uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 792 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 322-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 444-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 792 obunachiga ega bo‘ldi.

09 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -265 ga, so‘nggi 24 soatda esa -7 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 28.13% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.97% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 288 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 755 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 10 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 792
Obunachilar
-724 soatlar
-447 kunlar
-26530 kunlar
Postlar arxiv
Бахытты урлайтуғын үш нәрсе бар: Өткенге деген өкиниш Ертеңге деген қорқыныш, Бүгинги күнге шүкиршилик етпеў. Өткенге өкинбей, ертеңге АЛЛАҒА тəуекел етип , бүгиниңизди жақсылық пенен толтырың əзийзлерим! Хəрбир күниңиз берекетли, хəрбир түниңиз пайызлы болсын ! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚƏДИРДАНЛАР! https://t.me/ibratli_sozler

Таза ай келди Жақын, жақсыларға баўрыңыз ийип, Шексиз мийрим менен, қушақлаң сүйип, Қәнәәт қорғанын салыңлар бийик, Сабырды сүйиўши, таза ай келди. Шүкир әйлеп, алған ҳәр бир нәпеске, Тәниң түспей турып, тап-тар қәпеске. Өткенлерди ядлап, алыңлар еске, Сабырды сүйиўши, таза ай келди. Көп қыйнамаң жанды жәннетти излеп, Артықша жан қыйнап дүнья-мал гизнеп, Ҳүрмет ет атаңды, анаңды сизлеп, Сабырды сүйиўши таза ай келди. Тыйыўды үйретип нәпси бәлесин, Ессиз бенделердиң, жөнсиз дәмесин. Өтсин ысырапсыз, ҳәр бир мәресим, Ақылды сүйиўши таза ай келди. Раўаж Отарбаев. https://t.me/ibratli_sozler

Хорезм республикасында жасаўшы халықлар миллий составы бойынша түрлише болып, басқарыў жумыслары ленинлик миллет саясатына енгизледи. Хорезм республикасының территориясында қырық бес мың шамалас қарақалпақ жасайтуғын еди. Сонлықтан усы халықтан өсип шыққан қайраткер сыпатында Ораз Ерманов Хорезм Совет Социалистлик Республикасында бир қанша басшы орынларға сайланды. О. Ерманов 1921—1924-жылларда Хорезмниң дахлия назири (ишки ислер министр) болып иследи. Усының менен бирге ол республиканың экономикалық кеңесиниң баслығы ўазыйпасын қоса атқарды. Ораз Ерманов қарақалпақ мийнеткешлеринен шыққан биринши министр болып, ол Хорезм республикасының экономикасы менен мәдениятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосады. Хорезм республикасының Орайлық Атқарыў Комитети 1921-жылы «Мийнет» орденин шығарды. Хорезм революциясының жеңисин тәмийинлеўде ҳәм беккемлеўде актив гүрескен ушын 1922-жылы 1-майында Ораз Ерманов «Мийнет» орденин алыўға миясар болды. Даўамы бар.. «Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов «Елим деп еңиреген ерлер"   (Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды» Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer https://t.me/ibratli_sozler

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР: #Тарийх #Уллы_тулғалар_өмири ЕЛ НАМЫСЫН ШЕККЕН ОРАЗ 1-бөлим Биз бул мийнетимизде Хорезм ойпатында революциялық гүресте, елимизди ишки ҳәм сыртқы душпанлардан мәртлерше қорғауға қатнасқан Хорезм Совет Социалистлик ҳәм Қарақалпақстан Автономиялы Совет Социалистлик Республикаларының экономикасы менен мәдениятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан гүресшилердиң бири Ораз Ерманов туралы сөз етемиз.      О. Ерманов 1874-жылы Қоңырат қаласына жақын жердеги Қыпшақ ауылында дийхан семьясында туўылды. Ораз дәслеп ауыллық мектепте, соннан Қоңырат қаласындағы мешитлердиң биринде оқып, саўатын ашады. Қоңырат қаласы Хийўа ханлығының административлик, саўда ҳәм мәдений орайларының бири болып, ол Аральск, Оренбург арқылы Россия менен, Үргенч, Хийўа арқылы Орта Азияның ири қалалары менен тығыз байланыс жасайды. Үргенчли бай саўдагер Жаббарберген Қылышов Қоңырат қаласынан дуканлар ашады ҳәм ол зейинли Оразды қызметкер етип алады. Енди ол өзиниң бай хожайыны менен бирге өтимли затлар излеп, орайлық қалаларға жийи барып туратуғын болады. Ел гезип Ораз ушын турмысты үйрениў мектеби болып атқарады. Бул жағдай Ермановтың класслық көз қарасының ертерек қәлиплесиўине себепши болды.     О.Ерманов өз заманының алдыңғы қатар адамлары менен тығыз байланыста болды. Мәселен, ол 1910-жылларда болажақ өзбек совет әдебияты баслаўшыларының бири, патша ҳүкимети тәрепинен қууғынға ушыраған шайыр Мухаммедшәрип Суфызада менен Хожели қаласында гезлеседи. Ораз Суфызаданың саўатлы алым ҳәм талантлы шайыр екенин билип, оны Қоңыратқа ертип келеди. Усы дәўирде белгили татар революционери Ахмедзаки Бакиров та Қоңыратқа келеди. Уллы Октябрь революциясы шекем Қоңырат қаласында бир әскерий казарма болып, онда рус солдатлары туратыўғын еди. Ораз усы казарманың завхозына жәрдемши болып жумысқа орналасады ҳәм рус тиллин үйренеди. Солдатлардың арасындағы революциялық кейиптеги гүресшилер жергиликти миллет ўәкиллериниң класслық көз қарасының қәлиплесиўине унамлы тәсирин тийгизеди. Қоңырат қаласы — «елдиң шети, жаўды келер бети» болғанлықтан, ол жерде жаңа турмысты орнатыў ушын кескин саўашлар алып барылады.       ХХ әсирдиң биринши шерегинде Қоңырат мийнеткешлери Өтеш батыр, Ескене батыр, Ернияз батыр, Нуржан батыр, Марқабай батырлар менен халқымыздың тарийхында өшпес из қалдырды. Ораз Ерманов усындай халық батырлары менен бирликте елдин тынышлығы, бахты, азатлығы ушын аянбай гүрести. О. Ерманов Октябрь революциясына шекем-ақ демократикалық-халықлық көз қараслары, ағартыўшылық ҳаракетлери менен Қоңырат мийнеткешлери арасында сүйинишликке ийе болды. Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мусаев Ораз Ермановты усындай айрықша сипатларын өз уақтында дұрыс байқады ҳәм оны көпшиликке үлги етип, былайынша тәрийпледи: Жайылған, майқы бий — түпки сағамыз, Жаман-жақсы ҳаслымызға бағамыз, Ел намысын шеккен Ораз ағамыз, Уллы журттан хабар тута баслады. Уллы журт — Россиядағы революциялық ўақыялардан ертерек хабардар болған Ораз Ерманов жаңа турмысты орнатыўшы гүресшилердиң ең алдыңғы қатарында болды. 1920-жылдың бәҳаринде Қоңырат қала- сында орнатылды ҳәм ол округлик кәмбағаллар кәмитетиниң жуўаплы секретары болып сайланды. Кәмбағаллар комитети, мийнеткешлер массасы, әсиресе жарлы дийханлар арасында Коммунистлик партия менен Совет ҳүкиметиниң тийкарғы таянышы болды. О. Ерманов жарлы дийханлар менен рабочийлар класының бирлигин беккемлеў, орта дийханлар менен аўқамласып, оларды Совет ҳүкиметиниң тәрепине тартыў, ески байлар, хәмелдарлар менен дин ийелерине қарсы маўасасыз гүресиў ислерине актив қатнасты. Мәселен, 1920—1921-жылларда Қоңырат округине баспашылар бир неше мәртебе топалыс жасайды. Усының салдарынан бул жерде партия шөлкеми тарқатылады. 1921-жылы атақлы партиялық ҳәм мәмлекетлик қайраткер Аллаяр Досназаров Қоңыратқа келип, округлик пәртия шөлкемин қайтадан дүзеди. Мийнеткешлерди пәртия әтырапына тығыз жәмлеўде кәмбағаллар комитетиниң жуўаплы секретары О. Ерманов, округлик әскерий революциялық кеңестин секретары шайыр С. Мәжитовлар тийисли қызмет атқарады.

РАМАЗАН АЙЫҢ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! Келди мине жыл өткерип арадан, Қабыл болғай отыз күнлик оразаң. Нәпсимизди жылаўлаўға жараған, Рамазан айың мүбәрек болсын! Бул айда ҳеш кимниң жықпай райын, Ийман менен толғай кеўил сарайың. Райяан сыйлағай Қәдир қудайым, Ораза айыңыз мүбәрек болсын! Нийетимиз пәклениўди гөзлеген, Тилимизди тыйып насақ сөзлерден. Нәпсини жылаўлап ибрат излеген, Рамазан айы мүбәрек болсын! Кеўиллер пәкленип қайта туўылғай, Жан дүньяңыз инсап пенен жуўылғай. Жер бетинен ала аўызлық қуўылғай, Қутлы ораза ай мүбәрек болсын! Бес ўақ намаз бенен пәклеп кеўилди, Шүкирликке суўсынлаған пейилди. Өрнек болған әўладларға кейинги, Рамазан айы мүбәрек болсын! Өтип кеткен соң да қутлы айымыз, Пәкликке жуўылғай жан сарайымыз. Мүриўбетке толғай жүрген жайымыз, Рамазан айың мүбәрек болсын! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА     👉https://t.me/gulnara_nurlepesova

#Ҳикмет 📜 САЛАЎАТ Он сегиз мың әлемге, Сәрўар болған Муҳаммад, Отыз үш мың әсҳабқа, Сәрдар болған Муҳаммад. Жоқшылық пенен қайғыға Қанаатшыл Муҳаммад, Гүнәлы болған үмметке Шәпәәтшыл Муҳаммад. Кирпик қақпай мүлгимей, Сабыр табар Муҳаммад, Жетим, мискин ғәрипти Жарылқаған Муҳаммад Үлес берген бендеге, Туўра жолдан Муҳаммад, Азап шеккен адамға, Пана болған Муҳаммад. Әбужәҳил залымға, Шыдам берген Муҳаммад, Жалахордың ҳақ жолға, Өзин салған Муҳаммад. Жалғаншының қайғысын Умыттырған Муҳаммад, Зикир айтып руўҳын Нурландырған Муҳаммад. Малғун лағин шайтанға, Урыс ашқан Муҳаммад, Шәриятқа үмметин, Нәсиятлаған Муҳаммад. Тариқатқа жол басшы, Жаны ҳасыл Муҳаммад, Ҳақыйқатты бәршеге Табыстырған Муҳаммад. Жаманлыққа жақсылық, Бағышлаған Муҳаммад, Таўфиҳ  тилеп залымға, Кеширимли Муҳаммад. Сәждеге қойып маңлайын, Сабыр еткен Муҳаммад, Қабыл болып дуўасы - Таң аттырған Муҳаммад. Залымлардың бәлесин, Ҳарап қылған Муҳаммад, Бир Алланың дийдарын, Талап қылған Муҳаммад. Бес ўақыт намаз болғанда, Имам болған Муҳаммад, Миражға барып  көргени, Дийдар болған Муҳаммад. Аршы, Күрси базарын, Ийелеген Муҳаммад, Сегиз бейиш төрине, Жарасықлы Муҳаммад. Мискин Аҳмет қулына, Мийрас қылған Муҳаммад, Жетимлерге жүрегин, Шыра қылған Муҳаммад. 📖✍  Хожа Ахмет Яссаўий https://t.me/ibratli_sozler

🎤Кеңесбай Нийетуллаев. https://t.me/ibratli_sozler

🍃  Ҳеш қашан "жаман жасап атырман ", демең . Алла таала гәпиңизди еситип қалып, сен жаман жасаўдың қандай екенлигин билмейсең еле деп он есе жаман тәғдирге дусластырыўы мүмкин...... Шүкир етиң әзизлер!!! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН  әзизлерим!!! Түннен тынышлық тилеймен, Таңның қайырлысын тилеймен. ☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️ https://t.me/ibratli_sozler

🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА Бар айыпты төнкерместен заманға, Алып топылмастан, адам- адамға, Таплатпай намысын нәкас,
🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА Бар айыпты төнкерместен заманға, Алып топылмастан, адам- адамға, Таплатпай намысын нәкас, наданға, Халқым сақ болайық қызларымызға. Айтайын келген де гәптиң қолайы, Қыз бала емес пе, елдиң шырайы? Миллет едик, қыз сыйлаған удайы, Биз қорған болайық қызларымызға. Азаматлар кийген басына бөрик, "Ар ушын қара кий"- абырой шерик, Ҳәр бирин көз қарашығыңдай көрип, Қалқаны болайық қызларымызға. "Бос усласаң қолды қыяды қамыс,- Ерди өлтиреди, демей ме намыс?", Тәрбиялап, жат иллетлерден алыс, Көз қулақ болайық қызларымызға. Ашылмай атырып он гүлден бири, Тықпайық солдырып, гөрине тири, Кетпейди жуўсаң да кеўилдиң кири, Пәрмана болайық қызларымызға. Миллет келешеги- болажақ Ана, Қара шаңарақтан... алады саға, Аўҳалға түсирмей, услатар жаға, Халқым бек болайық қызларымызға. Ақшолпан Аманияз 🧿🧿🧿🧿🧿🧿🧿🧿 https://t.me/ibratli_sozler

Бүгинги сораў-жуўапқа қатнасқан топарымыз ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз. Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлаймыз... 💐
Бүгинги сораў-жуўапқа қатнасқан топарымыз ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз. Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлаймыз... 💐💐💐💐💐💐💐 🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷 https://t.me/ibratli_sozler

5. Бул қарақалпақ бийлериниң бири. 1801-1889- жылларда жасап өткен. Сол ўақытлары Шымбайда бул инсансыз той өтпеген. Дәлдир м
5. Бул қарақалпақ бийлериниң бири. 1801-1889- жылларда жасап өткен. Сол ўақытлары  Шымбайда бул инсансыз той өтпеген. Дәлдир минезли бий болған. Сораў: Бул қайсы  бийдиң сүўрети? https://t.me/ibratli_sozler

4. Бул Қарақалпақтың сүйикли актрисасы ҳәм қосықшысы. Ол 1917-жылы 10-июньде туўылады. СССР халық артисти. Сораў: Бул инсан к
4. Бул Қарақалпақтың сүйикли актрисасы ҳәм қосықшысы. Ол 1917-жылы 10-июньде туўылады. СССР халық артисти. Сораў: Бул инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler

3. Бул не ушын тигилген ыдыс болған? Ол боялған бөзден яки қызыл және қара реңли ушыға бөлеклерине нағыслаўдың терис қайыў ус
3. Бул не ушын тигилген  ыдыс болған? Ол  боялған бөзден яки қызыл және қара реңли ушыға бөлеклерине нағыслаўдың терис қайыў  усылында кестеленип тигилген. Оның пөпекли баўы, гейде моншақ та өткерилип исленген.  Сораў: Бул қалташа не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул зергершилик безениў заты. Гүмистен исленип, ортасына қас қондырылады. Қастың дөгерегинде биртутас композициядан турату
2. Бул  зергершилик безениў заты. Гүмистен исленип, ортасына қас қондырылады. Қастың дөгерегинде биртутас композициядан туратуғын нағысы болады. Гейде алтын жалатылады. Ол  дөңгелек ҳәм мүйешли болады. Гейбиреўлеринде  шынжырға бекитилген қоңыраўлары болады. Бул тағыншақты  жас қызлар өңирине таққан. Оның келип шығыўында бир неше мәни болса керек: 1. Әййем заманлардан айға табыныўдың қалдығы. 2. Көкиректи қорғаўшы қалқанның безениў затына айналыўы. Сораў: Бул қызлардың безениў буйымы не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

1. Жалпақ түймениң төменги жағы еки айры болып келген түри, сийрек ушырасады. Сораў: Бул тағыншақ не деп аталады? https://t.m
1. Жалпақ түймениң төменги жағы еки айры болып келген түри, сийрек ушырасады. Сораў: Бул тағыншақ не деп аталады? https://t.me/ibratli_sozler

Ҳүрметли топар ағзалары! Сораў-жуўапты саат 20.25 те баслаймыз. Сораўлардың жуўаплары ең соңғы сораўдан кейин тасланады..🙏🙏
Ҳүрметли топар ағзалары! Сораў-жуўапты саат  20.25 те баслаймыз. Сораўлардың жуўаплары ең соңғы сораўдан кейин тасланады..🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler

# Тоқшылық ҳаққында нақыллар...... 🍃 Тышқан көп жылы - тоқшылық болар,        Қоян  көп жылы - жоқшылық болар..... 🍃 Ашаршылықта түйениң сиңириде мазалы, Тоқшылықта  қойдың қуйрығыда  қатты болады.... 🍃 Тамақ тоқ- қайғы жоқ... 🍃 Қыз баланы жоқшылық бузады,    Ул баланы тоқшылық бузады... 🍃 Аш бала, тоқ бала менен ойнамайды.... 🍃 Тоқшылық пенен жоқшылық бир-бирине қарама-қарсы жағдай..... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Каналымызға ағза қосып отырайық әзизлер 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Келин де,кемпир де өзиммен. ( Еки кемпирдиң өз ара  әңгимеси) Қазан табақ бәрҳә май,қасық, Аяқ кийим жатар айқасып, Дем алады келин жайғасып, Бәле болды мына телефон. Не қылады ата енелер?, Ақыр соңы қызын төбелер, Ар сар болар ""ушан кемелер"", Япырма .а й келинге не болған?!... Жүўен салмас ҳәзир тайларға, Ийбе, уят кеткен қайларға, Көзиң түссе өзге ""айларға"", Өзегим өртенип  кетежақ. Тили - қылыш , мисли дүр алмас, Үйге  , тысқа  бир сипсе салмас, Айыл жыйып  бир сөзден қалмас, Шарбақшының қызындай келин. Достымжан, соншама налыма, Тусинип турыппан ҳалыңа, Көнбесе қыйын ғой барыңа, Уўысқа енбесе нетерсең?! Суў тасымас бели қайысып, Отын жармас билек майысып, Жүргеним қамырын жайысып, Келин де ,кемпир де өзиммен. Ақылың басыңа жақ дейди, -Ҳәй кемпир заманға бақ дейди, Мойныма тилладан тақ дейди, Жер жарылса кирип кетермен. Дунья кең, бирақта сыймайман, Уйимди өзим ақ жыйнайман, Кет деўге ақлықты қыймайман, Жанымды жегидей жеп жүрмен. Утюгти атасы басады, Таўыққа дәнди де шашады, Ол байғус шаўқымнан қашады, Ақыры не болар билмеймен ?!!! Мода емес жыйған тергеним, Қызық емес алған бергеним, Өрнек емес  көпти көргеним, Алай дүлей кеўил сандығым. Қосықты оқыса қыйналар, Достымжан ,келиниң жыйналар,, Сыйласа өзи де сыйланар, Келинге азырақ имкан бер. ""Ат аяқ"" дейсең ғой тебинген, Жасларға жараспас еринген, Өрнек алсын бизиң келиннен, Жайма шуўақ кеўлиң жай болар. Барлығы қолынан келеди, ""Үйим""- деп жуўырып желеди, Қыс азық  тайын тур телеги,   Нағыз Бийпатпа мениң келиним. Күн ара вечерге сорамас, Ис етпес кеўилге жарамас, Телефон дегенге қарамас, Сондай бир әндамлы келиним. Турады таң сәҳәр ертеден, Сөзди де қайырар келтеден, Күн ара тандырын өртеген Ал , дым жақсы мениң келиним. Бир сөзден қалып үйренген, Жаманды көрип жийренген, Шаршамас  ҳасла гүйбеңнен, Айдан  артық мениң келиним. Хош көрмейди ызың-сызыңды, Иле бермес жасыл, қызылды, Патшадай сыйлайды қызымды, Сонлықтан күн күлер көзимнен. Ене десе ерип кетемен,. Бағдан гуллер терип кетемен,   Бар жоғымды берип кетемен, Жаксы келин жалғасым мениң! Гулистан Дәўлетли. 16 октябрь 2022 жыл. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli.sozler