uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 787 підписників, посідаючи 4 324 місце в категорії Релігія і духовність та 447 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 787 підписників.

За останніми даними від 10 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -272, а за останні 24 години на -14, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.31%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 20.04% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 319 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 764 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 11 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 787
Підписники
-1424 години
-447 днів
-27230 день
Архів дописів
ӘЖЕ~шаңарақтың үлкен анасы, соның менен бирге, ол елдиң де АНАСЫ. Әже--әкениң, ананың үлкен анасы. Әже--шаңарақтың аманлығын, "баўыры пүтин" болып  аўыз биршилик пенен жасаўына, бир-бири менен мийримли болып  туўысқанлық қатнаста болыўына жол-жоба берип отырыўшы, шаңарақтың берекетин келтирип отыратуғын ақылгөйи, тәрбияшысы---ҮЛКЕН АНАСЫ.        ӘЖЕ~халықлық дәстүрди сақлап, алтын мийрасларымызды улына, қызына, ақлықларына, елдиң жасларына нәсиятлап, үлгисин көрсетип отыратуғын, елдиң ҳүрметли адамы.          Қарақалпақ халқында әкесиниң, анасының анасын ҳәр түрли етип атайды. Бундай ҳәр түрлилик--халықтың жасаў орны, мәканы, шаегаралас туўысқан халықлардың сөйлеў тилиниң тәсири нәтийжесинде болады. Бурыннан киятырған дәстүр бойынша халықлық атама---КЕМПИР АПА деп қабылланған. Елимиздиң қарақалпақлар тығыз жасайтуғын районларында ҳәзирги ўақытлары да бул атама өзиниң мәнисин жойытқан жоқ. Қазақстан менен шегалас арқа районларда үлкен апасын "әже" деп атаса, қубла районларда "мама", "мама кемпир" деп атайды. "Әже",--деп  өзиниң анасына мүнәсибет көрсетиў-- Шымбай, Қараөзек районларында ушырасады. Бул жерлерде гейде қызлардың өзиниң туўысқан апасын "әже" деп атаў да гезлесип турады.       ӘЖЕЛЕР~тек өз балаларынан туўылған урпақларына ғана емес, пүткил елге "әже" болып есапланып, өзинен кейингилер тәрепинен үлкен сы-ҳүрметке ийе адамлар, себеби, елимизде жасы үлкен аталарды, әжелерди ҳәр бир адам танысын, танымасын ҳүрмет, иззетин көрсетип сәлемин береди, сыйлайды, төрине шығарады. Үлкен жастағы әжелерди "Үлкен апа", "кейўаны",--деп атап, олардан  жасы киши адамлар ақыл-кеңес сорап отырады. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

"ƏЖЕ "сөзи хаққында
"ƏЖЕ "сөзи хаққында

✅Өткен күнлерде мийманға : Сиз ушын есигимиз ашық , қашан қəлесеңиз биймəлел келип турың дер едик. 😔Хəзирги күнлерде: Келетуғын болсаңыз бир күн бурын хабар берип қойсаңыз болар еди -демектемиз... ✅ Өткен күнлерде : Жақсы қоңсыны сатып ал ! Жақсы күниң қоңсың менен абзал ! ,-дер едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Сен тиймесең мен тиймеймен!деймиз .... Хəтте шифериниң бəлентлилиги де кеулимизге мəлел келип атыр.... ✅ Өткен күнлерде : Ағайин тууысқанларымыз өзлерине болмай қалған кийимлерин берсе қууанып кийиуге асығар едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Бизди жерге урып өзи кийгиси келмеген соң берип атыр деп кибрленип атырмыз.... ✅ Өткен күнлерде : Хайт жоқ , той жоқ болса да ағайинлеримизди тез-тез жоқлап хəттеки бир-еки күнлеп қонып та қалар едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Тойына бармақ түуе , уятты жаназада көринбесек деп зорға дийдар көрисемиз.... ✅ Өткен күнлерде : Мен биреуди қапа еттимау деп айыпты өзимизден излеп кеширим сорамағанша кеулимиз кеншимес еди. 😔 Хəзирги күнлерде : Түйедей айып ис қылсақта кисиниң түймедей қəтесин айып санап оның келип кеширим сорауын күтпектемиз ... ✅ Өткен күнлерде : Душпан кимлигин жақсы билер едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Достымыз кимлигин де биле алмай қалдық ..... ДҮНЬЯ ӨЗГЕРГЕН ЖОҚ , НЕГИЗИНДЕ ПЕЙЛИМИЗ , ҚƏЛБИМИЗ ӨЗГЕРИП КЕТТИ .... Юсупова М https://t.me/ibratli_sozler

"ЛӘЙЛИМ" Оригинал қосықты: Атқарған: Даўытбай Қайыпов Сөзи: Қармыс Досанов Намасы: Роман Султанов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

photo content

Мешитте бир бай адам менен бир дəруиш ибадат етип атыр еди. Олар бир-бирине жүдə жақын отырғаны ушын тилеп атырған дууалары бир-бирине еситилер еди. Дəруиш намаздан соң сондай деп тиленди : - "АЛЛАХЫМ ! Қарным жүдə аш.Маған пəлендей ауқат пенен пəлендей мазалы затлар жибер !" Сонда бай ишинен : -" Бул дəруиш арнайы мени еситсин деп дауысын шығарып тиленип отыр . Өзиме айтса да болар еди. Оған хешнарсе бермеймен енди " Дəруиш тилеклерин питкерип , мешиттиң бир шетине барып отырды. Бираздан соң мешитке бир адам қолында себети менен кирип келди . Дəруиштиң алдына барып себетти алдына қойды. Буны бай киси арқадан бақлап отырды. Дəруиш себетти ашты. Себетте дəруиш бираз алдын соранып тиленген тағамлардың бəри бар еди. Бай киси таңланыуы менен қарап турды. Дəруиш жеп қалғанын себетти əкелген адамға қайтарды. Себетти көтерип баратырған жигиттиң изинен бай киси ерип келе берди. Оны тоқтатып сорады : - Сиз кимсиз ? - Мен бир жүк тасыушыман. - Буларды саған ким берди ? - Хешким. Өзим əкелдим. - Сиз жаңағы дəруишти таныйсызба ? - Яқ, танымайман. - Танымаған, билмеген адамыңа неге сонша нəрсе алып келдиң? - Сизге түсиндирейин,-деди жук тасыушы жигит күлип . - Мен бир ғəрип адамман. Адамлардың жүгин тасып күн көремен. Бүгин бир бай адамның жүгин тасыдым.Ол маған жүдə көп пул берди . Мен де дəрхал басқа уақыт балаларыма жедире алмаған тағамлар ушын базарладым. Үйге апардым. Хаялымның тамағы пискенше уйқыға тасладым. Түсимде пайғамбарымыз с.а у. ды көрдим. Ол маған сондай деди: " Мына мешитте бир уəлий инсан бар . Ол хəзир мына тағамларды қəлеп атыр.Сен оған усы тағамлардан апарып бер. Жегенинше жесин . Қалғанын өзиң əкелип же. Сонда саған берекет киреди. Сол исти ислесең , мен сениң жəннетке кириуиңе кепил боламан " Ояндым да тағамларды алып мешитке жууырдым. Уақыяның қалған жағы сизге белгили. Бай киси :- Сен тағамларға қанша пул сарыпладың ? - Пəлендей ақша . - Сол пулдың он есесин саған беремен. Сен сол сауаптың бир бөлегин бер. - Болмайды ! - Жигирма есесин беремен. - Болмайды ! - Елиу есесин. - Яқ . Əуере болмаң . Қанша берсең де сауабын саған бермеймен. Пайғамбарым усы исим ушын маған жəннетти уəде етти.Сен маған пүткил дүньяны бергенде де мен оны саған бермеймен.Қара , сен сол адам менен бирге турып намаз оқып , сауабынан бос қалдың ! Юсупова М . аудармасы . С/о: Қасымызда отырған инсанның жағдайын сорап та көрмеймиз . Садақа деп кисемизден азғана пулды ямаса майда пулларды шығарамыз . Сөйтип отырып АЛЛАДАН үлкен нəрселерди сораймыз .... Хəрқашан сақыйдың дүньясы көбейген. Дүньяң кемлик қылса кеулиңнен бер , жыллы сөзлериң бир ғəриптиң кеулин шад етсе садақа менен барабар ! Бəршемизди сауап алыуға умтылып , сақауат етиуши мөмин бенделеринен етсин !🤲 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

#Дос 📖 Дос дегениң ким ол, өзи,? Достың барма, бирадарым? Жетегине ерип кетпе "Бирмайданға" жубатқанның! "Дос" деп жүрген қатынның ҳәм, Аты бардур-"өмир жолдас" Сонда бизге дос боларма? Қазан бөлек жора-жолдас? Дос бола алмас, ағаң, иниң, Аржағында абысын, келин. Өкпелеўге дым орын жоқ, Аўҳаллары өзиңдейин. Ул-қызларың доспа саған? Олар мәзи алданышың, Бергенине қуўанасаң, Ялғаншыда жубанышың. Ата-анаң достың емес, Орынлары өзге, олар, Екеўи де жан ашырың, Сениң ушын күйип-жанар. Қалғанлары заманлас Ағәйин хәм қурбы-қурдас Тәшуиш бөлек,ғам бөлек Түрли-түрли "көз-қарас". Енди сорау,дос қәне? Күйсең бирге күйетуғын, Сени, сендей сүйетуғын, Жақсы жаман күйиңде, Уўызында ийетуғын, Не дәртиң бар ишиңде, Өзиңдейин билетуғын... Әлхаппыз, бир Дос таптым! Түр-түсиңе қарамас, Кисеңдегин санамас, "Көз астынан" сынамас, Кеўлиңди ашып умтылсаң. "Ҳалласлаған " кеўлиңди, Ҳасла ғана қайтармас, Өзиң билмес миниңди, Жасырады, жәрия қылмас. Мехри оның бийминнет, Таўсылмайды, дәме қылмас, Ўәдеге опа, серт беккем, "Үшиншини" жолатпас! Әне сондай, бирәдарым, Жаратқанға дос болайық, Ғам-тәшўишке мойын иймей, Кеўиллерди хош қылайық! ✍ Ж. Ерназаров https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Тутқан оразаңыз, қылған ибадатларыңыз қабыл болып Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен қəдем басып кириў бəршеге несип етсин ! Бүгин
Тутқан оразаңыз, қылған ибадатларыңыз қабыл болып Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен қəдем басып кириў бəршеге несип етсин ! Бүгинги күн де өз жуўмағына жетти. Түнги уйқыңыз сизге күш-қуўат берсин, түнги ибадатыңыз АЛЛАҒА болған мухаббатыңызды арттырсын ! Сəхəрликте ғайыбана саў-саламат аманлықта көрисиўди несип еттирсин ! Кирип келген байрамыңыз бенен жəне бир мəртебе қутлықлап қаламан ! 🌹 ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ƏЗИЙЗЛЕРИМ ! https://t.me/ibratli_sozler