cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Қарақалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери mp3

Бул каналда Қарақалпақ бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери туўралы мағлыўмат бериледи. 🎥 YouTube: https://youtube.com/channel/UC_xACs4wrcIKgUs2pjfcdhg 🗣 Админ: @rustem_jannazarov 🌏 24.08.2018 жаратылды

نمایش بیشتر
أوزبكستان28 839زبان مشخص نشده استموسیقی32 507
پست‌های تبلیغاتی
1 347
مشترکین
-424 ساعت
-107 روز
-2930 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

02:22
Video unavailableShow in Telegram
Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты 2024/2025-оқыў жылы ушын 8-классқа оқыўшыларды қабыллаўын ДАҒАЗАЛАЙДЫ. 👉 Ҳүжжетлер усы жылдың 1-июньнан 30-июнь күнине шекем саат 09:00 ден 17:00 ге шекем қабылланады. 👉 Мәсләҳәт сабағы күнлери 15-июннан 30-июнға шекем (кесте тийкарында). 👉 Имтиханлар ИЮЛЬ айында болып өтеди (кесте тийкарында). 👉 Мәнзил:Нөкис қаласы, Орақ-балға, Ата-Мәкән МПЖ Байшубар көшеси №1 жай. 4, 6, 8, 20, 57, 75, 91 жөнелисли маршрутлардың "труба" бәндиргиси. 👇 Локация (жайласқан аймағы): https://yandex.ru/maps/org/202380383489 👉 Қосымша мағлыўматларды https://t.me/Operamektep телеграм каналы, Ютубе каналларындағы 👉 https://youtu.be/pICHa-gwGJI 👉 https://youtu.be/9UbbHiycLD4 👉 https://youtu.be/_ZJBN8AZ4Uc 👉 https://youtu.be/X6pYC5HOH54 қысқа видеолары ҳәмде 55 102-49-62, 99 223-19-82, 93 362-84-13, 91 371-22-25 телефон номерлери арқалы билип алыўыңыз мүмкин. Министрликтиң мәлимлеме хызмети  🌐instagram | ✅facebook |           ✅telegram 📹 youtube
نمایش همه...
35.38 MB
Photo unavailableShow in Telegram
#Тарийхый_тулғалар_өмири ЛЕПЕС СЕЙИС (1860-1949-ж.ж)
نمایش همه...
👍 4
Сол жүристе бир күнлери атлы киятырып Баймурза Муса ахун менен бир жолда дусласып қалып, соқпақ жолға таласып бир-бирине қарсы атларын айдайды. Дизелери дизелерине тийип өтеди. Екеўи де бир-бирине наразы болады. Арадан бир ҳәпте өтип, Баймурза, бир ҳәптеден соң Муса ахун қайтыс болады. Буларды халық ҳүрмет етип көл аймағындағы «100 жасар» деп аталған қойымшылыққа жерлейди. Бул қойымшылық 1800-жыллардан бурын пайда болған деседи. Сейтек улы Лепес 1860-жылы Тахтакөпир районы «Қараой» аўылында дийқан хожалығында дүньяға келеди. Сейтектен Бектибай, Хожабай, Султабай, Лепес, Бегмурат, Абдимурат деген балалары туўылады. Сейтектиң бес баласының ишинен Лепес сейис болып шығады. Дийқаншылық пенен шуғылланған. Кейин әкеси Сейтек ҳәзирги Кегейли районы Бакир Кәримбердиев фермерлер бирлеспесине қараслы Нанбай аўылына көшип келеди. Лепес сейистен алты ул бала болады. Булар Қулбай, Ибрайым, Алимбай, Арепбай, Айтым, Қосжан. Бул балалар ҳәр қыйлы тараўда хызмет етип күн - көрис еткен. Лепес пенен туўысқан Бегмураттың 1930-жылы туўылған баласы Муратбай Нөкис қаласында жасайды. Үйли-жайлы, абырайлы жасы үлкен. Жаслығында шофёр болған. Ҳәзир ҳүрметли дем алыста. Лепестиң өзиниң баласы Айтымнан Қарлыбай да өзиниң туўылып өскен аўылында мийнет етип, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста, белгили жасы үлкен. Даўамы бар.. Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған Марина Абдуллаева Fecobok каналымыз администраторы Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
نمایش همه...
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал

https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

👍 5 2
#Тарийхый_тулғалар_өмири ЛЕПЕС СЕЙИС (1860-1949-ж.ж) I-бөлим Тахтакөпир районының күн-шығыс тәрепи Тахтадан өткеннен кейин Қызылқум басланады. Бул Қызыл қыя қумлардың шығыс жағы Қазақстан Республикасы менен шегараланады. Қызыл Орда Қазалыдан берман қарап Тахтакөпирге келгенше бир неше жер атлары бар. 1990-жылдан усы күнге шекем бул еки ортада халық тиришилик етеди, көпшилиги шарўашылық пенен шуғылланады. Тахтакөпир елатының арқа тәрепинде «Бөршитаў» деген үлкен таўы бар. Халқымызға белгили шайырымыздың бул ҳаққында мынадай қосық қатарлары бар: Бөршитаўдан күн күлимлеп жадырап, Күн шығыстан атса таңның шуғласы. Қубласында «Шоқтораңғыл» булдырап, Еки орталық Тахтакөпир даласы. Сондай жери гөззал районымыздың аймағы үлкен. Ҳәзирги «Нанбай аўылы» ертеде 11-аўыл деп аталып Тахтакөпирге қараған. Бул жер ҳәзир Кегейли районы «Нанбай аўылы» деп аталады. Тахтакөпирдиң шығысындағы жер атамалары: Егиз өзек, Шарип қала, Сырлы там, Шопанқазған, Қоструба, Булан, Көк-төбе, Барсақ батыр жайы, Қырғынның булағы, Түркмен қырылған, Кекрели. Булардың ҳәммесинде халық шарўашылық етип күн көрген. Усы Қызылдағы қумлар шығыс пенен батысқа тартылған. Бул өтырықшы халыққа Жаңадәрья, Қуўандәрья, Қаракөл дәрья арқалы суў келген. Бул дәрьяға суў Сырдан келген, Бөршитаўының батыс қапталында «Қаратерең» деген үлкен көл бар. Усы көлге 1973-жыллары «Қаракөл» дәрья келип қуйған. Көл әтирапында елат жасаған, шарўашылық ушын қолайлы болған. Кейин суў тамтарыслығы басланып елатлар күн көртетуғын жерине көшип өткен. Сол заманлары Тахтакөпир районы аймағында қарақалпақ бессары руўынан Барақ батыр деген адам шыққан. Өткир зейинли, ғайратлы бул батыр қус салған, «қалпе» болған. Бүркит салады екен. Бүркит салыў деген ҳәр бир қәлпениң қолынан келе бермейди, себеби бүркит қәўипли, қәлпениң өзине уратуғын қус екен. Исенимсиз болады дейди қәлпелер. Көп қәлпе буны үрдис етпеген. Халқымыз арасында бир нақыл гәп бар, «Аўырыў астан, даў қарындастан» — деген. Бирақ батырдың елинде бир жесир «Қолдаўлы» елаты жигити менен кетип қалады. Ел ағалары бул жесир даўын биймәлел шешиў ушын жигитлери менен Барақ батырды жибереди. «Қолдаўлы» елатына келип Барақ Батыр иркилип, шешинип жас қызыл жыңғыл үстине аўнайды. Буны көрген бул елаттың бийлери, жигитлер Барақ батырдың күш-қәҳәрин ыразы болып жесирин берип жибереди. Батырға иззет-ҳүрмет көрсетеди. Барақ батыр қус салып олжалы болып үйине қайтып келеди. Сол елаттың қандай шийеленискен даў-жәнжели ямаса басқа ислери болса усы батыр биймәлел шешкен. Қусты аўқатландырғанда таза гөш бериледи. Гөш таўсылып қалады. Барақ батыр қолына кийизди орап бармағын пышақ пенен кесип, қанын бүркитке сорытады. Буны көрген ҳаялы: — Бул исиң жаман болды. Бүркит енди өзиңе шаппаса болғаны ғой дейди. Батыр аңқаў, ер гөдек дегендей буған батыр кеўил бөлмейди. Барақ батыр аң аўлаўға тазы менен шыққанда. Қызылқумда кийик қашқан ўақытта Батыр бүркитин босатып жибереди. Бүркит кийикке қарамайды. Аспанға ҳаўаға көтерилип көз ушына кетеди. Батыр қәўипленип аттың астына кирип отырады. Бүркит төмен сырғып келип, аттың белине урады. Аттың бели үзилип сол жерде өледи. Батыр паналайтуғын жер таба алмайды. Қус тағы аспанға көтерилип қайтып келип Барақ батырға урады. Батыр қайтыс болады. Ел жигитлери батырды үйине әкелип белгили жерге жерлейди. Батырдың ҳаялы: «—Қустың тепкир бармағын кесиңлер, сөйтип ушырып жибериңлер» — дейди. Қус тепкиринен айырылдым деп жыласын, мен батырымнан айырылдым деп жылайын деген екен. Ҳәр қандай қус тепкири болмаса аң алалмайды екен. Қаратерең көлиниң батыс бөлиминде «Маў»дың көли деген көл бар. Усы көл дөгереги сол ўақытлары шарўашылыққа қолайлы болған. Усы жерде Маў деген бай адам 1856-жыллары жасаған. Малы дүньясы көп болған. Баймурза деген баласы болған. Қасындағы бирге жасаған халқының күн-көриси мол болған. Көлде балығы, жайлаўда шарўашылығы. Усы дәўирде Тахтакөпир елатында Муса ахун деген киси өткен. Күнлердиң күнинде Баймурза менен екеўиниң арасында келиспеўшилик пайда болып қалады.
نمایش همه...
👍 3
28:19
Video unavailableShow in Telegram
"ҚАРАҚАЛПАҚ ЕЛЛЕРИМ БАРДУР!". 📹 FOLKLORIADA-2021 | VI Всемирная Фольклориада в России - 8 июля, Уфа t.me/baqsilar
نمایش همه...
130.95 MB
👍 5
04:14
Video unavailableShow in Telegram
Ҳүрметли каналымыз ағзалары! Дем алыс күниңиз кеўилли кейпиятта өтиўин тилеймиз!
نمایش همه...
52.02 MB
👍 3
02:22
Video unavailableShow in Telegram
Opera hám baqsıshılıq kórkem ónerine qánigelestirilgen mektep-internatı 2024/2025 oqıw jılı ushın 8-klassqa oqıwshılardı qabıllawın DAǴAZALAYDÍ. 👉 Hújjetler usı jıldıń 1-iyunnan 30-iyun kúnine shekem saat 09:00 den 17:00 ge shekem qabıllaydı. 👉 Másláhát sabaǵı kúnleri; 15-iyunnan 30-iyunǵa shekem (keste tiykarında). 👉 Imtixanlar; IYUL ayında bolıp ótedi (keste tiykarında). 👉 Mánzil; Nókis qalası Ata-Makan MPJ Bayshubar kóshesi 1-jay. 4, 6, 8, 20, 57, 75, 91 jónelisli marshrutlardıń "Truba" (Oraq-Balǵa) bándirgisi. 👇 Lokaciya (jaylasqan aymaǵı): https://yandex.ru/maps/org/202380383489 👉 Qosımsha maǵlıwmatlardı https://t.me/Operamektep telegram kanalı, YouTube kanalındaǵı 👉 https://youtu.be/pICHa-gwGJI 👉 https://youtu.be/9UbbHiycLD4 👉 https://youtu.be/_ZJBN8AZ4Uc 👉 https://youtu.be/X6pYC5HOH54 qısqa videoları hámde 55 102-49-62, 99 223-19-82, 93 362-84-13, 91 371-22-25 telefon nomerleri arqlı bilip alıwıńız múmkin. MEKTEP-INTERNATÍ QABÍLLAW ORAYÍ.
نمایش همه...
35.38 MB
👍 2❤‍🔥 1
Ҳүрметли Республикамыз  бақсы жыраў сазенделер ҳәм ықласбентлери.         Халқымыз ушын ҳадал  хызмет еткен елимизге белгили Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық бақсысы Есжан Қосполатовқа биз избасар шәкиртлери биригип иззет ҳүрмет көрсетип Халқабат қаласындағы Шыбылый ата қойымшылығындағы қәбири қорғаншасын заманагөй формада қайта ислеўге  шақырған едик.          Төмендеги аты көрсетилген бақсы жыраў сазенделер ҳәм ықласбентилери менен шекленип қалмайық.  Сизлерден өз үлесиңизди қосыўды өтинип сораймыз. Үлес қосып атырған жыраў бақсылар ҳәм ықласбентлер      1.Сапарниязова Улбосын Шымбай 100000                           2.Қууанышбаева Айсара Шымбай 50000.                                  3.Рахманова Гулайым Нөкис 30000                                                4.Жүсипова Гулнар Қараөзек 50000                                    5.Хожаниязов Қууаныш Шоманай 100000                        6.Қыдырниязов Наўрыз Хожели 100000                          7.Алымбаев Камалбай Нөкис 100000.                                          8.Улзада Нөкис район 100000.                       9.Камалова   Гулмарям   Нөкис 300000                                        10.Утепбергенова Гулназ Тахтакөпир 40000                     11.Мамбетназарова Гулнур Кегейли 50000                          12.Есназарова Гумисай Қараөзек 70000.                        13.Қосполатова Гулайым Нөкис 50000.                             14.Аты жөнин айтпады 30000 15.Камалов Саулатбай Нөкис район 20000                             16.Азатуллаева Камила Тахтакопир 50000                    17.Утепбергенова Гулназ Тахтакөпир 25000.                      18.Жубатканов Толепберген Хожели 100000.                        19.Теңел Қаллиев 1000000.         20.Және   бир адам  50000         таныстырмады.                        21.Пиязова Бахыт 50000.      22.Алламуратов Қылышбай Нөкис 100000.  23.Елиубаева Зулхумар Нөкис район 50000.                      24.Гулнара Алламбергенова Нөкис  100000 .25.Қабылбекова.Роза Нөкис 50000.    26.Ғайратдин.Өтемуратов Нөкис 100000.                          27.   Қаржаубай Тенелбаев 70000  Шымбай                        28.    Қыдырбаев Бахтияр Конырат 100000 .  29. Елмуратова Хурлиман 50 000 Нокис.      30.   Аблакимова Гулчехра 100 000.       Үлес қосып атырған баршеге РАХМЕТЛЕР! Мың болып қайтсын  устаздың жолын берсин деп Т.Қаллиев Томендеги пластикке салсанызлар болады. 9860060904843582.
نمایش همه...
👍 14
«ЖАС УСТАЛАР» МЕКТЕБИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги шөлкемлестириўиндеги «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен грант таңлаўы жеңимпазы болған еди. Бүгинги күнде редакция жәмәәти «Ретро өнер» жойбары тийкарында Нөкис районында қобыз соғыўшы уста Марат Жиемуратовтың үй устаханасын шөлкемлестирип, усы жерден «Жас усталар» мектебин шөлкемлестирди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде қобыз усташылығына қызығыўшы 5 жас «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында бийпул өнер үйренбекте. -«Қарақалпақстан мәденияты» газетасы тәрепинен елимизде қобыз усташылығын раўажландырыў,бул өнерди заманагөй кәсиплер қатарына киритиў мақсетинде грант жойбарын әмелге асырмақта. Бүгинги күнге келип жойбар шеңберинде грант қаржылары тийкарында уста Марат Жақсымуратовқа жасларға усташылықты үйретиў ушын үскенелер алып берилди,-дейди жойбар басшысы Г.Палўанова. Ҳәзирги ўақытта жаслар қобыз соғыўдың усылларын, тәртип-қағыйдалары менен жақыннан танысып, дәслепки усташылық жумысларын үйренип атыр. Жойбар барысы менен жойбардың инстаграмдағы RETRO ONER атлы арнаўлы бети арқалы танысып барсаңыз болады. Министрликтиң мәлимлеме хызмети  🌐instagram | ✅facebook |           ✅telegram 📹 youtube
نمایش همه...
👍 5
29.30 MB
👍 5
یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.