ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 786 подписчиков, занимая 4 323 место в категории Религия и духовность и 449 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 786 подписчиков.

Согласно последним данным от 11 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -264, а за последние 24 часа — -2, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 28.21%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.80% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 300 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 720 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 12 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 786
Подписчики
-224 часа
-327 дней
-26430 день
Архив постов
photo content

ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ «Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин) Қарақалпақты көп мақтама көзимше,  Қармаққа тез қабатуғын балықпан.  Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,  Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан. Бул кисини көзге мақтаўдан көре,  Пайдалырақ минин таўып сөккениң.  «Қарақалпақ жақсы халық» дегенге,  Бабам шешип берип кеткен шекпенин. Жалғыз атын сойып берип қонаққа, Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.  Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,  Одан да зорын көрсететин халықпан. Беглиги көп йошып кетсе бу халық,  Дәстанларды қойдай дизип матаған. Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып,  Өз тарийхын баслар Адам атадан... Мийнет десе жең түринген палўандай,  Арбаға таў тийе десең тийеген.  Дослық десе жулдыз таўып алғандай,  Халқымның ақ көкирегин сүйемен. Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп,  Саған барып айтпағанша тынбайды.  Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп,  Есип жумсап қуртпағанша тынбайды. Сумлық қылса сыр алдырар баладай,  Кеўилшеклик минезине күйемен.  Ал енди оның кең жазийра даладай  Азаматлық кең пейилин сүйемен. Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас, Мен бул халықтың минезине қанықпан.  Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас,  Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан. Жыллы сөз еситип көрмей жасында,  Өгей өскен бала кәмалға келди.  Ленин берген дәўлети бар басында,  Мақтанарлық жағы көп оның енди. Жақсы сөзге жан семирер деген бар,  Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.  Сондадағы өтинемен, адамлар,  Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше... Январь, 1974-жыл. Каналымызға ағза болың👇 http://t.me/ibrayim_yusupov https://t.me/ibratli_sozler

Гүлдəсте Қурбанбаева https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Таңның пайызы басқаша ! Бəрше периштелер таңда жерге қонып
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Таңның пайызы басқаша ! Бəрше периштелер таңда жерге қонып, оянған хəр бир инсанның тилеклерине жолдаслық етеди ! Өзиңе қосылып тилеклериңниң əмелге асыуын тилеп турады. Солай екен бəрше жақсы тилеклерди таңда шын кеуилден шығарып тилесек əлбетте əмелге асып, қабыл болыуы сөзсиз ... Шаңарағыңызға аманлық , тынышлық , кеулиңизге жақсылық , ислериңизге табыслар тилеймиз ! Жолға шыққанларға сəтли сапар , қəстелерге шыпа , дəртлиге дəрман, ырысқыңызға мол берекет берсин ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Дəлиу айының 31- сəнеси , хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

Барлық адам қателеседи, бирақ қателесиўшилердиң арасындағы ең жақсысы өз қателигин мойынлап тәўбеге келгени. Қайырлы түн қəди
Барлық адам қателеседи, бирақ қателесиўшилердиң арасындағы ең жақсысы өз қателигин мойынлап тәўбеге келгени. Қайырлы түн қəдирданларым! https://t.me/ibratli_sozler

"МӘПЕ" Сөзиниң мәниси қандай? ✅Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

"МӘДДЕЛИ" Сөзиниң мәниси қандай? ✅Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

"МАҢАЙ" Сөзиниң мәниси қандай? #Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

"САЯСЫ ТҮСПЕЎ" Турақлы сөз дизбеги.
Anonymous voting

Өзиңизден из қалдырыў ушын ылайлы, патас жерлерден жүриў шәрт емес. https://t.me/ibratli_sozler
Өзиңизден из қалдырыў ушын ылайлы, патас жерлерден жүриў шәрт емес. https://t.me/ibratli_sozler

#Мағлыумат МАМАН БИЙ Ақманғыт Едиге батыр, бийдиң әўлады Маман бий ибн Ораз Мухаммед батыр, Ақсақал 1722-1826 жылларда Жаңадә
#Мағлыумат        МАМАН БИЙ Ақманғыт Едиге батыр, бийдиң әўлады Маман бий ибн Ораз Мухаммед батыр, Ақсақал 1722-1826 жылларда  Жаңадәрья, Қуўандәрья ҳәм Әмиўдәрьяның тармағы Кегейли, Жилўан жап бойларында жасаған. Маман бийдиң қәбири "Әзизлер атада". Маман бийдиң Досмухаммед бий, болыс атлы улынан Сапамурат бий, Әбдимурат бий деген ақлықлары болды. Сапармураттан Қурбаназар туўылды. Ол Шымбай қаласында жасаған. Маман бийдиң қызы Досымбет қатағанға турмысқа шыққан.  Досымбеттен Юсуп туўылған, Юсуптен еки ул, төрт қыз туўылады. ( Турсынбай, Жумабай, Жипек, Қаллықораз, Мийирхан), Турсынбайдан төрт ул, үш қыз, Жумабайдан да төрт ул, үш қыз бар. Қаллықораздан еки ул, бир қыз, ақлық-шаўлық бар. Маман бийдиң ең киши қызын көрген Қаллықораз ана 104-жасында 1993-жылы 6-августта қайтыс болды ҳәм "Әзизлер атаға" жерленген. https://t.me/ibratli_sozler

ТУМАРИС АНАМЫЗ. (Массегетлер әлеминен қыялый елес.) Массегетти бабам дейип таныдық, Болсадағы тарийхымда былғасық. Биз қашан бир тарийхшыға жарыдық, Кетти өтмиш өзгелерге жалғасып. Басың көтер Тумариса анамыз, Биз ҳақыйқый Массегетлер боламыз. Кең далада жылдырымдай ат шаўып, Зәңгимизге аяқ тиреп турамыз. Аналары қылыш сермеп жүргенде, Қыз әўлады пәренжеге кирген бе?! Қалай ғана шыдап жүрсең ҳайранман, Пүткил дүнья қылығыңа күлгенде. Гүлайымлер, Тумарислер туўылмас, Алпамыслар болып атыр қуўырмаш. Әсирлердиң аржағында не гәп бар, Арзыў, әрман сүрнигеди жуўырмас. Кирдиң басын қанлы меске тығарсаң, Сен қашандур кимлигиңди уғарсаң. Мен Массегет даласында жуўырдым, Қысымланған жүрегиңди сығарсаң. Қамсықпаған көзинен жас шықпаған, Өлген улын тек ишинен жоқлаған. Пүткил ели Тумариске исенсе, Өз халқының исенимин ақлаған. Қарақалпақ миллетимен танып ал! Тамырымда Массегеттиң қаны бар. Тумариса бәршемиздиң анамыз, Бул тарийхтан үлесиңди алып қал! Тәғдийриңде талай-талай түн болды, Сак, Массегет, печенеглер ким болды, Жылнамашы сөйлемесең жыллардан, Гедир-будыр қыялларым дөң болды. Қыян-кести питпес өтмиш жарасы, Шығыс пенен батыс жақтың арасы. Тумариса оқтай шаўып баратыр, Қыялымда Массегетлер даласы... 2022-жыл. 4-октябрь. Абат Крамов. Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya https://t.me/ibratli_sozler

Еркинбай Нəметов " Гөззал екенсең " https://t.me/ibratli_sozler

Дәртиңди төкпестен алдын ол "ыдыстың" тесик емеслигине итибар бер. Түрк халық мақалы https://t.me/ibratli_sozler
Дәртиңди төкпестен алдын ол "ыдыстың" тесик емеслигине итибар бер. Түрк халық мақалы https://t.me/ibratli_sozler

БЕС КҮНЛИК СЫНАҚ БУЛ ДҮНЬЯ. Сафа таза машинасы менен мардыйып барар екен көзи көше шетиндеги қəбирстанға түсти. Қəбирстанға əкесиниң қəбирин зыярат еткенине бираз ўақытлар болды. Əбигер аўхалда еди. Тоқтап кирмекши болды да, ўақыт тығызлығы ушын қолы тиймеди... Бүгин бирге ислесиўшилер менен ушырасыўы бар. Индемей өтип кетти... Шемби күни үйиниң алдына шығып турғанда бир ғарры келип : " Балам-ə , жақсы жүрипсеңбе? Хал-жағдайың жақсыма ? Билемен жумысың басабас, бирақ бийзибанлар дүньясынан да бир хабар алсаңо, атаңның гөри ойылып ишинде ийт балалапты. Күшиклериниң қаңсылаўынан излеп барсақ əкеңниң қəбири ишинде екен" ,- деди. Сафаның басынан муздай суў қуйылғандай болды. Жумысшыларға қоңыраў етип қəбирстанға шақыртты.Əкесиниң қəбирин дүзетип үстине гүмбезли жай салдырды.Үйине келди де, ойға талды : " Еки улым бар, бир күни мениң де қəбирим мына баллардың қолында қалса ийтлерге туўыў үйи болыуы анық. Өлим хақ, бəрибир бир күни өлемен, ертеңнен баслап ең жақсы усталарды таптырып өзиме қəбиртас хəм қəбиржайымды соқтыраман ,-деп ертеңине қəбирстан шетинен жай таңлады.Қурылыс ислери басланып кетти. Нақ 3000$ сарыплады. Илгери үш қабатлы жайы хəм супермашинасы мақтанышы болған болса , енди қəбир жайы менен мақтанып жүрди. Хақыйқаттан да бундай болары хешкимниң ойына келмеген еди. Күнлер өтти. Сафа жəне мал-дүнья дəртинде өз иси менен қумбыл болып кетти. Бир күни жоралары бир илажын етип оны екшемби күни суў сақлағышқа дем алыўға көндирди. Елли грамм менен басланып мəс болғанша ишисти.Суў бойында моторлы қайық пенен ақша таўып отырған бала " мына мəс кисилердиң де пулларын сыптай қылайын " деген нийет пенен булардың қасына келди. Сафа турып : - "Қəне кеттик иним , мен минемен қайығыңа ..." ,- деп жораларын да қасына шақырды. Төрт адам болып қайыққа минип суў сақлағыштың ортасына қарай жүзип кетти.Қайық күшли тезликте суў бетинде ушып жүрер еди.Сафа орнынан турып телефоны менен жораларын сүўретке ала баслады... Қайықшы бала : -" Əжаға , отырың , жығылып кетесиз суўға" ,- деп ескертти. -" Жығылсам , жағаға жүзип шығаман ...." деп сүўретке алыўын даўам еттирди. Сол ўақта арақ күшин көрсетип, еңтерилип арқасына қарай жығылды. Жүзиўди билмес еди, қол-аяғын сермегенине қарамай суу оны түбине қарай тарта баслады. Күшли тезликтеги қайық бираз жерге дейин өтип барып тоқтады. Қайтып келип оны излей баслады. Суў əллеқашан оны түбине тартып кеткен еди. Оны тири табыўдан үмитин үзген жоралары суў асты қутқарыўшыларын шақырып өлигин излей баслады.. Суў сақлағыштың ортасы жүдə терең хəм суў астында ағыс болғанлығы ушын өлигин табыў да қыйын болды. Бес күнлик излеўден соң да нəтийже шықпады. Аўыл адамлары , жақын-жуўықлар келип суу бойына "ғайып" қа жаназасын оқыды. Беккем етип салынған қəбиржай болса ийесиз қалып кетти... Қарақалпақ тилине аўдармалаған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Қыямет басланғанда Исрапыл алайҳиссаламның суры шалынып барлық бенделер оның артынан ерип, ҳәттеки алдын дүньядан өткен марҳу
Қыямет басланғанда Исрапыл алайҳиссаламның суры шалынып барлық бенделер оның артынан ерип, ҳәттеки  алдын дүньядан өткен марҳумлар да тирилип Аршы алаға барады екен.  Алланың буйрығы менен жердеги ҳәмме имәратлар бузылып жер менен жексен болады. Тек ғана тандырлар қуламай турар екен. Олар тилге келип: − Я Рәббим усы үйдеги Анажан узақ жыллар даўамында мениң ыссы ҳәўиримде денеси күйип, күйеўи ҳәм балаларына нан жаўып берди. Сол ҳаялдың гүнәларын кеширсең сонда мен жерге қулайман, − деп жылайды екен тандыр. "Тандыр" сөзиниң мәниси де тийкарында "тән" − "дур", яғный: жабыўшының гүнәларын көтериўши дене, - деген мәнисти билдиреди екен. https://t.me/ibratli_sozler

#Мотивация ҚАЙҒЫРМА! Қәсте дүзеледи, мүсийбет кетеди. Гүна кешириледи, қарыз төленеди, тутқын азат болады. Келешек келеди, әс
#Мотивация ҚАЙҒЫРМА! Қәсте дүзеледи, мүсийбет кетеди. Гүна кешириледи, қарыз төленеди, тутқын азат болады. Келешек келеди, әсий тәўбе етеди. Пақыр бай болады. Қара булыт қалай тарқалғанын, қараңғы түн ақырына жеткенин, күшли самал қалай тынғанын, даўыл қалай тоқтағанын көрмедиң бе?! Демек, аўыр күнлериң артынан, кеңлик ҳәм жақсы бир өмир бар! Себеби, қойыў сая қуяш нурын тосады. Таза суў ыссыда шөлди қандырады. Ғам артынан рәҳәт бар. Дәрт қайғыларын саламатлық ләззети кеткизер. Буның ушын сен бираз сабыр қылыўың ҳәм бираз күтиўиң тийис! Шайх Аиз әл-Қарний https://t.me/ibratli_sozler

Генжебай Султамуратов " Қудайы қонақ" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️ Бүгинги таң мүбəрек болсын ! Аппақ таң арқалы атып атырған бүгинги теберик күниңиз сиз
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️ Бүгинги таң мүбəрек болсын ! Аппақ таң арқалы атып атырған бүгинги теберик күниңиз сизлерге узақ өмир , зор ден -саулық , тынышлық , аманлық , бахыт хəм əумет алып келсин ! ❄️❄️Адам адамға ғəниймет , өмир хəммеге аманат .Усы аманат өмирди мазмунлы, əуметли , қызықлы , узақ -узақ жыллар жасау хəммемизге несип етсин ! Күн дауамында бəршеңиз Алла Тааланың қоллауында болың ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Дəлиу айының 30-сəнеси, хəптениң Жума күни . https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн əзийзлерим ! 🌛Бүгинги күн де өз жуумағына жетти ! Негизинде биз күнлерден ибаратпыз , егер бир күнимиз өтсе , би
Қайырлы түн əзийзлерим ! 🌛Бүгинги күн де өз жуумағына жетти ! Негизинде биз күнлерден ибаратпыз , егер бир күнимиз өтсе , бизиң бир бөлегимиз кетти деген сөз !. ✨Бəршеңизге түн қайырлы болсын ! Ертеңги күнди сау - саламатлықта , жақсы кеуил кейпиятта қарсы алыу несип етсин ! АЛЛА ТААЛАның нəзеринде хəм қоллауында болың ! ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ , УЙҚЫҢЫЗ ПҮТИН БОЛСЫН ƏЗИЙЗЛЕРИМ !!! https://t.me/ibratli_sozler