fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 813 مشترک است و جایگاه 4 308 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 813 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 05 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -290 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -1 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.48% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.15% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 170 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 604 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 06 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 813
مشترکین
-124 ساعت
-687 روز
-29030 روز
آرشیو پست ها

✍✍✍Нақыл -мақаллар Атаның силтеген соқпағы, Балаға мың гүзар жол. Үйдиң артында төбе болса, Ертлеўли аттай болар. Үй ишинде көп жасаған қарт болса, Жазыўлы турған хаттай болар. Ата-ананың тилин алған баланың, Мәртебеси ҳәр жерлерде оттай жанар. Жақсы перзент-сүйиниш, Жаман перзент- күйиниш. Жақсы ата жаман балаға қырқ жыл азық. Оңар үйдиң баласы онбесинде баспан дер, Оңбағанның баласы отызында жаспан дер. Ата-ананың ақылы, Сайрап жатқан жол менен тең, Ақыллының ақылы, Сарқылмайтуғын көл менен тең. Атаның ақылы пайдасыз болса, Қара сөзге қазан қайнамас. Дүнья ағып атырған булақ, Ата-ананың сөзи жағалай питкен қурақ. Адамның ардақлы адам болмағы, Сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан билинеди. Қарақалпақ фолклорынан 📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Базыда күлдим бахытлы сыяқлы, Базыда хәсиреттен өртендим Ана. Адамлардың жаманлығына... Мен шыдаўды үйрендим Ана. Хәмме мақта
Базыда күлдим бахытлы сыяқлы, Базыда хәсиреттен өртендим Ана. Адамлардың жаманлығына... Мен шыдаўды үйрендим Ана. Хәмме мақтап тәрийп әйлеген... Бахытты түсте көрген сыяқлы. Өмирдиң сум ойынларына Мен шыдаўды үйрендим Ана. Жан алқымға келип базыда... Сабыр кесем толды Анажан. Бәршесине, бәри-бәрине, Мен шыдаўды үйрендим Ана. Базыларға жақсылық қылып, Жаман деген ат алдым Ана. Дөхметлердиң тас боранына Мен шыдаўды үйрендим Ана.   ✍Кактус https://t.me/ibratli_sozler

📖 Шүкирлик айтыңлар адамлар.. ✍ Раўаж Отарбаев 🎙 Гүлчехра Аблакимовна https://t.me/ibratli_so'zler

photo content

photo content

ЕКИ ҚАРАҚШЫ БАР. БИРИ КҮНДИЗ КЕЛИП, БИРИ ТҮНДЕ КЕЛИП БИЗИҢ ӨМИРИМИЗДИ УРЛАП ЖҮР. ОЛ КИМЛЕР?
Anonymous voting

ЕКИ ДҮНЬЯДА ДА ӨСИП ТУРҒАН БИР ЖЕМИС БАР ОЛ НЕ? (Мың сораў - китабынан)
Anonymous voting

ЖЕРДИҢ САЛМАҒЫНАН АЎЫР НӘРСЕ БАРМА? (Мың сораў- китабынан)
Anonymous voting

photo content

Нуў Пайғамбердиң үш баласы Апатшылықтан Нуўдың Сам, Хам, Жаппас деген үш баласы, келинлери менен аман қалады. Бир күни пайғамбер шаршап, шынар ағашының саясында уйықлап атыр еди. Самал оның көйлегиниң бир ушын түртип жиберди. Хам ҳаялы екеўи бир-бирине ишәра етип күлип отырады. Кишкене баласы Жаппас буны сезип қалып, әкесиниң уятлы жерин дәрҳал жасырып, жаўып қояды. Сам күлгени ушын Хамға танбиҳ береди. Атасы шаўқымнан оянып кетеди. Ол күлип отырған келини менен Хамды көрип ашыўланды. Сонда Алладан әмир келип: - Әй, Нуў, әкесине унамаған, маған да жақпайды. Әдепсизлиги ушын Хамның әўладында уят тәрепи кем болар. Әкесине не қылса, олардың алдына келтиремен. Әўретлери жабылмай жалаңаш жүре береди. Урпағы я аўқатқа, я илимге жарымайды, - деди. Аллатаала Хамның әўладын қара реңли нәсилге айландырды. Кейин ала Нуўдың үш улы әкесиниң ўәсияты бойынша ҳәр тәрепке тарқалады. Үлкен баласы Сам парсы үлкесине көшип барды. Оннан ҳәзирги парсы, грек халқы тарқалады. Хам Ҳиндстанға жол алды. Ал, Жаппас үлкен шаңырақта, Туран даласында қалады. Оннан Түрки, Хазар, Сақлап, Орыс, Мың, Шын, Кеймар, Тарих атлы сегиз бала туўылады. Нуў пайғамбер топан суўынан соң, үш жүз елиў жыл өмир сүрди. Муҳаммед пайғамбердиң нуры оннан туңғыш улы Самға көшти. Оған кәлима айтып, пайғамбер нурын пәк сақлаўды ўәсият етти. Нуўдың ўақты питкен ўақытта Жабрайыл периште келип: - Әй, Нуў, сен барлық пайғамберлердиң ишинде ең узақ жасағанысаң. Өмир қалай екен? - деп сорады. - Өмир деген бир есиктен кирип, екинши есиктен шыққандай екен. Мың жыллық өмирим шақмақ шаққандай өтти,-деген екен. Топлаған: Санжар Керимбай https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ДИЗЕ БҮГИЎ.         Салт-дәстүр, үрп-әдет--халықтың булжымас заңы, халықтың өзи өмирлик тәжирийбеден алған үрп-әдет пенен жөн-жосықты билип, үйрениў ҳәм күнделикли турмыстағы қолланыўдағы адастырмас айқын жолы.           ДИЗЕ БҮГИЎ~әдеп, әдет. Халқымыз үрп ~әдетлериниң ишиндеги ДИЗЕ БҮГИЎ~әдет ҳәм әдеплилик белгиси. Үрп-әдетлеримизде дизе бүгиўдиң бирнеше түрлери, жолы ҳәм әмел етиў миннетли болған шәртлери бар.         ДИЗЕ БҮГИЎ~ ӘДЕПЛИЛИК БЕЛГИСИ. Белгили тәртипти сақлаў нызамлылықларына тийкарланған: 1.  Күнделикли турмысымызда ҳәр күни ушырасатуғын түри:  үйге бир жумыс пенен келген адамға ҳүрмет көрсетиў мезирети көрсетилип, отырыўға мирәт етиледи. Келген адам үй ийелериниң ҳүрметине алғысын билдирип, асығыслаў екенин айтып, бирақ, миннетли түрде бир дизесин бүгип, сол шаңараққа, үй ийелерине деген ҳүрметин билдиреди.         Дизе бүгиўдиң өзине тән ырымлары бар. Мәселен, келген адам дизесин бүкпей кетип баратырса, үй ийеси ҳәзил менен сыпайы ескертиў береди: ~Дизеңди бүк, бизиң сыйыр түргеп турып бузаўлап жүрмесин,"--деп. Бул ырымның астарында әдеплиликти сақлаў, халықтың үрп-әдетлерине ҳүрмет, адамларға деген сыйласық, ҳүрметин көрсетиўди талап етиў ҳәм сол үрп-әдетлерге әмел етиў кереклигин уғындырыў бар.         2.  Жасы үлкенлер пәтия етип атырғанда ямаса марҳумның руҳына қуран бағышланып атырғанында, қуранға, пәтияға, марҳумның руўҳына ҳүрмет кғрсетилип дизе бүгиледи. Бул әдетлер бүгинги күнлеримизде де сақланып киятыр.        3.  Мәмлекетлик рәмизлердиң бири байрақтың алдында дизе бүгип, Ўатанға садықлық, сүйиўшиликти, ҳүрметти билдиреди.       4.  Айыпкер адам өз айыбын мойынлап, өзиниң айыбын түсингенлигин билдириў мақсетинде дизесин бүгип, басын ийип кеширим сорайды.        5.   Бурынғы ўақытлары жекпе-жек урыста жеңилген адам дизесин бүгип, жеңген адам менен өз-ара келисимге келетуғын болған.        6.  Жас шәкирт тутынған устазынан  белгили бир өнерди  үйренип, өз бетинше ислеўге рухсат алғаннан соң, устазы пәтия берип, оған сол өнерине тийисли бир зат (дуўтар, қурал, әсбап, қарыў-жарақ) бериўи мүмкин. Усы затты устазынан  аларда дизесин бүгип, ҳүрмет көрсетип алады.          Халық салт-дәстүринде, тәрбиялық, үлги боларлық, әдеплилик мазмунына ийе үрп-әдетлердиң түрлери оғада көп. Барлығы да елеспесиз, майда-шүйдедей болып көрингени менен әдеплилик қағыйдалары ретинде қәлиплесип дәстүримизге енген. Shahzoda Allamuratova https://t.me/shahzoda_allamuratova

ӘЎЛАДТЫҢ ДАЎАМШЫЛАРЫ [Туўысқанлық қарым-қатнаслар]        УЛ, БАЛА~Қарақалпақ халқының шаңарағында ул балалар әўладтың даўамшысы, жалғастырыўшысы, шаңарақ ийеси--деп есапланып, ул баланы тек бир шаңарақтың ғана емес пүткил елди, руўды сақлап қалыўшысы,--деп есаплап, ул туўылғанда <<шаңарақ ийеси дүньяға келди>>--деп қуўанады.  Ул бала--бел бала, перзент~  тек шаңарақтың ийеси, әўладтың жалғасы ғана емес, ол елдиң намысын қорғаўшы, елдиң қорғаны, ғамхоры деп те түсиниледи. Сол ушын қарақалпақ шаңарағында перзент болмай, ямаса тек қыз туўыла берген жағдайда ағайин-туўысқанлардан  бала асырап алады . Асырап алынған бала --енди сол шаңарақтың ийеси, елдиң бир азаматы деп қабылланады. Бала асырап алыў ҳаққында өз алдына кең түрде сөз еткен едик. [Қараңыз: "Бала асырап алыў"].         АҚЛЫҚ~ Улдан туўылған ул да, қыз да АҚЛЫҚ,--деп аталады,  Шаңарақта биринши  бала туўылғанда оны миннетли түрде үлкен атасы менен апасы <<өзимниң балам>> деп, басқалар да сол балаға айрықша  <<кемпир -ғаррының баласы>> деп ҳүрмет пенен қарайды. Кемпир--ғаррының баласы шаңарақтағы өзинен кейинги туўылған басқа ақлықлардан абырай-мәртебеси бийик болып, оған ҳәттеки, өзиниң туўған ата-анасы да бийлик ете алмайды. Анасы ол балаға қәйин сыпатында ат қойып, өз аты менен шақырмайды. Үйде биринши ақлық туўылғанда үйдиң жасы үлкенлери марҳум болып кеткен болса да руўҳын сыйлап, туңғышын <<кемпир-ғаррының баласы>>--деп, оған тийисли ҳүрмет-иззетин көрсетеди, анасы сол бурынғыдан киятырған жол менен атын айтпайды: <<Ақлық көрдиң, ай көрдиң>>, <<Пәлеги ашшы, түйнеги душшы>>---деп шаңарақта ақлықтың дүньяға келиўи айрықша ықлас, жақсы нийет, қуўаныш пенен қабылланып, жасы үлкенлер шаңарақ, ел, руў даўамшысы болған ақлығына мийримлилик, сүйиспеншилик пенен тәрбия береди. <<Ақлық~өз балаңнан да мазалы>>--деп ақлық көргенлер бир жақтан келсе де ақлығына  қәлеген затларын әкелип берип, ақлықтың кеўлинен шығыўға ҳәрекет етеди.           Әлбетте, ата-ана ҳәм әўладтың жасы үлкенлери ушын ҳәр баланың <<он болса да орны басқа>>. Сол ушын шаңарақта дүньяға келген улға да, қызға да теңдей қарап, теңдей мийримлилик пенен тәрбия береди. Себеби, келешекте ҳәр бала бир шаңарақтың ийеси, қыз болса--шаңарақтың қос арысының бири, келешектеги--Ана! Халық уғымында перзентлерине, ақлық--шаўлықларына усы көз қарастан қарап, келешекте если-ҳуўышлы, әдепли, илимли-билимли, нағыз ел перзентлери болып шығыўы ушын бала тәрбиясына жуўапкершилик пенен қарайды. ШАЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған бала. Шаўлықтың да шаңарақтағы жасы үлкенлер ушын орны айрықша. Шаўлық көрген кемпир--ғаррылар, шаўлығының алақанына сары май салып жалайды. Халық уғымында---<<шаўлықтың алақанынан май жалаған адамның Алла о дүньясын береди, бейиший болады>>---деп шаўлық туўылғанына қуўанышын билдиреди. Шаўлықтың жасы үлкенлер ушын орны басқаша. ҚУЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған, шаңарақ отағасысы Үлкен атаның 4-әўлады. Жасы 90-100 жаслардан асқан жасы үлкенлеримиз ишинде қуўлық көргенлер де баршылық. Қуўлық та бир үлкен әўладтың даўамшысы болғанлықтан, қуўлық көргенлер <<избасарларым, мийрасхорларым, азаматларым дүньяға келди>>--деп қуўанады. Ата-бабаларынан киятырған қара шаңырақтың <<Түби бир, шақасы мың болып>> жапырақ жайып өсип-өниўи , терең тамыр урыўы қәлеген шаңарақ ушын~қуўаныш, бахыт болып есапланады. БАЎЛЫҚ~қуўлықтан туўылған 5-әўлад. Не ушын "баўлық"--деп аталыўын билмеймиз, бирақ, "шаңарақтың әўлады өсип-өнип, белбаўы беккемленди",--деген уғым менен аталған болыўы керек деп шамалаймыз. ТОҚЛЫҚ~6-әўлад деп есапланып, бул да шаңарақтың өсип-өниўинде орны гиреўли даўамшылар. Жети атаны теклегенде <<6-ата>> деп есапланады. ЖАТЛЫҚ~әўладтың 7-урпағы, бул әўладқа жеткен ўақытта, урпақлар өсип-өнип көбейип, соңғы әўладларға қарағанда жатласып кетиўине қарап айтылған болыўы керек. Мәселен, руў сорасқанымызда, биреўлер өз руўымыздан болып шығады, егерде, әўладтың шежире китабы дүзилип, кимнен ким туўылды деп из қуўалағанымыз да, ол бизиң 7-әўладымыздан туўылған туўысқанымыз болып шығыўы әбден мүмкин. Сол ушын 7-атаңды түўеллеп билип жүриў, жети атаңды таныў~олардан туўылған туўысқанлардың жатласып кетпеўи ушын пайдалы.

photo content

photo content