cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Арал балықшысы

SHÓLKEMLESTIRIWSHILER:" Aral balıqshısı" gazetası redakciyası miynet jámááti http://redakciya.uz Арал балықшысы рәсмий веб сайты @Aralbaliqshisi_bot Арал балықшысы рәсмий телеграм боты

Show more
Advertising posts
368
Subscribers
+124 hours
+107 days
+2330 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Ҳаж қоидаларини бузиш қатъий жарима билан жазоланади Саудия Aрабистони Ички ишлар вазирлиги Ҳаж тартиб-қоидаларини бузганлар қаттиқ жазоланишини маълум қилди. Белгиланган муддатда Маккада, “Масжид ал-Ҳаром” атрофи, зиёратгоҳлар, Русайфа шаҳридаги Ҳарамайн бекати, хавфсизликни назорат қилиш марказлари, саралаш марказлари ва вақтинчалик хавфсизлик назорати марказларида Ҳаж тартиб-қоидаларини бузган қироллик фуқаролари, аҳолиси ва меҳмонлари 10 000 Саудия рияли ёки 2 666 доллар миқдоридаги жаримага тортилади. Қоидабузарлар ўз ватанларига депортация қилинади ва Қиролликка қайта киришлари тақиқланади. Ҳаж ва Умра вазирлиги зарур рухсатномаларсиз ҳаж қилиш ноқонуний эканини ва 50 минг Саудия риёли миқдорида жаримага олиб келишини таъкидлади. Бундан ташқари, тегишли рухсатномасиз зиёратчиларни олиб кетаётганда ушланганлар ҳам 50 000 СAР (13. 330 АҚШ доллари)гача жаримага тортилади. @effectuz
Show all...
  • File unavailable
  • File unavailable
#Хош хабар "Ҳамшира 2024 жыл"көрик таңлаўы өткерилди #Ағла мийирбийке"жеңимпазы Қарақалпақстан Республикасы ден-саўлықты сақлаў Министрлигине қараслы бәрше емлеў-профилактика мәкемелери ҳәм кәсиплик аўқам комитетлери тәрепинен "Ҳамшира 2024 -жыл" көрик таңлаўы өткерилиўи шөлкемлестирилди.  Мойнақ районы Медицина бирлеспесине қараслы барлық  бөлимлер арасында 1-басқышы  өткерилип, Хирургия бөлими мийирбийкеси Айнаш Маҳамбеталиева l-opынды ийеледи ҳәм Республикалық районлар арасында өткерилген "Ағла мийирбийке "көрик  таңлаўында lll-орын жеңимпазы болды. Арал балықшысы газетасы рәсмий каналы 👇👇👇👇👇 https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Ҳүрметли медицина тараўында хызмет етип атырған мийирбийкелер! Сизлерди «12-май – Халықаралық мийирбийкелер күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Халқымыздың денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеў жолында, өсип киятырған жас әўладты саламат етип камалға келтириўде ҳәм медициналық хызметти шөлкемлестириўде шыпакерлерге қол-қанат болып киятырған сиз – әзизлердиң мийнетлериңиз айрықша. Сизиң пидайылық пенен өз кәсибиңиздиң жуўапкершиликли ўазыйпаларын орынлаўдағы хызметиңизди халқымыз барқулла ардақлайды. Кәдирли мийирбийкелер, сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, жумысларыңызда тасқын табыслар, шаңарағыңызға аманлық машақатлы мийнетиңизде талмас күш-ғайрат тилеп қаламыз. Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
👍 1
  • File unavailable
  • File unavailable
#Хош хабар "Ҳамшира 2024 жыл"көрик таңлаўы өткерилди #Ағла мийирбийке"жеңимпазы Қарақалпақстан Республикасы ден-саўлықты сақлаў Министрлигине қараслы бәрше емлеў-профилактика мәкемелери ҳәм кәсиплик аўқам комитетлери тәрепинен "Ҳамшира 2024 -жыл" көрик таңлаўы өткерилиўи шөлкемлестирилди.  Мойнақ районы Медицина бирлеспесине қараслы барлық  бөлимлер арасында 1-басқышы  өткерилип, Хирургия бөлими мийирбийкеси Айнаш Маҳамбеталиева l-opынды ийеледи ҳәм Республикалық районлар арасында өткерилген"Ағла мийирбийке "көрик  таңлаўында lll-орын жеңимпазы болды.
Show all...
Байрам мүнәсебети менен өткерилген салтанатлы кешеде жерлесимиз Терапия бөлими үлкен мийирбийкеси (аға мийирбийке) Бахытгүл Каюпова 12 -майға ҚР кәсиплик аўқам тәрепинен сыйлықланды .
Show all...
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
“Ағла мийирбийке-2024” таӊлаўыныӊ Республика басқышы болып өтти https://qrdsm.uz/1058.html ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
Show all...
#ҚУТЛЫҚЛАЎ 💐💐💐💐💐 Әзиз ҳүрметли Мийирбийкелер,медицина тараўының пидайылары! Әзелден өзиниң билими,тәжирийбеси,көз нуры ҳәм пүткил барлығын инсанлар саламатлығын сақлаўдай ийгиликли иске бағышлаған Сиз әдиўли кәсип ийелерин бүгинги кәсиплик байрамыңыз-" 12 май Халқаралық Мийирбийкелер" күни  менен қутлықлайман! Бүгин елимизде денсаўлықты сақлаў тараўында мисли көрилмеген өзгерислер жүз бермекте. Бул өзгерислер жаңа Өзбекстанның  дүнья жәмийетшилиги ортасындағы абыройын асырыўы сөзсиз. Тараўда алып барылып атырған реформалар бүгин өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр. Халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын асырыў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди жетилистириў, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм басқа денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық- техникалық базасын раўажландырыў ҳәм беккемлеў, халықты зәрүрли дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийнлеў системасын жетилистириў бағдарындағы жумыслар  избе-излик пенен алып барылмақта. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 19 мыӊнан аслам ақ халатлы мийирбийкелер медицина тараўында халқымызға минсиз хызмет етпекте . Әлбетте олардыӊ арасында “Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў ағласы” көкрек нышаны менен сыйлықланғанлар көпшиликти қўрайды.Мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр жылы мийирбийкелер хызметлерине ылайық сыйлықланып келмекте... Дүньяда инсан саламатлығы ушын жуўапкер болған ҳәм шыпакер жанында оған жәрдемши болған, инсан өмириниң даўамлы болыўы ушын жан күйдириўге тайын  Сиз әзиз медицина хызметкерлерин бүгинги байрамыңыз бенен және бир мәртебе қутлықлайман! Ҳүрметли Президентимиздиң тастыйықлап өткениндей, "Халық медицина тараўына қаншелли исенсе, мәмлекетке де соншелли исенеди. Халық көрсетилип атырған медициналық хызметлерден разы болса, бүгинги сиясаттан да разы болады"... Солай екен,халық разылығы жолындағы пидайы мийнетлериңизде талмас куш-ғайрат,шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық, дәстурханыңызға қут берекет  тилеймен! М.И.Қурбанов ҚР Денсаўлықты сақлаў министри @qrdssm
Show all...
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы кубогы Мойнақ районлық басқышы жуўмақланды. Онда жеңимпаз болған командалар аймақлық басқышқа жолламаға ийе болды. Соның менен бирге, орын алған топарлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
  • File unavailable
Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы Мойнақ районлық басқышы жуўмақланды. Онда жеңимпаз болған командалар аймақлық басқышқа жолламаға ийе болды. Соның менен бирге, орын алған топарлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...