<<Әке ЫРАЗЫ--Алла ЫРАЗЫ>>
Ассалаўма әлейкум, <<Қарақалпақ қызлары!>> Сизлерге өз басымнан өткен муҳаббат ўақыясы, оның сәтсизликлер менен басланып, соңы сәтлиликке қарай бағдарланғаны жөнинде айтқанды мақул көрип отырман. Бәлким, алып-ушқан жаслық ўақыттың тәсири менен жүрген жаслар ойланар, ата-аналарының бир аўыз сөзин жерге тасламай, олардың айтқан ақылларына қулақ асар деген нийетте бул ўақыяны ортаға салыўды мақул көрдим.
Ата-анам мен бесикте жатқан ўақытта ақ, өзиниң ең жақсы көретуғын, сырласатуғын, сыйласатуғын, қыл-қыймас достының баласы менен мени атастырып қойған екен. Ержете келе, қанымызға сиңген әдет, салт-дәстүрди устанған ҳалда, әкем қалай шешсе, солай болыўы керек деп мойынсынған адам едим. Мектептиң жоқары класында оқып жүргенде усы қағыйданы устанып, өзиме сөз айтқан жигитлердиң талайының усынысын қайтарған едим. Ишинде, әлбетте, өзиме унағанлары да болды.
Жоқары оқыў орнына оқыўға тапсырып кирдим. Айтайын дегеним, усы ўақытқа дейин өзим атастырылған жигитти бир де бир рет көрмедим. Мен жолым жиңишке қыз бала болғанлықтан, әлбетте, оны өзлигимнен излей алмайтуғын едим. Ол жигит болса мени излеп, ең болмаса телефоннан болса да хабарласпады. Ол да жоқары оқыў орнына оқыўға кирген күнлердиң күнинде еки-үш мәртебе көрисип сөйлесип қалдық. Бирақ, бул ўақытта мен де бир жигитти, ол болса өзи менен оқыйтуғын қызды жақсы көретуғынын билистик.
Мен ол жигитке ата-анасына айтып, әкелеримиз ортасында болған ўәдели атастырыўлардан бас тартыўы кереклигин айттым. Ол айттым деди, бирақ, ата-анасы бас тартыў ҳаққында бир аўыз мениң ата-анама билдирмеди.
Питкериўши курста ата-анама өзим жақсы көретуғын жигиттиң үйинен айттырыўшылар келетуғынын айтқанымда, олар қарсы болды, әкем: "мен достыма берген антымды бузбайман",--деди ҳәм мен жақсы көрген жигиттиң ата-анасын қарсылық жуўабы менен қайтарды. Атастырылған жигит: --"мен ата-анама бәрин түсиндирип айттым",--дейди, ал ол жақтан ҳеш хабар болмаған соң, әкем: -"қызым менен атастырылған жигиттен хабар келмегенше мен ўәдемди бузбайман",--дейди.
Жигитим екеўимиз ең соңында ата-анамыздың ыразылығысыз қосылыўды мақул таптық ҳәм заңлы некеден өттик. Бизиң тойымызда мен жақтан бир де бир адам болмай, "жетим қыздың тойындай" болып өтти.
Бизлер қосылғанымызға жүдә қуўанышлы едик. Күйеўим екеўимиз ўақты келгенде, мениң ата-анамның ыразылығын аламыз, бәрин жөнге келтиремиз деп, еле питпеген оқыўымызды даўам етип оқый бердик. Ата-енем бизлердиң азық-аўқатымызды, керекли ғәрежетимизди жеткерип турды. Бирақ, арадан көп ўақыт өтпей ата-енемди "жол апатынан қайтыс болды",--деген суўық хабар жетти. Мен ата-енеме еле келинлик хызметимди де көрсетип үлгере алған жоқ едим.
Күйеўиме ата-анасынан бирдей бир күнде айырылып қалыўы аўыр соққы болды. Ол да аздай, түнги жумыста ислейтуғын күйеўимди жумыстан қайтып киятырғанында көше бузақылары урып, аўыр жағдайда емлеўханаға түсти. Мен бул ўақытта аяғым аўыр еди. Емлеўхананың реанимация бөлиминде жатып аман қалған күйеўим, үйимизге майыплар арбашасы менен оралды. Бузақыларды излеп табыў, олардың тийисли жазаларын алыўы ушын өзим жуўырыўға сол ўақытта жағдайым келмес еди. Усы жерде мен өзимниң қорғанышсыз, ҳәлсиз ҳәм жалғыз екенимди сездим.
Енди бизге көмек беретуғын ҳеш ким де жоқ еди. Ал, ата-анамның алдына айыплы болғаным ушын баралмайман. Аз ўақыт ишинде болып өткен жағдайлар маған аўыр соққы болып тийди, иштеги балам да өли туўылды. Мен ҳеш кимге муңымды айтып, жарылғым келмеди. Солайда, мен көп шыдай алмадым. Шыдамның да шеги болар екен, оның үстине ата-анамды да қатты сағынған едим. Күш-қуўатым таўсылып, тал қармарлық шамам болмай қалған ўақытта пана излегеним тағы да ата-анам болды.
Солайынша жылап-еңиреп ата-анамның алдына бардым.
--Мени кешириңлер, әкежаным, анам! Сизлердиң ырзашылығыңызды алмадым, Сизлерди қапа етип жүзиңизге аяқ қойып өз билдигим менен кеттим. Сол себептен, мениң өмиримниң тоз-тозы шықты",--деп жыладым. Анам маған қосылып жылап отыр, ал, әкем тас мүсиндей түнерип отыр. Қалай болғанда да, баўыр ети перзентимен ғой!
👇👇