ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 789 подписчиков, занимая 4 323 место в категории Религия и духовность и 449 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 789 подписчиков.

Согласно последним данным от 11 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -264, а за последние 24 часа — -2, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 28.21%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.80% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 300 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 720 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 12 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 789
Подписчики
-224 часа
-327 дней
-26430 день
Архив постов
#мағлыўмат 📜 АШАМАЙЛЫ Қоңырат арысының Шүллик топарына киретуғын қәўим-руў. Ашамайлы 13 руўдан қуралған. 19- әсирдиң орталарында ашамайлы қәўиминде 790 дай хожалық болған. Олардан көзге көринип, ел басқарған - Әўез, Мергенбай, Жақсылық, Досым, Сексенбай, Елгелди, Төремурат, Ораз, Шерим деген бийлери болған.            ҚОҢЫРАТ                    |           АШАМАЙЛЫ               | Шоңтуқым Шоратуқым Бийтуқым Байтуқым Батыртуқым Базартуқым Қаратуқым ----------- ШОҢТУҚЫМНАН           | Қарахожа. Қабасан. Жалаңаяқ. Сақыў. Бесқойлы. ------- ШОРАТУҚЫМНАН          | БЕСБАЛА-Сары-Қара- Абыз- Паңқара. -------- БИЙТУҚЫМНАН            | БӘКЕ- Үшбас- Хожаназар-Сүйиндик- Төлес. БЕКПОЛАТ- Табасар- Бабасар- Жабасар. --------- БАЙТУҚЫМНАН             | ЖАПАР. --------- БАТЫРТУҚЫМНАН                | ЯҚЫПША. ---------- БАЗАРТУҚЫМНАН                | БҮЙИРЛИ. ---------- ҚАРАТУҚЫМНАН              | ҚУРАМА-Намаз-Анақ-Кишибай-Бекенбай-Жаманқара. ✍ Мағлыўмат М. Нызановтың "ҚАРАҚАЛПАҚЛАР" китабынан алынды. Кесте 2012 жылы шыққан "ҚАРАҚАЛПАҚ" руўлар кестесинен алынды. 📝📝📝 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Видеоға қарап қарақалпақ нақыл-мақалларын табың . Көргизбе қураллар каналынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

Сен ҳәммеге бирдей жағына алмайсаң. Не қылсаңда ҳәрдайым қандайдур наразылық ямаса шикаят пенен есигине келебереди. Бендесине емес АЛЛАҒА хош келетуғын исти ислеп өз жолында дауам ет ! "Өзиңе хош келдиң" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

Бахытгүл Мадреймова "Кеулимди бердим " https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРИ ҚƏДДИНЕН БƏЛЕНТ ƏЗИЙЗЛЕРИМ ! Таңның өзгеше гөззаллығы кеулиңизге əжайып илхам бағышлап
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРИ ҚƏДДИНЕН БƏЛЕНТ ƏЗИЙЗЛЕРИМ ! Таңның өзгеше гөззаллығы кеулиңизге əжайып илхам бағышлап жақсы ислердиң басланыуына жол ашқай ! Шығажақ қуяш та елимизге тынышлық, жеримизге ырысқы, отбасымызға аманлық, денемизге ден-саулық , табысымызға берекет əкелгей ! https://t.me/ibratli_sozler

https://t.me/ibratli_sozler Ақыллы адам, әлбетте, өзин-өзи сораў қылады, өзинен есап сорайды ҳәм гүнәларын умытпайды. Имам Ға
https://t.me/ibratli_sozler Ақыллы адам, әлбетте, өзин-өзи сораў қылады, өзинен есап сорайды ҳәм гүнәларын умытпайды. Имам Ғаззолий Алланың нурлы таңына  аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР!

Наргиза Сəрсенбаева "Қыз не билсин, жəуан билер" https://t.me/ibratli_sozler

"ЖАЎАН"
Anonymous voting

"БАҚЫЛ"
Anonymous voting

"ӘСПЕК" Сөзиниң мәниси қандай? Суў келмеди атызларға, Әспек болды күши барға. (Бердақ)
Anonymous voting

"ӘЛЎИДАҒ" Сөзиниң мәниси қандай? Әлўидағ айтпайман мухаббат (М.Жуманазарова)
Anonymous voting

Қарақалпақ бас кийимлериниң қандай түрлери бар ? Дерек : Қарақалпақ этнографиясы. Ш. Алламуратова https://t.me/ibratli_sozler

#Мақала Барлық тараўдағы қәнигелерге газета - журналларға арналған мақалаларды жазып, таярлаўға көмеклесемиз. Төмендеги номерге хабарлассаңыз болады! 👉👉+998886551684 @Madina_Bekbawlieva

Жасы үлкенлик жол кимге тийисли?! Бир аўылда бир атадан тараған ағайин, ел ағасы жасынан асып қалған, заманлас үш азамат бар екен. Олар баслары қосылған жыйынларда, той-мерекелерде пәтия беретуғын, соңғы шешим айтылатуғын жыйынларда «Жол меники» деп таласып қала береди екен. Жасы уллысы: — Мен жасы үлкенмен — жол меники, — десе, екиншиси: — Мен сеннен жасым киши болғаным менен, сениң әкеңнен мениң әкем уллы — жол меники, — дейди. Ал үшиншиси: — Мен сизлерден жасым киши болғаным менен, жолым сизлердиң әкелериңиз бенен тең — жол меники, — деп, бир-бирине сөз бермей ерегисип қала береди екен. Бундай талас қайта-қайта қайталана берген соң, үшеўи ойласып, сол жақын жердиң бийи, дана қариясына барып: — Бизге усы жағдайға төрелик етип, туўры шешимин айтып бериң, — деп жүгинипти. Сонда қария: — Үйге келип қалған екенсизлер, «Қуўыс үйден қуры шықпа» деген. Мынау сизлерге берген сыйым болсын, — деп, жасы үлкенине — қундыз бөрик, әкесиниң жасы уллысына — гүмис белбаў, ал ең кишисине — қасқыр терисинен тигилген сап етик сыйлапты да: — Ал, енди жолларың болсын! аўызбиршиликли болың, бирликлериң жоғалмасын! — деп пәтиясын берип, үндемей үйинде қалыпты. Үш ағайинли үйден шыққан соң, өз-ара ойласып, минип келген атларын ақсақалдың босағасына байлап, өзлери қол усласып жаяў қайтыпты. Сораў❓ Қария үшеўине сыйлаған затлары арқалы олардың ҳәрқайсысына не айтқысы келди, нени түсиндирди? Үлкен жасы үлкеншилик жол кимге тийисли болды?! Үшеўи не ушын минип келген атларын қарияның босағасына байлап, жаяў кетти? Жуўабын таўып көриңлер.. Ел аўзында жүрген әңгимени ықшамлап, жумбақ қылып қурастырған: НУРЫМ ТЕБЕЙ https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ҚУДЫҚТАҒЫ "МАҚЛУҚ." Аўыл турғынларының орталық қудығы бар еди. Оннан хəмме шелек пенен суў шығарып күнделикли пайдаланар еди. Ўақыт өтип қудыққа шелек тасласа, арқанның өзи шығып , шелеги шықпайтуғын болып қалды. Буның себебин билмеген ауыл адамлары , қудықты жин-шайтанлар ийелеп алған деген гүманға барды. Өз-ара мəслəхəтлесип , кимдидур қудықта не болып атырғанын билиў ушын ишине түсирмекши болды. Бирақ , хəммеге жан қəдирли болып , шелек қусап қайтып шықпай қалыўынан қорқар еди.Сондай болса да арасынан Хаққа тəўекел етип бир жигит қудыққа түсиўге разы болыпты. Бирак бир шəрт пенен. Қудыққа түсерде басқалар менен бирге əжағасы да услап турыўын талап етти. Адамлар оның əжағасын таўып əкелди. Хəмме хайран , сонша адам турғанда əжағасының не кереги бар еди деп ойланды. Соң жигит қудыққа түсти, ишинде бир терек шақасы бар екенин көрди. Шелеклер сол шақадан өталмай илинип қалып атыр екен. Шақаны суўырып алып , жоқарыға қарай "тартыңлар " деп буйрық берди. Қудықтың аўзына жақынласқанда хəммениң көзи шақаға түсип , қараңғыда олардың көзине мақлуқтай болып көринип кетти. Қорқыўдан арқанды зыңғытып қашты.Тек əжағасы ғана инисин қутқарыўға жан-тəни менен тырмасып шығарып алыўға урынды. Жигит шыққаннан соң ғана аўыл адамлары əжағасын не ушын шақыртқанын аңлап жетти.. С/о: Туўысқаншылыққа зыян келтиретуғын хəмме тосықты алып таслаң. Себеби хешким сизди туўысқаныңыздай қəдирлемейди. Ата-анаңыздан соң олардан жақсысын таба алмайсыз. Юсупова М. аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ ЖЫРАЎЫ - ҚУРБАНБАЙ ЖЫРАЎ (ҚУРБАНБАЙ ТӘЖИБАЕВ) (1876-1958 жж.) ҲАҚҚЫНДА. Халық жыраўы, белгили көркем-өнер шеберлериниң бири, өлмейтуғын дәстанлары менен Қарақалпақ халқының даңқын кең таратқан, "Қырқ қыз" дәстанының белгили атқарыўшысы Қурбанбай Тәжибаев халқымыздың мәдений тарийхында үлкен орын тутады. Қурбанбай Тәжибаев жетик билимге ийе, көп жырларды ядында сақлаўы ҳәм творчестволық раўажландыра алыў шеберлиги жағынан айырықша талантлы жыраў болған. Ол ҳәр қайсының көлеми бир китапқа тең болған жигирмадан аслам дәстанларды, бир қанша халық қосықларын, термелерин, ертеклерин, аңызларын, нақыл-мақалларын жақсы билетуғын болған. Ядынан қосық шығарыў шеберлигине, сондай-ақ, бир қанша өз алдына атқаратуғын намаларына ийе болған. Қурбанбай Жыраўдың көркем шеберлигине байланыслы Қарақалпақ халық поэзиясы жеке өзине тән дәстанлар менен байыды ҳәм раўажланды. "Қырқ қыз" дәстаны Қурбанбай Жыраўдың атқарыўында кең көлемде, ҳәтте шет еллерде де белгили болды. Усы атақлы дәстан менен Жыраў өзиниң туўған халқының даңқын көтерди. Қурбанбай Тәжибаев 1876-жылы Қарақалпақстанның Төрткүл районының Шорахан участкасында жарлы дийхан шаңарағында туўылды. Ол жас ўақтынан баслап үлкен мийнет мектебин өтеди. Жас Қурбанбай Айтымбет деген байдың шопаны болады. Бир неше жыллар усы аўыр мийнеттиң азабын шегеди. Усы дәўирдеги шопанлардың аўыр турмысы ҳаққында XIX әсирде жасаған Қарақалпақ әдебиятының классиги Кунхожа Ибрайым улы өзиниң "Шопанлар" атлы қосығында көркем баянлап берген еди. Жас ўақытларында Қурбанбай мал бағып, шопан болып жүргенинде қосықшы шопанлардан көплеген қосықларды, жырларды, аңыз-әңгимелерди үйренип алады. Адамды сарсылдырып, зериктиретуғын аўыр мийнет, ишке толған дәртлер ерксиз жас Қурбанбайдың саз даўысын шыңғырта баслайды. Солай етип, ол қосық айтатуғын болады. Архив дереклеринен. СҮЎРЕТТЕ: Халық Жыраўы Қурбанбай Тәжибаев өзиниң қобызы менен. 1956-жылда түсирилген сүўрет. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ «Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин) Қарақалпақты көп мақтама көзимше,  Қармаққа тез қабатуғын балықпан.  Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,  Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан. Бул кисини көзге мақтаўдан көре,  Пайдалырақ минин таўып сөккениң.  «Қарақалпақ жақсы халық» дегенге,  Бабам шешип берип кеткен шекпенин. Жалғыз атын сойып берип қонаққа, Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.  Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,  Одан да зорын көрсететин халықпан. Беглиги көп йошып кетсе бу халық,  Дәстанларды қойдай дизип матаған. Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып,  Өз тарийхын баслар Адам атадан... Мийнет десе жең түринген палўандай,  Арбаға таў тийе десең тийеген.  Дослық десе жулдыз таўып алғандай,  Халқымның ақ көкирегин сүйемен. Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп,  Саған барып айтпағанша тынбайды.  Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп,  Есип жумсап қуртпағанша тынбайды. Сумлық қылса сыр алдырар баладай,  Кеўилшеклик минезине күйемен.  Ал енди оның кең жазийра даладай  Азаматлық кең пейилин сүйемен. Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас, Мен бул халықтың минезине қанықпан.  Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас,  Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан. Жыллы сөз еситип көрмей жасында,  Өгей өскен бала кәмалға келди.  Ленин берген дәўлети бар басында,  Мақтанарлық жағы көп оның енди. Жақсы сөзге жан семирер деген бар,  Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.  Сондадағы өтинемен, адамлар,  Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше... Январь, 1974-жыл. Каналымызға ағза болың👇 http://t.me/ibrayim_yusupov https://t.me/ibratli_sozler