ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 816 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 306,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 443

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 816 名订阅者。

根据 04 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -287,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 27.16%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.71% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 111 次浏览,首日通常累积 3 708 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 05 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 816
订阅者
-1424 小时
-817
-28730
帖子存档
Ақылласқан сиңлиме.            (--Куйеўимниң сөйлесип  жүрген нашары бар қусайды , Не қылсам екен, ақыл бер ,әжапа) Мениң де ақылым ағып турған жоқ, Өйт, бүйт дей бериў де жағып турған жоқ, Жездеңе де өзим мыйық тартпасам, Күнде жолыма шам жағып турған жоқ. Патийҳа бер дейсең тилейин ҳақтан, Жай қәне сиңлижан қолыңды шаққан, Тап усыннан артық қандай тилек  бар?! Буны дуўам деп бил мойныңа таққан. -Тулпарың қазықтан жибин узбегей, Қолында не барын саған гизнегей, Отағасың от басында отырып, Аспандағы айға көзин сүзбегей... Усыннан артық тап тилек болама? Табанлы болмаса тирек бола ма?! Тили басқа, шын кеўилден суймесе, Дурсилдеген менен журек бола ма?! Жолдан тапқан жолда қалып кетеди  ..., Жоллар ойлы бәлент, кәрўан өтеди, Нағыз сәрўан көшти жолда жоғалтпай, Күлки болмай дәрбент жолға  жетеди. Жаман сөздиң үни өшсин қаўызда, Таңлайыңнан шықпай турып баўызла, Ойлы жерде сен де бирге қыйқыўлас, Алма келип түсе бермес аўызға. Енеңниң де кеўлин өзиң табасаң, Өзиң киймей ,бийкешиңе жабасаң, Қәйин апаң гийне қылмай  не қылар?!. Қыдырып келгенде  улды сабасаң... Болмаса болмасын  зәрре жазығың, Узақлардан аңсапты ғой  азығын,... Сәл азырақ шашқа қыраў түскен соң, Қыр айланып табар пириң қазығын. Шақасында турсаң ""ҳалўа шекерсең""... Бурын патша болсаң, ҳәзир нөкерсең, Тыныш отыр шалабыңды шайқамай,.... Уйып турған қатығыңды төгерсең. Ўақыт-- емши ,булт серпилер көксиңнен, Өкшеңди көтерме бахыт көшкиңнен, Тулпарының қуйрық жалы гүзелип.... Қапталыңда пириң қалар өксинген. Күндиз-- түни  сылаў майын жағасаң, Бай  да балаң, кеўлин әстен  бағасаң, Шаңарақтың ""мухаддеслик"" орденин, Қуўатым өзиңе , өзиң тағасаң. Гулистан Даулетова. 3 июнь 2024 жыл. Ибрат болары сөзсиз. https://t.me/ibratli_sozler

ДОЗАҚТАН ТОСЫЎШЫ ПЕРДЕ.            (Рәўият).     Бир адамның алты қыз перзенти болады. Ҳаялы жетиншисине ҳәмледар болады. Айы күн жақынлап турған болады. Жаңағы адам егер ҳаялым жетиншисинде қыз  туўса жуўабын берип жиберемен. Бул ҳаялдың  иши қызға толып кетипти, қыздан басқасын туўмайды, - деп ойланып уйықлап қалады.     Аллахтың  қүдирети менен бир түс көреди.     Түсинде қыямет қайым болған болады. Дозақтың периштелери  бул  кисини жәннетке апармай, дозақтың есигине сүйреп барады. Дозақтың жети есиги, жәннеттиң  сегиз есиги болады.     Дозақтың биринши есигинде үлкен қызы турған болады. Мен  әкемди  дозақтың есигине киргизбеймен, - деп басқарады. Екинши есикке барса екинши  қызы, мен әкемди дозақка жакынлатпайман, - дейди. Солай етип периште кейинги есикке апарады. Төртинши, бесинши есикке де апарды. Алтыншы есикке апарған ўақытта киши қызы, мениң әкеме тиймең, дозаққа киргизбеймен кетиң, - деп бақырады. Ақырғы жетинши есикке барған ўақта қызлардың саны таўсылып калады. Мениң енди басқа қызым жоқ, - деп қоркып оянып кетеди.     Таңда турып жақсылап тәҳәрет алып, еки рәкәт  намазын оқыйды.      Я Рәббим жетиншисинде қыз қылып қоягойың дейди. Мине қыз перзентте береке бар. Қыз перзент дозақтың тосыўшы перзенти. Гүлбахар Қарабаева.   Шымбай. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

БИР АЙЫРЫЛҒАН СОҢ, ҚӘЙТИП ҚОСЫЛМАЙТУҒЫН НЕ НӘРСЕ?
Anonymous voting

АЛЬБЕРТ ЭЙНШТЕЙН ҲАҚҚЫНДА ҚЫЗЫҚЛЫ ФАКТЛЕР......... ✍ Эйнштейн жүдә әсте сөйлеген, егер оның биографиясына нәзер салсаңыз,....
АЛЬБЕРТ  ЭЙНШТЕЙН ҲАҚҚЫНДА ҚЫЗЫҚЛЫ ФАКТЛЕР.........Эйнштейн жүдә әсте сөйлеген, егер оның биографиясына нәзер салсаңыз,.... оның 3 жасқа дейин тили шықпаған. Станфорд жаратыўшысы Доктор Томас Совел тили кеш шыққан наўқаслар ушын "ЭЙНШТЕЙН  СИНДРОМЫ" атамасын қоллаған...Эйнштейнниң анасы Паулина пианинашы еди ҳәм баласының да музыкаға мухаббат қойыўын қәледи. Соның ушын оған пианино сабақларын өтиўди баслады. Дәслеп Эйнштейн пианино шертиўди жақтырмады. Эйнштейн 13 жасында Моцарттың намасын еситип, пианино ҳаққындағы пикирин тез арада өзгертти.  Кейин оның пианиноға болған қызығыўшылығы  өмириниң ақырына дейин оны тәрк етпеди...... Интернеттен алынды. Г. Курбанбаева.

Жалқаўлық – өлимниң иниси Бийпәрўалылық ҳәм жалқаўлық ҳүким сүрген, әҳмийетли мәселелер өз ҳалына таслап қойылған жерде руўхыйлық әззи орынға айланады. Әсиресе, жәмийетте үлкен өзгерислер жүз берип атырған, Ўатан раўажланыўы инсаннан жоқары жеделлик, үлкен жуўапкершилик талап етип турған ўақыттағы итибарсызлық – үлкен гүна. Бийкаршылық қайсы халықта тамыр жайса, әлбетте, сол халықты раўажланыў кәрўанынан артта қалдырады. Бул кеселлик қайсы адамға жуқса, оны хор қылады. Өйткени, уллыларымыздың нәзеринде, жалқаўлық – өлимниң иниси..... Дерек: paziylet.uz Бизди бақлап барың. https://t.me/ibratli_sozler

Асан Бегимовтың перзенти Айсулыў Бегимова ҳаққында видеоролик. Каналымызға ағза болың. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

GULDASTE + JANIM ANAM 2025 (1).mp37.91 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАР!!! Қайырлы таң тилеймен сизлерге! Аллаҳам сизлерге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға мол несийбе
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ  ҚӘДИРДАНЛАР!!!    Қайырлы таң тилеймен сизлерге!      Аллаҳам сизлерге беккем ден-саўлық,  шаңарағыңызға мол несийбе, берекет  берсин!      Қәдириңиз бәлент болып, орныңыз ҳәмийше  төрден болғай!      Жақсы нийет, арзыў-әрманларыңыз әмелге аса берсин!!!     Күниңиз кеўилли умытылмас мәўритлерге толы ҳәм әўметли болсын! Ҳамал айының 31-сәнеси. Бүгинги күниңиз мазмунлы ҳәм кеўилли өтсин әзизлер!!! Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Бирақ ерли-зайыплының  некесин шымылдыққа кирмей турып қыйдырыў ата-анасының ўазыйпасына киреди.  Некесиз төсекке жақынластырмайды. Екинши мәс етиўши ишимликлердиң шаңараққа улыўма киргизилмеўин қадағайлайды. Себеби жас жубайдың  қанын бузатуғын ҳәм шаңарақты шайқалтатуғын нәрсе сол ишимлик. Мурындық ата болған инсан тойда ысырапкершилик болмаўына нәсиятшы хызметин атқарады. Артықша дәбдебениң алдын алып отырады. Усы нәрселерге ылайық мурындық ата, апа болса оған балларыда хызмет етиўи шәрт. Атасының айтқанларын булжытпай орынлаў, оларды байрамларда барып көрип сәлем берип турыў мурындық баллардың ўазыйпасына киреди. Ҳәзирги күндеги усы жоқарыдағылардың толық исленбеўи нәтийжесинде көплеген шаңарақлар ортада нәрестелер болса да ажырасып кетип атыр. Буған ата-ана менен бирге мурындық ата-апаларыды айыпкер ҳәм жуўапкер. Ҳәзирги күнде жасыратуғыны жоқ сайланған ата менен апалар мурындық баллары менен отырып ишимлик ишеди. Нәсият   айтыўдың орнына сөгинеди ямаса анектод айтып өз қәдирин түсиреди. Апасы ишимлик алып өзи ишип қоймай әтираптағыларды да зорлап гүнаға тобықтан емес, белшерден батады. Халқымыз "Қызым саған айтаман келиним сен тыңла" деген мәнисте мурындық ата сайлап еди, лекин тилекке қарсы жылтырағанның бәри алтын емеслиги көринди. Ҳүрметли халқым суўдың да сораўы бар дейди, сизлер шағал мәслик ушын емес үлги ибрат болыў ушын келгенсизлер. Бул ўақытша сахнаға кимлер келип кетпеди. Өз ўазыйпаларыңызды билиңлер, ояның сергек болыңлар себеби келешек саған қарап тур, олар үлгиге мүтәж. Усындай аўыр ҳәм саўаплы Мурындық ата, апа деген  ўазыйпаны дурыс орынлайық бирде мойнымызға алмайық.  Себеби мойындағы нәрселердиң бәрине жуўап беретуғын күн бар... ✍ Ә. Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler

Әбдиғаппар Ҳәмзе: Абди: 📃 МУРЫНДЫҚ АТА КИМ ОНЫҢ ЎАЗЫЙПАСЫ ҚАНДАЙ? Қарақалпақ халқы әзелден перзент тәрбиясына жүдә сергек болып, қатаң түрде итибар берип отырған. Бесиктен баслап "Ҳәййиў" айтып руўҳын өсирип, кәмилликке жетелеген. Тили шығып сөйлеп баслағанда "Жаңылтпаш", "Түлкишек", "Ҳәкке қайда" айтымларын айтып баланы және де ары қарай санасын раўажландырып барған. Бала толық сөйлеп, гәпке түсинетуғын болғаннан кейин оған ертек айтып берип, терең пикирлеўин тәмийинлеген. Батырлық ҳаққында ертеклер баланың өз ўатанына, елине деген сүйиспеншилигин арттырып оны әбден руўҳый күшейтип барған. Енди бала ер жетип үйленип шаңарақ қурыў дәрежесине келгенде оған өмирлик жолдасы менен бирге болыў, жүриў, сөйлесиў ҳәм тазалық мәселелери бойынша түсиндирилиў керек болған. Бирақ бул мәселелерди ата-ананың өзиниң айтыўы уят есапланған я бирде ондай мәселелерде перзент пенен тиккелей сөйлесилмеген. Әне усы жерде теги ҳасыл, тәрбия көрген шаңарақлы өзи нәшебентликтен аўлақ жүретуғын салмақлы инсан керек болған. Сол дәўирлерде ондай инсанлар жүдә көп болатуғын. Оны "Мурындық ата ҳәм апа" деп атаған. Бул терминниң тиккелей мәниси төмендегише; Түйекешлер қайсар түйелерди өзине бойсындырып, айтқанына жүргизиў ушын олардың мурнын тесип жиңишке ағашты өткизип, сол ағаштың еки ушына жип байлап қоятуғын болған.Түйекеш сол жипти қайда тартса түйе сөзсиз сол тартқан тәрепке жүре беретуғын болған. Яғный түйе ийесине бойсындырылған. Сол мурынға өткзилген ағаш пенен ондағы жипти "Мурындық" деп атаған. Бул мурындықтың туўра мәниси еди. Енди астарлы мәниси қандай?  Перзентиниң тәрбиясына муқыят қарап киятырған бабаларымыз баласы үйленгеннен кейин де сызықтан шығып кетпей, оны қадағалап жол-жоба берип отырыўды ойлап, изине ерте алатуғын шаңарақты таңлап, соларға тапсырып қойған. Ендиги шаңарақтағы жеке сөйлесилмесе уят есапланатуғын тәрбиялық сөзлерди сол "Мурындық ата менен апа"  даўам еттирген. Бала менен келиншегиниң мурнына көринбес жип тағып бир қәлипке салып тәртибин жобалап отырған. Жеке сөйлесилмесе болмайтуғын ол қандай тәрбия екен деген сораў туўылыды. Оны да қысқаша айта кетейик. Баланы мурындық атасы, қызды мурындық апасы бөлек бөлмелерге киргизип басланғыш тәрбиясын берип мийына сиңдирип кетеди. - Балам, үйлениў ҳәм үй болыў Адам ата менен Ҳаўа енеден қалған мийрас. Сол ушын бул теберик нәрсе. Биринши тәҳәретсиз төсекке жатпайсаң, ғусылсыз уйқыға кетпейсең, яғный екеўиңизде тула бедениңиздиң бәрине суў тийгизип шомылып болған соң уйқылайсызлар. Егер патас ҳалда уйқылар болсаңлар түрли нәжис нәрселер жабысыўы мүмкин. Ғусылсыз жер басыў аўыр гүнә есапланады, балам. Басыңызды қублаға ямаса шығысқа қаратып жатыңлар. Ерте жатып ерте турыңлар. Азанда "Биссмила ҳирраҳма нирраҳим" сөзлери менен турыңлар. Ата-анаңызға сәлем бериң, үйдиң тазалығына итибарлы болыңлар. Бир-бириңизге жаман гәп сөйлемеңлер. Егер усы бағдарда барсақ Сизлерден туўылатуғын урпақ руўҳый таза ҳәм күшли болып дүньяға келеди. Ол келетуғын урпақ сизлердиң келешегиңиз сол ушын сизлер таза ҳәм бир-бириңизге садық ҳадал болсаңлар олар да кәмил инсанлар болып қәлиплеседи. Мине усыған уқсас нәсиятлар ҳәм тәрбиялық сөзлер менен балаға ата қызға апасы үлги болып  барады. Бала ямаса қыз өзлериниң түсинбей жүрген шаңарақлы сөзлерин мурындық ата-апаларынан сорап толықтырып отырады. Бул мурындық ата сайлаў дәстүри тек бизиң халықта сақланған. Не ушын, себеби бабаларымыз урпақтың сыртқы ишки тазалығын, қанның бузылмаўын ҳасыл әўладты тәрбиялап барыў мақсетинде усы жолды қәлиплестирген. Мурындық ата менен апасы сондай дәрежеде үлги алатуғындай адамлар болыўы керек болған. Жүрис-турысы, сөйлеген сөзи, ишкен - жегенинде де балларына үлги болыўы шәрт. Тек атына ямаса маба ретинде мурындық ата сайлаў деген нәрсе ол алдаў яғный баллардың келешегин ўайран етиў деген сөз. Сен мурындық аталық ўазыйпаны мойныңа алдыңба. Оны толық орынлаўың керек. Егер орынламай қайта өзиң жаман үлги болар екенсең ертең қыяметте Алла алдында жуўап бересең. Егер мурындық ата-апа өз ўазыйпасын тақ-туйнақтай орынласа,  бирақ баллары  тыңламаса онда олардың обалы өзлерине болады

photo content

✍✍✍Нақыл -мақаллар Атаның силтеген соқпағы, Балаға мың гүзар жол. Үйдиң артында төбе болса, Ертлеўли аттай болар. Үй ишинде көп жасаған қарт болса, Жазыўлы турған хаттай болар. Ата-ананың тилин алған баланың, Мәртебеси ҳәр жерлерде оттай жанар. Жақсы перзент-сүйиниш, Жаман перзент- күйиниш. Жақсы ата жаман балаға қырқ жыл азық. Оңар үйдиң баласы онбесинде баспан дер, Оңбағанның баласы отызында жаспан дер. Ата-ананың ақылы, Сайрап жатқан жол менен тең, Ақыллының ақылы, Сарқылмайтуғын көл менен тең. Атаның ақылы пайдасыз болса, Қара сөзге қазан қайнамас. Дүнья ағып атырған булақ, Ата-ананың сөзи жағалай питкен қурақ. Адамның ардақлы адам болмағы, Сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан билинеди. Қарақалпақ фолклорынан 📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Базыда күлдим бахытлы сыяқлы, Базыда хәсиреттен өртендим Ана. Адамлардың жаманлығына... Мен шыдаўды үйрендим Ана. Хәмме мақта
Базыда күлдим бахытлы сыяқлы, Базыда хәсиреттен өртендим Ана. Адамлардың жаманлығына... Мен шыдаўды үйрендим Ана. Хәмме мақтап тәрийп әйлеген... Бахытты түсте көрген сыяқлы. Өмирдиң сум ойынларына Мен шыдаўды үйрендим Ана. Жан алқымға келип базыда... Сабыр кесем толды Анажан. Бәршесине, бәри-бәрине, Мен шыдаўды үйрендим Ана. Базыларға жақсылық қылып, Жаман деген ат алдым Ана. Дөхметлердиң тас боранына Мен шыдаўды үйрендим Ана.   ✍Кактус https://t.me/ibratli_sozler

📖 Шүкирлик айтыңлар адамлар.. ✍ Раўаж Отарбаев 🎙 Гүлчехра Аблакимовна https://t.me/ibratli_so'zler