es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 786 suscriptores, ocupando la posición 4 323 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 449 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 786 suscriptores.

Según los últimos datos del 11 julio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -264, y en las últimas 24 horas de -2, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 28.21%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.80% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 300 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 720 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 44.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 12 julio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 786
Suscriptores
-224 horas
-327 días
-26430 días
Archivo de publicaciones
#...Бердақтың монологи. ... Монологта Бердақ өзиниң жеке өмирине тиккелей байланыслы шайырдың аўзынан айтылған айырым қосымша мағлыўматлар орын алған. Ол өз өмириниң ақырында жасаған өмири даўамында жиберген гүнә-кемшиликлерине тәўбе қылып суўпы болғанын айтады: Жетпис-сексен жасқа келдим Хазан урған гүлдек солдым Тәўбекәри суўпы болдым Ўақтым жақын келген екен – деп өмириндеги өзи ушын үлкен ҳәдийсе – суўпы болып пирге қол бергенин ашық айтады. Усы жерде мениң атам айтқан кишкене әңгиме ядымда қалғанын айтпақшыман: Бизиң атамның атасы узақ суўпы Қарақұм ийшанының суўпысы болып, мешитинде хызмет етип жүргенинде ийшанның суўпыларының бири Бердақ екен. Ийшан мешитиниң тәўижжеханасында – қабылханасында суўпыларға тәлим – ўаз айтып отырған пайытта есиктен бир қартайған ғарры ишке кире бергенде босағаға сүрнигип жығылыпты. Ийшан «Хаў, ана суўпыны турғызың!» – деп суўпыларына буйырғанда, жаңағы жығылған ғарры еңбеклеп орнынан тура алмай отырып: Пир тутқанлар мәрт екен, Тутпаған нәмәрт екен, Ғаррылық аўыр дәрт екен, Әстүханым (сүйегим) аўыр келди. – деп гүбирленипти.  Сол Бердақ екен. Түрегелип қатарға отырғаннан кейин ийшан Бердаққа «сени адамлар халықтың арасында жүрип усындай басқа да сөздерди шығарып, және ҳаўазға салып қосық айтады дейди. Қосық айтыў суўпылыққа шек келтиреди» депти. Сонда Бердақ «Ийшан ҳәзиретлери, сөз айтпасам ишим жарылып кетеме деп қорқаман. Келген сөзди айтпай туралмайман» депти. Монологтағы оның: Бул сөз иләҳийден келди, Келип кеўлиме жай болды, Ишим-тәшим бәри толды, Алдын соң айтылған екен. деген қатарлар Бердақтың ийшанға берген жуўабы екени анық көринеди.  Сондай- ақ, оның (вужуд– барлығы, руўҳы, денеси, жаны-тәни) иләҳийдан келген сөз айтыў ышқы– мухаббаты менен толып-тасып, ҳәр қандай дәрбентти, тостықты жығып өтип, өзине жол ашқанын Бердақ оғада күшли философиялық ибара менен баянлайды. Шынында да ҳақыйқый шайырдың дәретушилик толғағындағы жан ҳалаты усындай болатуғыны нызамлы қубылыс. Усыған усаған қубылысты қарақалпақ шайырларының гей биреўлеринде ҳәзирги күнде де көриўге болады: Қақ айрылып жерге түссе де аспан, Мен сени жырламай тура алмаспан, Қарақалпағымсаң намысым-арым, Тек өзиң арқалы мениң барарым – деген Генжемурат Есемуратов ҳәттеки өзиниң бир мақаласын «Шайыр жаныўы керек» деп атаған еди.  Усылайынша шайырдың жаныўы Бердақтың монологинде анық көринеди, бул монолог ҳәр тәреплеме изертлеўге баҳалы объект бола алады. Ҳүсниддин Ҳамидов. Бердақ шығармаларының тили мәселеси ҳәм Бердақтың монологи.  Әмиўдәрья журналы. 2018-ж. 1/83-бет https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+4

photo content

photo content

ЯССАЎИЙДИҢ ЕҢ ЖАҚЫН ШӘКИРТИ, МОЙНАҚ РАЙОНЫ ӘТИРАПЫНДА ЖАСАП ӨТКЕН ШАЙЫР?
Anonymous voting

ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙ НЕШИНШИ ӘСИРЛЕРДЕ ЖАСАП ӨТКЕН?
Anonymous voting

"ҚЫЗ БАЛА ЖАТ ЖУРТЛЫҚ"... "Қыз бала жат журтлық"деген ҳикмет бар, "Нашар бала муңлы"десер адамлар. "Қыз баланың жолы жиңишке" болар, Қыз ушын жанынан кешер адамлар. Қыз бала жат журтлық мийман,аманат, Аманат сақлайды сени аман дер. Егер аманатқа етсең қыянет, Журт қустаны қылып сени жаман дер. "Қырық үйден тыйыў ҳәм бир үйден жыйыў, Не деген даналық бар бул сөзлерде. Мәпелеп өсирип жат журтқа қыйыў, Аңсат емес қыз ержеткен гезлерде. Сонлықтан ата-ана қызды мийман дер, Ол мийманның орынын баса алмас өзге. Гүллердей қулпырар қызлар жүрген жер, Ҳәр басқан қәдеми сүрмедур көзге. Бирақ,ўазыйпа көп қызлар алдында, Ол ертеңги ана,опадар ҳаял. Қызларды теңейди қызыл алтынға, Алтынның баҳасы ҳәммеге аян. Қыз бала мийирман ата-анаға, Ҳәм келин болады түскен жеринде. Билмейсиз ол көз жас төгер панада, Дәртин сақлап жүрегиниң төринде. Тастай батып суўдай сиңбек жолында, Ҳазар шегип түн уйқысын төрт бөлер.. Үй дер,дүз дер, нәрестеси қолында, Бул жолда басынан кешпейди нелер... Қыздан хабар алмақ саўап деседи, Қыз апасын излеў иниге саўап. Туўысқанды көрсең кеўлиң өседи, Анаңның излерин еткендей таўап... Таптым деп бул аманаттың ийесин, Кетпегеймиз қыздан хабар алмастан. Сағынады олар өскен уясын, Болсадағы түскен жери ҳүр бостан. Бийҳуўда кетпегей маңлай териңиз, Қызларың умтылғай билим,зия деп. Инсаплы,ийманлы күйеў көриңиз, Ал,қызлар көрмегей ҳасла қыянет. "Қыз бала жат журтлық"деген ҳикмет бар... Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 28 январь,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

УЛҒА ТАТЫРЛЫҚ ҚЫЗЛАР Кеше тренери Sardar Nnazarimbetov тың сораўы бойынша 2018-жылдан берли қызымның көрсеткен нәтийжелерин есаплап шықтым. Ол жеккеликте ҳәм командасы менен бирликте 50 мәртеден артық пьедсталға көтерилип, Өзбекстан Гимнин жаңлатып, Байрағын дүнья бойлап желбиреткен екен! Ата-ана ушын баласының жетискенлигинен артық бахыт бар ма? *** Усы қызыма ҳәмиледар ўағымда ҳәзир Қарақалпақстан халық шайыры, "Дослық" ордени ийеси Гүлистан Даулетова ның шашбаўын көтерип, депутат болыўын тилеп, бес район халқына таныстырып жүрген едим. Көп адамлар көп мәрте "Уллы болғайсаң!" деп тебиренип пәтия берген. "Улға татырлық қыз болса да болады" дегеним есимде. Усы сөзимди периштелер "қағып алған" қусайды😊 *** Соған қарап ул болатуғын шығар, деп дәмеленгенмен, УЗИ дегенге түсип көриўге ўақыт та, инта да болмаған. "Балам ишимде нур алмасын" деп қорққанман, дәри емес, аўқат жей беретуғын едим, әсиресе "Грипп болмағайман" деп тиленемен. Гинеколог Илья апа арадан бир сааттай ўақыт өтсе де бөкениң жынысын айтпағаны ушын қан басымым көтерилип, дәрҳал тамшы дәрилерди жалғап таслаған. Ол мени "Ул күтип атыр" деп ойлаған, себеби екинши улымнан бес жасында айрылып қалғанынан хабары бар еди. -3 кг, 600 грамм салмақта қыз бала туўылды. Денсаўлығы жақсы. -Денсаўлығы жақсы болса болды. Алланың бергени болады. "Енди буның атын ким қоямыз" деп ойланып жатырсам, акушерканың өңириндеги "Оразбаева Гүлистан" деген жазыўға көзим түсти. -Киндик шешеси сиз боласыз ба? -Аўа. Апа, сизди таныйман, мен де Шоманайдан, "Дийханабад"тың қызыман, университетте туўысқан сиңлимди оқыттыңыз, -деп жуўап берди ол. -Киндик мамасының аты Гүлистан екен, және Гүлистан деген үш шайыр апамыз бар, кешеге дейин алты ай бир адамдай Гүлистан апаның шашбаўын көтерип жүрдим, Гүлистан деген группалас достым бар, қоңсым бар, журнал да бар еди, Гүлистан деген қала да бар, мен билген барлық Гүлистанлар бахытлы және бардамлы. Бөкениң аты Гүлистан болағойса қәйтеди? Сол ўақытта "Туўыў процесинде әкени қатнастырыў керек" деген жаңа метод шығып, родзалда аңы ушып кеткен папасы "Қызым Гүлистан апалардай болса болды" деди. -ҚМУда ислеў ушын жақлаў керек, ал сен болсаң ҳәр жылы кояндай гөжеклеўден басқаны билмейсең, - деп кейип келген баслықларым, ҳәзир "Тамара, сонда дурыс қылған екенсең" деп қуўанады. Бирақ ол ўақытта балаларым пәлен болады, төлен болады, деп ойламағанман, тек жақсы адам етип тәрбиялайын, деген ой ғана болған. Ҳәзир де аналық жүрегим менен "Балаларым қайда жүрсе де, денисаў болып, аман жүрсин" деп тилек тилеп отыраман. Буны олар түсингиси келмей: -Бизлерден гөре Гулийди жақсы көресиз, -деп даўласады.. -Яқ, олай ойламаң, бәриңиз де жүрегимниң бир клапанысыз, - деп еркелетемен. Алланың бергенлери саў болғай. Көз-тилден аўлақ, алдымда аман жүргей! Тамара Машарипова. 21-январь, 2026-жыл. Нөкис қаласы. https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+1

🎙 Маржангүл Тилеумуратова 🎼 Бармекен https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет ​​​Дүньядағы ең күшли инсанлар ким билесиз бе? Дүньядағы ең күшли инсанлар - өзиниң басына жаўған қарды өзи гүреп үйр
#Ҳикмет     ​​​Дүньядағы ең күшли инсанлар ким билесиз бе?     Дүньядағы ең күшли инсанлар - өзиниң басына жаўған қарды өзи гүреп үйренген ҳәм бул қардан да, гүректен де турмысындағы суўықтан да шикаят қылмайтуғын Аналар!... 👉👉alberuniy.uz https://t.me/ibratli_sozler

базаргул боларем.mp31.71 MB

Ағайин-туўысқанлар менен жыйналысып бир дастурхан әтирапында отырдық, бирден бир чашка кофе аппақ көйлегиме төгилип кетти. Ҳә
   Ағайин-туўысқанлар менен жыйналысып бир дастурхан әтирапында отырдық, бирден бир чашка кофе аппақ көйлегиме төгилип кетти. Ҳәмме: - Аппақ көйлекти дақ қылдың ғо, итибарлы болсаң болмай ма? - деди. Тек ғана анам... - Балам, ҳеш жериң күйип қалмады ма? - деди. Ата-аналар бахытлы жасаўға, узақ өмир сүриўге ҳақлы.  Олардың қалай жасаўына перзентлер себепши болады.... Қайырлы түн қәдирданлар !!!! Сизлерге түнниң тынышлығын тилеймен. Ертеңги таңда бир-биримизге қайырлы таң айтыў несип өтсин 🙏🙏🙏 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

Qayırlı tún (1).mp34.56 MB

Басы нағыслы шеге. Арба хəм дəруазаларға безек ушын қолланылған-?
Anonymous voting

Гүзеу ағаш-?
Anonymous voting