fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 813 مشترک است و جایگاه 4 308 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 813 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 05 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -290 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -1 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.48% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.15% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 170 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 604 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 06 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 813
مشترکین
-124 ساعت
-687 روز
-29030 روز
آرشیو پست ها

Қайырлы түн әзизлер! Әзизлер ҳәмийше керекли инсан болып жасаў, сизге несип етсин деймен 🙏🙏🙏 Сизлерге түннен тынышлық, таң
Қайырлы түн әзизлер! Әзизлер ҳәмийше керекли инсан болып жасаў, сизге несип етсин деймен 🙏🙏🙏 Сизлерге түннен тынышлық,  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз... 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 Каналымызға ағза болыўды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Дос болып жүрип душпаныңа айланған бир дос, сениң сырыңды билмейтуғын жүз душпаннан қәўипли. Каналымызға ағза болың әзизлер!!
Дос болып жүрип душпаныңа айланған бир дос, сениң сырыңды билмейтуғын жүз душпаннан қәўипли. Каналымызға ағза болың әзизлер!!! https://t.me/ibratli_sozler

Ана тилим Ғәрезсизлик алып халқым қуўанды, Көп әсирлик арзыўларға жол алды, Айдын келешегиң мәңги бар болсын !, Ел-халқым өзиңди дунья тән алды. Герб,гимн, байрақ сениң нышаның, Конституция қорғап турар бахтыңды, Ел-халқымның мийраслары мәңгилик, Ана тилим  алып берди тахтыңды. Ҳәййиў менен кирген мениң санама, Инсаныйлық пазыйлетиң бийбаҳа, Ана тилим мәңгиликке жасай бер, Асырап, абайлаў терең ўазыйпа. Өз тилинде қосық жазып шайырлар, Тарийхыңнан дөрелдиғой намалар, Ана тилин бузбай сөйлеп, қәстерлеп, Перзентине мийрас еткен бабамлар. Усы тилде сөйлеп және оқыдым, Дәстүриңди кеўилиме тоқыдым, Өзгелерден өзгешесең, айрықша, Қара үйиң ҳәм дуўтарың ысық дым. Сазға қосып барлық көрген дәртиңди, Қобызыңда жырлады ғой жыраўлар, ҚАРАҚАЛПАҚ деген уллы халықтың, Өтмишине гуўа болған саҳралар. Өзгелерге бермеў ушын гүрескен, Тарийхыңда бар дәўжүрек бабамлар, Қарақалпақ мениң халқым, миллетим, Ана тилде, айтты бабам  Аллаяр. Мақтанаман !, мәрт, қаҳарман халқым бар, Қарақалпақ деген уллы даңқың бар, Бул теберик мәканда мен туўылдым, Ҳәм қәдирли болған ана тилим бар. Ана тилим !, өзлигимди аңлатқан, Мәңги жаса, халқым болсын ҳәм аман, Сен өтмишим, сен бүгиним, ертеңим, Сениң менен бул дуньяда мен барман. Гүлжәҳән Исмайлова Мойнақ районы ХББ.не қараслы 2-санлы мектеп баслаўыш класс оқытыўшысы. https://t.me/ibratli_sozler

Ақылласқан сиңлиме.            (--Куйеўимниң сөйлесип  жүрген нашары бар қусайды , Не қылсам екен, ақыл бер ,әжапа) Мениң де ақылым ағып турған жоқ, Өйт, бүйт дей бериў де жағып турған жоқ, Жездеңе де өзим мыйық тартпасам, Күнде жолыма шам жағып турған жоқ. Патийҳа бер дейсең тилейин ҳақтан, Жай қәне сиңлижан қолыңды шаққан, Тап усыннан артық қандай тилек  бар?! Буны дуўам деп бил мойныңа таққан. -Тулпарың қазықтан жибин узбегей, Қолында не барын саған гизнегей, Отағасың от басында отырып, Аспандағы айға көзин сүзбегей... Усыннан артық тап тилек болама? Табанлы болмаса тирек бола ма?! Тили басқа, шын кеўилден суймесе, Дурсилдеген менен журек бола ма?! Жолдан тапқан жолда қалып кетеди  ..., Жоллар ойлы бәлент, кәрўан өтеди, Нағыз сәрўан көшти жолда жоғалтпай, Күлки болмай дәрбент жолға  жетеди. Жаман сөздиң үни өшсин қаўызда, Таңлайыңнан шықпай турып баўызла, Ойлы жерде сен де бирге қыйқыўлас, Алма келип түсе бермес аўызға. Енеңниң де кеўлин өзиң табасаң, Өзиң киймей ,бийкешиңе жабасаң, Қәйин апаң гийне қылмай  не қылар?!. Қыдырып келгенде  улды сабасаң... Болмаса болмасын  зәрре жазығың, Узақлардан аңсапты ғой  азығын,... Сәл азырақ шашқа қыраў түскен соң, Қыр айланып табар пириң қазығын. Шақасында турсаң ""ҳалўа шекерсең""... Бурын патша болсаң, ҳәзир нөкерсең, Тыныш отыр шалабыңды шайқамай,.... Уйып турған қатығыңды төгерсең. Ўақыт-- емши ,булт серпилер көксиңнен, Өкшеңди көтерме бахыт көшкиңнен, Тулпарының қуйрық жалы гүзелип.... Қапталыңда пириң қалар өксинген. Күндиз-- түни  сылаў майын жағасаң, Бай  да балаң, кеўлин әстен  бағасаң, Шаңарақтың ""мухаддеслик"" орденин, Қуўатым өзиңе , өзиң тағасаң. Гулистан Даулетова. 3 июнь 2024 жыл. Ибрат болары сөзсиз. https://t.me/ibratli_sozler

ДОЗАҚТАН ТОСЫЎШЫ ПЕРДЕ.            (Рәўият).     Бир адамның алты қыз перзенти болады. Ҳаялы жетиншисине ҳәмледар болады. Айы күн жақынлап турған болады. Жаңағы адам егер ҳаялым жетиншисинде қыз  туўса жуўабын берип жиберемен. Бул ҳаялдың  иши қызға толып кетипти, қыздан басқасын туўмайды, - деп ойланып уйықлап қалады.     Аллахтың  қүдирети менен бир түс көреди.     Түсинде қыямет қайым болған болады. Дозақтың периштелери  бул  кисини жәннетке апармай, дозақтың есигине сүйреп барады. Дозақтың жети есиги, жәннеттиң  сегиз есиги болады.     Дозақтың биринши есигинде үлкен қызы турған болады. Мен  әкемди  дозақтың есигине киргизбеймен, - деп басқарады. Екинши есикке барса екинши  қызы, мен әкемди дозақка жакынлатпайман, - дейди. Солай етип периште кейинги есикке апарады. Төртинши, бесинши есикке де апарды. Алтыншы есикке апарған ўақытта киши қызы, мениң әкеме тиймең, дозаққа киргизбеймен кетиң, - деп бақырады. Ақырғы жетинши есикке барған ўақта қызлардың саны таўсылып калады. Мениң енди басқа қызым жоқ, - деп қоркып оянып кетеди.     Таңда турып жақсылап тәҳәрет алып, еки рәкәт  намазын оқыйды.      Я Рәббим жетиншисинде қыз қылып қоягойың дейди. Мине қыз перзентте береке бар. Қыз перзент дозақтың тосыўшы перзенти. Гүлбахар Қарабаева.   Шымбай. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

БИР АЙЫРЫЛҒАН СОҢ, ҚӘЙТИП ҚОСЫЛМАЙТУҒЫН НЕ НӘРСЕ?
Anonymous voting

АЛЬБЕРТ ЭЙНШТЕЙН ҲАҚҚЫНДА ҚЫЗЫҚЛЫ ФАКТЛЕР......... ✍ Эйнштейн жүдә әсте сөйлеген, егер оның биографиясына нәзер салсаңыз,....
АЛЬБЕРТ  ЭЙНШТЕЙН ҲАҚҚЫНДА ҚЫЗЫҚЛЫ ФАКТЛЕР.........Эйнштейн жүдә әсте сөйлеген, егер оның биографиясына нәзер салсаңыз,.... оның 3 жасқа дейин тили шықпаған. Станфорд жаратыўшысы Доктор Томас Совел тили кеш шыққан наўқаслар ушын "ЭЙНШТЕЙН  СИНДРОМЫ" атамасын қоллаған...Эйнштейнниң анасы Паулина пианинашы еди ҳәм баласының да музыкаға мухаббат қойыўын қәледи. Соның ушын оған пианино сабақларын өтиўди баслады. Дәслеп Эйнштейн пианино шертиўди жақтырмады. Эйнштейн 13 жасында Моцарттың намасын еситип, пианино ҳаққындағы пикирин тез арада өзгертти.  Кейин оның пианиноға болған қызығыўшылығы  өмириниң ақырына дейин оны тәрк етпеди...... Интернеттен алынды. Г. Курбанбаева.

Жалқаўлық – өлимниң иниси Бийпәрўалылық ҳәм жалқаўлық ҳүким сүрген, әҳмийетли мәселелер өз ҳалына таслап қойылған жерде руўхыйлық әззи орынға айланады. Әсиресе, жәмийетте үлкен өзгерислер жүз берип атырған, Ўатан раўажланыўы инсаннан жоқары жеделлик, үлкен жуўапкершилик талап етип турған ўақыттағы итибарсызлық – үлкен гүна. Бийкаршылық қайсы халықта тамыр жайса, әлбетте, сол халықты раўажланыў кәрўанынан артта қалдырады. Бул кеселлик қайсы адамға жуқса, оны хор қылады. Өйткени, уллыларымыздың нәзеринде, жалқаўлық – өлимниң иниси..... Дерек: paziylet.uz Бизди бақлап барың. https://t.me/ibratli_sozler

Асан Бегимовтың перзенти Айсулыў Бегимова ҳаққында видеоролик. Каналымызға ағза болың. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

GULDASTE + JANIM ANAM 2025 (1).mp37.91 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАР!!! Қайырлы таң тилеймен сизлерге! Аллаҳам сизлерге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға мол несийбе
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ  ҚӘДИРДАНЛАР!!!    Қайырлы таң тилеймен сизлерге!      Аллаҳам сизлерге беккем ден-саўлық,  шаңарағыңызға мол несийбе, берекет  берсин!      Қәдириңиз бәлент болып, орныңыз ҳәмийше  төрден болғай!      Жақсы нийет, арзыў-әрманларыңыз әмелге аса берсин!!!     Күниңиз кеўилли умытылмас мәўритлерге толы ҳәм әўметли болсын! Ҳамал айының 31-сәнеси. Бүгинги күниңиз мазмунлы ҳәм кеўилли өтсин әзизлер!!! Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Бирақ ерли-зайыплының  некесин шымылдыққа кирмей турып қыйдырыў ата-анасының ўазыйпасына киреди.  Некесиз төсекке жақынластырмайды. Екинши мәс етиўши ишимликлердиң шаңараққа улыўма киргизилмеўин қадағайлайды. Себеби жас жубайдың  қанын бузатуғын ҳәм шаңарақты шайқалтатуғын нәрсе сол ишимлик. Мурындық ата болған инсан тойда ысырапкершилик болмаўына нәсиятшы хызметин атқарады. Артықша дәбдебениң алдын алып отырады. Усы нәрселерге ылайық мурындық ата, апа болса оған балларыда хызмет етиўи шәрт. Атасының айтқанларын булжытпай орынлаў, оларды байрамларда барып көрип сәлем берип турыў мурындық баллардың ўазыйпасына киреди. Ҳәзирги күндеги усы жоқарыдағылардың толық исленбеўи нәтийжесинде көплеген шаңарақлар ортада нәрестелер болса да ажырасып кетип атыр. Буған ата-ана менен бирге мурындық ата-апаларыды айыпкер ҳәм жуўапкер. Ҳәзирги күнде жасыратуғыны жоқ сайланған ата менен апалар мурындық баллары менен отырып ишимлик ишеди. Нәсият   айтыўдың орнына сөгинеди ямаса анектод айтып өз қәдирин түсиреди. Апасы ишимлик алып өзи ишип қоймай әтираптағыларды да зорлап гүнаға тобықтан емес, белшерден батады. Халқымыз "Қызым саған айтаман келиним сен тыңла" деген мәнисте мурындық ата сайлап еди, лекин тилекке қарсы жылтырағанның бәри алтын емеслиги көринди. Ҳүрметли халқым суўдың да сораўы бар дейди, сизлер шағал мәслик ушын емес үлги ибрат болыў ушын келгенсизлер. Бул ўақытша сахнаға кимлер келип кетпеди. Өз ўазыйпаларыңызды билиңлер, ояның сергек болыңлар себеби келешек саған қарап тур, олар үлгиге мүтәж. Усындай аўыр ҳәм саўаплы Мурындық ата, апа деген  ўазыйпаны дурыс орынлайық бирде мойнымызға алмайық.  Себеби мойындағы нәрселердиң бәрине жуўап беретуғын күн бар... ✍ Ә. Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler

Әбдиғаппар Ҳәмзе: Абди: 📃 МУРЫНДЫҚ АТА КИМ ОНЫҢ ЎАЗЫЙПАСЫ ҚАНДАЙ? Қарақалпақ халқы әзелден перзент тәрбиясына жүдә сергек болып, қатаң түрде итибар берип отырған. Бесиктен баслап "Ҳәййиў" айтып руўҳын өсирип, кәмилликке жетелеген. Тили шығып сөйлеп баслағанда "Жаңылтпаш", "Түлкишек", "Ҳәкке қайда" айтымларын айтып баланы және де ары қарай санасын раўажландырып барған. Бала толық сөйлеп, гәпке түсинетуғын болғаннан кейин оған ертек айтып берип, терең пикирлеўин тәмийинлеген. Батырлық ҳаққында ертеклер баланың өз ўатанына, елине деген сүйиспеншилигин арттырып оны әбден руўҳый күшейтип барған. Енди бала ер жетип үйленип шаңарақ қурыў дәрежесине келгенде оған өмирлик жолдасы менен бирге болыў, жүриў, сөйлесиў ҳәм тазалық мәселелери бойынша түсиндирилиў керек болған. Бирақ бул мәселелерди ата-ананың өзиниң айтыўы уят есапланған я бирде ондай мәселелерде перзент пенен тиккелей сөйлесилмеген. Әне усы жерде теги ҳасыл, тәрбия көрген шаңарақлы өзи нәшебентликтен аўлақ жүретуғын салмақлы инсан керек болған. Сол дәўирлерде ондай инсанлар жүдә көп болатуғын. Оны "Мурындық ата ҳәм апа" деп атаған. Бул терминниң тиккелей мәниси төмендегише; Түйекешлер қайсар түйелерди өзине бойсындырып, айтқанына жүргизиў ушын олардың мурнын тесип жиңишке ағашты өткизип, сол ағаштың еки ушына жип байлап қоятуғын болған.Түйекеш сол жипти қайда тартса түйе сөзсиз сол тартқан тәрепке жүре беретуғын болған. Яғный түйе ийесине бойсындырылған. Сол мурынға өткзилген ағаш пенен ондағы жипти "Мурындық" деп атаған. Бул мурындықтың туўра мәниси еди. Енди астарлы мәниси қандай?  Перзентиниң тәрбиясына муқыят қарап киятырған бабаларымыз баласы үйленгеннен кейин де сызықтан шығып кетпей, оны қадағалап жол-жоба берип отырыўды ойлап, изине ерте алатуғын шаңарақты таңлап, соларға тапсырып қойған. Ендиги шаңарақтағы жеке сөйлесилмесе уят есапланатуғын тәрбиялық сөзлерди сол "Мурындық ата менен апа"  даўам еттирген. Бала менен келиншегиниң мурнына көринбес жип тағып бир қәлипке салып тәртибин жобалап отырған. Жеке сөйлесилмесе болмайтуғын ол қандай тәрбия екен деген сораў туўылыды. Оны да қысқаша айта кетейик. Баланы мурындық атасы, қызды мурындық апасы бөлек бөлмелерге киргизип басланғыш тәрбиясын берип мийына сиңдирип кетеди. - Балам, үйлениў ҳәм үй болыў Адам ата менен Ҳаўа енеден қалған мийрас. Сол ушын бул теберик нәрсе. Биринши тәҳәретсиз төсекке жатпайсаң, ғусылсыз уйқыға кетпейсең, яғный екеўиңизде тула бедениңиздиң бәрине суў тийгизип шомылып болған соң уйқылайсызлар. Егер патас ҳалда уйқылар болсаңлар түрли нәжис нәрселер жабысыўы мүмкин. Ғусылсыз жер басыў аўыр гүнә есапланады, балам. Басыңызды қублаға ямаса шығысқа қаратып жатыңлар. Ерте жатып ерте турыңлар. Азанда "Биссмила ҳирраҳма нирраҳим" сөзлери менен турыңлар. Ата-анаңызға сәлем бериң, үйдиң тазалығына итибарлы болыңлар. Бир-бириңизге жаман гәп сөйлемеңлер. Егер усы бағдарда барсақ Сизлерден туўылатуғын урпақ руўҳый таза ҳәм күшли болып дүньяға келеди. Ол келетуғын урпақ сизлердиң келешегиңиз сол ушын сизлер таза ҳәм бир-бириңизге садық ҳадал болсаңлар олар да кәмил инсанлар болып қәлиплеседи. Мине усыған уқсас нәсиятлар ҳәм тәрбиялық сөзлер менен балаға ата қызға апасы үлги болып  барады. Бала ямаса қыз өзлериниң түсинбей жүрген шаңарақлы сөзлерин мурындық ата-апаларынан сорап толықтырып отырады. Бул мурындық ата сайлаў дәстүри тек бизиң халықта сақланған. Не ушын, себеби бабаларымыз урпақтың сыртқы ишки тазалығын, қанның бузылмаўын ҳасыл әўладты тәрбиялап барыў мақсетинде усы жолды қәлиплестирген. Мурындық ата менен апасы сондай дәрежеде үлги алатуғындай адамлар болыўы керек болған. Жүрис-турысы, сөйлеген сөзи, ишкен - жегенинде де балларына үлги болыўы шәрт. Тек атына ямаса маба ретинде мурындық ата сайлаў деген нәрсе ол алдаў яғный баллардың келешегин ўайран етиў деген сөз. Сен мурындық аталық ўазыйпаны мойныңа алдыңба. Оны толық орынлаўың керек. Егер орынламай қайта өзиң жаман үлги болар екенсең ертең қыяметте Алла алдында жуўап бересең. Егер мурындық ата-апа өз ўазыйпасын тақ-туйнақтай орынласа,  бирақ баллары  тыңламаса онда олардың обалы өзлерине болады

photo content