ҳүрмет те сѳнди ме? Бурын
беташарды күтип, аты шықпағанша алыстан келген ағайин-туўған, дос-яран, дайы-жийен, қуда-қудағай кетпестен отырар еди. Беташаршы ирети келгенде ѳзиниң қасынан қосық қатарларын «тоқып», халықты бир жерде «услап» туратуғын қәбилетли болады. Үлкен қурды ѳзине қарата билген беташаршылар бүгин «суйылып» кетти-аў.
Усы ойлар Қалбазарға сирә тынышлық бермеди.
«Қәне, қартайып отырса да сол Халмуратты таптырып, ақлық келинимниң бетин аштырып жиберейин. Беташардың қандай болатуғынын халық кѳрсин. «Күшли» деген беташаршы бала да бир кѳрип қойсын. Үйренсин. Халмураттың дойнағында бар, абырай берип исенимимди ҳақласын».
Бул жақта Халмурат телефон жабылып қалған соң лал болып қалды.
Арадан неше жыллар ѳтип, тойға шақыртылып атыр. Енди не болады? Бир жағынан қәўетир, бир жағынан қуўаныш сыяқлы сезимлер жүрегин бийлеп алған еди. Керек емес – деп келини сырттағы складқа шығарып таслаған гѳне қара чемоданын сыпырып ишке алып кирди.
– Ҳе, ғарры неге буны ишке әкелдиң. Келиниң кѳрсе жүзин «бүристиреди». Ҳәмме зат оған «мусор» – болып кѳринеди. Ѳзлеримиз де сондаймыз. Тек шығарып таслайын десе аўылдағылардан уялады.
– Ҳәй кемпир, жаўрамай тура тур. Мени тойға шақырды. Таярланыўым керек.
– Кийимлериң мына шифонерде илиўли тур.
– Яқ, беташар ашыўға шақырды.
– Не дейди, қурған маңлайым, қартайғанда есиң кетти ме? Сени ким тыңлайды, ана жуўқылдаған жигитлер турғанда?
– Сѳйлей бермей тур. Аўылдан қалаға кѳшкен «Генерал» апа ақлығының тойында беташарды ѳзиң ашып бересең – деди. Яқ, дей алыўға пурсат та бермеди.
– Ѳйпей, «генерал» шешем айтса барасаң да, ғарры. «Зер қәдирин зергер билер» – деген. Шешем пақырдың ҳәзирги жаслардан кеўли толмаған. Бурыңғының ҳақыйқый беташарын сағынған.
– Солай ма – дедим. Енди еплей алсам болар еди. Даўыс та, ѳзим де ѳзгердим. Абырай бергей.
– Неге қорқасаң? Ўақтында бир аўылдың емес 10 аўылдың ҳәттеки, қаланың да талай келинлериниң бетин аштың. Усы қара чемоданда «ѳкпелеп» атырған беташар жазылған дәптер-дәптер қағазларың және «тирилетуғын» болды. Халмурат чемоданды ашып, шаң басқан дәптерди асықпай сыйпалап отырып, тазалады.
Дәптерлерди ашып еди, арқасы қозып, делбедей ѳз-ѳзинен беташар айтыўға түсти. Тоқтаса қәне. Сағыныпты. Бул да адамға берилетуғын талант екен-дә. Ѳзиниң ғарры болып, сақал-муртына, шашына ақ түскенин умытты. Тап жаслықтағыдай қәлбине беташардың келинге айтатуғын нәсият сѳзлери келип атыр, келип атыр.
Қоныс қутлы болсын, тойлар мүбәрек,
Мине, бүгин гѳззал, сағым-дѳгерек,
Жасасын қызылгүл, қызыл шүберек,
Жүзиң әне, сондай жарқын болсын.
Ойланып ой жибер сѳздиң салтына,
Қалыс хызмет исле ел ҳәм халқыңа,
Жарасады егер минез-қулқыңа,
Сыңғырлаған күлкиң болса келиншек.
Мақпал минез зер күлкиңе жарасқан,
Кеўлиң бәҳәр, сүттей аппақ әл-аспан,
Әдеп-икрам нырқың болсын келиншек.
Келдиң енди ўатан деген үйиңе,
Ийелик ет, босағаңнан-тѳриңе,
Садық бол, келин боп түскен жериңе,
Пәк муҳаббат мүлкиң болсын келиншек
.
Кемпири де ғаррысының йошып айтып атырған беташарын тыңлап оо, сол алыстағы жаслығын еслеп кетти. «Алтынды тат баспайды» дегени дурыс екен. Халмураттың даўысы еле сыңғырлап, ҳәр бир сѳзи сәдде-сәдде болып, қулақлардың қурышын «қандырғандай» еди.
– «Генерал» бир нәрсени билмесе айтпайды. Еле күш-ғайрат бар екен. Қуда қәлесе бир тойды еплеймен. Халмурат ѳзине исенди де кешки тамағын жеп болып, және таярлыққа киристи.
Бүгин шемби. Қәдирбайдың үйинде ерте таңнан адамлар жыйналып, келин той басланды. Үйдиң алдындағы шертек, оның қапталы гүллер, шарлар менен безелген. Еки үлкен той шертеги қурылған. Биринде қосықшылар турып, қосық айтады, екиншисинде пул жазатуғынлар отырады. Үлкен скамейкалар қойылып кѳше бийи, хызметтеги еркеклерге арналған. Және бир скамейкада тойхананың жасыүлкенлери отырыпты. «Қутлы болсын тойларыңыз» – деп басланатуғын той да кем-кем ҳәўижге минди.
Адамлар ағылып келип атыр. Үш кѳшениң бийлери оларды қонық жайларына жайластырыў менен жүр. Айжамал қыздың интернет арқалы тарқатқан хабарларынан соң беташардың тезирек басланыўын күтип отырғанлар кѳбейди.