Келин де,кемпир де өзиммен.
( Еки кемпирдиң өз ара әңгимеси)
Қазан табақ бәрҳә май,қасық,
Аяқ кийим жатар айқасып,
Дем алады келин жайғасып,
Бәле болды мына телефон.
Не қылады ата енелер?,
Ақыр соңы қызын төбелер,
Ар сар болар ""ушан кемелер"",
Япырма .а й келинге не болған?!...
Жүўен салмас ҳәзир тайларға,
Ийбе, уят кеткен қайларға,
Көзиң түссе өзге ""айларға"",
Өзегим өртенип кетежақ.
Тили - қылыш , мисли дүр алмас,
Үйге , тысқа бир сипсе салмас,
Айыл жыйып бир сөзден қалмас,
Шарбақшының қызындай келин.
Достымжан, соншама налыма,
Тусинип турыппан ҳалыңа,
Көнбесе қыйын ғой барыңа,
Уўысқа енбесе нетерсең?!
Суў тасымас бели қайысып,
Отын жармас билек майысып,
Жүргеним қамырын жайысып,
Келин де ,кемпир де өзиммен.
Ақылың басыңа жақ дейди,
-Ҳәй кемпир заманға бақ дейди,
Мойныма тилладан тақ дейди,
Жер жарылса кирип кетермен.
Дунья кең, бирақта сыймайман,
Уйимди өзим ақ жыйнайман,
Кет деўге ақлықты қыймайман,
Жанымды жегидей жеп жүрмен.
Утюгти атасы басады,
Таўыққа дәнди де шашады,
Ол байғус шаўқымнан қашады,
Ақыры не болар билмеймен ?!!!
Мода емес жыйған тергеним,
Қызық емес алған бергеним,
Өрнек емес көпти көргеним,
Алай дүлей кеўил сандығым.
Қосықты оқыса қыйналар,
Достымжан ,келиниң жыйналар,,
Сыйласа өзи де сыйланар,
Келинге азырақ имкан бер.
""Ат аяқ"" дейсең ғой тебинген,
Жасларға жараспас еринген,
Өрнек алсын бизиң келиннен,
Жайма шуўақ кеўлиң жай болар.
Барлығы қолынан келеди,
""Үйим""- деп жуўырып желеди,
Қыс азық тайын тур телеги,
Нағыз Бийпатпа мениң келиним.
Күн ара вечерге сорамас,
Ис етпес кеўилге жарамас,
Телефон дегенге қарамас,
Сондай бир әндамлы келиним.
Турады таң сәҳәр ертеден,
Сөзди де қайырар келтеден,
Күн ара тандырын өртеген
Ал , дым жақсы мениң келиним.
Бир сөзден қалып үйренген,
Жаманды көрип жийренген,
Шаршамас ҳасла гүйбеңнен,
Айдан артық мениң келиним.
Хош көрмейди ызың-сызыңды,
Иле бермес жасыл, қызылды,
Патшадай сыйлайды қызымды,
Сонлықтан күн күлер көзимнен.
Ене десе ерип кетемен,.
Бағдан гуллер терип кетемен,
Бар жоғымды берип кетемен,
Жаксы келин жалғасым мениң!
Гулистан Дәўлетли.
16 октябрь 2022 жыл.
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿
https://t.me/ibratli.sozler