fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 813 مشترک است و جایگاه 4 308 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 813 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 05 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -290 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -1 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.48% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.15% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 170 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 604 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 06 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 813
مشترکین
-124 ساعت
-687 روز
-29030 روز
آرشیو پست ها
ӘЎЛАДТЫҢ ДАЎАМШЫЛАРЫ [Туўысқанлық қарым-қатнаслар]        УЛ, БАЛА~Қарақалпақ халқының шаңарағында ул балалар әўладтың даўамшысы, жалғастырыўшысы, шаңарақ ийеси--деп есапланып, ул баланы тек бир шаңарақтың ғана емес пүткил елди, руўды сақлап қалыўшысы,--деп есаплап, ул туўылғанда <<шаңарақ ийеси дүньяға келди>>--деп қуўанады.  Ул бала--бел бала, перзент~  тек шаңарақтың ийеси, әўладтың жалғасы ғана емес, ол елдиң намысын қорғаўшы, елдиң қорғаны, ғамхоры деп те түсиниледи. Сол ушын қарақалпақ шаңарағында перзент болмай, ямаса тек қыз туўыла берген жағдайда ағайин-туўысқанлардан  бала асырап алады . Асырап алынған бала --енди сол шаңарақтың ийеси, елдиң бир азаматы деп қабылланады. Бала асырап алыў ҳаққында өз алдына кең түрде сөз еткен едик. [Қараңыз: "Бала асырап алыў"].         АҚЛЫҚ~ Улдан туўылған ул да, қыз да АҚЛЫҚ,--деп аталады,  Шаңарақта биринши  бала туўылғанда оны миннетли түрде үлкен атасы менен апасы <<өзимниң балам>> деп, басқалар да сол балаға айрықша  <<кемпир -ғаррының баласы>> деп ҳүрмет пенен қарайды. Кемпир--ғаррының баласы шаңарақтағы өзинен кейинги туўылған басқа ақлықлардан абырай-мәртебеси бийик болып, оған ҳәттеки, өзиниң туўған ата-анасы да бийлик ете алмайды. Анасы ол балаға қәйин сыпатында ат қойып, өз аты менен шақырмайды. Үйде биринши ақлық туўылғанда үйдиң жасы үлкенлери марҳум болып кеткен болса да руўҳын сыйлап, туңғышын <<кемпир-ғаррының баласы>>--деп, оған тийисли ҳүрмет-иззетин көрсетеди, анасы сол бурынғыдан киятырған жол менен атын айтпайды: <<Ақлық көрдиң, ай көрдиң>>, <<Пәлеги ашшы, түйнеги душшы>>---деп шаңарақта ақлықтың дүньяға келиўи айрықша ықлас, жақсы нийет, қуўаныш пенен қабылланып, жасы үлкенлер шаңарақ, ел, руў даўамшысы болған ақлығына мийримлилик, сүйиспеншилик пенен тәрбия береди. <<Ақлық~өз балаңнан да мазалы>>--деп ақлық көргенлер бир жақтан келсе де ақлығына  қәлеген затларын әкелип берип, ақлықтың кеўлинен шығыўға ҳәрекет етеди.           Әлбетте, ата-ана ҳәм әўладтың жасы үлкенлери ушын ҳәр баланың <<он болса да орны басқа>>. Сол ушын шаңарақта дүньяға келген улға да, қызға да теңдей қарап, теңдей мийримлилик пенен тәрбия береди. Себеби, келешекте ҳәр бала бир шаңарақтың ийеси, қыз болса--шаңарақтың қос арысының бири, келешектеги--Ана! Халық уғымында перзентлерине, ақлық--шаўлықларына усы көз қарастан қарап, келешекте если-ҳуўышлы, әдепли, илимли-билимли, нағыз ел перзентлери болып шығыўы ушын бала тәрбиясына жуўапкершилик пенен қарайды. ШАЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған бала. Шаўлықтың да шаңарақтағы жасы үлкенлер ушын орны айрықша. Шаўлық көрген кемпир--ғаррылар, шаўлығының алақанына сары май салып жалайды. Халық уғымында---<<шаўлықтың алақанынан май жалаған адамның Алла о дүньясын береди, бейиший болады>>---деп шаўлық туўылғанына қуўанышын билдиреди. Шаўлықтың жасы үлкенлер ушын орны басқаша. ҚУЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған, шаңарақ отағасысы Үлкен атаның 4-әўлады. Жасы 90-100 жаслардан асқан жасы үлкенлеримиз ишинде қуўлық көргенлер де баршылық. Қуўлық та бир үлкен әўладтың даўамшысы болғанлықтан, қуўлық көргенлер <<избасарларым, мийрасхорларым, азаматларым дүньяға келди>>--деп қуўанады. Ата-бабаларынан киятырған қара шаңырақтың <<Түби бир, шақасы мың болып>> жапырақ жайып өсип-өниўи , терең тамыр урыўы қәлеген шаңарақ ушын~қуўаныш, бахыт болып есапланады. БАЎЛЫҚ~қуўлықтан туўылған 5-әўлад. Не ушын "баўлық"--деп аталыўын билмеймиз, бирақ, "шаңарақтың әўлады өсип-өнип, белбаўы беккемленди",--деген уғым менен аталған болыўы керек деп шамалаймыз. ТОҚЛЫҚ~6-әўлад деп есапланып, бул да шаңарақтың өсип-өниўинде орны гиреўли даўамшылар. Жети атаны теклегенде <<6-ата>> деп есапланады. ЖАТЛЫҚ~әўладтың 7-урпағы, бул әўладқа жеткен ўақытта, урпақлар өсип-өнип көбейип, соңғы әўладларға қарағанда жатласып кетиўине қарап айтылған болыўы керек. Мәселен, руў сорасқанымызда, биреўлер өз руўымыздан болып шығады, егерде, әўладтың шежире китабы дүзилип, кимнен ким туўылды деп из қуўалағанымыз да, ол бизиң 7-әўладымыздан туўылған туўысқанымыз болып шығыўы әбден мүмкин. Сол ушын 7-атаңды түўеллеп билип жүриў, жети атаңды таныў~олардан туўылған туўысқанлардың жатласып кетпеўи ушын пайдалы.

photo content

photo content

photo content

Сәлем саған Қарақалпағым! Аудио (Omirbay Imanov.25.08.1958) @ibratli_sozler

photo content

ТӘБИЯТТАН ТИЛЕК Мың тоқсан төрт, Наўрыз айы, Тилегимиз ҳақ удайы, Жердиң ҳәм көктиң қудайы, Нәзериң сал елим ушын! Кыс қылышы тикти қәҳәр, Муз қурсанды ауыл, шәҳәр, Келсин, нәзәлим қыз бәҳәр, Мақул, аты-жөниң ушын! Жердиң тоңған көксин жибит, Биз көз сатқан әрман, үмит, Өнсин жақсы нийет шигит, Қыткершилик еми ушын! Дарақлар мийўа салғанша, Ғаўаша ғумшалаганша. Дақылын жыйнап алғанша, Қол жаў, жамғыр-селиң ушын! Ығбал–Мурап, Шадлық–Дарға, Бой үйрет пе муңға-зарға, Анажаным–Әмиўдәрья, Яр болагөр көлим ушын! Бәҳәрим, жазым ҳәм гүзим, Ашық-жарқын болсын жүзиң, Тоқшылыққа имкән дүзиң, Қырман толы өним ушын! Туўыры сөз ашшы тийер, Бос болсаң көп қамшы тийер, «Мың қосшыдан бир басшы» дер, Сап өмир, сап дениң ушын! Әўелиңди ҳәм кейниңди, Берсин, кең етсин пейлиңди, Салғайсаң илгир зейниңди, Жоқ-жуқалаң мөмин ушын! Тәшўиш—қайғы зарпын жутар, Әрман–дүр моншағын сытар, Гүрес қылыш-қалқан турар, Бәдбәшере өлим ушын! Өмирдеги алтын түйме, Кеўили бәҳәр, ақ сийне, Жарасады ҳүсин-ийбе, Ҳуўышлы қыз ҳәм келин ушын! Бақ-дәўлет қос жанар болғай, Тилиңнен пал тамар болғай, Перзентлериң кәмар болғай, Халқым, талған белиң ушын! Еллерди бирәдар еткен, Жақсылыққа қардар еткен, Қаракалпақты бар еткен, Шүкир, шадлы демиң ушын. Қоршаўсыз ығбал ҳәремиң, Калтқысыз кеўил тәрезиң, Тек, Алладан боп ғәрезиң, Халқым—даңқым мениң ушын! Ўатан жалғыз, өзиң жалғыз, Бәршени дурыс жолдан барғыз, Жолыңа нур жаўсын Наўрыз,– Бул ҳайт-тойлар сениң ушын!... Март, 1994-жыл Халийла Дәўлетназаров. Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

"КЕЛЕП АҒАШ"
Anonymous voting

Нақылды даўам еттириң. 1.Кебир жердиң суўы ашшы...
Anonymous voting

Гүрт сөзи мәниси не?
Anonymous voting

Жер баýырлап өсетуғын мийýели мазалы өсимлик не?
Anonymous voting

"КЕЎЛИ ҚАРАР ТАБЫЎ"
Anonymous voting

#рәўият КӨП САЎАП Еки әғайин бир-биринен ренжип қалыпты. Ағасы “Иним келип кеширим сорар” деп күтипти. Ол келе қоймайды. Шыда
#рәўият КӨП САЎАП Еки әғайин бир-биринен ренжип қалыпты. Ағасы “Иним келип кеширим сорар” деп күтипти. Ол келе қоймайды. Шыдамаған ағасы инисине келеди, сөйтсе иниси де сағынып жүр екен. Ағасын көрип, қушақлап жылап жиберипти. Сонда ағасы: - Сен кишисең ғой, неге биринши болып келип кеширим сорамадың? – дейди. Сонда иниси: - Аға, ким биринши болып кеширим сораса сол үлкен саўап алады дейтуғын еди. Сол саўапты өзиме қыймай, сизди алсын, - депти, көз жасын сүртип. https://t.me/ibratli_sozler

Сөзимизди үйдиң бир шетинде көрпе тигип отырған Анардың анасы тыңлап  отыр екен:---Ҳәй, сизлер берман қараң, жазыўшы дурыс жазған, сизлердей қызларды Ийнештей жеңилтек болмасын,--деп жазып отыр, китапты оқығанда сондай жақларын ойлаң, неге жазды, жазыўшы не ойлаған,--деп ескертиў берди. Ол ўақытта аналарымыз да таза шыққан китапларды қалдырмай оқыйтуғын еди! Ойлап қарасам, сол балалық дәўирдеги от-шөп тасыў да~бизлер ушын үлкен өмир мектеби болған екен. Сол досларымыздың мектеп оқыўшысы болса да пикир жүритиў дүньясы кең еди, ол әдебий китап оқығаннан, үйдеги ата-ананың балаларына берген тәрбиясынан екени сөзсиз! Ол ўақытта әдебий китап оқыў жарыстай еди, ол аздай мектептеги "жас әдебиятшылар", "жас тилшилер" "қосық айтыў" драма дөгереклерине қатнаймыз, қатнаған адам  оннан қәдимгидей нәтийже де шығара алады.       Бир күни өзимнен бир класс жоқары оқыйтуғын Жүрсин Искакованың үйине бардық, онда да усы "отқа барасаң ба",--деп барған болыўымыз керек. Жүрсин кишкене үкесин алдына салып, шайқап отыр екен <<Қуба қус>> деген қосықты айтып....Бир гезде:---усы қосықтың намасын композитор қуслардың ушып-қонғанына қарап отырып жазған болыўы керек: ~Мынаңқара: Кеттиң көзден ғайып болып, Гелҳа-ҳа-ҳа қуба қус,--деп ҳәр қатарды айтып отырып, қолын қустың жоқарылап ушқаны, төменлеп пәл-пәллегениндей ҳәрекетке келтирип, түсиндирип атыр. Сақтағанова Баян екеўимиз күлип: ~Яқшы, түсиндик, жүре ғой,--деймиз, ~Ҳәзир апам келсин де, бирге шығамыз ғой,--деп қосықты және айтып, және қолын пәл-пәллетип түсиндиреди....Жүрсин драма дөгерегине қатнасып, қосық айтатуғын еди.....      Мине, усы көринис ҳеш ядымнан кетпей, соңынан мен де ҳәр айтылған қосықтың намасына итибар берип, не мәни аңлатады, қосық мазмунына сай ма, ямаса басқаша ма?---деп ой жуўыртатуғын болдым. Гәп отқа барыўдан басланып еди ғой, сол баяғы қашарды еки жыл дегенде  бир туўғызып болып, сатып жибердик, 8-классты питкерген жылы "от-шөпке барыўшылар бригадасы"нан шығып, жазғы дем алысты үйде өткеретуғын, үй жумыслары ҳәм китап оқыў менен өткеретуғын болдым. P.S:  *малсақ~малды жақсы көретуғын, мал бағыўға қызығатуғын. *ссуда~мал-мүлик алыўға берилетуғын пайызсыз пул, ямаса мал-мүлик, төлеў ўақты өтсе пайыз (пения) қосылады. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Артымдағы дүсирлеген сеске қарасам, Бабажан үстиме дөнип келип қалған екен, түри де қарасур, аты да қара, тап әзирейли келип қалғандай тәсир етип, жүрегим зуў ете қалды. Қулласы, орақ пенен ешекти Бәкеңе тапсырып, үйге қайттым. Кеште әкем келип, Бабажанға барып, пахта складта қамаўлы ешекти, орақ пенен қосып алып қайтты. Әне, Бабажан сондай киси, пахтаның бир түбиниң де зая болыўына жол қоймайды, сондайлығынан шығар, журттан бурын пахта планын орынлап, радиодан шығып сөйлеп жүргени. [Ол ўақытта телевизор кең тарала қоймаған ўақыт қой].      Соннан кейингиси Бозжаптың бойындағы атызлар--Қазақбай бригадтың пахта атызлары. Қазақбай аға:--ой, бәрекелла, балларым, пахтаны жулып алмаң,---дейди де атын сыйпай қамшылап өте береди. Қазақбайдың пахта атызын қашанғы шарлай бересең, Бозжаптың арғы жағына өтемиз. Ол жерлер қасымыздағы Боранбийке~Бораштың дайысы Турғәлий бригадтың атызлары. Дым таппай қалғанда Бораш:---Бизиң нағашым Турғалыйдың жерине барайық,--дейди. Турғалый да жийени менен барған бизлерге де кеңшилик жасайды. Сол жүрислерде отқа  еки мезгил барамыз, шаршамаймыз да, жол-жөнекей ойынларымыз да питеди, жарыспақлар да өтеди. Гейде жарыспақлардан, ойынлардан жалығып "пияда-гүрриңге" өтемиз.        Бундай да неше түрли қызық әңгимелерди майын ағызып айтыўға Бораш шебер. Еситкенлерин де, аңызларды  да, өзиниң ағайин-туўғанларына байланыслы қызықлы гәплерди де шебер сүўретлеп айтады. Бизлерге көбинесе усындай гүрриңлесиўлер унайды. Көп нәрседен хабардар боласаң.  Бораштың мен қызығып ҳайран болатуғын жери:--Ол өз руўын  шебер жиклеп, майда-шүйдесине дейин айтады. Қазақ халқында руўларды усылай жиклеп, өзине келгенше тарқатыў әдетин мен соңғы ўақытлары билдим. Сол ўақытлары Бораш өз руўын тап өзине әкелип тақап, арғы жағы 7-атасына барып тоқтайды, ямаса оннан да ары өтип кетеди гейде. Соннан мен өз руўым жөнинде ойлап, арғы жағын да, берги жағын да таппай қыйланаман. Үйдеги әке-шешемнен сорасам: Қытай тайпасына киремиз, Тәңке шалдың балларымыз,--деди. Мине, бизиң руўдың аржақ, бержағы.       Анар Бийжанова да әкеси Нурғалый муғаллим болған соң ба көплеген тарийхый гүрриңлерди, белгили адамлар туўралы бизге белгисиз гәплерди гүрриң етип бериўге шебер. Анардың  оқыўға барыўы да қызық: ол әжапасы Ажар менен екеўи бир класста оқыйды, --"Сизлер қалай бир класста оқып жүрсиз, Ажар 52-жылғы, сен 54-жылғы",---деймиз ғой баяғы: ~Мен 5-жасымда-ақ ҳәриплерди танып, иркилмей қосып оқыйтуғын едим, есаплаўды да үйренип алдым,  өзим қатты қызыққан соң папам күнде үйретип отыратуғын еди. Соннан Ажар 1-классқа барғанда, мен де оқыўға бараман,--деп шатақ салып, ең соңында үйдиң иши муғаллимге:---"журналыңа жазбай-ақ қой, ҳәзирше барып жүре берсин, соң өзи жалығып қояр, еле кишкентай ғой,---депти. Күнде муғаллимниң берген тапсырмасын тап-туйнақтай етип орынлап бара беремен, тахтаға шыққан оқыўшы есапты шығара алмай турса:--"мен шығарайын,"--деп жасы жеткен ана оқыўшыдан жақсы шығарып беремен. Соннан муғаллим: ~Мине, Бийжанова дурыс шығарды, "5" қоямыз, Бийжанова ~"5",---деп тахтаға үлкен етип "5" қояды, мен үйге бүгин "5" алдым,--деп мақтанып келемен. ~Қаяққа қойды ол "5" ти? ~Тахтаға қойды,--деймен, үйдиң "журналыңа киргизбей-ақ қой",--дегенинен хабарым жоқ.  Сөйтип, жылдың ярымына дейин "5" имди тахтаға қойып жүрди, бир күнлери журналға да қойды-аў! Мине, Анар әжапасы Ажар менен усылайынша бир классата оқып жүр екен!          Оқыған, ҳәзир оқып атырған китапларымыз ҳаққында гүрриңлер тәўир-ақ тартыслылаў өтер еди, унамлы, унамсыз қаҳарманлар жөнинде ҳәр ким ҳәр түрли пикирлейди. Сонда ең үлкенимиз жаңа 7-8-классқа өткен ең кишкенеси бизлер 5-класстан 6-классқа өткен қызлармыз. Китаплар жөнинде тап әдебият сыншысындай пикир жүриткимиз келеди, ондағы ўақыяларды таллап, ---"ана жерин былай жазғанында исенимли болар еди",---деп қоямыз жүдә! Бир күни сол пикир таластың соңы Анардың үйине барғанда болып, Сафуан Шаймерденовтың <<Инеш>> романындағы Инеш деген қызды жерден алып, жерге салып:--жазыўшы бундай қаҳарманды не деп китап етип шығарып, усынып отыр,---деўге дейин бардық.

ОТ-ШӨП ТАСЫҒАНДА [<<Балалықтың алтын мәўритлери>> гүрриңлер дүркиминен]     ...Қалалы жерге көшетуғын болғанлықтан үйдиң иши қолда бар саўын сыйыр менен 5-6 ешкини сатып, малдан қол үзип қалдық. Бул бир жағынан жақсы болғаны менен, екинши жағынан сүт-қатықты сатып алып "таңлайымыз кепти де қалды".         Бәринен бетер малсақ* анамыз малдан қол үзип қалғанына әдеўир қыйланыңқырап жүрди. Күнлер, айлар өтти, шама менен 4-5 жылдай малсыз-ҳалсыз, сүт-қатықты сатып алып, оған қәдимгидей қолда бардағыдай тоя қоясаң ба, жеңсик асыңды шымшып жегендей күнлеримиз өтти.         Бир күни ағам (әкем ғой, "аға" деймиз), есиктен қуўанышлы түрде кирип келип анама: ~Зийба, ҳүкимет мал алыў ушын ссуда* берип атыр екен, мен де алдым, 200 сом,---деди бир буўат ақшаны көрсетип. Бизлер балалар да саўын сыйыр есиктиң алдында мөңиреп турғандай көрип, анам менен бирге қуўанысып атырмыз.  Себеби, бул ақшаға сол 64-жылы арқайын бир саўын сыйыр алыўға болады.        Көп бала-шағалы үйге ақша келсе "тоқсан түрли тесик тығын талап етип" турады ғой. Сондай мал алынатуғын ссуданың да "ана жерине тийген жоқ, мына жерине тийген жоқ",---деп шетинен алынып, шым-шырқадай бала-шағаның кем-кетигин толтырып, бирине пальто, қаладағы оқып атырған студент әжапамызға етик те алынып, ендиги қалған ақшаның шамасы бир қашар алыўға жеткендей-ақ шамада. Бизлер ол ақшаны санап көриппиз бе, тек үлкенлердиң шай үстиндеги сөзлеринен алған мағлыўматымыз....         Соның менен апам (анам) қалған ақшаны бир түйгенде бес түйип, келеси базар мал алатуғын болды. ......Базар күни анам менен әкем базарға кетти, бизлер жолына айдай қарап, базардан келетуғын жолда ойнап жүрмиз. Бир ўақытлары жетегинде қызыл қашар  келди-аў! Бизлер "уралап, алақайлап" қуўанысып, қашарды  дөгереклеп кетпей жүрмиз.... Қаладан бир арба беде де сатып алған екен, сол бедени алдына салып, шарбақтың бир мүйешине байлап қойды. Қашанғы от-шөпти сатып алып ушлығына шығасаң, малды падаға қоссақ та, азанлы-кеш жейтуғын шөбиниң өзи де әнейи емес.  Баллар жас, үйдеги ийге тартары мениң өзим 4-классты енди питкеремен. Күн жылытып, бәҳәр келиўден анам қолына қапшықты алып, қаланың шетиндеги жаплардан, атызлардан жаңа шығып киятырған сүйрик қамысларды тергишлеп келеди. Жаз болса пахта атызлардан қалталап көк шөп әкеледи. Ол қашарымыздың жумырына жуқ та болмайды.        Сөйтип күнлердиң күнинде мен 5-классты питкерип, анама жәрдемши болып, ярым қалта болса да көтергенимше от-шөп әкелетуғын болдым. Қаланың шетинен қалта менен көк шөпти арқалап қайтыў да үлкен мийнет, жаныңа тийип кетеди, гейде сиңлим екеўимиз барамыз, қашарымыз болса еле туўған баспағы жоқ, туўа қояйын деген нийети де жоқ, әкелген отымызды "сен көр, мен көр" демей дем де жеп қояды. Дөгерегимизге қарасақ, қоңсы қызлар  от-шөпти ешек пенен өндирип  тасып жүр. Күнделикли әкелгенинен аўысқанын жайып кептирип, малдың қыс отына да жыйнайды екен. Соннан сиңлим екеўимиздиң күндеги жырымыз "ешек әпер",--болды. Күнде ағамның ядына салып қойыўды умытпаймыз. Ағам:--"яқшы балларым, әперемен",--дейди. .Бир күни әкем базарға кетип 20 сомға ешек сатып әкелди, бизлердиң қуўанышымызда шек жоқ, тап тулпар сатып әкелгендей ақ ешекти айланшықлап жүрмиз. Әрманымыз орынланып ертеңине-ақ, "от-шөп тасыўшы ешеклилер топарына" қосылдық.  Отқа баратуғынлар қаланың шетиндеги "сельхозснаб"тың қасына жыйланамыз. Ҳәмме жыйланып болған соң "ешек жарыс" басланады, "кимниң ешеги шапқыр",--деген бәсеке бар. Ат байраққа жибергендей барынша шаўып, жолды өндиремиз. Сөйтпесек, от-шөпти алыстан әкелемиз. Қалаға тийип турған жерде Бабажан бригадтың пахта атызларына түсиў қадаған, ол киси көрсе, орақларыңды, астыңдағы "ат-көлигиң менен" қосып алып қалады. Бир күни гил ешеклилер Бабажан бригадтың пахталарының шетине жаңа бара бергенимиз: ~Ҳәй, нәлет жаўғырлар,--деп қыйғырып, Бабажан атын баспалатып шаўып киятыр. Соннан "палапан басына, турымтай тусына",--деп дус келген жаққа ешектиң басын бурып, ҳәр ким ҳәр жаққа қашты. Бизиң ешек жаңа шеттеги отлаққа аўзын басқан пақыр, отлақты қыймай басын көтермей атыр, күш пенен басын тартып, мен де шаптым "бет-алды қарабарақ".

#Рәўият АЛЛАДАН СОРАҒАНДА АТА-АНАҢДЫ УМЫТПА Бир Шайхтың алдына шәкиртлеринен бири келип: — Устаз, тил5еклерим қабыл болмай атыр неге бундай болып атыр екен? — деп сорады… Шайх: — Ата — анаң барма? — деп сорады. Шәкирт : — Аўа бар, Аллатаалаға шүкир, ата — анам тири, деди… Шайх күлип, — Мен сеннен ата — анаң тириме деп сорамадым. Ата — анаң барма? Тилеп атырған тилегиңде ата — анаң да барма? — деп сорадым. Шәкирт басын төмен ийип: — Яқ, ата — анамды тилеген тилеклериме қоспайды екенмен — деди де, не ушын дуўалары қабыл болмай атырғанлығын аңлап, шайхтың үйинен шығып кетипти. Ҳәй, ата — анасына бийпәрўа болған достым! Сен күни-түн Аллаталадан мал-дүнья, байлық сорайсаң-да, ата -анаңның саламатлығын сорамайсаң. Көзиңди аш, олар ғәниймет, солардың қәдирине жет. Олар ушын Аллаталадан гүналарының кеширилиўин сора. Олар ушын узақ өмир сора,-деген екен. https://t.me/ibratli_sozler

#дана_пикирлер 📚"Қарақалпақнама" роман-эссесинен саза: 🕊Сен өзиң ҳаққында жақсы пикирлер айтсаң инаныўшылар кем болады. Ал өзиң ҳаққында жағымсыз пикир айтсаң ҳәмме инаныўга тырысады. Монтень. 🕊Ҳәрбир инсан өз халқының тәғдирин белгили дарежеде саўлелендириўшы айна. 🕊Әдетте, адамлар қарама-қарсы нәрселерди жер менен аспандай, деп түсиндиреди. Бул онша дурыслыққа келмейди. Жер адамды туңғыйыққа түсирмей, аспан төбеңе бәле-қада жаўдырмай турыпты. Ҳақыйқый дос саған Жер менен Аспанның ўазыйпасын қосып атқарады. 🕊Аты әпсана Маман бий орыс елатынан кеме соғыўшы уста ертип әкелип, соғылған кемени Арал теңизине түсирген ақшамда душпанлары оны қоршап жән-жағынан пышақ урады. Сонда ол өлип баратырып: "Мен азда болса халқымның мүшкилин жеңиллетиў жолында ойлаған мақсетиме жетистим, бахытлыман", - депти. 🕊Адамның ең меҳирли достыда адам, ең жаўыз душпаныда адам. 🕊Дос болып жүрип душпаныңа айланған бир дос, сениң сырыңды билмейтуғын жүз душпаннан қәўипли. 🕊Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нәрсени усласа да, көз патаслыққа қарай берсе де, бас айыплы. 🕊Кимниң бос ўақты көп барлық жәнжел соннан шығады. 🕊Солдат өлсе орнын толтырыў мүмкин. Ал, шайыр, жазыўшы өлсе, орнын толықтырыў мүмкин емес. Наполеон Бонапарт. 🕊Бир түйир дуз бенен дәм кирер асқа, бир дузсыз сөз бенен ғам түсер басқа. Халық даналығы. 🕊Қайсы әўлад ертеңги әўладының тәғдирин ойламаса, алды менен өзин өлтиргени. Мәңгиге өлтиргени. Ҳәр әўлад өзинен соңғы әўладта жасайды. 🕊Ҳәркүни азанда оянып, "Мениң тирилигимнен жақынларыма, халқыма қайғурлым пайда бар?" деп өзиңе сораў қойыўды, ал кеште төсекке кирип, "Бүгин мен қанша адамға, халқыма пайдалы не иследим?" деп есап бериўди умытпа. 🕊Үйдиң жақсы жаманы қыс түскенде билинеди, Жигиттиң жақсы жаманы ис түскенде билинеди. 🕊Миниң барлығына инан ҳәм дүзетиўге талаплан. 🕊Қайғы күткенге қайғы келеди, қуўаныш күткен қуўаныш табады. 🕊Классик әдебиятты оқымай, билмей турып жазыўшы болыўға умтылыў-бир устахананы көрмей турып уста болыўға умтылыў менен тең. 🕊Жақсылықты адамлар ғана емес, пүткил жанлы мақлуқат түсинеди. 🕊Кемислигим көп деп қорқпа, басқалардан әззимен деп албырақлама, тез үлгерейин деп асықпа, лекин арқайын да болма. T.Қайыпбергенов каналынан алынды. https://t.me /ibratli_sozler

ҲИКМЕТЛЕР БУЛАҒЫ 🔹 Ҳүждан не? Ол – индемей турып: “Аллаҳ сени ҳәмме ўақыт көрип турыпты, биреўдиң ҳақынан қорқ” деп айтыўшы ишки даўыс. 🔹 Турмыс таслардан ибарат. Сен ол тасларға сүрникпе. Ал оларды жыйнап, бир текше қур ҳәм сол текше арқалы жоқарыға көтерил. 🔹 Егер сени миллионлаған адам жақсы көрсе, мен де олардың биримен. Егер сени тек бир адам ғана жақсы көрсе, сол мениң өзим. Егер сени ҳеш ким жақсы көрмесе, онда, мен өлгенмен - "АНА"ның перзентке сөзи. 🔹 Садықлық саяманға уқсайды. Жаўын ҳәм ыссы күшейген сайын оған болған мүтәжлигиң арта береди. 🔹Ҳәмме нәрсе кишкене ҳалда басланып, кейин үлкенлеседи. Бирақ мүсийбет ондай емес. Ол үлкен ҳалда басланып, кейин киширейеди. 🔹Ҳәмме нәрсе көбейген сайын, арзанласады. Бирақ әдеп ондай емес. Ол көбейген сайын қымбатласады, таўылмас болады. https://t.me/ibratli_sozler

Шыраз Нуратдинов "Пашшайы көйлек" https://t.me/ibratli_sozler