УЛҒА ТАТЫРЛЫҚ ҚЫЗЛАР
Кеше тренери Sardar Nnazarimbetov тың сораўы бойынша 2018-жылдан берли қызымның көрсеткен нәтийжелерин есаплап шықтым.
Ол жеккеликте ҳәм командасы менен бирликте 50 мәртеден артық пьедсталға көтерилип, Өзбекстан Гимнин жаңлатып, Байрағын дүнья бойлап желбиреткен екен!
Ата-ана ушын баласының жетискенлигинен артық бахыт бар ма?
***
Усы қызыма ҳәмиледар ўағымда ҳәзир Қарақалпақстан халық шайыры, "Дослық" ордени ийеси Гүлистан Даулетова ның шашбаўын көтерип, депутат болыўын тилеп, бес район халқына таныстырып жүрген едим.
Көп адамлар көп мәрте "Уллы болғайсаң!" деп тебиренип пәтия берген. "Улға татырлық қыз болса да болады" дегеним есимде. Усы сөзимди периштелер "қағып алған" қусайды😊
***
Соған қарап ул болатуғын шығар, деп дәмеленгенмен, УЗИ дегенге түсип көриўге ўақыт та, инта да болмаған.
"Балам ишимде нур алмасын" деп қорққанман, дәри емес, аўқат жей беретуғын едим, әсиресе "Грипп болмағайман" деп тиленемен.
Гинеколог Илья апа арадан бир сааттай ўақыт өтсе де бөкениң жынысын айтпағаны ушын қан басымым көтерилип, дәрҳал тамшы дәрилерди жалғап таслаған.
Ол мени "Ул күтип атыр" деп ойлаған, себеби екинши улымнан бес жасында айрылып қалғанынан хабары бар еди.
-3 кг, 600 грамм салмақта қыз бала туўылды. Денсаўлығы жақсы.
-Денсаўлығы жақсы болса болды. Алланың бергени болады.
"Енди буның атын ким қоямыз" деп ойланып жатырсам, акушерканың өңириндеги "Оразбаева Гүлистан" деген жазыўға көзим түсти.
-Киндик шешеси сиз боласыз ба?
-Аўа. Апа, сизди таныйман, мен де Шоманайдан, "Дийханабад"тың қызыман, университетте туўысқан сиңлимди оқыттыңыз, -деп жуўап берди ол.
-Киндик мамасының аты Гүлистан екен, және Гүлистан деген үш шайыр апамыз бар, кешеге дейин алты ай бир адамдай Гүлистан апаның шашбаўын көтерип жүрдим, Гүлистан деген группалас достым бар, қоңсым бар, журнал да бар еди, Гүлистан деген қала да бар, мен билген барлық Гүлистанлар бахытлы және бардамлы. Бөкениң аты Гүлистан болағойса қәйтеди?
Сол ўақытта "Туўыў процесинде әкени қатнастырыў керек" деген жаңа метод шығып, родзалда аңы ушып кеткен папасы "Қызым Гүлистан апалардай болса болды" деди.
-ҚМУда ислеў ушын жақлаў керек, ал сен болсаң ҳәр жылы кояндай гөжеклеўден басқаны билмейсең, - деп кейип келген баслықларым, ҳәзир "Тамара, сонда дурыс қылған екенсең" деп қуўанады.
Бирақ ол ўақытта балаларым пәлен болады, төлен болады, деп ойламағанман, тек жақсы адам етип тәрбиялайын, деген ой ғана болған.
Ҳәзир де аналық жүрегим менен "Балаларым қайда жүрсе де, денисаў болып, аман жүрсин" деп тилек тилеп отыраман.
Буны олар түсингиси келмей:
-Бизлерден гөре Гулийди жақсы көресиз, -деп даўласады..
-Яқ, олай ойламаң, бәриңиз де жүрегимниң бир клапанысыз, - деп еркелетемен.
Алланың бергенлери саў болғай. Көз-тилден аўлақ, алдымда аман жүргей!
Тамара Машарипова.
21-январь, 2026-жыл. Нөкис қаласы.
https://t.me/ibratli_sozler