<<ЕР ЖИГИТКЕ ҚЫРЫҚ ӨНЕР ДЕ АЗ, ямаса КЕЛИНЛЕР ДЕ БИЛИЎИ ТИЙИС КЕҢЕСЛЕР>>
{Қонаққа табақ тартыў}
Үйге бес күн мийман келмесе, шайы қонбас мениң байғус анамның.
И.Юсупов
Уллы шайырымыз тәрийплеп өткениндей, халқымыз үйине қонақ келсе "қут келди, қонақ пенен берекет келди",--қонақты есик алдына шығып, өзи күтип алып, барын қойып, малын сойып, қонақ асысын кемиссиз қылыўға бар ықласын берип күткен. Қарақалпақ халқы қонағын мал сойып, түйе таўық, таўық сойып барын берип күтеди ҳәм қонақтың жасы, ҳүрметине қарай сыйлы мүшелерди алдына қойып табақ тартқан. Егерде соятуғын ҳеш теңеси болмаса сүрленген ет асса да, оның сыйлы, қәдели сүйеклери менен жыллы-жумсақ, дәмли жерлери табаққа салынып тартылады.
Қонағын қудайдай сыйлаған халқымыздың дәстүри кимге болса да үлги, өрнек болары сөзсиз. Сыйлы асымызды қонаққа сақлаған халықпыз, солай да гейбир жасларымыз қонақ күтиўдиң жағдайларын билгени менен де, қонаққа тартылар табақлардың сырын биле бермеўи мүмкин. Қуда, жегжат болып атырған шаңарақлардағы жас әўладқа керек болып қалар деген нийет пенен өз билгенимше қонаққа тартылар табақ түрлерин усынып отырман.
БАС ТАБАҚ~әдетте, қуда-қудағайлар менен ел-журт алдында абырайлы, билимли, өнерли адамларға, ақсақал жасы үлкенлерге, досларға, қыймас қәдирдан адамларға тартылады. Қонаққа көбинесе майда мал-қой, ешки сойылады. Бундай ўақытта, бас табаққа жамбас, ғарры жилик, еки тал сүбе қабырға, еки тал белдеме {бел омыртқа сүйеги}, еки тал омыртқа, ултабар салынады. Ал, ири қара мал сойылғанда қонық үйлерде отырған қуда-жегжатқа бас {ярым шеке} менен жамбастың ярымы және майлы қабырғаны салып табақ тартылады. Басты мал арнайы сойылған қонақтың ең жасы үлкени ямаса сол адамның усынысы бойынша басқа бир белгили адам услайды.
ТЕТ ТАБАҚ~"ортаңғы табақ" деп те аталады, бас табақтан кейинги екинши табақ--сойылған қойдан жамбас, ғарры жилик ямаса асық жилик, еки тал бел сүйеги, еки тал арқа, еки тал қабырға сыяқлы мүшелер тартылады. Қуда-қудағайлар күтилип атырған жерде бул көбинесе қудағайлар, қудашалар ҳәм оларға ерип келген әйеллерге тартылады.
КҮЙЕЎ ТАБАҚ~арнаўлы төс салынып тартылатуғын табақты "күйеў табақ"--деп атайды. <<Күйеў табақ>> қыз алатуғын ямаса сол аўылдан қыз алған күйеўлерге тартылатуғын ең жоқарғы сый-ҳүрмет табағы болып есапланады. Күйеў табаққа әдетте, төс, асық жилик, бел сүйеги, ямаса омыртқа сыяқлы белгили мүшелер салынып тартылады.
КЕЛИН ТАБАҚ~бул жерде узатылып келген, шымылдықта отырған, ямаса бир жерге қыдырып барған ўақытта келинлерге арналған күйеў табақ сыяқлы ең жоқарғы сый-ҳүрмет табағы. Сонлықтан, оғанда төс, асық жилик, бел сүйеги, ямаса арқа, қабырға, жүрек, ултабар салынады.
ҚЫЗ ТАБАҒЫ~бул қызларға арналған сый-ҳүрмет табағы. Оған әдетте, бастың жақ сүйеги менен тил, жүрек пенен бүйрек сыяқлы қызлар сүйсинип жейтуғын мүшелер салынып тартылады.
СЫБАҒА ТАБАҚ~{сарқыт табақ}--тойға, қонаққа белгили бир себеплер менен келе алмаған аўыл ақсақаллары менен ел-журтқа қәдирли, сыйлы кисилерге, сондай-ақ, жан ашыр жақынлары менен қуда-қудағайларына "сыбағасы" ямаса "тойдан сарқыт" деп берип жиберетуғын, үйге келсе алдына тартылатуғын табақ. Буған да жамбас, бел сүйеги сыяқлы қәдели мүшелер салынады.
ЕРИЎЛИК ТАБАҚ~деп отырықшы елге көшип келген, қоңсы болған шаңарақ ағзаларын шақырып, соның ҳүрметине мал сойылса бас пенен жамбас тартылатуғын, ямаса бары менен базарлап , тәўирлеў асын қоңсысына апарып беретуғын сый-ҳүрмет табағына айтылады. "Ериўлик табақ"қа әдетте мал сойылса бас пенен жамбас, мал сойылмаса қәдели сүйеклер менен жыллы-жумсақ, дәмли мүшелер салынып тартылады.
Мине, бул жоқарыда көрсетилип өткенлер қонаққа деген ҳүрметтиң өзи табағы менен сыйлы екенин аңлатады. Соның менен бирликте және айта кететуғын тағы бир мәселе, қыз балаға, жас балаға ғарры жилик усынылмайды. Ол қыздың "бахтын байлайды", жастың "жолын байлайды"--деген жаман ырым деп есапланады. Сондай-ақ, жас қыздың ямаса жас келинниң талақ жеўине де тыйым салынған.