en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 786 subscribers, ranking 4 322 in the Religion & Spirituality category and 448 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 786 subscribers.

According to the latest data from 12 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -259 over the last 30 days and by 1 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.31%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.91% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 319 views. Within the first day, a publication typically gains 3 741 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 45.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 13 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 786
Subscribers
+124 hours
-307 days
-25930 days
Posts Archive
Ойлы жигит жақсы билимпаз келер, Айтқан гәплерине түсимпаз келер. Ақыллы адам сөз ертпейди изине, Шөп салмас ярының ҳәргиз из
Ойлы жигит жақсы билимпаз келер, Айтқан гәплерине түсимпаз келер. Ақыллы адам сөз ертпейди изине, Шөп салмас ярының ҳәргиз изине. ✍Бердақ Ғарғабай улы https://t.me/ibratli_sozler

2_5285249268259516425.mp35.07 MB

photo content

Қарындасы барлардың анасы өлмес. Ол тәўекел етип жолға түсти. Әжағасынан пайда жоқ. Ҳаялының сызған сызығынан шыға алмайды. Жәрдем сорап барып еди, қайта нәсият еситип келди. ...Сол күни Акобир қатты шаршады. Соңғы жүкти алып баратырып сәл шалғып кеттиме, қулласы биреўдиң машинасын түртип жиберди. Жаңа, қымбат баҳалы машина екен. Көзди ашып жумғанша адам жыйналды. Машинаны ремонтлатып бериўин айтып қайта-қайта кеширим сорап, үйине қайтты. Бирақ машина ийесиниң сонша пул сораўын түс көрип билиппе. Солай болыўын билгенде тыныш ғана жол патруль хызметкерлерин шақырар еди... Өзи жақында ғана қызына нан сындырысып тойға таярлық көриўи керек еди. Енди тойдың сонша ғәрежети турыпты. Бул жағдайдан кейин ҳаялы да қоллаўдың орнына томсырайып алып айыплаўдан басқаны билмеди. Бир тәселле берейин демейди сирә. Телефон шыңғырлады. Қарындасы екен. — Әжаға, өзиңиз амансыз ба әйтеўир? Ҳәммесин еситтим. Бас аман болса, пул табылады, әжаға, мен сизиң тилегиңизди тилеп отырман. Сиз маған қанша жақсылық иследиңиз. Аяққа турып алғанымша қоллап қуўатладыңыз, әжаға. Күйеў балаңызға жаздым, жәрдем береди Қудай қәлесе. Россиядан пул жиберсе дәрриў сизге әкелип беремен. Езилмең. Сиз ақ кеўилсиз, сизди Алла қоллайды, еткен жақсылықларыңыз ушын да өзи бир жол көрсетеди. Ол қарындасына рахметтен басқа сөз айта алмады, көзи жасаўрап босасып кетти... Кеште қабағынан қар жаўып түнерип турған ҳаялының қолынан қызының тойына деп жыйнап қойған пулларды алып жигит айтқан мәнзилге жол алды. Бул пуллар машина ийеси талап қылып атырған пулдың үштен бири де емес, қуры барғаннан гөре тәўир. Сөйлесип көреди. Үйдиң оймалы нағыслы ағаш дәрўазасының алдында жүрексинбей азмаз турып қалды, бирақ Аллаға тәўекел етип қоңыраўды басты. Жигиттиң өзи оны ишкериге баслап кирди. Ишке кирип сыпаға отырды. — Әке, машинамды урып алған адам келди? деди жигит шертек жанындағы үйдиң есигин ашып. Бахтыма, үйдиң жасы үлкенлери бар екен! деген ой өтти қыялынан. Ишкериден қараслары өткир, өзи де еле бирталай тәндар көринетуғын ғарры шығып келди. Ғарры менен көрисиўге орнынан турып атырып бул ғаррыны қай жердедур көргенин есине түсирмекши болды. Есине түсти. Бул сол ғарры болса... Ғарры оны таныды. — Ал, бармысаң, балам! Өз аяғың менен келипсең дә! деп қушақлап алды. Кейин  баласына қарап: — Неге аңқайып турыпсаң, бар қорадағы қошқарды алып шық, мына ағаңның аяғының астына соямыз, балам! Қалай ғана  танымадың, сени қутқарып қалған ағаң ғой, бул! Жанын қәтерге қойып қудыққа түсип сени аман алып шыққан усы киси, балам. Пул берсем, алмай қашып кеткен еди. Камал сонда ҳеш нәрсени  еслеп қалалмаған болса да негедур қутқарыўшысының қасының үстиндеги үлкен қал есинде қалыпты.  Кеширим сораў ушын келген Акобир бир демде шаңарақтың ҳүрметли қонағына айланды. Кәмал менен де, ғарры менен де қушақласып хошласты. Машинаға отырып атырып тағы қарындасына қоңыраў етти. — Әжаға, ҳәзир  намаз оқып, сиз ушын тилек тиледим. Алла мүшкилиңизди аңсат етеди, иншааллах, деди. Күни менен өзин зордан услап турған Акобир қарындасынан да уялмай өкирип жылап жиберди. — Болды, қарындасым, болды, сениң еткен дуўаларың қабыл болды... Интернет тармағынан https://t.me/ibratli_sozler

БАХЫТ     Бахыт бул - ата-анаңызға еркелеп өскениңиз, шемби, екшемби жақынларыңыз бенен бас қосып әңгимелескениңиз, қатарыңыз бенен қыдырғаныңыз, анаңыздың бир аўыз жыллы сөзи, балаңыздың базы бир қылығына кейип, оған урысқаныңыз, достыңызды ренжитип алып, кейин қайтадан табысқанларыңыз, жақыныңызды алыс сапардан сағынып күтип алғаныңыз...    Жақсы көрген адамыңыздан алыслап кеткенде оның қәдирин түсингениңиз,  "жумысқа барыўым керек" деп жумысқа қарай асыққаныңыз, балаңызға сабақ оқытқаныңыз...    Усының барлығы бахыт деген қәдирдан түсиникке жайғасып кетеди екен ғой.    Сократ: «Бахыт» деген – ҳеш кимниң қолы жетпейтуғын алыстағы зат емес, бахыт – ҳәр кимниң басында бар нәрсе»,- деген екен. Аўа, көп адам бахытты сырттан излейди. Бирақ та, ҳақыйқый бахыт өз басымызда, бойымызда турғанын еслемей жүремиз. Данышпанларымыз айтқанындай, «Бахыт деген - бирде шадлық, бирде муң!»    Енди, шадлығымызды да, муңымызды да қәдирлеп билейик әзизлер. Бул күнде ойыңызға алған қайырлы ислериңиздиң  💯% орынланыўын Аллаҳ таала несип етсин! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Ибрат Буйырмаған дүнья. Қытайда бай адамлардың бири қайтыс болды. Банкде 1.9 млрд долларға жақын пулы ҳаялына мийрас қалды. Ол ҳаял күйеўи қайтыс болғаннан кейин шофёрына турмысқа шығып кетти. Ол адам пул жыйнайман, деп ҳәмме нәрседен кешкен екен , ҳәтте перзент те көрмеген екен, пул топлаў ушын ҳәттеки ишип-жеўде де, ең арзан нәрселер менен күнин өткерер екен. Шофёр: «Ҳожайыныма көп хызмет еттим, деп ойлап жүрер едим. Ойлап қарасам, хожайыным өмир бойы мениң ушын жумыс ислеп өткен екен ҳәтте дурыслап аўқатланған да жоқ» деди. Ашшы ҳақыйқат сонда, өмиримизди мал-дүнья жыйнаў менен өткеремиз. Мал-дүньямыздың дерлик 90% пайдаланбаймыз. Қымбат заманагөй телефон аламыз, бирақ оның 90% функциясынан пайдаланбаймыз. Ең қымбат, үлкен тезликте жүретуғын көлик аламыз, бирақ оның да үлкен тезлигинен пайдаланбаймыз, бәлким пайдалана алаймыз. Зәўлим үйлер қурамыз, бирақ оның да дерлик 70% не кирмеймиз. Жумыстан қайтып тек өз бөлмемизге ғана киремиз, азанда және шығып кетемиз. Кийимлеримизди айтпасақ та болады. Айырым кийимлерди бир мәрте ғана кийип қоямыз, соның менен тозады. Турмыста да бар қаржымызды тисимизде сақлаймыз. Биреўге материаллық жәрдем етиў бир шетте турсын, орны келгенде жеп ишиўден де қызғанамыз. Бәрибир ҳәммеси қалып кетеди. Солай екен, дүнья деп жүрегиңиз аўырмасын. Тәғдириңизде барынан артығын алалмайсыз. Егер сиз бай адам болсаңыз, онда кишипейил болың. Егер жарлы болсаңыз қанаатлы болың. https://t.me/ibratli_sozler

Ертеңине шаштәрез жумысқа келгенде, ол жерде кешеги әмелдардың таныслары оны(Шаштәрез)ди бир неше әмелдар адамлар, онлаған депутатлар, олардың жәрдемшилери,ҳәкимлер шаңарағы менен күтип отырған екен. Олар пулсыз шаш алдырыўға келген еди. Жуўмақ ҳәм пикирлеў өзиңизден әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

Бир мәрте гүл сатыўшы шаштәрезге келди. Шаштәрез оның шашын алып қойды, ол төлем алмады: -"Мен сизден пул алмайман. Мен ҳәпте
Бир мәрте гүл сатыўшы шаштәрезге келди. Шаштәрез оның шашын алып қойды, ол төлем алмады: -"Мен сизден пул алмайман. Мен ҳәптениң ақырына шекем өз қәлеўим менен пулсыз ислеўге қарар еттим." Гүл сатыўшысы оған рахмет айтып шығып кетти. Ертеңине шаштәрез жумысқа келди ҳәм есик алдында миннетдарлық сөзлер менен жазылған үлкен гүлдәстени көрди. Кейин шаштәрезге шийринлик писиретуғын инсан келди. Шаштәрез оннанда пул алмады ҳәм ол күлимсиреп рахметин айтып шығып кетти. Ертеңине шаштәрез жумысқа келгенде есик алдында миннетдарлық сөзлери жазылған онлаған шийринликлерди көрди. Кейин шаштәрезге бир мәмлекетте үлкен жумыста ислейтуғын баслық келди. Шашын алдырып болып қалтасынан ақша шығарып атыр еди, шаштәрез оған ҳәпте соңына шекем пулсыз ислейтуғынын айтып пулды алмады. Баслық қуўанып шығып кетти. Даўамы👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

2_5427020628257438145.m4a3.85 MB

ҚАЛАҒА ХАТ Қаланы қопардың да, шайқадың да, Бирақ, бахыт таппадың, байқадың ба? Бахыт деген қалаға барған жоқ ғой, Бахытлы болғың келсе, қайт аўылға! Бахытлы биреўи едиң көп адамның, Артығын табаман деп арқаландың. Сен қалаға кеткенде бахыт деген, Қасында қалған еди  ол анаңның! Бахыт қалған аўылда сол бир үйде, Қалды ол сол әўелги бала күйде. Бахытыңды излесең, аўылға кел, Бахыт бар аўылда ҳәр бир үйде. Аўа,бахыт қалаға бармай қалған, Аўылды бахыт қыя.   алмай  қалған. Ал, сен оны қаладан изледиң-ғой, Қара сен өмир деген қандай жалған, Салмағы сағыныштың ең аўыр ма? Сағынсаң келсеш енди, кел аўылға. Биротала келмесең де дым қурмаса, Келсеш сен ҳәз етип дем алыўға. Таслада жумысыңды ғалма- ғалды, Келип бир қуўантсеш аўылыңды. Көлигиңди көрсетиў ушын келме, Көриў ушын кел елди, баўырыңды. Сени аўыл күтеди ынтық болып, Киятырған шығарсаң шамасы да. Қолыңда бир кәмпийтти артық қылып, Алып кел аўылыңның баласына. Қаладан үй салсаң да хан қасына, Аўыл киби болар ма бир басыңа. Бир шегең артық болса екиленбей, Әкелип қақ аўылдың ағашына. Аўыл солай бийикте қалыў керек Сол аўылға еринбей барыў керек. Адамның киндик қаны тамған жерге Маңлайыңның тери де тамыў керек. Қәдирин туўған жердиң шынтлай билгил, Елге қарай өзиңди сүйсиндиргил. Ҳеш нәрсе бермесе де усы аўыл, Сәлем берип кетиўге еринбегил. Авторы: Баўыржан Ширмедин улы Қазак тилинен Қарақалпақ тилине аўдарған: Абат Крамов ҚАЛАҒА ХАТ Қаланы қопардың да, шайқадың да, Бірақ, бақыт таппадың, байқадың ба? Бақыт деген қалаға барған жоқ қой, Бақытты болғың келсе, қайт ауылға! Бақытты біреуі едің жалпы адамның, Артығын табамын деп арқаландың. Сен қалаға кеткенде, бақыт деген Қасында қалған еді қарт анаңның! Бақыт қалған ауылда, саман үйде, Қалды ол сол әуелгі бала күйде. Бақытыңды іздесең, ауылға кел, Бақыт әлі ауылда бар, әрине! Иә, бақыт қалаға бармай қалған, Ауылды бақыт қия алмай қалған. Ал сен оны қаладан іздедің ғой, Қарашы, өмір деген қандай жалған? Салмағы сағыныштың ең ауыр ма? Сағынсаң, келсеңші енді, кел ауылға. Біржола келмесең де, тым құрыса, Келсеңші, тынығуға, демалуға. Таста да жұмысыңды, сауығыңды, Келіп бір, қуантсаңшы ауылыңды. Көлігіңді көрсету үшін келме, Көру үшін кел елді, бауырыңды! Сені ауыл күтеді, ал асыға, Келе жатқан шығарсың шамасы да. Қолыңда бір кәмпитің артық болса, Алып кел ауылыңның баласына. Қаладан үй салсаңда хан қасына, Ауылыңның үйіндей бар ма, сірә? Бір шегең артық болса, ойланбастан Әкеліп қақ ауылдың ауласына. Ауыл солай биікте қалу керек, Сол ауылға ерінбей бару керек. Адамның кіндік қаны тамған жерге, Маңдайының тері де таму керек. Қадірін туған жердің сеніп, білші. Елге қарай өзіңді еліктірші! Ештеңе бермесең де, ауылыңа, Сәлем беріп кетуге келіп тұршы! Автор: Бауыржан Ширмединұлы @Kramov_Abatbay_poeziya https://t.me/ibratli_sozler

БАЛАНЫ ЖАСТАН...    Бекзат мениң әжемниң ақлығы. Одан басқа әжемниң он үш ақлығы бар. Бекзаттың әкеси әжемниң кишкентай баласы болғанлықтан, олар әжемниң меншик балалары.      Әжем бурын муғаллим болып ислеген. Ҳәзир ҳүрметли дем алыста. Байрам күнлеринде ҳәм әжемниң туўылған күнинде бизлер ҳәммемиз миннетли түрде сол үлкен үйге жыйналамыз. Әжем балалары менен ақлықларының баслары қосылғанына қатты қуўанып, бир марқайып қалады.    Альбина жеңгем дастурханды жайып, үстин өз қолы менен таярлаған баўырсақ, сомса, беляши, тортлары менен толтырады. Қазанында еки аўқатын қайнатып қойып, келген мийманларды қуўанып, күтип алады.    Ал, жас балалар Аллаяр, Бекзат, Асылзат, Шапағат, Айарулар  ойынды қыздырады.      Өткен жылы 8-Март байрамында әдеттегидей, ҳәммемиз әжемниң үйине жыйналдық. Көптен бери бармаған соң, олар да, бизлер  де бир - биримизди сағынысып қалыппыз. Ҳақ кеўил әжем менен жеңгем бизлерди қушағын ашып қарсы алды. Ишкериге киргизип, таяр дастурханға мирәт етти. Аман-саўлық сорасқаннан кейин, жайғасып, шай аўқатқа кирисип атырмыз.       Кеше жаўын жаўған соң, жер ылай еди. Жас балалар үйге сыймай, ҳәммеси топырласып далаға шықты. Жети жастағы Асылзат мениң әжапамның суп-сулыў туфлийин кийип шыққан. Ол ойынның қызығы менен жуўырып жүрип, батпақлықтың ортасына кирип кетеди де, қайтып аяғы алынбай қалады. Әри - бери тартады, яқ, аяғы алынатуғын түри жоқ. Батпақ туфлидиң ишине шекем кирип кеткен. Ақыры муздай батпақтан аяғы алынбай, тоңған Асылзат енди жылағаннан басқа иләжи қалмайды. Аллаяр менен Бекзат қолынан қанша тартқаны менен, ылайдан шығарыўға күши жетпейди. Сөйтип, үйден Асылзаттың мамасы - Салтанат жеңгемди шақырып келеди. Салтанат жеңгем қызын ылайдан көтерип алып кетеди. Ал, туфли ылайдың ишинде қала береди. Жеңгемди  гүзетип турған Бекзат ылайдың ишинен туфлиди алып, үйге әкелип, тап-таза етип жуўып, кептирип қояды. Кейин мениң анама келип:      -Апа, әжапамның етигин жуўып қойдым, апа, әжапамның етигин жуўып қойдым, - деп, қайта-қайта айта береди. "Ол не айтып жүр?"- деп бизлер оны түсинбедик. Кейиннен билсек, Бекзаттың "етик" деп жүргени мениң әжапамның туфлийи екен...       Әжем Бекзатты бәрқулла қасына ертип жүрип, үй әтирапын тазалайды, шашылып атырған нәрселер болса, орнына апарып қояды, қорада мал жайғастырады. Бекзат әжесинен көргенин ислеп, есик алдындағы атырған аяқ кийимлерди тақлап, жыйнап қояды. Анасына жәрдемлесип, үй жыйнастырады, суў тасыйды.      Буның бәри Бекзаттың әжемнен көрип, үйренгенлери еди. Әжем өзи педагог болған соң, ҳүрметли дем алыста болса да, бала тәрбиялаўды еле даўам етип атыр. Усылайынша, "баланы жастан тәрбияласаң, үлкейгенде мийнеттен қашпайтуғын ақыллы бала болады",- деп, айтып отырады мениң  әжем. ҚУЎАНЫШБАЕВА ГҮЛАЙЫМ. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content