cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Арал балықшысы

SHÓLKEMLESTIRIWSHILER:" Aral balıqshısı" gazetası redakciyası miynet jámááti http://redakciya.uz Арал балықшысы рәсмий веб сайты @Aralbaliqshisi_bot Арал балықшысы рәсмий телеграм боты

Show more
Advertising posts
373
Subscribers
-324 hours
+77 days
+1730 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Район аймағының абаданлығы ҳәм тазалығы – халық саламатлығының тийкарғы факторы. Ал, оны сақлаў елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири. 👆Ҳүрметли пуқаралар! 👆Қала әтырапында, сондай-ақ, кѳше бойларында санитариялық жағдайларды жақсылаў, өзимиз жасап атырған әтираптың тазалығы, абаданлығын сақлаў мақсетинде ири ҳәм майда шақлы шарўа малларын тийисли тәртипте ветеринария қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ѳз қораларында бағыў яки ийеси қадағалаўында тийисли тәртипте белгиленген майданда жайыўы тийис. 👆Ири ҳәм майда шақлы шарўа маллары тәрепинен кѳше бойларында егилген мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин набыт (пайхан) қылынған ҳалатлары анықланған жағдайда қоршаған орталық, сондай-ақ, тәбиятқа келтирилген зыян ушын мал ийелерине тийисли тәртипте, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийкар ҳәкимшилик шаралары қолланылып, жәриймаға тартылатуғынлығын ЕСКЕРТЕМИЗ! muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
Мойнақ районлық Абаданластырыў басқармасы район турғынларына ескертиў жоллайды! Нызамшылықта ийт сақлаўға байланыслы талаплар бар. Бунда ийт ийелериниң мәжбүриятлары,  көп қабатлы турақ жайларда қалай сақлаў керек, көшелерде қалай алып жүриў кереклиги атап өтилген. Соның менен бирге, ийесиз ҳәм қаңғымай ийтлерди Абадандастырыў басқармасының Қараўсыз қалған ийтлерди тутыў бөлими хызметкерлерине тапсырыў белгиленген. Деген менен, көпшилик ийт ийелериниң бийпарықлығы себепли ийтлердиң топарласып орайлық көшелерде жүриўлери жәмийетимиз ушын, әсиресе, мектеп жасындағы балалардың мектепке барыўы ҳәм қайтыўында үлкен қәўип туўдырмақта. Жоқардағыларды есапқа алған ҳалда егер ийесиз ийтлердиң ҳәрекетлениў жағдайлары ушырасса, Мойнақ районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен оларды тутыў илажлары алып барылатуғынлығын ҳәм нызам талапларға бойсынбаў жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертеди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
Ит ва мушукларни сақлашга оид талабларни биласизми?

Яқинда каналда ит мушкуларни сақлаш учун қўшниларни розилигини олиш керак деган маълумотни ўқидим. Яна қандай талаблар қўйилган шу ҳақда...

02:58
Video unavailable
🏵️ МОЙНАҚ РАЙОНЫ “MOYNAQ SPORTÍ” рәсмий каналы атынан Спорт тараўынан жақсы нәтийже көрсеткен оқыўшыларды ХОШАМЕТЛЕЎ болып өтти
📌2023-2024 оқыў жылы
✅Бас қәўендеримиз: MOYNAQ_TORAQ
🎥Шахислам Жамалов 📷 Адильбек Бекпанов
⚡️Мойнақ районындағы соңғы спорт жаңалықлары, биринши бизде❕
✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети! Telegram | Instagram
Show all...
02:43
Video unavailable
12:00  26.05.2024 «Rally Muynak–2024” chempionatiga start berildi #Qoraqalpog‘iston muxbir: Muxtar Umbetov https://t.me/zamon_lavhalar
Show all...
САҒЫНДЫМ! Оқыған, алғаны, ең ағла билим, Биледи, балалар сөйлесиў тилин. Онысыз, саўатсыз қалғандай күним, Билим берген устазымды сағындым! Сыйласық, сәлеми үлги алғандай, Әдебиң бәрқулла, сабақ болғандай. Билимиң-тәрбияң, ядда қалғандай, Қәдирданым, устазыма табындым! Сабақты үйреттиң, ҳәргиз жалықпай, Әдебиң-икрамың, бәрше қанықтай. Әрманың орынлы, журтқа таныстай, Өмиримше, мен устазыма жағындым! Басыңда орамал, қолыңда сумка, Ойларың бизлерде, ушырассақ жолда. Келесиз классқа, журналың қолда, Ең әдиўли, устазымды сағындым! Жалықпадың, бақырмадың саспадың, Марапат керектей, ҳәдди аспадың. Менменсип ҳәргиз бир, толып-таспадың, Ең әлпайым, устазымды сағындым! Ядымда, ҳәр күни жумыс бабында, Көплеген шәкиртиң, әйне шағында. Күтемен, ҳәр жылы мектеп бағында, Устазларым, дийдарларын сағындым! Бийсенбай БЕКМУРАТОВ. 25.05,2024.
Show all...
👍 1
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
Moynaq rayonında “Jas huqıqtanıwshı” kórik tańlawı ótkerildi
Mámleketimizde barkamal áwladtı, jaslardı watansúyiwshilik ruwxında tárbiyalaw, olardıń sanasın hám huqıqıy mádeniyatın jánede asırıw, jaslar ortasında salamat básekini rawajlandırıw maqsetinde Moynaq rayonında “Jas huqıqtanıwshı” kórik tańlawı ótkerildi hám jeńimpaz bolǵan jaslar Moynaq rayonı Ishki isler bólimi tárepinen sıylıqlandı
https://t.me/tinishliq_saqshisi
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
03:12
Video unavailable
Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имараты алдында болып өтип атырған «PITKERIWSHI PARTY» кешесине Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм питкериўши жасларды бүгинги байрам менен қутлықлады. ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, жаслар турмысында үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин. Атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди. Бул ийгиликли ислер быйылғы жылда да даўам еттирилип, қосымша 6 мың 500 квота ажыратылыўы нәзерде тутылған. Питкериў кешеси йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
01:27
Video unavailable
00:52
Video unavailable
"Үлес қосыўға умтылыңлар! Бизлер ,дүньяға илим,билим руўхый байлық жеткерип берген уллы-уллы инсанлардың перзентлеримиз!" Бахтияр Менглибеков. #Соңғы қоңыраў кешеси районлық МҲМШББ қараслы 3-санлы мектепте салтанатлы өткерилди. Район ҳәкими Б.Менглибеков мектеп питкериўшилерин қутлықлап оларға келешекте районымызға, қала берсе Республикамызға  керекли инсанлар болып жетилисиўине ,  Мойнақ даңқын дүньяға танытатуғынына  исенимин билдирип айдын пәрўаз тиледи. Арал балықшысы газетасы рәсмий каналы 👇👇👇👇👇 https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy
Show all...
👏 1
Repost from Joqarǵi keńes.uz
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Президентимиздиң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Жоқарғы Кеңес Баслығы үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди. Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебин быйыл 35 оқыўшы питкерип, соннан 20 оқыўшы шет тилин билиў дәрежесиниң халықаралық ҳәм миллий сертификатына, 12 оқыўшы түрли пәнлерден миллий сертификатқа ийе болды. Соныда айрықша атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен жасларға үлкен итибар қаратылып, өз қәбилетин жүзеге шығараман деген жасларға бар мүмкиншиликлер жаратып берилди. Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылғы 6 дан 12 ге жетип, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 9 проценттен 41 процентке жеткерилди. Илажда соңғы қоңыраў қағылды. — Ўзб Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...