cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Қарақалпақстан ҳаўазы

Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир. Мүрәжатлер ушын: @Sadaxaliq_bot Реклама: @Qrhawazi_admin

Show more
Advertising posts
9 135
Subscribers
-324 hours
-257 days
-34330 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Арнаўлы ракурс Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: 3 күнде 15 талқылаў. ТХИФ жуўмағында 26,6 млрд долларлық шәртнамаларға қол қойылды. Сырт ел инвесторлар кеңесиниң екинши мәжилиси Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻 https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Show all...
❗️Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды 📑 Ҳүкимет қарарына муўапық, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген. ☑️ Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек. ☝️ Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы ямаса ўақытша дизимде турған орындағы районлық (қалалық) жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады: ➖ пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы; ➖ мийнет дәптершесинен (электрон мийнет дәптершеси) көширме; ➖ орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом. (#) Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻 https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Show all...
1
⚡️✈️ “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы 1-июнь күнинен баслап Нөкис-Алмата-Нөкис жөнелиси бойынша авиақатнаўларды жолға қоймақта Рейслер ҳәптериң сәршемби ҳәм шемби күнлери төмендеги график бойынша әмелге асырылады: ✈️Нөкистен ушып кетиў саат 10:05; ✈️Алматаға жетип келиў саат 12:15; ✈️Алматадан ушып кетиў сааи 13:15; ✈️Нөкиске жетип келиў саат 15:45; Бир тәрепке авиабилет бахасы 1 064 000 сумдан, Нөкис – Алмата – Нөкис жөнелиси бойынша болса 1 849 000 сумдан басланады. Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻 https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Show all...
7👍 2
2-5-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен «Шығыс әтиргүли» VII халықаралық таңлаўында Нөкис қалалық 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң "Арал жигитлери" ансамбли биринши, "Әмиў гүллери" ансамбли екинши орынды ийеледи. Тақыятас районлық 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң "Шуғла" ансамбли 2-5-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен "Калейдоскоп Шахерезады" таңлаўында биринши орынды ийеледи. Каналға ағза болың: 🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Show all...
👍 12 7👏 3
Тайынлаў Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевич — Нөкис кәншилик институты директорының жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары етип тайынланды. Каналға ағза болың: 🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Show all...
👍 12🤩 1
“Odamni itdan balandroq ko‘rishni boshlamas ekan, ayolim poyezdga chiqmaydi” – jurnalist “O‘zbekiston temiryo‘llari” haqida “Nukus–Samarqand” yo‘nalishida poyezdda yo‘lovchi sifatida kelgan jurnalist Isomiddin Po‘latov “platskart”dagi sharoitlar haqida yozib, vagonlardagi manzarani qo‘rqinchli tushga o‘xshatdi. “O‘zbekiston temiryo‘llari” bu haqda o‘ylaguncha asrlar o‘tib ketmasa bo‘ldi. Chunki “katta”larning xotini, qizlari bu vagonlar haqida tasavvurga ega emas, deb yozadi u. “Jomboy tongi” gazetasi bosh muharriri Isomiddin Po‘latov o‘zbekistonliklarga ayoli va qizini poyezdga chiqarmaslikni tavsiya qildi. U bunga sabab sifatida poyezdlarning “platskart” vagonlarida sharoit yo‘qligini keltirgan.  @generalissimus_uzb
Show all...
👍 23 1🔥 1
Талан-тараж етиў жынаяты: Беруний районы МШББ ҳәм ӨзР Майыплар жәмийети ҚР бөлими “A.-B.” УКның лаўазымлы шахслары 2022-жыл даўамында жәми 589,3 млн. сўм бюджет қаржыларын талан-тараж еткенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған. Алдаўшылық жынаяты Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 26-апрель күни пуқара М.Ш.ның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Р.Н. арза ийеси М.Ш.ның исенимине кирип, 40.000.000 сўм есесине таныслары арқалы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў илимий орайына мийирбике лаўазымына жумыска киргизип бериўди ўәде етип, усы пулларды алған ўактында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти ҳәм 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған. Электр энергиясын пайдаланыў кағыйдаларын бузыў жынаяты анықланды. «Қарақалпақ аймақлық электр тармаклары» АЖ аймақлық филиалы лаўазымлы шахслары өзбасымшалық пенен электр энергиясынан нызамсыз пайдаланып, жәми 998 млн. 40 мың сўм муғдарында зыян жеткергенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 4-бөлими менен жынаят иси қозғатылған. Каналға ағза болың: 🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Show all...
👍 6
📣📣📣HÚRMETLI, QARAQALPAQSTAN JASLARÍ! BÁRSHEŃIZDI 10-MAY, SAAT 18:00 DE NÓKIS AMFITEATRÍNDA BOLÍP ÓTETUǴÍN «BOZATAW FEST — JASLAR HAWAZÍ» FESTIVALÍNÍŃ SALTANATLÍ ASHÍLÍW MÁRESIMINE MIRÁT ETEMIZ. KESHEMIZ MIYMANLARÍ: SARDOR TOIROV, DILNOZA HAKIMOVA HÁM QARAQALPAQ JULDÍZLARÍ. BOZATAW QÁBILETLILERDI JÚZEGE SHÍǴARADÍ! BÁRSHENI KÚTEMIZ 🤗🤗🤗 Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Show all...
👍 2👏 2
❗️Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи ✅ Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады. ❗️Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады. 💰Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи. (#) Каналға ағза болың: 🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Show all...
👍 8🤩 1
Бабажанов Ибрахим Сайлаўбаевич – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлери басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымына; Хамдуллаев Бахадыр Уразбай улы – “Қарақалпақ суў тәмийнети” акционерлик жәмийетиниң мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымына тайынланды. Каналға ағза болың: 🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Show all...
😱 9👍 4😐 2