлерим тайын еди. Ол бәри бир орысша сөйлей берди. - Болсам не?! - деди ол қабағын шытыңқырап. Сен кимсең? - Студентпен. Қанлыкөлден, жабанның қызыман. - Егер сен мыналардың биреўиниң, - ол столдағыларды нусқады, - ойнасы болмасаң, сени съёмкадан кейин шығарып салып, жақыннан танысар едим. - Не-е-е дедиң?! - ашыўдан тилим тутлықты. - Рольге жақсы таярланыпсаң-ә! - деди ашыўланып. - Биреўиниң ойнасы болмасаң, жабаннан келген студент қыз съёмкаға келермеди? Мынандай қымбат кийимлерди де таўып кийе алмас еди. Оны қайсы ақшаларыңа алдың?! Мен жылап жибердим. - Тәрбиясыз, мал! - дедим. - Сен қаяқтан билесең, кийимлер мениң бирге оқыйтуғын достымдики. Нашар туқымын ҳақтан жандырыў дегенниң өлимнен де жаманлығын сол сапары билгенмен. Ишим өрт болып жанды. Достымның әкеси үлкен ҳәмелдар, өзимде болса бир юбка-кофтадан басқа ҳеш нәрсем жоқ. - Әнекей, достымның өзи, столдың қасында бизлерди көрип тур. Сениң жаңағы жаман сөзлериңди ҳәзир режиссёрға барып айтаман. Мени қайтып шақырмаңыз деймен. - Қой, жылама, мени исенеди екен деп-ақ ойла айтқанларыңа. Ол мени өзине тартып қатты қушақламақшы болды. Он биринши класспан дегенде оны өзимнен кишидей сезинип едим. Енди бир үлкен әжағамдай сезип, оны бәри бир өзиме исендириўге бел байладым. Гүнасыздан-гүнасыз сонша дөҳметке қала беремен бе? - Бахтияр, - дедим оның қушағынан шығыўға урынып, бизди деканның өзи руқсат етип жиберген. Ҳәтте, олардың университеттен қызлары, жигитлери бар ғой, улыўма студентлерди алып турыўға руқсатнамасы бар екен. - Болса не? - деди ол мизбақпай, күшли қоллары менен мени жаздырмай турып. - Усындай съёмкаларға келиў, сүўретке түсиў атақ-абыройға ийе болса, деканның өзиниң қызы жоқ па? Неге соны жибермейди? Мен гәп таппай аяғымдағы Гүлшийдиң шпилка өкшели, қымбат туфлийсин шешип алдым. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 12. 06
Показати все...
👍 9🔥 1👏 1
Усы ўақытта Зийнатдин үйши де, аўылдың бирли-ярым адамлары да бөгет басына келип, үстинде әңгимелесип әри-бери жүрди. Сайтжан да, Дәўлетбай да олар менен араласып кетти. Ўақыт түс мәҳәлине шамаласып турған гезлери дәрья жағасына «Волга», «УАЗ-69» машиналары келип тоқтады. Ишинен ақ қалпақлы адамлар түсип, бөгет үсти менен буларға қарай әсте әңгимелесип келе берди. Сайтжан қолындағы папиросын таслай сала қасындағылардан бурынырақ шаққан жүрип кетип, олар менен сәлемлести. Изинше Зийнатдин ҳәм басқа да адамлар барып исшилер менен сәлемлести. Обком хаткери буларға ҳармасын айтты. Азы-кем ҳал-аўҳалын сорады. -Ҳа-а-а, баяғы илимпазсаң ба?-деп сорады бир гезлери обком секретары Дәўлетбайға көзи түсип кетип. -Бул жерде не қылып жүрсең? -деди ол дәрья таманға бурыла берип. -Бөгетти бағып жатырман, яшуллы,-деди Дәўлетбай ҳәкисленип. -Бөгетти бағыў илимпазларға тапсырылған жоқ ғой. Қайда бул жердеги Сайтжан деген бағыўшы?-деп хаткер әтирапқа қарады. -Аўа, яшуллы, мен бағып жатырман, -деп Сайтжан жылп етип хаткердиң алдында тайын болды. -Ҳә-ә-ә, молодец. Мына илимпаздан абайлы бол. Бөгетиңди жығып кетпесин. Ҳәзир ҳәмме район шигит егисин тамамлаў алдында тур. Енди суў тек cалы егисине қаратылады. Сол ушын суў көбейип кетеди. Жоқарыдағы областьлар суўға енди мүтәж емес. Бөгетке бақлаўды жүдә күшейтип. Түнде басында жатың?-деп қысқа тапсырма берди де, олар бөгет үсти менен арғы жағаға шықты. Ал, аўыл адамлары Дәўлетбай берги жағаға қарай жүрди. Сайтжан олар менен қатарласа жүрип кетти. Олар бираздан кейин айланып келип машиналарына отырды. Бөгеттиң үсти менен, Ленинабад районы тәрепке қарай жөнеп кетти. -Ҳу-ў-ў?-деди Сайтжан аўыл адамларының қасына келип. Ол кисесинен папиросын алып тутандырды. Кейин Дәўлетбайдың қасына келип: -Сен мениң басыма жетпесең болғаны ғой. Жаңа «анаў илимпазыңды қайтарып жибер» деп қатты тапсырып кетти. Сен усы, тез қайта ғой, илимпаз жора. Оған жүдәма белгили болып қалғансаң?-деди күлимсиреп. -Белгили болып, мен оның күйеў баласы емеспен ғой,-деди ол Сайтжанның ийнинен қағып. Кейин ол ийнинен қолын алмай турып: -Сен көп гәпти қой, ўәде еткен ылақаңды жейик. «Сағағынан байлап қойыппан деп един ғой,-деди тағы ол Сайтжанның ийнинен силкип силкип жиберип. Буған адамлар да күлисти. -Ҳа болады,-деп қуўжыңлады ол Зийнатдинге қарап. Жүриң енди, арқайын түсленип алайық, -деди Зийнатдин жолды өзи баслап. Адамлар түсликке кетти. Ал, үш бала болса жаңағы «Волга»лардың изинен бөгеттиң үсти менен шапқыласып арғы жағаға кетип қалған еди. Тоғай иши менен «Волга»лар көринбей кеткенше изинен қарап турды. Балалар түстиң де, кештиң де болғанын билмейтуғын еди. Үшеўи бөгет үсти менен әсте жүрип киятырып бир жерде иркилип қалды. Бөгетке келип тирелип қалған поррықлар, шөплер арасында ағарып төси көринип жатырған кишкене шабақларға көзлери түсип кетти. Үшеўи де сол жерде отырып, өлип қалған шабақларды терип алды. Бөгеттиң үстиндеги ойлаў жерден шуқанақ қазып, оған қосыўыслары менен суў тасып қуйды. Үшеўи әри тасыды, бәри тасыды, шуқанақты толтыра алмады. Кейин Батырбек бөгетке липилдеп урып турған суўға көзи түсти де: -Келиң, ана суўдан ҳарламай етип қуйдырайық? -деди ол жерден жети қоян тапқандай қуўанышлы даўыста . Бул усыныс ана екеўине де мақул түсти. Сөйтип үшеўи бөгетке тирелип турған айдын суўдан саға алып қоллары менен салма қаза баслады. Олар қара суў, қаратер болып, қазып болған ҳарламай салмасының сағасын ашты. Суў әсте жылысып бөгет үсти менен шуқанаққа қарап шурылдап аға баслады. Балалар шурылдап шуқанаққа суў түскенине қуўанысып, қолларын шаппатласты. -Әне-е-е Аралға суў түсти? -деп бақырды Батырбек бар даўысы менен. Олар терип алған өли шабақларын шуғанаққа салып, шурылдап ағып атырған суўға қарап отыр еди, Мурат орынанан өрре турып: -Ўай, ўай, түйелер киятыр! -деп бақырды. Балалар орынларынан өрре турды.
Показати все...
👍 5
Наржан Атабаева Биз, солай сүйгенбиз... Повесть Замира мектепте оқыған дәўиринен баслап, телекөрсетиўлерге қатнасып, гейде өзиниң қосықларын оқып шығып жүрген нөкисли қыз. Мен болсам сирә барып көрмегенмен. Екиленип ойлана басладым. Жаспан ғой, барғым да келеди, бирақ тосықлар бар еди. Бириншиси - көриниўге халықтан қысынсам, екиншиси - менде ол жерге кийип барғандай таза жақсы кийимлер жоқ еди. Ҳәзир кийип жүрген шыт кофтам менен жуўыла берип дизеден жоқары болып қалған тар юбкам ғана бар еди. Мен ҳәммениң "Бар, бара ғойса Айнаш!" десип ийтермелеўлерине бола орнымнан зорға турдым. "Мен де барсам бола ма?" деп қолын көтерди, алдырақта отырған Гүлистан. Ҳәмме күлип жиберди. Себеби, телекөрсетиўге тек ғана сулыў қызлардың керек болғанын ҳәмме қашшан-ақ түсинип жеткен еди. Гүлистан (Гүлший) болса бетинде безеў бөртиклери бар, қаслары сийрек, ийеги қайқылаў, ер балалар сыяқлы көкиреги де теп-тегис қоренишли қыз еди. Ол арқа районлардың биринде бир үлкен баслықтың қызы. Минези жулпыслаў болса да, мениң менен әлпайым еди. Декан орынбасары ойланып, теле хызметкерлерге қарады. "Мейли, жүрсин" деди олар. Арт беттен бир-еки баланың мырсылдап күлгени еситилди. Гүлший қәҳәрленип артына қарады. "Мен телевидениеңизде көриниў ушын емес, достым Айнашты қорғап жүриўге бараман. Танымаған адамларға сондай қызларды ертип жибере бериўге бола ма, оны маған анасы тапсырып кеткен!" деди ашыўлы сөйлеп. Енди ҳеш ким күлмеди. Оның гәпинде ҳақыйқатлық бардай еди. Биз ҳәммемиз шығып, актовый залға кирдик. Олардың соңғы таңлаўы болсақ керек. Залда жети-сегиз қыз күтип тур еди. Университеттиң жулдызлары атанған еки қосықшы жигит те бар. Деканның өзи кирди. "Съёмкадан кейин аман-есен өзлериңиз усы жерге әкелип кетесизлер" деди режиссёрға қатаң тапсырып. "Бизикине жүр" деди Гүлший шыққан соң. Ол университетке жақын жердеги ағайининиң үйинде туратуғын еди. - Мениң көйлеклеримнен қәлегениңди кийесең, туфлийиңди де өзгерт. Шашыңды өзим сулыўлап өрип қояман. Қайыл болмаўдың илажы жоқ еди. "Жарлының қызының бийиги жаман, пискен астың күйиги жаман" деген ғой. Бийик бола бериўге шама келмейди. Менде ондағыдай кийимлер сирә болмаған. Оның айтыўы менен алтын жүзик-сырғасын да тақтым. Съёмка дегенди көриў, қалай да балалық қызығыўшылығым басым келди. Бизди беллигинде "ҚҚ телевидениеси" деген жазыўы бар машинада (киши автобуста) съёмка майданшасына алып келди. Келген жеримиз Областлық партия комитетиниң дачасы екен. Бағлар гүлге кирген пайыт. Тула бойың гүллердиң жағымлы ийисине шомылады. Бир жағында кеўилди көтеретуғын жағымлы музыка жаңлап тур. Бизлерди алып барғанлар, қасы-көзи бир жерде, узын бойлы, шашларын майлап тарап қойғандай бир-бирине жабысып турған бир адамды бас режиссёрымыз деп таныстырды. Олар үстине мақпал дастурхан жабылған үлкен столдың дөгерегине жыйналысты. Артқы тәрепин ашып қойған машинада келте шашларын қос бурым қылып өрген диктор келиншек оқылажақ тексти менен танысып атырса керек, қағазларды биримлеп көрип атыр. - Мынаў алдыңғы тәрепимиз съёмка майданшасы, анаў ҳәўиз, - деди бас режиссёр, ол жерде ашық жигит ҳәм қыз ушырасады, сөйлесип отырады. Басқалар бағдың ишинде ойнап-күлип жүреди. Қызлар билдирмей, абайсызда жигитлерди сүйип алса да болады, то есть жигитлер қызларды, - деп күлип жиберди бас режиссёр. - Жигитимиз тайын, тәжирийбели, съёмкаларға бурыннан қатнасып жүрипти. Шаҳсәнем қайда? - деди қызлар тәрепке қарап. - Шаҳсәнем де тайын, ишинен өзиңиз таўып алың! - деди Роза. Бас режиссёр қызлар тәрепке бир қарады да, ҳеш кимге қарап иркилместен, мениң ийинимнен услады. - Анаў ҳәўизди көрдиң бе, қызым? - деди. Сол жерге барып отыр. Өзиңдей ғана бала бар... Ол сөйлеп турып мениң ийнимди сыйпалады. Мен қысынып қолын ийтерип тасладым. - Үйретиўдиң де кереги жоқ, қыз тайын екен, түсире бериўге болады. Қосықшылар, сизлер дыққат орайында боласыз. Ол күнде қосықларға клип деген нәрсениң өзи жоқ еди. Шамасы, булар бир жаңалық ойлаған көринеди. Мен енди қатарға қосылып келип турғанларға әсте қарадым. Ол жерде сол ўақыттағы белгили хош ҳаўаз қосықшы Дәнияр ҳәм еки ҳаял бар еди. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 11. 06
Показати все...
👍 23🔥 1
-Әне, обком десе, министр десе сениң аяғыңа қоз басылады. Онда сен кете бер. Мен мыналарды жайғастырып болып бараман, -деди Зийнатдин үйши. Сайтжан пиядалап бөгет бетке қарай жүрип кетти. Изинше Батырбек те жортып отырды. Ол жол-жөнекей өз жораларын алып шықты. «Ҳәзир бөгеттиң үстине Обком келеди екен. Соған анаў Сайтжан атам тез-тез кетип баратыр. Жүр, бизлер де барып бөгет үстинде шапқыласып ойнаймыз» деп бул хабарды Батырбек Муратқа да, Баҳадырға да айтып үлгерди. Олар Сайтжанның изинен жол жөнекей ойнап бара берди. Сайтжан бульдозершини шақырып: -Тракторды ходла, екеўимиз отырып бөгеттиң үсти менен арғы шетине, берги шетине шығып бәнтин басайық. Обком, бизиң министр киятыр дейди. Аз да болса көзабаға бөгеттиң үстин көрсе, бизлерди жумыс ислеп атырған екен деп ойлайды,-деди ол бульдозершиниң ийнинен қағып. Олар бульдозерди ходлап, бөгет үстине жаңа салайын деп атыр еди, балалар жуўырып келип «бизлерди де мингизип жүриң» деп жалынып қоймады. -Мәйли, миниң,-деп Сайтжан алды бурын Батырбекти, кейин басқа балаларды да көтерип мингизди. Трактор бөгеттиң үсти менен жүрип арғы басына шықты. Ол жақтан да бир кепше топырақ ысырып киятырып бөгеттиң ойлаў жерлерине таслап өте берди. Олар бөгеттиң дәл ортасына келген жерде арғы жағада коляскалы мотоцикл келип тоқтады. -Пай, мынаның тап усы бүгин қақ ете қалғанын қара,-деп Сайтжан қолын бир силкип жекиринди. -Ол ким? -деп сорады тракторшы. -Әй, бир илимпаз. Мениң қоңсым, деди ол Дәўлетбайдың атын айтқысы келмей. -Баяғы жыйналыста обком хаткерине ҳәкис сөйлейтуғын жигит пе? -деп сорады тракторшы. Усы ўақытта сөзге Батырбек араласып: -Ол илимпаздың атын мен билемен, Дәўлетбай деген. Баяғыда бизиң үйде пиян болып бөгетти ашаман деп бел алып жуўырды ғой, -деди ол тракторшыға қарап. -Өзи, өзи?-деп Сайтжан найлаж Батырдың сөзин мақуллады. -Бирақ, қорықпайтуғын жигит екен. Сонда ҳақыйқат гәпти айтты ғой, -деди тракторшы. -Қорықпағанның пайдасы не болды? Оны жумысынан шығарып таслапты, жазған бир мақаласы ушын,-деди Сайтжан «оны қойсаңа» дегендей қолын силтеп. Трактор «Үйши аўыл» бөгеттеги жағаға шығып тоқтады. Ишинен Сайтжан да, балалар да секирип түсти. Олар бир-бири менен әжик-гүжик сәлемлести. Сайтжанның бүгин обком хаткериниң келип қалатуғынына жаны шығып турғаны болмаса, Дәўлетбайға өзи де «бөгетке бир бар, таза балық-салық жеп қайтасаң» деген. -Ал, илимпаз, сен жақсы келдиң. Бирақ, тап сениң усы келиўиңе қабатласа ҳәзир обком хаткерлери де киятырған екен. Сен енди баяғы мәжилистегидей ҳәкислеў сораў-пораўды қой, жора. Аман жүрейик. Билемен, сен күйинип жүрген адамсаң. Ҳәзир сен Зийнатдин үйшиниң таза қара үйине барып қутлы болсын айт. Шалқайып жатып шай ише бер. Бүгин ол усы бөгет басындағы қалған адамларға «қара үйин» жуўажақ. Жаңағылар келип кеткеннен кейин бирге отырамыз жора, мақул ма?-деп Сайтжан Дәўлетбайдың қолтығынан услап мотоциклге шекем ертип жүрди. Дәўлетбай Сайтжанның бул гәпин қашыртқандай сезип турды да: -Ҳаў, обком хаткери келсе келе берсин дә. Мен олардың алдындағысын жемеймен ғой. Усы жердеги барлық адамлар қатарлы мен де бөгет үстинде жүремен ғой. Бул бөгеттен ҳәзир ким жүрмеген дейсең? Адамлар да, машиналар да, доңызлар, түйелер, шағаллар да өтип атыр. Мен олардан кеммен бе? -деп мырсылдап күлди. «Доңызлар, түлкилер, шағаллар» дегеннен кейин тракторшы да, балалар да бул гәпке күлисип жиберди. Сайтжан желкесин қасып турды да: -Сени мен обком хаткериниң көзине түсип қалмасын деп қәўетерленип атырман,-деди қыйпаңлап. -Көзине түскенде, мен бир қашқын емеспен. Алар жумысын алдыртты. Енди мениң менен оның не жумысы бар?-деди ол ийнин қысып турып. -Әй, яқшы, мен саған түсиндире алмадым,-деп Сайтжан қолын бир силтеп шетирекке шығып турды. Ашыўы келгеннен кейин кисесинен тез-тез папиросын алып тутандырды. Балалар болса мотоциклдиң бири рулинде, бири арбасына минип оны дөдетлетип пысылдасып атыр.
Показати все...
👍 6🔥 1
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Бизлерге ылақтырылған тасларды жыйнаўымыз керек. Булар келешектеги бәлент шыңымызға негиз болады. Гектор Берлиоз
Показати все...
👍 11🔥 1🤩 1
Наржан Атабаева Биз, солай сүйгенбиз... Повесть Балаларыңның бәри де тап өзиңе тартқан. Дурыс, әкесине уқсас тәреплери де табылады, лекин, келбетлери тек сеники. Сениң гениң басым болса керек. Ата-ананың қайсысының гени көбирек басым болса, перзент көбирек соған қусап кететуғыны медицинада әййем заманлардан-ақ дәлилленип болған. Және бир жағынан бул ықлас, көбирек муҳаббатқа да байланыслы болса керек... Ол шырайлы күлип қойды. Мен оның балаларының сүўретин көрдим. Балалары көбирек гөззал Айнашқа емес, көзлери бәрқулла мәнили, сырлы бағып туратуғын оның саўлатлы күйеўине тартқан еди. - Демек, сизди көбирек күйеўиңиз жақсы көрген екен-дә, муҳаббаты басым келсе керек? Айнаш муңлырақ, сәл ойлы күлимсиреди. - Ең көбирек мен қатты жақсы көргенмен. Оған жетисиў ушын мен қай нәрсеге де тайын едим. Турмыс қурғанымызға шекем оны жети жылға шамалас күтип жүрдим. Ғарры қыз болып қалыўдан да қорқпадым. Сен басқа нәрсе ойлап жүрме, сүйиў деген жүректеги жасырынған, өзиңди де жеңип, услап, басқарып туратуғын күшли, муҳаббат деген әжайып сезим. Оған ҳәммениң бирден жетисе бериўи қыйын. Әрман деген түсиниклер соннан келип шықса керек. Лекин биз, әсиресе, мен, муҳаббатыма жетисиў ушын гүрестим... - Сизге исенемен, - дедим шын кеўилден, - Айтып бере алмайсыз ба? - Әлбетте, айтып беремен, еле ўақтымыз жетерли. Ара-тура өзиңди түсинетуғын исенимли бир досқа ишиңди босатқан да жақсы. Ҳәзир енди тур, аўқатқа кеттик. Биз лифтлер турып, текшелер арқалы төменге түстик. Бул Айнаштың тағы бир исенген еми. Бесинши қабаттан басқалдақлар арқалы жүрип түсиў ҳәм миниў бизиң дизелеримизге пайда берер екен. Аўқаттан кейин, бираз айналып, ханамызға келдик, және теешелер арқалы. Мен оның муҳаббат тарийхын еситиўге асығып отырғанымды ол түсинди. Креслоға отырып, ортан бармағындағы жүзигин айналдырып отырып (бул оның әдети) гүрриңин баслады. - Мен де сол өзиң оқыған университетте оқыдым. Ҳәзирги кәсибиме сирә сай келмейтуғын факультетте. Мениң жаңа ғана биринши курста оқып атырған ўақтым. Мақтанғаным емес, өзимниң сулыў қыз екенимди өзимде билетуғын едим. Ата-анамнан баслап "Мениң сулыў қызым" дей берип, буны маған мойынлатқан. Жаслық деген гүлленген дәўиримиз еди. - Ҳәзирде сулыўсыз, Айнажемал! - Яқ, - деди ол кескин, гәпимди бөлмей отыр, болмаса избе-изликтен алжасып кетемен. Бизлер ҳәзир өзимиз қатарлы ҳаяллардан тек ғана жақсы кийиниўимиз, өзимизди күтиўимиз ҳәм пардозларымыз арқалы ғана айрылып көркемирек болып турамыз. Ал, жаслық басқа, ҳаял деген мийўе ағашларына усайды. Мийўе ағашының гүллеген дәўирин көрип жүрсең ғой, ерик, алма, шабдалдың гүллеген пайытларын есле, дүньядағы ең шырайлы нәрселер тек усы жайнап ашылған мийўе гүллери шығар, деп ойлайсаң. Ал, кейин, мийўелери терилип алынған, бираз жыл жасаған дәўирин қара. Сол ўақытта дарақлардың гүллеген пайытын еслеп ғана оны гөззал деп ойлайсаң. Ол жасыл жапырақларға малынып турса да, сол ўақытта адамды мәс етер дәрежедеги гүллер ийисин сезбейсең ғой. Ол ҳаққында "еди" деп ғана еслеп сөйлейсең. Ҳаял да әйне тап сондай! Қулласы, биринши курс едим. Дарақлар гүлге кирген пайыт, бәҳәр еди... Биз оқып атырған аудиторияға декан орынбасары, телевидениеде ислейтуғын Роза деген ҳаялды ҳәм және бир еркекти ертип кирди. Декан орынбасары оқытыўшымыздан көзабаға болса да кеширим сорап қойды, кейин қасындағыларды таныстырды. Розаны қарақалпақ телевидениесиниң көркем көрсетиўлер бөлиминиң редакторы, ал еркекти режиссёр деп таныстырды. Олардың Республикалық оқыў министрлигинен руқсатнамасы бар, қандай да бир көрсетиў ушын бизиң факультетимизден улыўма университеттен кастинг жәрияламастан өзлери таңлаған жигит-қызларды бир-еки саатқа көрсетиў ушын алып турар екен. "Мәрҳамат!" деди қасындағыларға. Қашшан-ақ олардың көзлери ойнақлап таңлап болған екен. Биз Розаны өткен Жаңа жыл көрсетиўи ушын да студентлерди таңлап алыўға келгенинде көрип едик, соннан берли таныймыз. Ол өзи сайлап болған қызларды көрсетип, фамилиясын сорап, дәптерине жазып ала баслады. Томпақ ғана шаққан узын бурымлы Замираны ҳәм мени таңлады. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 10. 06
Показати все...
👍 21🔥 1👏 1
Халқым - қоллаўшым! Әзиз халқым жалғызлатып қоймайды, Ол мысалы мениң ата-анамдай. Ғамхорсынып ығбалымды ойлайды, Себеби перзентин сүйер жанындай. Қайсы ата-ана қарар бийпарық? Сүйикли перзенти қыйналған демде. Ыссы алақанда әлпешлеп халық, Жүрек меҳри менен жиберер емлеп. Жолымды нурлантар тилеги менен, Шығаман гөзлеген шыңларға асқар. Бийкар налынбайын, мен кимнен кеммен? Халық атлы үлкен сүйенишим бар. Ҳеш кимге қорлатып қоймайды халқым, Жалғызындай қәдирлейди, қорғайды. Бир айыз жыллы сөз айтса күш алдым, Мийриминен оның жаным тоңбайды. Дөретилген жырларымның арқаўы, Сарқылмас илҳамды аламан оннан. Маған берген ақ пәтиясы арқалы, Иншалла, ислерим келер оңынан! 9-июнь, 2024 Бахытлы Сарыбаев @BaxitliSaribaev
Показати все...
👍 7🔥 1👏 1
-Тоқтап турса, және азғантай қазайын,-деп Мурат өз шуқырынан шықпады. Баҳадыр оған ерегисип, өз салмасының сағасын ашып жиберди. Ағысты күтип жатырған шалшық суў ҳарлап салмаға түсти де, қәдимги үлкен каналлардай ийримленип шуқанаққа ҳарлап қуйылды. Мойнына суў қуйылғаннан кейин Мурат «ўай-ўай» салыўы менен шуқанақтан шығыў менен болды. Анаў екеўи буны көрип, ишек-силеси қатып күлисип атыр. -Сизлер не? Адамның көйлегин суў қылдыңыз ғой?-деп тоңқылданды Мурат ернин шүртийтип. -Сонда не, өзиң өле бересең, шүңгил етип қазып. Суў шыдап тура ма? Ол жығып кетти-дә?-деди Баҳадыр күлкисин тоқтата берип. Еки салма да шуқанаққа ҳарлап қуя баслады. Суўдың ағысын сезген бирең-сараң майда шабақлар салмаға келип-кетип ойнақшып жүрди. Олар услайынша ҳарламайдың қызығына қарап отырып еди: -Ўай-ўай? Түйелер киятыр, түйелер?-деп бақырып жиберди Баҳадыр орнынан өрре тура берип. Балалар орынларынан өрре турып, дәрья ултанына қараса, растан да бир пада түйе өрге қарай жылысып киятыр. Түйелердиң изирегинде бир дүркин жылқылар да көринеди. Олар суўсырап, дәрья ултанына түсип, суўдың ийисин алып, өрге қарай киятырған еди. -Қашайық, ишинде жараған түйе болыўы мүмкин, -деди Мурат Батырбекти түртип. Батырбек те түйеден өлердей қорқатуғын еди. Ҳәтте, түсинде көргенниң өзинде қорыққаны соншелли, оянып кететуғын еди. Түйелер жақынласқан сайын олардың суўсырап бақырысқан әбеший даўыслары булардың жүреклерин әбден қалтыратты. Олар үшеўи де бар шаққанлығы менен өрдеги аўылына қарай зытқып қаша жөнелди. 9 ЗИЙНАТДИН үйши баласы мектепке барып оқыйтуғын күнлерге жеткере ғойса «салқын қара үйде сабақ таярласын» деген нийетте соғып отырған қара үйин питкерип, жай алдындағы үлкен бир түп тораңғылдың астына тикти. Үй болғанда қандай, сегиз қанат, жәнеўит талдан соғылған қара үй. Қоңсы-қобалардың бәри қутлы болсынға да келип кетти. Енди дәрьяның бөгетин қараўыллап жүрген бирли-ярым жигитлерге бүгин түсте шай берип жибериў мақсетинде таярлық көрип атыр. Бөгеттиң басында болып атырған Сайтжанның машинасы менен Кегейлиниң базарынан андай-мындайларын алып келди. Сайтжан машинадан затларын түсирип атырып: -Бизиң илимпазды көрмедиң бе жолда?-деп сорады Зийнатдиннен. -Жоқ, оны көрмедим. Бүгин келемен деппеди? -Аўа, ҳәзир үйинде жүрипти, жумыссыз. Мен оған мотоциклиң жүрип турған болса, мен бетке бар, таза балық-салық жеп, кеўилиңди көтерип қайтарсаң деп едим,-деди ол кабинадағы алманы «мен тасыйын» деп ынтығып турған Батырбекке услатып атырып. Бала алма салынған сетканы арқасына қағып салды да, үйге қарай жуўырып кетти. -Ол бийшараны тентиреткен екен-дә? Илимпазды да жумыстан шығара ма екен? -деп таңланды Зийнатдин. -Ўәй, ҳәзир қызыл тилиңе беккем болып жүрмесең, қаматып та жибереди. Сен еситпедиң бе? Жақында Шымбай газетасының еки журналистин қаматып жибергенин. Әне, райкомның, обкомның күши?-деп Сайтжан Зийнатдинге қарай ернин қымып, «абайлап сөйлеў керек» дегендей белги берди. Зийнатдин оған пақыр-пуқараны не қылсын, обкомның жини сенлердей исшилерге, интеллигентке түседи-дә? Өзлериңиз де айтқанларын өре бастырмай қырсықтырып алатуғын шығарсызлар, -деди ол Сайтжанға ҳәзиллесип. Бул гәпке екеўи де мырсылдап күлип жиберди. -Сайтжан ата, ҳай Сайтжан ата? Сени рациядан шақырып атыр, бир үлкен даўыс,-деп жуўырып шықты иштен Батырбек. Бул хабарды еситкен Сайтжан шырп етип артына айналды да, ишке кирип кетти. Аздан кейин ол далаға зоңқ етип шықты да, хабарды Зийнатдинге дүрс еттирди. -Ал, бала, обком киятыр дейди. Барлық жумысты таслап бөгет үстинде жүрейик. Бизиң министр де қасында киятырған қусайды,-деди ол түри қашып. -Ҳаў, тоқта? «Қой ноғайда, сипсе тоғайда» деген. Бир-бир шәйнек шай ишип алайық. Кегейлиниң базарындағы шеңгектен таза гөш алып келдим. Соны қуўырдақ еттирип жиберейик, -деди Зийнатдин машинадан секирип түсип. -Жақ, жақ. Ҳәзир отырыўдың ўақты емес. Олардың алдына күннен бурын шығып жүрмесек, сөгис арқалаймыз,-деди Сайтжан қалтырақлап.
Показати все...
👍 7🔥 1
Наржан Атабаева Биз, солай сүйгенбиз... Повесть Негизинде оның шын аты Айнажемал еди. Биз танысқанымызда ол өзин "Айнажемал, Айнаш" деп таныстырған. "Сиз де Айнаш дей бериң, қатар болмасақ та, заманымыз бир ғой. Көп болса, еки-үш жас киши шығарсаң" деди. Оның айтқаны дәл еди. Биз Айнажемал, Айнаш пенен Ташкенттиң санаторийларының биринде танысқанбыз. Екеўимиз ықшам ғана, шырайлы бир ханада жатқанбыз. Ол меннен еки күн бурын келген екен. Қасындағы ҳаял мен барған күни шығып кетти. Қәдимги ҳаялшылық, демде үй-ишимиз, балалар, күйеўимиз, ҳәтте, оған қалай тийгенимизди де сыр сақламадық. Муҳаббатымыз ҳаққында гәп ашылды. Айнашты мен бурыннан-ақ басқалар сыяқлы сыртынан таныйтуғын едим. Оны Қарақалпақстанда танымайтуғын адам болмаса керек. Ол клипмейкер, әжайып телебаслаўшы, қосықларды жағымлы, ҳәтте, сени барлық дүньядан үзип, өзине бәнт ете алатуғын дәрежеде көркемлеп ядқа оқыйтуғын ширели ҳаўаз ийеси еди. Халықтың көпшилик бөлеги оның көрсетиўлерин сағынып, асығып күтетуғын еди. Оның менен бир ханаға түсип қалғанлығымнан қуўанышлы едим. Себеби, оннан сорайтуғын сораўларым көп еди. Оның менен бир жақыннан сәўбетлесиўди бурыннан әрман етип жүрер едим. Екеўимиз де адам жатырқай бермейтуғын әлпайым ҳаяллар едик. Солай да, ол өзи ҳаққында ашылыса бермеди. Мен өзим көрмеген, анығына жетпеген нәрселерге онша исене бермеймен. Айнадан күнде өзин көргендей болып, халық көрип жүрген Айнаш ҳаққында айтылып жүрген сыпсыңлар жүдә көп еди. Биразлары өзлери ҳәўес еткен адамлардың хызметине емес, оның жеке өмирине қызығады. Ҳәр ким өзинше болжар, олар ҳаққында көп ғана анекдотлар шығарып жиберетуғын еди. Маршрутлардың ишинде, базарда, саўда орайларында өз ара сөйлесип турған айырым ҳаяллар оның кешеги көрсетиўин аўзынан суўы келип мақтаса, екинши биреўи "қоя қойыш, сонда да байы оған қыянет қылады екен ғой" деп ўақыяларды тек өз көзлери көрип турғандай етип тәрийиплейди. Өзине шәкиртликке таярлап атырған қыз бенен жүреди екен ғой, ассистенти менен десе, биреўи, ол ҳәтте, Айнаштың баласын бағып, қарасып жүрген сиңлисине де зорлық етипти, деген гәпти айтып, жүрегиңди суўлатады. Тоба, соншама жаман гәплерди тили барып адамлар қалай айтады екен-ә?! Айнаштың өзине де елеге шекем ашықлар көп. Ким биледи дейсең?! Бир шәҳәрде жасағаннан кейин Айнаштың күйеўин де сыртынан таныйман. Ол экранда көрингенинен де саўлатлырақ, сусты басым еркек екен. Өткир көзлери менен тигилип бир қараса, ҳаял түўе еркек те қайда қашарын билмей қалатуғын шығар. Бир сапары мен үйине барып отырғанымда әжағам түсликке ертип келген. Үйде кишем жоқ еди. Оларға хызмет еттим. Ол төмен түсип турған узын кирпиклери арасынан сондай тигилип қарар еди, бул көзлердеги қараслар кирпиклер астына жасырынып, не ойлап турғанын ҳасла билип болмас еди. Қараған адам өзин түпсиз қудыққа түсип кеткендей бийтақатланар еди. Бәлки, тек ҳаялларға сондай тәсир қалдырармекен, бул көзлер. Сулыў Айнаш оған бийкарға байланып қалмаған шығар. Мен илажы барынша, ол кетемен дегенше өзимди шетке алып паналадым. Еки күн өтпей-ақ Айнаш екеўимиздиң дүньяға да, әтирапымыздағы турмысқа да көзқарасларымыз бирдей екенлигин аңладым. Буныңдай өзиңниң минез-қулқың сай келетуғын адам менен ол ҳаял ма, еркек пе, тез табысып кетиў аңсат еди. Лекин, еркеклерден ондай адам ушыраспаған. Бир-биримизди жақсы түсинемиз, деп ойлаған күйеўим менен де ара-тура ғыжылдасып қаламыз. Айнаш та мен қусап көп нәрселерге исенбейди. Ҳәтте, санаторийда берилген айырым емлерди де "буның маған дым пайдасы жоқ" деп қабыл қылмайды. Тап менде де сондай еди. Бизлер тек айырым емлерге жеңил-желпи, массаж, ванналар, циркулярный душларға ғана бирге барып жүрдик. Токли емлерден бас тарттық. Екеўимизге де, қай нәрсе жақсы деп ойласақ, сол ғана тәсир етеди. Биз басқа ҳаяллардай ўақыт тапсақ базарларға қашып кетип яки қай жерде басқашалаў аўқатлар болса, сол жерге қатнамадық. Санаторийдиң аўқатларына қанаат етип, көбирек дем алып, ўақтымызды әңгимелесиў менен өткердик. Ол мениң телефонымның галериясындағы сүўретлерге қарап: - Күйеўиң өзиңе ылайық, - деди. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 09. 06
Показати все...
👍 23🔥 2👏 1😁 1