fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 789 مشترک است و جایگاه 4 323 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 449 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 789 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 11 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -264 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -2 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.21% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.80% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 300 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 720 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 12 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 789
مشترکین
-224 ساعت
-327 روز
-26430 روز
آرشیو پست ها

Қайырлы түн әзизлер! .......ӨКИНБЕ!........... АЛЛА БИР МҮСИЙБЕТ ИЗИНЕН ЕКИ ЖАҚСЫЛЫҚ БЕРЕДИ. САБЫР ЕТСЕҢИЗ БОЛДЫ.... Жалалатдин Румий @danaliq Сизлерге түннен тынышлық,  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз. 🤲🤲🤲 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!!! 👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Арысланбек_Асқаров_–_Миймандур_1.mp33.12 MB

photo content
+1

Айтқан сөзиң басыңды жемесин. Ҳәр бир сөзиңизди ойланып сөйлең.... Қуласа  сизден 👆👆👆👆 Каналымызға ағза болың... 👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Сыйласық ҳаққында нақыллар. 🌸 Қыйналып сорағанға берсең, Өзиңди сыйлағаның, Әшейин сорағанға берсең, Өзиңди қорлағаның.... 🌸 Иззеттиң иниси көп..... 🌸 Сый - жеңгендики, Сөз - тергендики..... 🌸 Сынасыўға жараған, сыйласыўғада жарайды..... 🌸 Қызығын көрмеген малдан не пайда, Сыйласып билмеген жаннан не пайда? 🌸 Өзиңди өзиң сыйламасаң, Өзгеден сый күтпе...... 🌸 Үлкенди сен сыйласаң, Киши сени сыйлайды, Кишини сен сыйласаң, Киси сени сыйлайды....... 🌸 Сыйлап берген суў, Сатып алған балдан татлы..... 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Каналымызға ағза болың 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Сыйласық ҳаққында нақыллар. 🌸 Қыйналып сорағанға берсең, Өзиңди сыйлағаның, Әшейин сорағанға берсең, Өзиңди қорлағаның.... 🌸 Иззеттиң иниси көп..... 🌸 Сый - жеңгендики, Сөз - тергендики..... 🌸 Сынасыўға жараған, сыйласыўғада жарайды..... 🌸 Қызығын көрмеген малдан не пайда, Сыйласып билмеген жаннан не пайда? 🌸 Өзиңди өзиң сыйламасаң, Өзгеден сый күтпе...... 🌸 Үлкенди сен сыйласаң, Киши сени сыйлайды, Кишини сен сыйласаң, Киси сени сыйлайды....... 🌸 Сыйлап берген суў, Сатып алған балдан татлы..... 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Каналымызға ағза болың 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ЖҮЗИМ АШШЫ ЕДИ Аўылда жасайтуғын бир жарлы адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир табақ жүзим усынды. Пайғамбарымы
ЖҮЗИМ АШШЫ ЕДИ   Аўылда жасайтуғын бир жарлы адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир табақ жүзим усынды. Пайғамбарымыз алайҳиссәләм жүзимди жеп күлимледи, жарлы адам болса буған оғада қуўанды.   Саҳабалар: – Я Расулуллаҳ, неге бизлерди де шерик қылмадыңыз? – деп сорағанда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: – Жүзим оғада ашшы еди. Сизлердиң биреўиңиз түрин жыйырып, сол жарлының кеўлине азар берип қойыўынан қорықтым, – деди. (Пикир  сизден...) Дерек:   https://t.me/Baxramaddindamla 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Бизден узақласпаң........ https://t.me/ibratli_sozler

photo content

☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья, Былай жасар-ем, деп өкиниш етти. Кимгедур бул әрман керекти, лекин, Ибрайым дүн
☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья, Былай жасар-ем, деп өкиниш етти. Кимгедур бул әрман керекти, лекин, Ибрайым дүньяға бир келип кетти. ©Абдулла Арипов ☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Қарақалпақ елиниң мақтанышы, қәдирдан шайыры, Аязийи, Өзбекстан қаҳарманы  Ибрайым Юсупов пенен қанша мақтаныш етсекте арзыйды.❤️ https://t.me/ibratli_sozler

🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Дослық пенен ҳәр бир иске тақ турсаң, Жан аямай ел-журт ушын ис қылсаң, Қайғыланбай уллы иске қол урсаң, С
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Дослық пенен ҳәр бир иске тақ турсаң, Жан аямай ел-журт ушын ис қылсаң, Қайғыланбай уллы иске қол урсаң, Сонда мениң кеўлим питер халық ушын. Бердақ Ғарғабай улы... 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

........АСАН ҚАЙҒЫ....... Аўыз әдебиятындағы аңыз-легендаларда көп ушырасатуғын ертектиң бири "Асан қайғы" сгзлери деп аталад
........АСАН  ҚАЙҒЫ.......    Аўыз әдебиятындағы аңыз-легендаларда көп ушырасатуғын ертектиң бири "Асан қайғы" сгзлери деп аталады. .      Асан қайғы сөзлери қарақалпақлаобан гөре қазақлар арамында көп таралған.     Асан қайғы деген адам тарийхта болмаған. Ол әдебияттағы тип. Усы персонаж арқалы халық "Ел-журт қалай күн көреди, қоныс қайда, жай қайба? Халықтың жағдайы қалай болады?!"  деген машқалалы мәселени ортаға шығарып  отырады...      Ертеклерде Асанды қанша қайғышыл деп көрсеткен менен оның қайғысында халықтың ийгилиги ушын даналық ойлар жатады. Жуўмақлап айтқанда,  Асанның қайғысы халық өмирин жақсылаўдың илажы болып есапланады..... "Халық даналығы" китабынан.. 38-бет. (Қ. Айымбетов).. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

Дослық хаққында жеке  өзимниң пикирлерим     Жақын адамларыңнан қыз алыўға болмайды дегендей жақын достан да қарыз болмаў керек,ортада жүретуғын  алыс- берислер бийғәрез болыў керек.Дослықтың жолы аўыр,тек бир-биреўге садықлық дослық жиплерин беккемлейди.                                ***     Мен дослықты  ҳәмелли,ҳаллы болғанда сынадым,басыма ис тускенде,кесел болғанда сынадым.Аўырғанда ҳалың қалай деп ,қыйналмаған " дос" сизге хешқашан ҳақыйқый дос бола алмайды.             .***     Достың әмелге отырғанда,оннан әмел сорамаң,хәмелден түскен де жүзиңиз жарық болады,абырайыңыз уллы болады.                  ***     Дос ушын жан берме,оған тилеклес бол.Достыңды өсек етсе,маўасасыз бол!                   ***      Достыңның душпаны ,саған дос болмайды.Достыңның душпанының биринши тактикасы оны сеннен айырыў.Сатқынлық-дослықты ажыратады,дослар ортасындағы мунасибетти бузады.                       ***     Достыңызға  не ислесеңиз,сизге есеси менен қайтады.    Жақсылыққа жақсылық еселеп келгендей,жаманлық тилесеңиз жаманлық келеди.     Достыңызды қызғансаңыз ,тек баўырыңызды күйдиресиз.Достың қуўанышын өзиңиздики деп қабыллаң,қайғысын бөлисиң!                      ***     Дослықтың жиби қәлб тазалығы.Қәлб тазалығын қаншелли пәк усласаңыз дослық жиби беккем бола береди.                     ***     Жоралар,қурдаслар көп болады, класслас,аўыллас,қәсиплес,отырыспақлас ,ал ДОС жалғыз болады. Жора басқа,дос басқа!           ***    Дослықтың өлшеми,шегарасы,жасы,үлкени-кишиси  жоқ,өлшеми-садықлық.             ***     Дослық хаққында жырламаған шайыр жоқ,бирақ шайырдың ҳақыйқый досты болмаса,ол мәзи тәриплеў,жасандылық!          ***    Сатқын бир достан,мың душпан жақсы..         ***     Достыңның душпанға айналыўы бир сәтте,ал душпаныңды досқа айландырыў ушын жыллар керек.             ***     Достыңды мақтаў-душпанлық,жигер берип,қоллап-қуўатлаў -дослық.     Екеўиниң арасында аспан менен жердей парық бар.            ***    Жеке мәпке қурылған дослық,өрмекшиниң аўына мегзейди.              ***    Достыңның жеңиси,табысы сеники,демек достыңның кемшилиги,қайғысы да сеники болыў шәрт.        ***    Ерли-зайыплыны неке қағазы,перзентлер услаўы мүмкин,ал дослықты исеним хәм садықлық услайды.Усылар болмаса дослық мәзи тилде қалады ямаса ыдырайды.          ***     Руўхы бәлент адамлар менен досласың,қәлбиң тазарады,мәнәўиятың өседи.Ондай дослардан жаманлық шықпайды.          ***     Мәнәўияты жоқары инсанлар ғана досларының өзиндей болыўын қәлейди хәм досты ушын өзи кирген есиклерге мирәт етеди.             ***     Дослықтың тәрезиси аўыр,сынағы оннан да аўыр,оннан өте алғанлар ғана инсан қәлбиндеги уллы сезим болған дослықтың жибин нығайтады.               ***            Достыңның бир қәтесин дүзесең инсан болғың,еки қәтесин дүзесең дана болғаның,үш, оннан да көп қәтесин дүзесең, ҳақыйқый дос болғаның.                ****              Өзиңе не мүнәсип көрсең,достыңа да соны мүнәсип көр              ***     Дослықты жеке мәпиңнен үстин қой,пайдаланаман деп дос болсаң,өмири қысқа болады.    Дос  пикирлесиў , ойласыў,сәў- бетлесиў,раўажланыў,бөлисиў  ушын керек.Жақсы дос-зия нурындай,,оннан тараған нурдаң  жақты,ыссылық,жигер алыўың керек. Оралхан Сапарова https://t.me/omirsabaqlari https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

ADINGNAN +++1.mp38.54 MB

.......М О Т И В А Ц И Я....... Ҳасла түкинликке түспе!. Ҳеш қашан тәслим болма!. Сен ойлағаныңнанда күшлисең! Баслысы, сен б
.......М О Т И В А Ц И Я....... Ҳасла түкинликке түспе!. Ҳеш қашан тәслим болма!. Сен ойлағаныңнанда күшлисең! Баслысы, сен бир жерде тоқтап қалма! АЛҒА !  ТЕК АЛҒА !!!👍 💥💥💥💥💥💥💥💥💥 Бизден узақласпаң әзизлер.... https://t.me/ibratli_sozler

Gulhatiysha_Ayimbetova_Qaraqalpaqta_HQ_2011_www_karstars_com.mp32.66 MB

Ассалаўма әлейкум қәдирданлар !!! Қайырлы таң бәршеңизге..... Сизлерге күнниң сәтлилигин тилеймен. Басланып атырған күн тек ә
Ассалаўма әлейкум қәдирданлар !!! Қайырлы таң бәршеңизге.....       Сизлерге  күнниң сәтлилигин тилеймен. Басланып атырған күн тек әўметке, бахытқа, шадлыққа ҳәм әжайып жаңалықларға толы күн болсын. Ҳәммени хош кейпият тәрк етпесин !!!👍 Ассаламнан баслайын, Сизге сәлем жоллайын, 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Бүгин күнниң сәтин бергей, Әўмет бағынан гүллер тергей. ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Шадлық ҳәмде хош кейпият, Тәрк етпегей сизди ҳеш ўақ. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Күн даўамында бизлерди бақлап барың.....👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Тәбият нызамлықларына итибар берсек, бундай бир жеринде дефекти бар балалардың басқа қәлипли балаларға салыстырғанда бир қәбилети артықша болыўы мүмкин. Ата-анасы, ямаса устазы баладағы усындай артықмашылықты байқап қалса, оны раўажландырыўға ҳәрекет етиўи керек. Сонда бала өзин басқалардан кем санамай, қысынбай еркин өседи. Баланы хошаметлеў арқалы оның руўхын көтеремиз. Руўхы күшли адам ҳәр қандай қыйыншылықты жеңип шыға алады. Қоршаған орталығының қоллаўы менен ҳәм дефектологлардың жәрдеми менен (тилине массаж етиў, тилин шынықтырыў сабақлары, ҳ.т.б)  бала еркин сөйлей алыў дәрежесине ериседи.      - Рахмет, Алина, баҳалы пикирлериңиз ушын.  Бул дефектология тараўы бизиң елимизде кеш раўажланып атырған тараў болып есапланады. Усы тараўға қызығып, оны раўажландырыўға ҳәрекет етип атырғаныңыз ушын сизге алғысым шексиз.      - Рахмет, Гүлайым. Бизлер бирге оқыйтуғын досларымыз бенен  усы тараўды жетилистириў ҳәм тили аўыр балаларға жәрдем бериў мақсетинде бир проекти қолға алғанбыз. Қуда қалесе, диплом жумысымызда усы теманы толық изертлеп, тилинде тутлықпасы бар балаларға жәрдем беремиз, деп ойлайман.     - Баҳалы сәўбетиңиз ушын рахмет. Ислериңизге раўаж тилеймен. Халық ғамын ойлайтуғын сизлердей көкиреги ояў, көз ашық жасларымыз көбейе берсин! Саў болыңыз! Сәўбетти жазып алған: Қуўанышбаева Гүлайым. https://t.me/Soz_marjani

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: БОЛАШАҚ ДЕФЕКТОЛОГ       Ҳәзир заман пәт пенен өтип атыр ма, ямаса билим ҳәм тәжирийбелер артып атыр ма, ол жағын терең аңлай алмадым. Бирақ жаслардың қызығыўшаң, излениўшең ҳәм илим-билимге умтылыўшаңлығы мени қатты қуўандырады.        Адам болған жерде ҳәр қыйлы ҳәдийселер болады ғой.  Ҳәр кимниң тәшўиши өзине жеткиликли.  Мениң пикиримше тәшўишлердиң ишиндеги ең тийкарғысы -  ата-ананың бала денсаўлығы ушын шеккен тәшўиши  деп есаплайман.      Денсаўлық мәселеси бойынша да жасларымыздың билимли ҳәм озық технологияларды үйрениў ушын жүдә көп изленип  атырғанлығын көрип көз қуўанады.       Пайтахтымыздағы Педагогикалық Институттың Дефектология ҳәм Логопедия тәлим бағдары бойынша төртинши басқышта билим алып атырған Алина Сәрсенбаева  усындай излениўшең жаслардың бири. Ол қыз қашан көрсең қолында тараўы бойынша китабы, қасында ноутбук пенен қағаз-қәлемин алып, бир нәрселер ислеп жүргени. Оның жанына барып, бир сораў береғойсаң, өзи изертлеп атырған тараў бойынша бирталай түсиникке ийе боласаң.      Мен жақында оннан:          - Сөйлей алмайтуғын балалар  не себептен ондай болады екен?  Оларды  пикирин еркин жеткизиўге  үйретиўге бола ма? - деп сорадым. Ол маған устазларынан үйренгенлери ҳәм илимий китаплардан оқығанлары бойынша түсиник берди.      - Баланың  тутлығып сөйлеўине  ямаса улыўма сөйлей алмай қалыўына көп жағдайларда қоршаған орталығы, айырым жағдайларда ата-анасы себепши болады. Көбинесе, аналардың ҳәмледарлық ўақтындағы ҳалаты балаға тиккелей әсер етеди. Егер ана көбинесе дем алыссыз ҳәм  шаршап, ямаса  руўхый жақтан қыйналып жүрген болса бул жағдайлар балаға тәсир етпей қоймайды.        Ал, бала анасының ишинде қәлипли жағдайда раўажланып, жетилиссе де, қоршаған орталықтың тәсиринен сөйлей алмай қалыўы мүмкин. Бир мысал келтирип өтейин:        Төрт жасар бала үйинде әжағаларының қасында ойнап жүреди.  Әжағасы  терең етип ҳәжетхана қазып атыр екен. Ол қасындағы үкесин услап алып:  "Сени мына шуңқырға таслап жиберейин бе?"  деп ҳәзиллейди.  Иши қараңғы ҳәм терең шуңқырды көрип қорқып кеткен бала  соннан баслап сөйлей алмай қалады және сол әжағасын көрсе,  қорқып қашатуғын болып қалады. Нәтийжеде, бала мектеп жасына барғанша сөйлеў дегенди пүткиллей умытып қояды.       Және бир мысал: Музыкадан сабақ беретуған келиншек ҳәмледар пайтында да  қатты ҳаўызлы  сеслердиң арасында жүре береди. Оқыўшыларды эстрада бойынша үйретип, "тәбийий  даўысларыңыз мына музыка сестин баса алатуғындай дәрежеге жетсе, сизлер ҳақыйқый туўма талантлы қосықшы боласызлар" деген қағыйданы басшылыққа алып, оқыўшыларына амплитуданы жоқары герцке салып, диапазонды кеңейтип айтыўға үйретеди.       Ал, өзи ўақты-сааты жетип босанғанда қараса, баласы сөйлемейтуғын ҳәм еситпейтуғын болып туўылады. Иштеги раўажланып атырған балаға сыртқы факторлар бундай дәрежеде тәсир ететуғынлығын көпшилик жас аналар биле бермеўи мүмкин.  Ең әпиўайысы, қыс күнлеринде айырым ҳәмледар келиншеклердиң пальтосы қарнына жетпей, ашық жүреди. Анасы тоңбағаны менен одан иштеги баланың нерв тамырлары аязлап, бала майып болып туўылыўы мүмкин.      "Неге ҳәзир майып балалар көбейип кетти?"  деген сораў туўылыўы мүмкин. Мениң ойымша: бурынғы әжелеримиз кең кийим кийгени ҳәм  тәбийий таза аўқат жегени ушын физикалық жақтан күшли болған. Соның ушын олардың денсаўлығы жақсы, сүйеклери беккем ҳәм  мийнеткеш болған деп ойлайман.      Ал, енди тийкарғы темамызға қайтсақ, ҳәзир тилинде дефекти бар балалар менен көбирек жумыс алып барып атырмыз. Оларды тынышландырып, жеңил  буўынларды, сөзлерди айтқызып үйретемиз.  Тутлығып сөйлейтуғын балалардың арасында белгили бир сести айтыўға қыйналатуғынлар да бар. Мысалы: "Қ", "Т" сеси сөздиң басында келсе, бала  бирден сөйлеп кете алмай қыйналып, қысынып қалады. Егер бул сеслер сөздиң ортаңғы буўынында келсе, бала сол сести қалдырып кетип айтыўы мүмкин.