uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 786 підписників, посідаючи 4 322 місце в категорії Релігія і духовність та 448 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 786 підписників.

За останніми даними від 12 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -259, а за останні 24 години на 1, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.31%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.91% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 319 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 741 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 45.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 13 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 786
Підписники
+124 години
-307 днів
-25930 день
Архів дописів
photo content

ДИЙДАР ƏРМАН БОЛМАСЫН .. Зəкир аға улы саўда ислейтуғын шеңгекке жақынласты. Улының алдында қарыйдарлары көп , саўдасы қызғын еди. Əкеси сəл қысынып улы жанына барды хəм : - Балам шаршамай атырсаңба , харма! Өтип баратырған едим .Бүгин көшеде ғаррылар жыйналысып бир демлеме писирежақ едик. Соған мөлшерлеп гөштен салып берсең-, деди. Əкесин көрген Батырдың түри бузылды. - Соны үйде айтсаңыз болмайма ? Барың кетиң ,кеште апараман өзим - , деп жекиринди. Əкеси индемей басын төмен салыуы менен баласынан узақласты. Батырдың мүнəсибетин көрген жорасы Адхамның ашыўы келди. - Бийкарға əкеңди қапа еттиң . Əкең өмирбақый турмайдығо сəл мүлəйимлирек бола берсеш жора ..деген гəплерине əбден тырысқан Батыр жеп қоярдай болып жорасына қарады. - Қартайғанда үйде отырсын не бар көшеде ? Жол тайғақ . Жығылып нетип қалса бизге қосымша ис арттырады ,- деп өзине- өзи мыңғырлады. Күн бойы дүкəндағы саўданың қызығы менен демлемеге гөш қойыўды да умытты. Əкесине берилген уəде умытылған еди... Арадан еки хəпте өтип Батырдың əкеси қайтыс болды. Əкесиниң мерекесине тайда таяқ , сайда саяқ қалдырмай шақырды. Солардың ишинде жорасы Адхам да келди. Мереке дəстурханы қыс айы болыўына қарамастан қулпынайларға дейин толды . Адхамның тамағына бир нəрсе тығылғандай болып , ерксиз көзине жас келди. Бир уртлам чай да ишалмай бул жерди тəрк еткенше асықты... Қарақалпақ тилине аўдармалаған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

ЖҮЗИМ АШШЫ ЕДИ Аўылда жасайтуғын бир жарлы адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир табақ жүзим усынды. Пайғамбарымыз алайҳиссәләм жүзимди жеп күлимледи, жарлы адам болса буған оғада қуўанды. Саҳабалар: – Я Расулуллаҳ, неге бизлерди де шерик қылмадыңыз? – деп сорағанда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: – Жүзим оғада ашшы еди. Сизлердиң биреўиңиз түрин жыйырып, сол жарлының кеўлине азар берип қойыўынан қорықтым, – деди. https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРЫЗ ДƏПТЕРИНДЕГИ БАЙЛАР.. - Иним "қарыз дəптериң" барма? - Бар, аға . - Сол дəптериңдеги мүтəж адамлардың қарызларын есапла
ҚАРЫЗ ДƏПТЕРИНДЕГИ БАЙЛАР.. - Иним "қарыз дəптериң" барма? - Бар, аға . - Сол дəптериңдеги мүтəж адамлардың қарызларын есаплап айтсаңыз , солардың қарызын төлеп бережақ едим. Қассап жигиттиң жүзинде ашыўлы күлки пайда болды да : - Аға бери келиң , мине қолымда қарыздарлардың дизими. Мына ағаны көпшилик таныйды, астында Малибу, баллары пəлен жерде ислейди, мендеги қарызын бир жылдан бери төлемейди. Ал, мына бир байсымақтың үйин көрсеңиз аўзыңыз ашылып қалады, бир ярым жылдан бери бетин без қылып бермей жүр қарызын. Гəптиң қысқасы қарыз дизиминде турғанлардың бəри усындай " крутойлар ". - Маған булар керек емес, жетим балалары бар хəм мүтəж , кем тəмийнленген шаңарақтың дизимин бериң. - Аға...сиз айтқан шаңарақлар зəрүрлигинен 200-300 грамм гөш алса , бир хəптеге бармай пулын берип кетеди. Оларда əмел, байлық болмаса да ар-намыс бар..! Қарақалпақ тилине аўдармалаған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Егерде сиз өзиңизде жок нәрсениң бар болыўын қәлесеңиз, онда алдын ислеп көрмегениңизди ислеп көриўиңизге туўра келеди. Коко
Егерде сиз өзиңизде жок нәрсениң бар болыўын қәлесеңиз, онда алдын ислеп көрмегениңизди ислеп көриўиңизге туўра келеди. Коко Шанель https://t.me/ibratli_sozler

https://t.me/ibratli_sozler Тимур Қарашаев Бири кем дүнья.

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Аппақ қар киби шуғла шашып атқан аппақ таң кеулиңизге жақсылық туқымын ексин ! Таң артынан гү
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Аппақ қар киби шуғла шашып атқан аппақ таң кеулиңизге жақсылық туқымын ексин ! Таң артынан гүмис нурлары менен шығажақ қуяш хəм қəлбиңизге мехир , шаңарағыңызға ауызбиршилик, ырысқыңызға мол берекет алып келсин ! Күниңиз кеуилли өтсин ! Дəлиу айының 29-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

Бул адамды таныйсыз ба?! Бул адам – инсанияттың ең уллы шахсларының бири! Бул адамның жасаған қайырлы әмаллериниң есабын тек Алла ғана биледи. Африкада 11 миллионнан артық адам оның себеби менен мусылман болған. Жаңа мусылманларға 6 миллион дана Қуран Кәрим таратқан. Африка бойынша 95 000-ға жуўық артизян қудығын қаздырған. 95 000 талапкерди ис ҳақы менен тәмийнлеген. 15 000 жетимди өз қараўына алған. 5 700-ге жуўық мешит салдырған. 860 медресе қурдырған. 840 қарий хона ашқан. 204 исламий орталық ашқан. 124 аўырыўхана, медициналық орталық салдырған. 40-қа жуўық мәмлекетте ифтарлықлар уйымластырып, миллионлаған ораза тутқанларға хызмет көрсеткен. 4 университет ашқан. Билесиз бе, бул адам ким? Бул — Кувейтлик шайық Абдуррахман Сумайт (1947–2013). Аллатаала оның қайырлы әмеллерин өзине жолдас етсин! Ҳәзрети Абдурахман бала гезинен сабырлы, күшли, үлгили оқыўшылардан болғанын анасы айтып өткен. Алты жасынан мешитке барып жүрген. Ҳәмийше қолында таяғы болған. Өзин Африка жунглилеринде жүргендей сезген. Балалығында Пайғамбарымыз (с.а.у.) менен сахабалардың қаҳарманлықлары туўралы көп әңгимелер еситкен. Бағдат және Ливерпуль университетлерин тамамлап, тропикалық аўырыўлар бойынша шыпакер болған. 1981 жылы зайыбы менен Африкаға кеткен. 30 жыл даўамында 11 миллион африкалық оның себеби менен Исламды қабыл еткен. Ас-Сумайт ҳәзретлери 2013 жылы Кувейтте қайтыс болған. Алла жәннеттен жай берсин! 📖 Анвар Икрам https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#...Бердақтың монологи. ... Монологта Бердақ өзиниң жеке өмирине тиккелей байланыслы шайырдың аўзынан айтылған айырым қосымша мағлыўматлар орын алған. Ол өз өмириниң ақырында жасаған өмири даўамында жиберген гүнә-кемшиликлерине тәўбе қылып суўпы болғанын айтады: Жетпис-сексен жасқа келдим Хазан урған гүлдек солдым Тәўбекәри суўпы болдым Ўақтым жақын келген екен – деп өмириндеги өзи ушын үлкен ҳәдийсе – суўпы болып пирге қол бергенин ашық айтады. Усы жерде мениң атам айтқан кишкене әңгиме ядымда қалғанын айтпақшыман: Бизиң атамның атасы узақ суўпы Қарақұм ийшанының суўпысы болып, мешитинде хызмет етип жүргенинде ийшанның суўпыларының бири Бердақ екен. Ийшан мешитиниң тәўижжеханасында – қабылханасында суўпыларға тәлим – ўаз айтып отырған пайытта есиктен бир қартайған ғарры ишке кире бергенде босағаға сүрнигип жығылыпты. Ийшан «Хаў, ана суўпыны турғызың!» – деп суўпыларына буйырғанда, жаңағы жығылған ғарры еңбеклеп орнынан тура алмай отырып: Пир тутқанлар мәрт екен, Тутпаған нәмәрт екен, Ғаррылық аўыр дәрт екен, Әстүханым (сүйегим) аўыр келди. – деп гүбирленипти.  Сол Бердақ екен. Түрегелип қатарға отырғаннан кейин ийшан Бердаққа «сени адамлар халықтың арасында жүрип усындай басқа да сөздерди шығарып, және ҳаўазға салып қосық айтады дейди. Қосық айтыў суўпылыққа шек келтиреди» депти. Сонда Бердақ «Ийшан ҳәзиретлери, сөз айтпасам ишим жарылып кетеме деп қорқаман. Келген сөзди айтпай туралмайман» депти. Монологтағы оның: Бул сөз иләҳийден келди, Келип кеўлиме жай болды, Ишим-тәшим бәри толды, Алдын соң айтылған екен. деген қатарлар Бердақтың ийшанға берген жуўабы екени анық көринеди.  Сондай- ақ, оның (вужуд– барлығы, руўҳы, денеси, жаны-тәни) иләҳийдан келген сөз айтыў ышқы– мухаббаты менен толып-тасып, ҳәр қандай дәрбентти, тостықты жығып өтип, өзине жол ашқанын Бердақ оғада күшли философиялық ибара менен баянлайды. Шынында да ҳақыйқый шайырдың дәретушилик толғағындағы жан ҳалаты усындай болатуғыны нызамлы қубылыс. Усыған усаған қубылысты қарақалпақ шайырларының гей биреўлеринде ҳәзирги күнде де көриўге болады: Қақ айрылып жерге түссе де аспан, Мен сени жырламай тура алмаспан, Қарақалпағымсаң намысым-арым, Тек өзиң арқалы мениң барарым – деген Генжемурат Есемуратов ҳәттеки өзиниң бир мақаласын «Шайыр жаныўы керек» деп атаған еди.  Усылайынша шайырдың жаныўы Бердақтың монологинде анық көринеди, бул монолог ҳәр тәреплеме изертлеўге баҳалы объект бола алады. Ҳүсниддин Ҳамидов. Бердақ шығармаларының тили мәселеси ҳәм Бердақтың монологи.  Әмиўдәрья журналы. 2018-ж. 1/83-бет https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+4

photo content

photo content

ЯССАЎИЙДИҢ ЕҢ ЖАҚЫН ШӘКИРТИ, МОЙНАҚ РАЙОНЫ ӘТИРАПЫНДА ЖАСАП ӨТКЕН ШАЙЫР?
Anonymous voting

ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙ НЕШИНШИ ӘСИРЛЕРДЕ ЖАСАП ӨТКЕН?
Anonymous voting

"ҚЫЗ БАЛА ЖАТ ЖУРТЛЫҚ"... "Қыз бала жат журтлық"деген ҳикмет бар, "Нашар бала муңлы"десер адамлар. "Қыз баланың жолы жиңишке" болар, Қыз ушын жанынан кешер адамлар. Қыз бала жат журтлық мийман,аманат, Аманат сақлайды сени аман дер. Егер аманатқа етсең қыянет, Журт қустаны қылып сени жаман дер. "Қырық үйден тыйыў ҳәм бир үйден жыйыў, Не деген даналық бар бул сөзлерде. Мәпелеп өсирип жат журтқа қыйыў, Аңсат емес қыз ержеткен гезлерде. Сонлықтан ата-ана қызды мийман дер, Ол мийманның орынын баса алмас өзге. Гүллердей қулпырар қызлар жүрген жер, Ҳәр басқан қәдеми сүрмедур көзге. Бирақ,ўазыйпа көп қызлар алдында, Ол ертеңги ана,опадар ҳаял. Қызларды теңейди қызыл алтынға, Алтынның баҳасы ҳәммеге аян. Қыз бала мийирман ата-анаға, Ҳәм келин болады түскен жеринде. Билмейсиз ол көз жас төгер панада, Дәртин сақлап жүрегиниң төринде. Тастай батып суўдай сиңбек жолында, Ҳазар шегип түн уйқысын төрт бөлер.. Үй дер,дүз дер, нәрестеси қолында, Бул жолда басынан кешпейди нелер... Қыздан хабар алмақ саўап деседи, Қыз апасын излеў иниге саўап. Туўысқанды көрсең кеўлиң өседи, Анаңның излерин еткендей таўап... Таптым деп бул аманаттың ийесин, Кетпегеймиз қыздан хабар алмастан. Сағынады олар өскен уясын, Болсадағы түскен жери ҳүр бостан. Бийҳуўда кетпегей маңлай териңиз, Қызларың умтылғай билим,зия деп. Инсаплы,ийманлы күйеў көриңиз, Ал,қызлар көрмегей ҳасла қыянет. "Қыз бала жат журтлық"деген ҳикмет бар... Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 28 январь,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova