ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 877 подписчиков, занимая 4 298 место в категории Религия и духовность и 452 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 877 подписчиков.

Согласно последним данным от 28 июня, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -262, а за последние 24 часа — -14, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 26.62%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.61% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 027 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 704 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 46.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 29 июня, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 877
Подписчики
-1424 часа
-867 дней
-26230 день
Архив постов
#Қайырлы_түн! Күн даўамында қымбатлы ўақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! Алл
#Қайырлы_түн! Күн даўамында қымбатлы ўақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти.  Әзизлерим, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң.  Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң. Бәрин умытың, жақсы дем алың! 👇 Каналымызға ағза болыўды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Әй, адамзат! Билмейсеңбе еле сен-- Урыспай-ақ өлесең. Авторы ким?
Anonymous voting

Бөз тоқығанда арқаўды өткеретуғын әсбап-?
Anonymous voting

Қайсы әдебий қаҳарман Самал дигирманы менен гүрескен-?
Anonymous voting

Суў бойындағы жайлаў-?
Anonymous voting

1966-жылы баспадан шыққан "Мәтеке Жуманазаров" китабының авторы-?
Anonymous voting

Адам хəмме нəрсеге тойыўы мүмкин. Тек бир нəрсеге - МЕҲИРГЕ тоймайды. Бул мəселеде патша да, гедейде теңдей. Дуньяда буннан а
Адам хəмме нəрсеге тойыўы мүмкин. Тек бир нəрсеге - МЕҲИРГЕ тоймайды. Бул мəселеде патша да, гедейде теңдей. Дуньяда буннан арзан нəрсе жоқ. Бир аўыз шийрин сөз,азғана мехир кимди өлтиреди? Биз болса соны да, бир биримизден аяймыз. Бир-биримизден меҳримизди аямайық қолдан келгенше..! https://t.me/ibratli_sozler

Дизил сөзлерим жулдыздай, Жылтылдап турсын қундыздай. ➰➰➰➰ Ел перзенттен етер дәме, Халық тилегин бийкар деме! ➰➰➰➰ Шайырлық
Дизил сөзлерим жулдыздай, Жылтылдап турсын қундыздай. ➰➰➰➰ Ел перзенттен етер дәме, Халық тилегин бийкар деме! ➰➰➰➰ Шайырлық – үлкен мәртебе, Көкке өрлер кеўлим мениң! ➰➰➰➰ Әй, шайырлық көрсет өнер, Сөздиң бәрҳә гәўҳарын тер. ➰➰➰➰ Нәрестеге алақанын қақпаса, Ана байғус уйқылаталмас баласын. ➰➰➰➰ Шайыр дослар излеп тема таппаса, Алды менен алақанға қарасын. ✍Тилеўберген Жумамуратов https://t.me/ibratli_sozler

#ибрат ӨТКИНШИ ӨМИР Нуҳ алайҳиссәләм бир күни жылап атырған ҳаялға көзи түсти. Оннан не ушын жылап атырғанын сорады. Ҳаял: -
#ибрат ӨТКИНШИ ӨМИР Нуҳ алайҳиссәләм бир күни жылап атырған ҳаялға көзи түсти. Оннан не ушын жылап атырғанын сорады. Ҳаял: - "Балам ҳеш нәрсе көрмей жас ҳалында өлип кетти", деди. Нуҳ алайҳиссәләм: - "Балаң неше жаста еди?" деп сорады. - "Еки жүз елиў жаста...", деди ҳаял. Нуҳ алайҳиссәләм күлимсиреди ҳәм оған: - "Еле сондай дәўирлер келеди, инсанлар тек 60-70 жыл ғана сүреди" деди. Бул сөзлерди еситип таң қалған ҳаял: - "Олар да үй-жай саладыма?", деди. - "Әлбетте, олар сондай жайлар салады, олардың жайлары оғада бийик ҳәм оғада безелген болады", депти Нуҳ алайҳиссәләм. Жуўапты еситкен ҳаял: - "Аллаҳға ант болсын, мен олардың орнында болсам, еки ағашты орнатып, үстин жаўып, күни-түни ҳәмд-тасбиҳ айтып отыратуғын едим", деген екен. https://t.me/ibratli_sozler

Халық нақыл-мақаллары. Өгиздиң отын жеп,баспақтың орнында жатпа. Шағаладай шаңқылдап Күлгениң жетер басыңа... Тымсырайып отыр
Халық нақыл-мақаллары. Өгиздиң отын жеп,баспақтың орнында жатпа. Шағаладай шаңқылдап Күлгениң жетер басыңа... Тымсырайып отырсаң. Ким келеди қасыңа.. ЕРсиз елдиң, жаны болмас. Суўсыз елдиң, қаны болмас Бағсыз елдиң ,сәни болмас. Малсыз елдиң, мәни болмас. Асылық етпе айрыларсаң. Көзсиз болма майрыларсаң. https://t.me/ibratli_sozler

Сөзи: Мақтумқулы https://t.me/ibratli_sozler

Әкем өзинен де қәтелик кеткенлигин айтты, мениң бахытсыз болыўымды қәлемейтуғынын да айтты. Әкемниң қәтелиги мениң қәтелигимниң алдында сөз болып па!? Мине, усыдан соң арбаға таңылған күйеўимди алып келдим, әкем екеўимизге ақ пәтиясын берди. Күйеў баласын емлетиўди әкем өз қолына алып, барынша көмек берип атыр, күйеўимниң ден саўлығы да жақсылана баслады. Ең баслысы мен еңсемди езип турған қапашылықлардан өтип, өзимди қолға алдым. Ата-ана қандай жағдайда да өз перзентине тилеклес болады екен! БИЗ ӘКЕ-ШЕШЕСИЗ ҲЕШ КИМ ДЕ ЕМЕСПИЗ! ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

<<Әке ЫРАЗЫ--Алла ЫРАЗЫ>> Ассалаўма әлейкум, <<Қарақалпақ қызлары!>> Сизлерге өз басымнан өткен муҳаббат ўақыясы, оның сәтсизликлер менен басланып, соңы сәтлиликке қарай бағдарланғаны жөнинде айтқанды мақул көрип отырман. Бәлким, алып-ушқан жаслық ўақыттың тәсири менен жүрген жаслар ойланар, ата-аналарының бир аўыз сөзин жерге тасламай, олардың айтқан ақылларына қулақ асар деген нийетте бул ўақыяны ортаға салыўды мақул көрдим. Ата-анам мен бесикте жатқан ўақытта ақ, өзиниң ең жақсы көретуғын, сырласатуғын, сыйласатуғын, қыл-қыймас достының баласы менен мени атастырып қойған екен. Ержете келе, қанымызға сиңген әдет, салт-дәстүрди устанған ҳалда, әкем қалай шешсе, солай болыўы керек деп мойынсынған адам едим. Мектептиң жоқары класында оқып жүргенде усы қағыйданы устанып, өзиме сөз айтқан жигитлердиң талайының усынысын қайтарған едим. Ишинде, әлбетте, өзиме унағанлары да болды. Жоқары оқыў орнына оқыўға тапсырып кирдим. Айтайын дегеним, усы ўақытқа дейин өзим атастырылған жигитти бир де бир рет көрмедим. Мен жолым жиңишке қыз бала болғанлықтан, әлбетте, оны өзлигимнен излей алмайтуғын едим. Ол жигит болса мени излеп, ең болмаса телефоннан болса да хабарласпады. Ол да жоқары оқыў орнына оқыўға кирген күнлердиң күнинде еки-үш мәртебе көрисип сөйлесип қалдық. Бирақ, бул ўақытта мен де бир жигитти, ол болса өзи менен оқыйтуғын қызды жақсы көретуғынын билистик. Мен ол жигитке ата-анасына айтып, әкелеримиз ортасында болған ўәдели атастырыўлардан бас тартыўы кереклигин айттым. Ол айттым деди, бирақ, ата-анасы бас тартыў ҳаққында бир аўыз мениң ата-анама билдирмеди. Питкериўши курста ата-анама өзим жақсы көретуғын жигиттиң үйинен айттырыўшылар келетуғынын айтқанымда, олар қарсы болды, әкем: "мен достыма берген антымды бузбайман",--деди ҳәм мен жақсы көрген жигиттиң ата-анасын қарсылық жуўабы менен қайтарды. Атастырылған жигит: --"мен ата-анама бәрин түсиндирип айттым",--дейди, ал ол жақтан ҳеш хабар болмаған соң, әкем: -"қызым менен атастырылған жигиттен хабар келмегенше мен ўәдемди бузбайман",--дейди. Жигитим екеўимиз ең соңында ата-анамыздың ыразылығысыз қосылыўды мақул таптық ҳәм заңлы некеден өттик. Бизиң тойымызда мен жақтан бир де бир адам болмай, "жетим қыздың тойындай" болып өтти. Бизлер қосылғанымызға жүдә қуўанышлы едик. Күйеўим екеўимиз ўақты келгенде, мениң ата-анамның ыразылығын аламыз, бәрин жөнге келтиремиз деп, еле питпеген оқыўымызды даўам етип оқый бердик. Ата-енем бизлердиң азық-аўқатымызды, керекли ғәрежетимизди жеткерип турды. Бирақ, арадан көп ўақыт өтпей ата-енемди "жол апатынан қайтыс болды",--деген суўық хабар жетти. Мен ата-енеме еле келинлик хызметимди де көрсетип үлгере алған жоқ едим. Күйеўиме ата-анасынан бирдей бир күнде айырылып қалыўы аўыр соққы болды. Ол да аздай, түнги жумыста ислейтуғын күйеўимди жумыстан қайтып киятырғанында көше бузақылары урып, аўыр жағдайда емлеўханаға түсти. Мен бул ўақытта аяғым аўыр еди. Емлеўхананың реанимация бөлиминде жатып аман қалған күйеўим, үйимизге майыплар арбашасы менен оралды. Бузақыларды излеп табыў, олардың тийисли жазаларын алыўы ушын өзим жуўырыўға сол ўақытта жағдайым келмес еди. Усы жерде мен өзимниң қорғанышсыз, ҳәлсиз ҳәм жалғыз екенимди сездим. Енди бизге көмек беретуғын ҳеш ким де жоқ еди. Ал, ата-анамның алдына айыплы болғаным ушын баралмайман. Аз ўақыт ишинде болып өткен жағдайлар маған аўыр соққы болып тийди, иштеги балам да өли туўылды. Мен ҳеш кимге муңымды айтып, жарылғым келмеди. Солайда, мен көп шыдай алмадым. Шыдамның да шеги болар екен, оның үстине ата-анамды да қатты сағынған едим. Күш-қуўатым таўсылып, тал қармарлық шамам болмай қалған ўақытта пана излегеним тағы да ата-анам болды. Солайынша жылап-еңиреп ата-анамның алдына бардым. --Мени кешириңлер, әкежаным, анам! Сизлердиң ырзашылығыңызды алмадым, Сизлерди қапа етип жүзиңизге аяқ қойып өз билдигим менен кеттим. Сол себептен, мениң өмиримниң тоз-тозы шықты",--деп жыладым. Анам маған қосылып жылап отыр, ал, әкем тас мүсиндей түнерип отыр. Қалай болғанда да, баўыр ети перзентимен ғой! 👇👇

Әке разы-Алла разы https://t.me/ibratli_sozler
Әке разы-Алла разы https://t.me/ibratli_sozler

#Қутлықлаймыз Бүгин 5-саратан, халқымызға белгили шайыр ҳәм журналист, "Дослық" ордениниң ийеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Гүлнара Нурлепесова апамыздың туўылған күни! Нурлепесова Гүлнара Жүгинис қызы 1961-жылы 5-июнде Қараөзек районында («Қараөзек» совхозы) туўылған. Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетинде билим алған. Өзиниң дөретиўшилик искерлигин «Жас Ленинши» (ҳәзир «Қарақалпақстан жаслары») газетасынан баслаған. Дәслеп арнаўлы хабаршы, соң бөлим баслығы болып жумыс алып барған. «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасында бас редактор орынбасары, «Жеткиншек» газетасы бас редакторы, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары - қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасында бас редактор орынбасары лаўазымларында жемисли мийнет етти. Қарақалпақ халқының сүйикли шайыра қызы Гүлнара Нурлепесованы бүгинги туўылған күни менен шын кеўилден қутлықлаймыз деп ҳүрмет пенен,  "ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР" каналы жәмәәти https://t.me/ibratli_sozler

#Қутлықлаймыз https://t.me/ibratli_sozler
#Қутлықлаймыз https://t.me/ibratli_sozler

‎АҢЛАСАҢ ЕГЕР ‎ Қулақтың есиги, көздиң ары жоқ, ‎Арсызлыққа даўа ҳеш бир дәри жоқ, ‎Ҳеш кимниң ерсиге айтар зары жоқ, ‎Санамызды кимлер өзгертти екен. ‎ ‎Ашық-жабық кийген унамай қойды, ‎Ким үңилип,  кими қарамай қойды, ‎Бара-бара оны сынамай қойды, ‎Не нәрсе заманды тезлетти екен. ‎ ‎Биразлар оранып хиджаб ишине, ‎Ҳайрансаң олардың қылған исине, ‎Ерниңди қымыма салып тисиңе, ‎Бул ораў нелерди гөзлетти екен. ‎ ‎Қыянет урығын кимлер әкелди, ‎Бираздың атына насақ тиркелди, ‎Гөринде өлилер неге түргелди?! ‎Тирилер нелерди көрсетти екен?! ‎ ‎Муртлашлар бузықлық жолын таңлады, ‎Пәклик, ҳарамлыққа батып тоңлады, ‎Жезөкше ҳадалды жутты жалмады, ‎Кимлер өзин-өзи дүзетти екен. ‎ ‎Бәрше бири-бири көрисип кетти, ‎Бузықлар ел иши енисип кетти, ‎Ҳарам, ҳадал менен келисип кетти, ‎Бизге қандай тағам тислетти екен. ‎ ‎Ипласлық батпағына батып жасында, ‎Не түрли ғәремет болған басында, ‎Мереке-мейлисте сениң қасыңда, ‎Табақласың болып не дести екен?! ‎ ‎Ишиң билседағы нетерсең енди, ‎Көзди жумып бәдар кетерсең енди, ‎Өтмишин умытса қәйтерсең енди, ‎Саған не нәрсени еслетти екен?! ‎ ‎Оң көзиң, шеп көзиң уясы бөлек, ‎Көздиң ағы бөлек, қарасы бөлек, ‎Ҳәр не кеўиллердиң жарасы бөлек, ‎Дүнья үстинин ким тиклетти екен?? ‎ ‎Қаралар ақ болды, ақлар не болды?! ‎Мына гүң тилиме бираз сөз толды, ‎Сөзимди әлле не қашаўлап жонды, ‎Шайырды не нәрсе үркитти екен?! ‎ ‎ ‎2- июнь. 2026-жыл. ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

2_5249005186004836619.mp34.57 MB

*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қ
*** Дүньяда сондай инсанлар бар,олар бизиң өмиримизди сақлап туратуғын нәпес сыяқлы бийбаҳа саналады. Бизди түсинетуғын,ҳәр қандай жағдайда да қоллап туратуғын жақын адамларымыз саў болсын! Сизлердиң бәршеңизге сондай бийбаҳа ҳәм қәдирли болыў бахтын тилеймиз! 🌙Қайырлы түн! Түниңиз тыныш өтсин! Таңда ғайыбана дийдарласқанша Аллаға аманатсыз! Бизден узақласпаң! https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... - Статистика и аналитика Telegram-канала @ibratli_sozler