Дослық хаққында жеке өзимниң пикирлерим
Жақын адамларыңнан қыз алыўға болмайды дегендей жақын достан да қарыз болмаў керек,ортада жүретуғын алыс- берислер бийғәрез болыў керек.Дослықтың жолы аўыр,тек бир-биреўге садықлық дослық жиплерин беккемлейди.
***
Мен дослықты ҳәмелли,ҳаллы болғанда сынадым,басыма ис тускенде,кесел болғанда сынадым.Аўырғанда ҳалың қалай деп ,қыйналмаған " дос" сизге хешқашан ҳақыйқый дос бола алмайды.
.***
Достың әмелге отырғанда,оннан әмел сорамаң,хәмелден түскен де жүзиңиз жарық болады,абырайыңыз уллы болады.
***
Дос ушын жан берме,оған тилеклес бол.Достыңды өсек етсе,маўасасыз бол!
***
Достыңның душпаны ,саған дос болмайды.Достыңның душпанының биринши тактикасы оны сеннен айырыў.Сатқынлық-дослықты ажыратады,дослар ортасындағы мунасибетти бузады.
***
Достыңызға не ислесеңиз,сизге есеси менен қайтады.
Жақсылыққа жақсылық еселеп келгендей,жаманлық тилесеңиз жаманлық келеди.
Достыңызды қызғансаңыз ,тек баўырыңызды күйдиресиз.Достың қуўанышын өзиңиздики деп қабыллаң,қайғысын бөлисиң!
***
Дослықтың жиби қәлб тазалығы.Қәлб тазалығын қаншелли пәк усласаңыз дослық жиби беккем бола береди.
***
Жоралар,қурдаслар көп болады, класслас,аўыллас,қәсиплес,отырыспақлас ,ал ДОС жалғыз болады.
Жора басқа,дос басқа!
***
Дослықтың өлшеми,шегарасы,жасы,үлкени-кишиси жоқ,өлшеми-садықлық.
***
Дослық хаққында жырламаған шайыр жоқ,бирақ шайырдың ҳақыйқый досты болмаса,ол мәзи тәриплеў,жасандылық!
***
Сатқын бир достан,мың душпан жақсы..
***
Достыңның душпанға айналыўы бир сәтте,ал душпаныңды досқа айландырыў ушын жыллар керек.
***
Достыңды мақтаў-душпанлық,жигер берип,қоллап-қуўатлаў -дослық.
Екеўиниң арасында аспан менен жердей парық бар.
***
Жеке мәпке қурылған дослық,өрмекшиниң аўына мегзейди.
***
Достыңның жеңиси,табысы сеники,демек достыңның кемшилиги,қайғысы да сеники болыў шәрт.
***
Ерли-зайыплыны неке қағазы,перзентлер услаўы мүмкин,ал дослықты исеним хәм садықлық услайды.Усылар болмаса дослық мәзи тилде қалады ямаса ыдырайды.
***
Руўхы бәлент адамлар менен досласың,қәлбиң тазарады,мәнәўиятың өседи.Ондай дослардан жаманлық шықпайды.
***
Мәнәўияты жоқары инсанлар ғана досларының өзиндей болыўын қәлейди хәм досты ушын өзи кирген есиклерге мирәт етеди.
***
Дослықтың тәрезиси аўыр,сынағы оннан да аўыр,оннан өте алғанлар ғана инсан қәлбиндеги уллы сезим болған дослықтың жибин нығайтады.
***
Достыңның бир қәтесин дүзесең инсан болғың,еки қәтесин дүзесең дана болғаның,үш, оннан да көп қәтесин дүзесең, ҳақыйқый дос болғаның.
****
Өзиңе не мүнәсип көрсең,достыңа да соны мүнәсип көр
***
Дослықты жеке мәпиңнен үстин қой,пайдаланаман деп дос болсаң,өмири қысқа болады.
Дос пикирлесиў , ойласыў,сәў-
бетлесиў,раўажланыў,бөлисиў ушын керек.Жақсы дос-зия нурындай,,оннан тараған нурдаң жақты,ыссылық,жигер алыўың керек.
Оралхан Сапарова
https://t.me/omirsabaqlari
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler