cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының Веб сайты: 👉 https://berdax-teatr.uz/ , Инстаграм: 👉https://www.instagram, Ютуб: 👉 https://www.youtube.com/channel/UCniOtLzgrG . тел: кассир 97-789 38 76, 91-384 70 69

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
1 134
مشترکین
+224 ساعت
+57 روز
-2630 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Photo unavailableShow in Telegram
#Хызмет сапары #Башқуртстан Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев хызмет сапары менен Башқуртстан Республикасында болып турыпты. Бүгин Мәденият министри Бегисбай Темирбаев Башқуртстан Республикасы Мәденият министри Амина Шафикова менен ушырасты.
Бәршемизге белгили, қарақалпақлар менен башқуртлар – тамыры бир, бабалары бир болған, миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жүда уқсас болған туўысқан халықлар болып есапланады. Және бир әҳмийетли тәрепи, Башқуртстан менен Қарақалпақстанның мәдений байланыслары узақ ҳәм бай тарийхқа ийе. Ушырасыўда  халықларымыз арасында өз-ара мәдений ҳәм дослық байланысларды еле де беккемлеў, тараўды раўажландырыў жолында бирге ислесиў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.
Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
#«Мәнаўият_фестивалы»   🎭Елимиз ғəрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық орайы, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жəмийети ҳəм басқа бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Биз бир болсақ халықпыз, бирлессек ўатанбыз!» сүрени тийкарында «Мәнаўият фестивалы»на старт берилди. Усы жылдың 10-15-июль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасыныӊ барлық қала ҳәм районларында өткерилип атырған фестивалға белгили бир топар илимпазлар, зиялылар қатнасыўындағы "Мәнәўият фестивалында" белгили  мәденият ҳәм көркем- өнер тараўы хызметкерлери де белсендилик көрсетпекте. Усы фестивалға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрынан Өзбекстан Республиксына хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти Өмирбай Қосымбетов Қарақалпақстан халық артисти Сапаргул Даўлетова ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, “Дослық” ордени ийеси Гулсара Жуманиязовалар қантаспақта. ✅Театрдың мәлимлеме хызмети.
نمایش همه...
3.33 MB
02:34
Video unavailableShow in Telegram
#Йош #Финал 14-июль саат 21:00де Атв телеканалында "Йош" эстрадалық жойбарының финал басқышын тамаша етиң. Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
13.52 MB
01:02
Video unavailableShow in Telegram
Гүллән халқымызды 20-июль күни саат 19:00де пайтахтымыздағы орайлық амфитеатрда болып өтетуғын ϴзбекстан, Қарақалпақстан, Қазақстан, Татарстан, Тәжикстан халық артисти Фарруҳ Зокиров ҳәм өзиниӊ 50 жыллық дөретиўшилиги менен Орта Азияға белгили “Ялла” ансамблиниӊ концерт бағдарламасына мирәт етемиз. Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
25.77 MB
👍 6
#nomoddiy_madaniy_meros #music_time 🎼 “Hayyu- Qoraqalpoq allasi” 📍Qoraqalpog’iston Respublikasi, Taxtako'pir tumani 26-sonli madaniyat markazi rejissоri, "Meros" folklor etnografik xalq jamoasi aʼzosi Go'zal Bektemirova ijrosida. ™️Madaniyat vazirligining rasmiy sahifalari: 🌐 Telegram | 🌐 Instagram | 🌐 Facebook | 🌍 Veb-sayt
نمایش همه...
Hayyu-Qoraqalpoq allasi (Go'zzal Bektemirova).mp39.16 MB
👍 2👏 2
Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында өз-ара байланысларды еледе беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өткерилген еди. Бүгин еки ел арасындағы байланыслардың және бир көриниси ашық аспан астындағы амфитеатрда көрсетилди ҳәм туўысқанлық сазлары жаңлады. Республикамыздың ҳәм туўысқан халықтың көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери биргеликте дослық ҳәм татыўлық жырларын жыйналғанлар нәзерине усынды. — Қозоғистон Республикасининг Манғыстау вилояти Ақтау шаҳрида ўзаро алоқаларни янада мустаҳкамлаш ва ҳамкорликни кенгайтириш борасида «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасидаги кўргазма-ярмаркаси ўтказилган эди. Бугун икки эл ўртасидаги алоқаларнинг яна бир кўриниши очиқ осмон остидаги амфитеатрда кўрсатилди ва қариндошлик созлари янгради. Республикамизнинг ва қардош халқнинг санъат ва маданият ходимлари биргаликда дўстлик тотувлик оҳангларини йиғилганлар назарига тақдим этди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
نمایش همه...
👍 4
Алдын хабар еткенимиздей, усы күнлери ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2024-2025-оқыў жылы ушын айрықша талант талап ететуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерне дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар болып өтпекте. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри  Б.Темирбаев дөретиўшилик имтиханлардыӊ барысы менен танысты.  Абитуриентлер ҳәм олардыӊ ата-аналары ушын  жаратылған имкәниятларды, имтиханлардыӊ ашық-айдынлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларды көзден өткерди. Мағлыўмат ушын, имтиханлар 9-июль күни жуўмақланады. Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
27.54 MB
👍 4
00:59
Video unavailableShow in Telegram
#Дөретиўшилик имтихан Усы жылдың 5-9-июль күнлери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2024-2025-оқыў жылы ушын айрықша талант талап ететуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерне кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары болып өтпекте. Имтиханлардың ашық-айдынлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў мақсетинде имтихан өткерилетуғын аудиторияларға камералар орнатылып, абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары интернет тармағындағы https://kamera.uzdsmi-nf.uz/ мәнзили арқалы туўрыдан-туўры бақлап барыўы мүмкин. Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
24.42 MB
Photo unavailableShow in Telegram
#Дағаза 7-июль күни саат 19:00де Тахтакөпир районындағы Мәденият орайында Шымбай районлық Мәденият орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Өмирбек лаққы" атлы шоу концерт бағдарламасы болып өтеди. Бәршеңизди концертке мирәт етемиз! Министрликтиң мәлимлеме хызмети vebsayt|instagram|facebook|telegram|youtube
نمایش همه...
01:02
Video unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаевлар елимизде дөретиўшилик етип  атырған қосықшылар менен ушырасып, пикирлести.
Жаӊа қосықлар, музыкалы-хореографиялық композициялар дөретиў, жеке дөретиўшиликти раўажландырыў, жаӊа бағдардағы концерт бағдарламаларды шөлкемлестириў бойынша қосықшылардыӊ пикир-усыныслары тыӊланып, зәрүр мәселелер бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Министрликтиң мәлимлеме хызмети  🌐instagram | ✅facebook |                       ✅telegram 📹 youtube
نمایش همه...
25.87 MB
یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.