cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Show more
Advertising posts
103 946
Subscribers
-35624 hours
-2 1307 days
+1 83730 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

🇪🇺 Бүгин Чемпионлар лигасының екинши ярым финал беллесиўи болып өтеди Бул ойынды сиз «KARSPORT • TV» телеграм каналы арқалы өзиңизге қолайлы тилде тиккелей эфирде көрсеңиз болады! 🇩🇪 «Боруссия Дортмунд» ─ «ПСЖ»🇫🇷 🏟 «Сигнал Идуна Парк» 🕓 00:00 🟠🟠🟠🟠🟠🟠 ➡️ Ойынды көриў ➡️ Ойынды көриў
Show all...
Қарақалпақстанлы 8 жетекши ТОП-100 жаслар жетекшилери рейтингинен орын алды 2024-жылдың I шереги даўамында мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар жетекшилериниң ТОП-100 рейтинги анықланды. Бул дизимге Қарақалпақстан Республикасынан жәми 8 жетекши киргизилген. Олар: • Гоззал Жақсымуратова — Нөкис қаласы, «Жас әўлад» МПЖ жаслар жетекшиси; • Жанар Хожанова — Нөкис қаласы, «Ватанпарвар» МПЖ жаслар жетекшиси; • Шохрух Исмоилов — Беруний районы, «Саркоп» АПЖ жаслар жетекшиси; • Алишер Ҳасанов — Қоңырат районы, «Қаңлы» АПЖ жаслар жетекшиси; • Темур Муратбаев — Қанлыкөл районы, «Мәденият» МПЖ жаслар жетекшиси; • Раўшанбек Жанибеков — Төрткүл районы, «Шодлик» МПЖ жаслар жетекшиси; • Батыр Умаров — Хожели районы, «Жайҳун» ППЖ жаслар жетекшиси; • Дамир Бийимбетов — Шымбай районы, «Кеңес» АПЖ жаслар жетекшиси. Мағлыўмат орнында атап көриў керек, усы рейтинг нәтийжелери ҳәр шеректе жаңаланып барылады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
«FARUS» натяжной паталок фирмасы сизге еӊ сапалы, еӊ заманагой дизайндағы, тез тайын болатын, жанеде еӊ қолайлы баҳадағы натяжной потолокларды усыныс етеди🔥🔥 Егер сиз бизге 2 яки одан коп комнатаңызга натяжной паталок ислетсеңиз 1 жалюзи  бизден сизге бонус етип бериледы✅✅ Фирмамыз өнимлери ушын ҳүжжетли түрде 10 жыллық кепиллик береди. Егер буйыртпаӊыз кеӯлиӊизден шықпаса пулыӊыз толық қайтарылыды🤝🤝 Бизде профессионал дизайнерлерден консультация алыӯ, өлшем алыӯ ҳәм орнатып бериӯ хизметлери БИЙПУЛ✅✅ Телеграм группамызда ҳәр түрдегы каталогларымызды көрсеңиз болады📉 https://t.me/FARUS_GROUP Instagram📱 https://www.instagram.com/farus_uz?igsh=MXZ0Mm91Zjdnb25mMg== Мағлыўмат ушын телефон номерлер⤵️ Нөкис 📍 +998995451500☎️ +998904242040☎️ +998932422040☎️ Қоңырат📍 Тел +998944514170☎️ +998941381500☎️ ⚜️Гранд жалюзи перделеры⚜️ Тел +998975087007☎️ +998913897007☎️ 📢📢📢📢📢
Show all...
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди. Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта. Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз. 😊 ✈️ Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Қазақстан пайтахты Астанада 1-май күни қар жаўды 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
АҚШта жумыс ислеп жүрген шахс лотереяда 1,3 млрд доллар утып алды Америкадағы Powerball лотереясында Лаослы жумысшы жеңимпаз болды. Ол ҳәзирги ўақытта аўыр қәстеликтиң соңғы басқышын басынан өткерип атыр. Лотереядағы пулды бир жола алыў ушын ол салықлар себепли утыстың үлкен бөлегин жоғалтыўға да разы болған. Нәтийжеде оған барлық ғәрежетлерден тысқары 422 миллон АҚШ доллары қалған. Ол бул пулға өзи ушын жақсы шыпакер жаллаўын ҳәм шаңарағына ғамхорлық етиўин айтып өткен. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
«CLEVER» шөлкеми микрокредит хызметин усынады!           КРЕДИТ 3-СААТТА ШЫГАДЫ Маселен той бериуге яки басқа керекли мутажинизге алсанызда болады Оны 10 кунде яки 1 айда кайтарсанызда болады тек алган куниниз ге процент косылады Жыллык пайызы 35% ке туры келеди. Ягный айына орташа 3,7% пайыз. Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз. Кредит 10 млн 100 млн ға шекем 6 айдан 2 жыл мүддетке бериледи. КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР: Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты; Машинаның техпаспорты; Пластик карта; Нотариусқа 970 мың сум төлем. БАСҚА ТӨЛЕМ ЖОҚ!!! МАСЕЛЕН 1 ЖЫЛДА 10 млн ды 13,8 млн 20 млн ды 27,7 млн 30 млн ды 41,6 млн 35 млн ды 48,5 млн 40 млн ды 55,5 млн 45 млн ды 62,4 млн 50 млн ды 69,4 млн Етип айма ай график бойынша кайтарасыз Телефон: +998930002221 +998977890782 +998907003777 Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги. 📢📢📢📢📢
Show all...
❗️Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын жәрдем пул муғдары көбейди ✅ Президенттиң 27.02.2024-жылдағы ПҚ-88-санлы қарарына тийкар 1-майдан баслап: 🔹 протез ҳәм реабилитация қуралларын сатып алыў ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж адамларға берилетуғын пул муғдары 3 есеге, пулы қаплап берилетуғын реабилитация қуралларының түрлери 10 есеге шекем арттырылады; 🔹 майыплығы болған шахсларға протез ҳәм реабилитация қураллары қосымша ҳүжжетлерсиз бериледи; 🔹 майыплық топары болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медициналық социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасы арқалы бериледи. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
1-майдан баслап нызамшылықта нелер өзгереди? ➡️Айрықша жағдайларда волонтёрлар топары дүзиледи; ➡️Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр ай минимал тутыныў ғәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем көрсетиледи; ➡️Айырым дәрья өзенлеринде қум-майдаланған тас қазыўға мораторий енгизиледи. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Нызамға қайшы түрде жерге ийелик етип болмайды Халық санының артыўы көбейиўи үй-жайға болған талабының артыўына себеп болады. Бул болса өз гезегинде жер майданларын өзлестириў, оннан имарат қурыў ямаса егислик сыпатында пайдаланыўға алып келеди. Бүгинги күнде Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2024-жыл басынан усы күнге шекем 1 008 жағдайда  128,6 гектар өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды. соннан; ◼️ 573 жағдай 87,1 гектар ықтиярий сапластырылды. ◼️Суд органларына 156 жағдай 5,6 гектар бойынша даўа арзалары жиберилди. ◼️Прокуратура органларына 13 жағдай 0.3 гектар жиберилди. ◼️Қалған 279 жағдайды сапластырыў илажлары көрилмекте. Ҳәзирде айырым пуқараларымыз тәрепинен “қурылысы бар болса рухсат бериледи екен” деп бос жерге тезирек имарат қурыў жағдайлары гүзетилип атыр. Ҳүрметли пуқаралар!!!
‼️Ескертип айтыўымыз керек, нызам жойбарында 2018-жыл 1-майға шекем қурылған объектлер көрип шығылады деп көрсетилген. Егерде қурылма өзбасымшалық пенен белгиленген ўақыттан кейин қурылған болса, бундай имаратлар белгиленген тәртипте сапластырылады ҳәм ҳәкимшилик және жынайий жуўапкершиликке себеп болады.
Сол себепли, пуқараларымыздан өзбасымшалық пенен жерлерди ийелемеўин ҳәм оған имарат қурмаўын сорап қаламыз. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...