cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Shomanay isbilermenleri Sawda sanaat palatası

Ózbekstan Sawda-sanaat Palatasınıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması Shomanay rayonı bólimi Baylanıs ushın telefonlar: +99897 789-91-91 +99897 240-26-00 +99899 459-25-25 +99897 509 -00-16 Veb sayt: chamber.uz

Show more
Kazakhstan7 340The language is not specifiedNews & Media
Advertising posts
189
Subscribers
No data24 hours
-207 days
-12030 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
↗️↗️↗️↗️↗️ 📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ РЕСПУБЛИКАМЫЗ ТУРҒЫНЛАРЫ! 📣 ❗️Сизди Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилип атырған "Жаңа жыл қайырқомлық аукционы"на мирәт етемиз! 📆 Сәне: 27.12.2023 🕒 Ўақты: 15-00 📍Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, номерсиз жай. Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. ✔️ Аукционды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет - Нөкис қаласындағы «Мириўбет» үй-интернатының тәрбияланыўшылары болған имкәнияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Аукционға қойылатуғын ҳәр бир нағыс, ҳәр бир көринис көркем шығарма, автордың дөретиўшилик қәбилийети ҳәм өмириниң айнасына мегзейди. Аукцион шеңберинде төмендеги илажлар шөлкемлестириледи: •  «Мириўбет» үй-интернатының тәрбияланыўшыларының ықлас ҳәм өткир таланты менен жаратылған өнерментшилик өнимлери; •  Тәрбияланыўшылардың жүрек төринен алынған, әрманлары ҳәм ишки дүньясын терең сәўлелендириўши реңли картиналар ҳәм қол мийнети дөретпелери. Аукционнан  жыйналған  қаржылар имкәнияты шекленген ҳаял-кызларды қоллап-қуўатлаў, оларды жәмийетке масластырыў, қәбилийетлерин жүзеге шығарыў ҳәм жәмийеттеги белсендилигин арттырыў мақсетинде "Мириўбет" үй-интернаты есап-бетине өткериледи. ❗️Жаңа жыл қарсаңында эксклюзив өнерментшилик буйымларын сатып алыў арқалы, саўаплы иске өз үлесиңизди қосың! "Жаңа жыл қайырқомлық аукционы" на қатнасыў ушын исбилерменлер алдын-ала дизимнен өтиўи зәрүр. Дизимнен өтиў ҳәм аукционға қатнасыў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматларды +998 93 614-14-29 телефон номерлер арқалы ямаса [email protected] электрон мәнзили арқалы алыўыңызға болады. ✅ Келиң, биргеликте меҳирге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлап, жаңа жылда кеўиллерине нур бағышлайық! 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Show all...
👍 1
«ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ» БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАРДЫ ЖӘМЛЕСТИРДИ Елимиз жасларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардыӊ исбилерменлик тараўындағы белсендилигин еле де асырыў мақсетинде бүгин Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "Жас исбилерменлер форумы” шѳлкемлестирилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша кеӊесгѳйи Ж.Есмурзаев,  Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, Ѳзбекстан Жаслар Ислери Агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары М.Турсынов, бизнес тараўында жетискенликке ерискен жас исбилерменлер, ѳнерментлер ҳәм исбилерменликке қызығыўшы 300 ден аслам жаслар қатнасты. Илажда айтып ѳтилгениндей, соӊғы жылларда жаслар ушын жаратылып атырған кеӊ кѳлемли имкәният ҳәм шәрт-шәраятлар, олардыӊ оқып үйрениўлери, искерлик кѳрсетиўлери ушын қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық тек ғана жерлеслеримиздиӊ емес, пүткил дүнья жәмийетшилигиниӊ итибарында екенлиги сыр емес. Форум даўамында жаслар киши бизнес ушын арнаўлы әсбап-үскенелер, Қарақалпақстанлы исбилерменлер ҳәм ѳнерментлер тәрепинен ислеп шығарылған товарлар ҳәм ѳнимлер кѳргизбесине қатнасыў имкәниятына ийе болды. Буннан соӊ, жас болыўына қарамастан исбилерменлик тараўында кѳп ғана жетискенликке ерискен, жәмийетте ѳзлериниӊ танымалы брендине ийе жас бизнес ийелери қатнасында мастер-класс шѳлкемлестирилди. Дәслеп, спикерлер ѳз исбилерменлигин қалай баслағанлығы, қыйыншылықларды калай жеӊип ѳткенлиги ҳаққында айтып, бизнес тараўында жетискенликке ерисиў бойынша пикир-усынысларын билдирип ѳтти. Илаж мәденият тараўы ўәкиллери қатнасында концерт бағдарламасы менен даўам етти. 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ХАБАРЛАНДЫРЫЎ 📣 ❗️Усы жылдыӊ 20-декабрь күни Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасында елимиз жасларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардыӊ исбилерменлик тараўында белсендилигин еле де асырыў мақсетинде “ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ” болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! Илажда жетискенликке ерискен жас исбилерменлер қатнасында мастер-класслар, жергиликли исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған ѳнимлер ҳәм миллий кийимлер кѳргизбеси, бизнес тараўы бойынша пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў сондай-ақ, концерт бағдарламалары шѳлкемлестириледи. Республикамыздыӊ барлық жасларын “ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ” на белсене қатнасыўға шақырамыз! 🕙 Ўақыты: 2023-жыл 20-декабрь саат 09:30 да. 📍 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). Байланыс ушын телефонлар: ☎️+998(61) 222-15-02 ☎️+998(61) 222-05-95 ☎️+998(93) 614-14-29 Жасларымыз ушын жаратылып атырған бүгинги имкәният – елимиздиӊ раўажы ушын беккем қанат! 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Show all...
1
Repost from Press_Shomanay
⚡️“Xoshamet – 2023” sıylıǵı... “Jıldıń eń belsendi jaslar máseleleri boyınsha hákim orınbasarı” nominaciyası menen Xojeli rayonı hákimi orınbasarı X.Xalmuratovqa, “Jıldıń eń belsendi sektor basshısı” nominaciyası menen Nókis qalası prokurorı R.Bawaddinovqa, “Jaslarǵa eń kóp kredit ajıratqan hákim járdemshisi” nominaciyası menen Nókis qalası “Shımbay gúzarı” máhállesinen R.Tolepovqa, “Jıldıń eń belsendi sportshısı” nominaciyası menen G.Perdebaevalarǵa Qaraqalpaqstan Respublikası Jaslar siyasatı hám sport ministri A.Allanazarov tárepinen sıylıq saltanatlı tapsırıldı. Oliy Majlis Senatınıń aǵzası U.Jálmenov hám Máhálle hám kámbaǵallıqtı qısqartıw ministri S.Turmanovlar tárepinen “Jaslardı tárbiyalawdaǵı belsendiligi ushın” N.Galiakberovqa, “Jıldíń eń belsendi jas reportyorı” Sh.Bazarbaevaǵa, “Informaciyalıq texnologiyalar tarawındaǵı jıldıń eń belsendi jası” Sh.Jaksulikovqa, “Jıl jańalıǵı” nominaciyası menen “Digirman shou” joybarína saltanatlı túrde tapsırıldı. Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Ушбу мақсадларни амалга ошириш учун Инвестициялар, саноат ва савдо вазирлигининг ҳозирги тизимини қайта кўриб чиқиб, ҳудудларда ишлаб чиқариш, саноат зоналари ва экспорт масалаларини Савдо-саноат палатасига ўтказиш зарурлиги қайд этилди. Бу орқали лойиҳа қилиш ва экспорт тизими давлатдан тадбиркорлар ўзини-ўзи бошқарадиган ташкилотга ўтказилади. Бу тадбиркорларнинг талаб ва истакларига қулоқ солиш, улар билан яқиндан ҳамкорлик қилиб, муаммоларини ҳал қилиш мақсадида қилинмоқда. Шунингдек, Инвестиция вазирлигининг вилоят ва туман бўлимлари тугатилади. Ҳудудларда ушбу вазифалар билан Савдо-саноат палатасининг лойиҳа қиладиган ва экспортга кўмаклашадиган мутахассислари шуғулланади. Экспорт агентлиги ва жамғармаси, “Ўзбекэкспертиза” ташкилоти ҳам Савдо-саноат палатаси тизимига ўтади. Ишлаб чиқариш, экспорт ва брендларга бериладиган грант, субсидия ва бошқа имтиёзлар палата орқали эгасига очиқ-ошкора ва шаффоф бериладиган тизим жорий қилинади. Facebook|Instagram|Twitter
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️2024-жылдан баслап фирмалардың мал-мүлк салығы көтериледи 2024-жылдың 1-январынан баслап юридикалық шахслардан (фирма, кәрхана ҳ.т.б.) алынатуғын мал-мүлк салығының тийкарғы ставкасы (1,5%) сақлап қалынған халда салық базасын анықлаўда 1 кв.м. ушын орнатылған минимал қун көтерилип, төмендеги муғдарларда белгиленбекте: ✔️Ташкент қаласы ушын – 3 млн сум (ҳәзир 2,5 млн сум); ✔️Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары ушын – 2 млн сум (ҳәзир 1,5 млн сум); ✔️басқа қалалар ҳәм аўыллық жерлер ушын – 1,2 млн сум (ҳәзир 1 млн сум). ❗️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлар Кеңеслери усы бәнтте көрсетилген ең кем қунға районлардың экономикалық раўажланыў жағдайына қарап 0,5 ке шекем болған азайтыўшы коэффициент киргизиўи мүмкин. ☝️Бул салықтың пуқараларға (физикалық шахсларға) байланысы жоқ, пуқаралардың мал-мүлк салығы ставкасында ҳәзирше өзгерис жоқ. (дерек) 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери 📍 Әмиўдәрья районы  ☎️ 61 515-34-49 ☎️ 61 515-32-31 📍 Беруний районы ☎️ 61 524-22-60 ☎️ 61 524-26-10 📍 Қараөзек районы ☎️ 61 465-43-69 ☎️ 61 465-40-59 📍 Кегейли районы ☎️ 61 412-23-35 ☎️ 61 412-25-85 📍 Қоңырат районы ☎️ 61 312-15-42 ☎️ 61 312-36-36 📍 Қанлыкөл районы ☎️ 61 332-13-24 ☎️ 61 332-17-33 📍 Мойнақ районы ☎️ 61 322-12-97 ☎️ 61 322-16-86 📍 Тахтакөпир районы ☎️ 61 435-27-75 ☎️ 61 435-27-75 📍 Төрткүл районы ☎️ 61 532-21-44 ☎️ 61 532-52-88 📍 Хожели районы ☎️ 61 554-11-26 ☎️ 61 554-32-13 📍 Шымбай районы ☎️ 61 444-03-58 ☎️ 61 444-33-03 📍 Шоманай районы ☎️ 61 346-24-73 ☎️ 61 346-25-39 📍 Елликқала районы ☎️ 61 585-11-49 ☎️ 61 585-22-08 📍 Нөкис районы ☎️ 61 424-42-52 ☎️ 61 424-44-74 📍 Тақыятас районы ☎️ 61 572-22-91 ☎️ 61 572-42-84 📍 Бозатаў районы ☎️ 61 415-36-13 ☎️ 61 415-37-03 📍 Нөкис қаласы ☎️ 61 222-88-46 ☎️ 61 222-70-79 @Begjapjaslari
Show all...
👍 1
Ѳрт ақыбетинде келип шыққан сынаўлы күнлер... ❗️Ассалаўма әлейкум ҳүрметли пуқаралар ҳәм Республикамыз турғынлары! Усы жылдыӊ 12-декабрь күни түнги саат 23:00 лер әтирапында Қоӊырат районыныӊ “Жиӊишке” МПЖ аймағында жасаўшы напақадағы апамыз Қудайбергенова Аққанша апаныӊ үйинде тилсиз жаў - ѳрт келип шықты. Келип шыққан ѳрт ақыбетинде үй ишиндеги барлық хожалық буйымлары, ҳүжжетлери жанып күлге айланды. Шаӊарақ ағзалары ѳрттен аман алып шығылды. Әйне ўақытта олар жақынлары ҳәм туўысқанларыныӊ үйлеринде жасап атыр. Қыраўлы қыс айында тосаттан келген бул сынаўлы күнлерден мәрдана ѳтип алыўы ушын Аққанша апаныӊ шаӊарағына қолдан келгенинше жақыннан жәрдем бериўиӊизди ҳәм бул мағлыўматты барлық телеграм топарларға максимал рәўиште тарқатыўыӊызды сораймыз! Байланыс ушын телефон номерлер: +998 (93) 845-11-24 Уракбаев Қуўанышбай (Аққанша апаныӊ баласы) (Аққанша апаныӊ ақлығыныӊ атына ашылған пластик карта номерлери) ✅ 9860 1201 8807 7313 Сәрсенбаев  Жанполат
Show all...
👍 1🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
🔥 ЭКСКЛЮЧИВНЫЕ СЕМИНАРЫ ОТ SECURITON AG: ИННОВАЦИИ В БЕЗОПАСНОСТИ! 📅 14-15 декабря 2023 года Уважаемые коллеги и профессионалы в области безопасности! 🚀 Михаил Елисеев, маркетинговый директор Securiton AG (Switzerland, securiton.com), Эксперт в области аспирационных дымовых пожарных извещателей - приглашает вас на два онлайн-семинара: 1️⃣ 14 декабря 16:00 (UZ)- Аспирационные извещатели (ASD): Первые сигналы пожара 2️⃣ 15 декабря 16:00 (UZ)- Проектирование ASD: Нормативы и технологии требуется предустановка ПО ASD PipeFlow 📍 Формат: онлайн -ZOOM 🚀 Почему это для вас? 🔥 Почему это важно? 📌 ASD против обычных извещателей: Получайте оповещение ДО возгорания, а не после того, как огонь разгорится! 🌐 Опыт и инновации: Будьте шаг впереди! 📣 Внедряйте инновации в свои проекты! Обеспечьте безопасность сегодня! Используйте ASD для максимальной безопасности. 📣 Не упустите шанс узнать о последних технологиях в области безопасности! 🚀 🔐 Регистрация по ссылке: СЮДА
Show all...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
ДҮНЬЯНЫ ЖАҚСЫЛЫҚ ҚУТҚАРАДЫ! ▪️▪️▪️▪️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Республикамызда ғалабалық түрде "Меҳир ҳәрекети" жойбарына старт берилди. Жойбардыӊ тийкарғы мақсети – Республикамыздыӊ жәрдемге мүтәж ҳәм де кем тәмийинленген халық қатламының қыс мәўсиминен қәўип-қәтерсиз шығыўын тәмийинлеп, оларға жақыннан жәрдем бериўден ибарат. Солай екен, Республикамызда искерлик жүритиўши исбилерменлерди ҳәм заманласларымызды “Меҳир ҳәрекети” жойбарында Биз бенен бирге белсендилик кѳрсетиўге шақырамыз! Жойбар арқалы Сиз кѳп балалы, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаӊарақларға азық-аўқат, кийим-кеншек, үй хожалығы буйымларын саўға етиў арқалы ҳәм имкәниятыӊыз шеӊберинде материаллық жақтан басқа да жәрдемлерди кѳрсетиўиӊиз мүмкин. Сизиӊ бүгинги көмегиӊиз ҳәм саўаплы ислериӊиз жәрдемге мүтәж инсанлардыӊ кеўиллерине және бир мәрте нур уласыўға түртки болары сѳзсиз! “Меҳир ҳәрекети” жойбарында өз үлесимди қосаман деген исбилерменлик субъектлерин ҳәм елимиз пуқараларын тѳмендеги телефон номерлерине қоӊыраў етип байланысыўын сораймыз: ☎️+998(61) 222-15-02 ☎️+998(61) 222-05-95 ☎️+998 (93) 614-14-29 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Show all...