cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Dembermes.uz

🌐 Жаңаша, креатив ҳәм оператив усылда жумыс алып барыўшы исенимли канал. 📶 Информацияның жаңаша толқынын биз бенен қарсы алың. 📬 Байланыс ушын: @dembermesuzbot

Show more
Kazakhstan4 048Kazakh1 352The category is not specified
Advertising posts
895
Subscribers
-124 hours
-157 days
-5630 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
Ўзбекистонда 2023-йил қайси ҳудуд раҳбари фаол ҳаракат қилиб, муаммоларни тезда ҳал қилиб, фаол ишлаган, аҳолининг талаб ва истакларини амалга оширишда етакчи бўлган «Энг фаол ишлаган ҳудудий раҳбарни» аниқланг! Сўровнома 17- Октабр 23:59гача давом этади 👉 ОВОЗ БEРИШ
Show all...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
👍 1🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
🏃‍♂️ Ҳүрметли пуқаралар! Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлеринде шөлкемлестирилген ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерлерине мүрәжат етсеңиз болады. 📞Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (61) 222-26-14 📞Нөкис қаласы (61) 222-89-77 📞Шымбай районы (61) 444-21-13 📞Бозатаў районы (61) 415-37-17 📞Кегейли районы (61) 412-15-85 📞Қанлыкөл районы (61) 332-17-00 📞Хожели районы (61) 554-10-34 📞Нөкис районы (61) 424-39-82 📞Беруний районы (61) 524-21-45 📞Төрткүл районы (61) 532-20-37 📞Елликқала районы (61) 585-27-11 📞Әмиўдәрья районы (61) 515-38-01 📞Тахтакўпир районы (61) 435-23-85 📞Қараөзек районы (61) 465 55 17 📞Тақыятас районы (61) 572-23-63 📞Шоманай районы (61) 346-24-73 📞Қоңырат районы (61) 312-16-41 📞Мойнақ районы (61) 322-23-05 🗃Мүрәжатлар ҳәптениң дүйшемби-жүма күнлери аралығында саат 09:00 ден 18:00 аралығында қабыл етиледи
Show all...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
❓Супер-контракт муғдары қанша? Қосымша контракт муғдары тийисли бағдар ушын белгиленген контракт муғдарынын келип шығып анықланады: ▫️1 баллға шекем жетпеген болса – 1,5 есе; ▫️1,1 баллдан 2 балға шекем жетпесе – 2 есе; ▫️2,1 баллдан 3 балға шекем жетпесе – 2,5 есе; ▫️3,1 баллдан 4 балға шекем жетпесе – 3 есе. Мысалы, әпиўайы контракт пулы 10 млн сум. Кириў балы 140 балл болып, абитуриент 139 балл топлаған болса супер-контракт пулы әпиўайы контракттың 1,5 есесин, яғный 15 млн сумды қурайды. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Рәсмий: ЖООларда сабақ процесслери 4-сентябрьден басланады, 31 ЖООда сабақ ўақты өзгерди Ташкент қаласындағы метро бәндиргисине жақын болған 31 ЖООда тығылыс есапқа алынған ҳалда сабақлардың басланыў ўақты өзгертилди (сүўретке қараң). Студентлер ушын оқыў жылы 4-сентябрьден басланады. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
Әмиўдәрьядағы 2 мектептиң вариатив класс оқыўшылары 100 процентлик көрсеткиш пенен оқыўға кирди Әмиӯдәрья районындағы 40-санлы ҳәм 56-санлы мектептиң 11-вариатив класс питкериўшилери 100 процентлик көрсеткиш пенен студент болыў бахтына еристи. Бунда, 40-санлы мектептиң 11-г класын 27 оқыўшы питкерген болып, соннан грантлар – 8, төлемли контракт – 19. Буннан тысқары, 56-санлы мектептиң 11-в класын 25 оқыўшы питкерген, грантлар – 11, төлемли контракт – 14. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Шымбайда 170 м² майданға нызамсыз фундамент тиклеген пуқара анықланды Шымбай районындағы «Гүлистан» МПЖ аймағында жасаўшы пуқара Н.А. 170 м² майданға нызамсыз түрде фундамент тиклегени анықланды. Бул жағдай судтиң қарары тийкарында сапластырылған. Еслетип өтемиз, өзбасымшалық пенен қурылған ҳәр қандай объект ушын пуқараларға БЕМниң 150 есеси, Лаўазымлы шахсларға БЕМниң 300 есесине шекем жәрийма қоллаўға себеп болады. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Жумыстан босаў напақасы кимлерге бериледи? 💰Мийнет кодексиниң 173-статьясына муўапық, жумыстан босаў напақасы хызметкер менен мийнет шәртнамасын айрықша тийкарларға бола бийкар етилгенде хызметкерге төленетуғын бир мәртелик төлем. Хызметкер төмендеги жағдайларда жумыстан босатылғанда оған жумыстан босаў напақасы төленеди: 👉 жумыс бериўшиниң басламасы менен босатылғанда (хызметкердиң айыплы ҳәрекетлери менен босаўынан басқа); 👉 Кодекстиң 168-статьясының биринши бөлими 1,2,6,9-бәнтлеринде көрсетилген тәреплердиң ықтыярына байланыслы болмаған жағдайларда босатылыўы; 👉 хызметкер жаңа мийнет шәртлери бойынша жумысты даўам еттириўден бас тартқанлығы себепли босатылыўы; 👉 хызметкердиң ден саўлығына байланыслы басқа жумысқа өтиўинен бас тартыўы ямаса жумыс бериўшиде басқа жумыс орны болмағанлығы себепли босатылыўы; 👉 хызметкер жумыс бериўши менен бирге басқа жердеги жумысқа көшиўден бас тартқанлығы себепли босатылыўы; 👉 баслық өзгергенлиги, кәрхананың қайта дүзилгенлиги, жоқары турыўшы кәрхананың өзгериўи себепли хызметкер жумысты даўам еттириўден бас тартқанлығы себепли босатылыўы. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
01:45
Video unavailableShow in Telegram
Енди 1-курс студентлери жатақханаға жайласыў нәўбетин онлайн көрип барыўы мүмкин Енди студентлерди жатақханаға жайластырыў Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса my.gov.uz порталы арқалы әмелге асырылады. Бунда гезекти онлайн көрип барыў ҳәм төлемлерди әмелге асырыў мүмкиншилиги бар. 2023-2024-оқыў жылында бул хызметтен тек ғана 1-курс студентлери пайдаланыўы мүмкин. Олардың арзалары 20-августтен баслар қабыл етиледи. Жоқары курс студентлери болса арзаларды 25-августтен алдынғы тәртипте тапсырады. Толық мағлыўмат пенен видео арқалы танысың. ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстандағы 17 мектепте 2 шет тили ҳәм 1 кәсип-өнерге оқытыў жолға қойылады Усы оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде оқыўшыларды бир кәсип-өнерге үйретиў әмелияты жолға қойылады. Оқыўшыларға үйретилетуғын 2 шет тили, кәсип-өнер ҳәм олар әмелияты жолға қойылатуғын улыўма орта билим бериў мектеплериниң дизими қәлиплестирилди. Оған бола, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде «Кәсиплик тәлим» пәни ушын ажыратылған оқыў саатлары оқыўшыларға үйретилетуғын кәсип-өнер түринен келип шыққан ҳалда бөлистириледи. Оқыўшыларға үйретилетуғын кәсип-өнер түри ҳәм олар әмелияты жолға қойылатуғын Қарақалпақстандағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң дизими менен жоқарыдағы сүўрет арқалы танысыўыңыз мүмкин. (#) ⚡️ @dembermes_uz — ең әҳмийетли, оператив, рәсмий хабарлар каналына қосылың!
Show all...