ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 808 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 313,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 444

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 808 名订阅者。

根据 07 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -287,过去 24 小时变化为 -3,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 27.91%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.45% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 249 次浏览,首日通常累积 3 658 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 08 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 808
订阅者
-324 小时
-457
-28730
帖子存档

🌺🌸🌺КӨРИСИЎ КҮНИ🌸🌺🌸 Тоқсан шығып келди бүгин көклем айым, Умыттырып суўық боран қардың ғайын. Қуяш күлип тәбият та жаңаланар, Нәўбәҳәрге босатқанда қыс өз жайын. Әзелден де уқсап дәстүр әдебимиз, Уллы жолда тең басылған қәдемимиз. Көрис күни бизлерден де баўырларға, Қол алысып несип етсин сәлемимиз. Мехир берип жүреклерден бир-биреуге, Хақ кеуиллер қууаныштан елжиреуде. Наўрыз күни көрискенде бәлентлерден, Тууысқанлық байрақлары желбиреуде. Еки халық қыз алып қыз берискенбиз, Қуда жек зат татыулыққа ерискенбиз. Есен аман жеттикпе деп жаңа күнге, Биз де қалмай қушақласып көрискенбиз. Тынышлық деп талпыныўшы ойымыз бир, Ел ишинде дәстүримиз , тойымыз бир. Қарақалпақ-Қазақ болып мерекеде, Өзимизге жарасқандай бойымыз бир. Тоқсан шығып жаңа күнге жол алысып, Түбимиз бир ғаўқылдасып қозғалысып. Кел баўырым көрисейик қутлы күнде, Қос туўысқан меҳир менен қол алысып. Е.Наметов. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

Себеби, бул тыйым да "қыз бала  күйеўинен талақ алып қайтып келеди"--деп ырым етилип, сондай жаманлықтың алдын алыў сыяқлы жақсы нийетте пайда болған.  Бул ырым-тыйымлардың халық тәжирийбесинде сыналғанлығы себепли жүзеге келип шыққанын аңлаў қыйын емес. Табақ туўралы әңгимемизди жалғастыра берсек, және де көп нәрселер айтыла бериўи мүмкин, "бала табақ", "хызмет еткен аўыл жигитлери, келинлери табағы"-- дегендей. Бирақ, биз бул жерде қонақларға арналған сый-ҳүрмет табағы ҳаққында айтып отырғанлықтан басқа тартылатуғын табақ түрлерине әҳмийет берилмейди. Түйе таўық ҳәм шайтан таўық сойылғанда табаққа  салынып  тартылатуғын мүшелерди де билип жүрген пайдалы. Себеби, қоңсылас халықларда "түйе таўық--қарақалпақтың қойы, оған жететуғын ас болмас",--деген мақтаў сөзлер бар. Бунда да, бас табақ, тет табақ дегенлер болады. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

<<ЕР ЖИГИТКЕ ҚЫРЫҚ ӨНЕР ДЕ  АЗ, ямаса КЕЛИНЛЕР ДЕ БИЛИЎИ ТИЙИС КЕҢЕСЛЕР>> {Қонаққа табақ тартыў} Үйге бес күн мийман келмесе, шайы қонбас мениң байғус анамның.                   И.Юсупов Уллы шайырымыз тәрийплеп өткениндей, халқымыз үйине қонақ келсе "қут келди, қонақ пенен берекет келди",--қонақты есик алдына шығып, өзи күтип алып, барын қойып, малын сойып, қонақ асысын кемиссиз қылыўға бар ықласын берип күткен. Қарақалпақ халқы қонағын мал сойып, түйе таўық, таўық сойып барын берип күтеди ҳәм қонақтың жасы, ҳүрметине қарай сыйлы мүшелерди алдына қойып табақ тартқан. Егерде соятуғын ҳеш теңеси болмаса сүрленген ет асса да, оның сыйлы, қәдели сүйеклери менен жыллы-жумсақ, дәмли жерлери табаққа салынып тартылады. Қонағын қудайдай сыйлаған халқымыздың дәстүри кимге болса да үлги, өрнек болары сөзсиз. Сыйлы асымызды қонаққа сақлаған халықпыз, солай да гейбир жасларымыз қонақ күтиўдиң жағдайларын билгени менен де, қонаққа тартылар табақлардың сырын биле бермеўи мүмкин. Қуда, жегжат болып атырған шаңарақлардағы жас әўладқа керек болып қалар деген нийет пенен өз билгенимше қонаққа тартылар табақ түрлерин усынып отырман. БАС ТАБАҚ~әдетте, қуда-қудағайлар менен ел-журт алдында абырайлы, билимли, өнерли адамларға, ақсақал жасы үлкенлерге, досларға, қыймас қәдирдан адамларға тартылады. Қонаққа көбинесе майда мал-қой, ешки сойылады. Бундай ўақытта, бас табаққа жамбас, ғарры жилик, еки тал сүбе қабырға, еки тал белдеме {бел омыртқа сүйеги}, еки тал омыртқа, ултабар салынады. Ал, ири қара мал сойылғанда қонық үйлерде отырған қуда-жегжатқа бас {ярым шеке} менен жамбастың ярымы және майлы қабырғаны салып табақ тартылады. Басты мал арнайы сойылған қонақтың ең жасы үлкени ямаса сол адамның усынысы бойынша басқа бир белгили адам услайды. ТЕТ ТАБАҚ~"ортаңғы табақ" деп те аталады, бас табақтан кейинги екинши табақ--сойылған қойдан жамбас, ғарры жилик ямаса асық жилик, еки тал бел сүйеги, еки тал арқа, еки тал қабырға сыяқлы мүшелер тартылады. Қуда-қудағайлар күтилип атырған жерде бул көбинесе қудағайлар, қудашалар ҳәм оларға ерип келген әйеллерге тартылады. КҮЙЕЎ ТАБАҚ~арнаўлы төс салынып тартылатуғын табақты  "күйеў табақ"--деп атайды. <<Күйеў табақ>>  қыз алатуғын ямаса сол аўылдан қыз алған күйеўлерге тартылатуғын ең жоқарғы сый-ҳүрмет табағы  болып есапланады. Күйеў табаққа әдетте, төс, асық жилик, бел сүйеги, ямаса омыртқа сыяқлы белгили мүшелер салынып тартылады. КЕЛИН ТАБАҚ~бул жерде узатылып келген, шымылдықта отырған, ямаса бир жерге қыдырып барған ўақытта келинлерге арналған күйеў табақ сыяқлы ең жоқарғы сый-ҳүрмет табағы. Сонлықтан, оғанда төс, асық жилик, бел сүйеги, ямаса арқа, қабырға, жүрек, ултабар салынады. ҚЫЗ ТАБАҒЫ~бул қызларға арналған сый-ҳүрмет табағы. Оған әдетте, бастың жақ сүйеги менен тил, жүрек пенен бүйрек сыяқлы қызлар сүйсинип жейтуғын мүшелер салынып  тартылады. СЫБАҒА ТАБАҚ~{сарқыт табақ}--тойға, қонаққа белгили бир себеплер менен келе алмаған аўыл ақсақаллары менен ел-журтқа қәдирли, сыйлы кисилерге, сондай-ақ, жан ашыр жақынлары менен қуда-қудағайларына "сыбағасы"  ямаса "тойдан сарқыт"  деп берип жиберетуғын, үйге келсе алдына тартылатуғын табақ. Буған да жамбас, бел сүйеги сыяқлы қәдели мүшелер салынады. ЕРИЎЛИК ТАБАҚ~деп  отырықшы елге көшип келген, қоңсы болған шаңарақ ағзаларын  шақырып, соның ҳүрметине мал сойылса бас пенен жамбас тартылатуғын, ямаса бары менен базарлап , тәўирлеў асын қоңсысына апарып беретуғын сый-ҳүрмет  табағына айтылады. "Ериўлик табақ"қа  әдетте  мал сойылса бас пенен жамбас, мал сойылмаса қәдели сүйеклер менен жыллы-жумсақ, дәмли мүшелер салынып тартылады. Мине, бул жоқарыда көрсетилип өткенлер қонаққа деген ҳүрметтиң өзи табағы менен сыйлы екенин аңлатады. Соның менен бирликте және айта кететуғын тағы бир мәселе, қыз балаға, жас балаға ғарры жилик усынылмайды. Ол қыздың "бахтын байлайды", жастың "жолын байлайды"--деген жаман ырым деп есапланады. Сондай-ақ, жас қыздың ямаса жас келинниң талақ жеўине де тыйым салынған.

photo content

🎙 Б. Өтепбергенова https://t.me/ibratli_sozler

Тәжирийбесиз келиншекке,тис қаққан,тепериш келиншек мәсләҳәт берипти.     Атаң менен енеңе.     Не оншама ийилип.     Тап солардың ақшасына.      Жүргендейақ кийинип.      Бирер күн сәлемиңди .      Бермей көр еринип.      Өзлериақ сәлем алмай.      Кетедиғо үйренип.     Арасында шалалаў.ақ     Қайнатып бер шайында.     Қыялап қаттылаў бақ.     Билмейқалсын байыңда. Иий жетпей атыр үйге деп. Пенсиясын қағып ал. Анда мында шабаберип. Оларды шақыратын ким бар.? Шай берип,қабағыңды үйип ал. Арасында сөз бенен үзиип ал.. Бир бирине жалтаңлап қараса. Не Қарайсаң!!деп және сорап қал. Қартайдыма отырсындә жөнине. Сериалды көргенде,тиймесиндә жиниңе. Арасында -мен кеттим -депкетип қал. Қоңысыңа,я төркинлеп  үйиңе. Әне сонда болар асығың алшы. Жайыңның есигин  тас қылып жапшы Телефон ойнайсаң,сөздиң басы. Жеңесең енеңди тилимди алшы. -Десе  ақыллы келин депти.-      - Бай бу шеше олар мениң каабам ғой.   Султандай жигити берген панам ғой. Өмир деген зырлап өтип баратыр. Ертеңиме жол көрсетер данам ғой. Қайтар  дүнья ,хызмет етсем жуўырып. Етегин толтырсам ақлығы туўылып Иййй шеше ақылыңды алмайын. Алғысларын алайын турғанда буйырып. Өйппей шеше жаман айттың сөзлерди. Үлги болар деп едимаў  сизлерди. Келин алсаң алдыңа келмейме. Қыйсық жолға басламаңдә бизлерди. Ўәй шеше ойнама,енем мениң золотой. Қолыңнан келеме тап енемдей болағой. Былапытлап не айттың шешежан. Мына сөзиң есалаңға айтағой. әдира қалдық, Қой нанымды жаўып алайын деп  турып кеткен екен.     Гүлистан Реймова Қарақалпақстан  телеканалы ,"Келинлер мектеби" көрсетиўиниң турақлы эксперти. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

АЎЫЛЛАС ҚЫЗҒА Мине, намазылгер бүркенип талды, Күндегидей айна алдында турсаӊ, (Қосыўыс семечка таўсылып қалды), ҳәм «қашып кетесеӊ» жақынлап барсам. Сен сол жерде турып мыйық тартқанда, Ѳлгенлер тирилип кетердей маған, Билдим: Сенсиз жасаў-шынын айтқанда – , Ол ҳәтте ѳлимнен бетердей маған. Бирақта, сенде жоқ меҳир-шәпәәт, Саған бир пул-мениӊ күйип-жанғаным, Ал, мен азабыӊа-ақ етип қәнәәт, Сениӊ ышқыӊ менен жасайман жаным! Бәлким, буннан түсер пайда шамалы, Жалған жубаныўлар жанды алдайды, Айтшы, жаным! недур буныӊ «ҳамалы», Саған илла деўге тилим бармайды. Бул жасқаныў емес. Айып болмаса, Десем: Шексиз сенлик иззет-ҳүрметим, Ал, сен инанбасаӊ, қулақ салмасаӊ, Ата-енеси бар мен ҳәм бир жетим. Әскербай ӘЖИНИЯЗОВ https://t.me/ibratli_sozler

Náwbáhár Gózzal pasılımnıń esken samalı, Báhár nápesinde jurtım jamalı, Tábiyatqa jan berer máwsim aǵlası, Jerdi kókke bólep, náwbáhár keldi. Shadlı nama shalıp, báhárim keldi, Terekler búrtik jarıp, jan ener endi, Awıl hám qalama sán bergen jerdi, Gúllerge oranǵan náwbáhár keldi. Suwlar sıldırlısı jaǵar janıńa, Quslar qanat qaǵıp ushar aspanda, Báhárden dárek berip yoshlı sayraydı, Ǵárezsiz, ájayıp, nurlı bostanda. Márt diyqanım jedel iske kirisip, Jaqsı niyet penen dánin sebedi, Altın gúzde alıw ushın mol jemis, Baǵman ata, miynet terin tógedi. Náwbáhárim, máwsimlerdiń aǵlası, Kewilge yosh berer shadlıq naması, Bárs‌he gózzallıqtıń óziń tımsalı, El-xalqıma múbárek, báhárim keldi. Guljahan Ismaylova Moynaq rayonı, 2-sanlı mekteptiń baslawısh klass muǵallimi. https://t.me/ibratli_sozler

ТӘЖЖАЛ Ысрапыл самалы есер шаңғытып, Қанатлар қағысын еситкендеймен. Көктен отлы топты маған зыңғытып, Қыяметке шекем кешиккендеймен. Ысрапыл сырнайын шертежақ әне, Бәрше сораўларға жуўабың қәне. Қайта тирилмекши жақсы ҳәм жаман, Жерлер жарылажақ, бәрше туражақ, Аллам дәргайына басын уражақ. Отлы азаплардан қалмайжақ аман. Көкте периштелер тынбай айланар, Қуяш батыс жақтан шығысқа кетер. Тирилмек азабы бәрше қыйланар, Қыямет отлары ол сени күтер. Тәңириге жақпас ислериң бар ма?! Буннан қутылғандай күшлериң бар ма?! Ирип-ширигенлер бәри тик турып, Алла дәргайында тынбай жылайды, Қырқ күнлик азаптан пана сорайды. Табалдырықларға басларын урып. Қара таўдың қара тасын қақ бөлип, Жер ҳәм көкти гүңирентип киятыр. Өликлер де гә тирилип, гә өлип, Ол бәршени зирилдетип киятыр. Маңлайында "кәфир"деген жазыў бар, Тәғдийриңде айтқыл қандай сызыў бар. Қырқ күншилик жәҳеннемди әкелер, Гүнакарды отқа салып силтеген, Тәжжал  шығар бул әлемди өртеген. Ҳәр бир күни бир жылыңа тең келер. Арсызлық, жалатайлық қаймақлары, Жердиң бетин саў қалдырмай қаплайды. Инанғысыз тәжжалдың ойқанлары, Бенделер тынбай бир-бирин баплайды. Тәжжалдың теңлеси жоқ  өз күшинде, Әлем ғыжлаған "Қырқ күн" от ишинде. Мағрып ҳәм машрыбың аласапыран, Жаманлық, жақсылық жиптей өрилер, Тирилей гөшиңди қайзар бөрилер. Лашыңды сүйрейди арман гә берман. Зарлы тәўбелериң қабыл болмайды, Қуяш батыс беттен шыққаннан кейин. Тәжжал суў дегени от боп жалмайды, Қыямет қайымды уққаннан кейин. Арсыз, зинәкер, қыянеткерлердиң, Жаманлық ислеген гүнакерлердиң. Күйреген териси, пискен гөшлери, Тәўбеге күши жоқ, қалмаған димар, Тәжжал ҳәм сондайдың жанына қумар. Енди бийпайдадур өкинишлери. Адамлығын жойтқан адамсыпатлар, Парахор, нәпсиқаў, пасық махлуқлар. Солар кесиринен келер апатлар, Барлықты жоқ еткен отлы жоқлықлар. Тәжжалды әлемге ерте шарлаған, Жаманлық, жақсыны езип хорлаған. Ипласлықтан питер тәжжалдың жолы, Қайта тикленеди бахытлы әлем, Пазыйлетке толар сол сорлы денең. Қуддысда  күтеди Марьямның улы... 2023-жыл. 1-2-февраль. Абат Крамов. Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

photo content

#Аязый_дөретпелеринен Тахтакөпир районы Мәденият бөлими. КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ: 📱Telegram           📱Facebook 📱Instagram          📱Youtube

photo content