en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 694 subscribers, ranking 4 312 in the Religion & Spirituality category and 460 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 694 subscribers.

According to the latest data from 22 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -271 over the last 30 days and by -17 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.94%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.26% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 410 views. Within the first day, a publication typically gains 3 788 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 49.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 23 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 694
Subscribers
-1724 hours
-637 days
-27130 days
Posts Archive
photo content

🎙 Б. Өтепбергенова https://t.me/ibratli_sozler

E.Akimov muxabbatimdi (1).mp34.17 MB

E.Akimov muxabbatimdi.mp34.17 MB

ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркего (Даналықлар).
ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркего (Даналықлар).

photo content

Тула вокзалында бир ханым Лев Толстойды әпиўайы хызметши деп ойлап, оннан вагонға енди ғана шығып кеткен бир адамды шақырып к
Тула вокзалында бир ханым Лев Толстойды әпиўайы хызметши деп ойлап, оннан вагонға енди ғана шығып кеткен бир адамды шақырып келиўин буйырды. — Жан иним, жуўыр, оны қайтарып кел. Хызметиң ушын ақша беремен, — депти ол. Толстой өтиништи орынлайды ҳәм бес тыйынлық тыйын (пятачок) пенен сыйлықланады. Бирақ әтираптан: «Қараңлар, Толстой! Бул Толстой ғой!» деген даўыслар естилгенде, ханым таңырқап қалады. Ол өз қәтесин түсинип, жазыўшыдан қысынып кеширим сорай баслайды. Лев Николаевич болса, оны қысынбаўға  шақырып, былай депти: — Сиз ҳеш уўайымламаң, бул бес тыйынды мен бәрибир қайтарып бермеймен — мен оны мийнет етип таптым. «Царицынский вестник», 1910-жыл. https://t.me/ibratli_sozler 👉  https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Даўытбай Қайпов. @ibratli_sozler

         Енеси болса наўқас. Айдана еле жас, деп ойлады.        Бала дайы атасының үйинде өсе берди. Бақшаға барды. Жети жасқа толғаннан кейин мектепке барды. Айдана да жумысқа орналасты.          Өмир бир орында тура бере ме?!  Айдананың анасы азырақ  наўқасланып жүрип, көп узамай қайтыс болды. Енди үйдиң пүткил тирлиги Айданаға қалды.  Улына ғамхорлық етиўи керек. Әкеси де қартайды. Өзи жумысқа барып келеди. Үйиндеги ҳәмме жумыс бир өзине қарап тур. Баяғы минез минез бе?!  Айдана оннан бетер ашыўшақ болып кетти.  Бар ашыўын әкесинен алады. Оның ашшы сөзлерине шыдай алмай, Таўмурат аға тез - тез аўырып қалатуғын болды. Күнде үйиниң алдында "Тез жәрдем" машинасы турғаны. Әке жүреги өз перзентинен еситкен аўыр сөзлерди көтере алмады.          "Тез жәрдем"  Таўмурат ағаны емлеўханаға алып кетти. Ол емлеўханада жатып, неге Айдана бундай тили ашшы болып өскенин ой елегинен өткере баслады.       "Эҳ, ахмақ басым-ай! Ҳәмме қателик өзимнен екен ғой.  Неге Айдананы  соншама ерке өсирдим.  Оған да басқа балаларым сыяқлы,  меҳирди де, тәрбияны да  бирдей берип өсиргенимде, ҳәзиргидей ийт болып, өзимди таламас еди  ғой. Турмысқа шыққан жериңде тастай батып, суўдай сиңип жасай бер. Шыққан қыз шийден тысқары деп қайтарып жибермегеним үлкен қателик болған екен.. Қыз бала жат журтлық екенин билсем де неге оны анасының үйге шақырыўына жол қойдым екен?!.  Оған берген артықша меҳрим - оны зәҳәрге айландырып қойған екен ғой", деп, қатты күйинди.       Емлеўханада узақ жатып, Таўмурат аға қайтыс болды.       "Үйренген әдет қала ма?..."   Айдана енди ашыўын алатын басқа ҳеш ким болмаған соң,  өзиниң баласынан алатын болды. Жоқ жерден айып таўып, қолына түскен нәрсени ылақтырып, үйин қырып болады.  Есейип қалған ер бала оған қашанғы шыдасын!. Ол тоғызыншы класты питкерди де , қазақстандағы дайыларына кетип қалды. Сол жақта оқып, үйленип, биротала үйли-жайлы болып кетти. Анасынан хабар алғысы да келмейди.          Үйинде жалғыз қалған Айдананың соңғы күнлери қан басымы көтерилетуғын болып жүр. Бир күнлери үш-төрт күнге шекем  ол үйинен шықпай қалды. Не болды екен аманлық па екен деп,  қаўетерленген қоңсылары үйине кирсе, Айдана полда жатыр. Қан басымы көтерилип, мурнынан қан кеткен. "Тез жәрдем" шақырыўға да шамасы келмеген.  Сол жатқаннан аяқ-қолы ислемей, орнынан тура алмай, еле жатырған екен. Қоңсылары "Тез жәрдем" шақырды. Оның жағдайын көрген шыпакерлер емлеўханаға алып кетпеди. Себеби, пайдасы жоқ. Аўырыўын өтлестирип алған. Дәри жазып бергени менен үйинде  оған қарасатуғын  адам жоқ.       Көз-көрген қоңсылары Айдананың туўысқанларына қоңыраў етти.  Қарындасының хабарын еситкен әжағалары жумысларынан рухсат алып, бир-еки күнге ғана келип кетти. Содан кейин,  әке-шешесиниң көзин көрген қоңсыларына тапсырып, өзлери үйлерине қайтып кетти.        Мине, содан бери бир жыл өтти. Айдана үйинде жалғыз өзи төсекке байланып жатыр. Таң атқаннан қас қарайғанша тас төбеге қарап жатады да қояды. Ўақытты да, сәнени де, қайсы ай, қайсы мезгил екенин де шатастырып алды.  Бир үйдиң ишинде жалғыз өзинен басқа тири жан жоқ. Арасында қоңсылары келип, бир кесе аўқат әкелип, ишкизип кетеди. Басқа ўақытта күни-түни жалғыз өзи. Одан хабар алыўға бир туўысқаны келмейди.         "Жалғызлық бир қудайға ғана жарасқан", дейди ғой. Мүмкин, Айдана өзиниң ис-ҳәрекетлерине есап берип атырған шығар. Мүмкин, өзин ҳәдден зыят еркелетип өсирген аке-шешесин айыплап атырған шығар. Ямаса, әжаға болып қарындасына тәртип бермеген туўысқанларын гинәлап атыр ма екен?..          Оның ишки жан дүньясында қандай пикирлер бар екенин тәнҳә бир өзинен басқа бир қудайға  ғана мәлим еди...  Адам пендеси жоқ,  ҳүўиллеген үйдиң иши,  "сени жутаман", дейди.       Сонша туўысқаны - туўғаны болып турып, Айдана мәңгиликке жалғыз қалды.       Эҳ, жалғызлық, жалғызлық...      Бундай күнди ҳеш кимниң басына бермесин!..  ✍Қуўанышбаева Гүлайым https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: ЖАЛҒЫЗЛЫҚ        Бул дүньяға кимлер келип, кимлер  кетпеген. Не бир патшалар да, ханлар да, батырлар да, көсемлер де, шешенлер де өз заманында жасап,  күни келгенде бул дүньяны тәрк етти.      Таўмурат аға отыз жылдан аслам ўақыт заводта директор болды. Анасы оны сол завод ушын туўғандай, завод оның екинши үйи сыяқлы еди. Оның ҳаялы  Дәригүл де узақ жыллардан бери балалар бақшасының баслығы. Балалар бақшасын өз үйиндей көреди. Бақша хызметкерлери де өз үйиниң адамларындай болып кеткен.        Таўмурат ағаның шаңарағында үш улы ҳәм Айдана атлы бир қызы бар. Үш улдан кейинги қыз болған соң, Айдана қатты ерке өсти. Оның айтқаны айтқан, дегени деген. Ол не айтса - сол орынланыўы керек. Болмаса, үйде үлкен қырғын болады. Ата-анасы бәрқулла үлкен қалаларға, курортларға барса кийимниң жақсысын, тағыншақ ҳәм сумкалардың сулыўын Айданаға әкеп береди. Айдана мектепте досларының арасында да үйдеги қылығын көрсетип үйренген. Еки бирдей баслықтың қызы. Ол не ислесе де "жарасады".      Айдананың әжағалары үйленди. Бирақ, Айдана жеңгелерин оңыстырмады. Жеңгелери оған жағынып, тек бир күн ғана  сыйысыды. Одан артық оларға бул үйде орын жоқ. (Бул Айдананың "ишки тәртиби" еди).        Әжағалары қашанғы ҳаяллары менен ажырасып жүреди?! Олар да өз шаңарағында бала-шағасы менен жасағысы келеди. Ҳаялларын алып келген менен, еркетай қарындасы күнин көрсетпейтуғыны белгили. Содан кейин   олар ҳаяллары менен кийим-кеншеклерин алып, үйден шығып кетти. Ҳәр қайсысы өзлерине қолайлы жерден үйли-жайлы болып, жасап атыр. Әке-шешесиниң үйине көп келе бермейди де.           Айдана да бой жетти. Мектепти тамамлады. Бирақ жоқары оқыў орнына кире алмады. Нөкистеги кәсиплик билим бериў мектебинде оқып жүрип, сол коллежде оқыйтуғын  өзиниң  аўылласына турмысқа шықты. Айдана турмыстың қандай болатуғынын ойлап та отырмады. Турмысқа шықты деген аты ғана болмаса, ол бәрқулла анасының үйинде болады. Себеби, оның келин болып түскен шаңарағы - күн көриси орташа адамлар еди.  Енеси көптен бери наўқас. Атасы пенсионер. Бул үйде Айдананы  өзиниң анасындай әширепилеп отыратуғын адам жоқ.  Өз анасы Дәригүл апа қызына күнделикли ишип-жейтуғын аўқатларын бақшада ислеўши қыз- келиншеклерден берип жиберип отырады. Айдана кешки аўқатты миннетли түрде төркининен жеп қайтады. Анасы да ҳар күни: "Әйдөкжан, келип аўқат жеп кет", деп шақырады да отырады. Әкеси Таўмурат аға да қызының хожалыққа ийкеми жоқ екенин жақсы биледи. Айдана, сирә, асханаға кирип, қазан асып көрип пе?!  Ана үйде оған:   "келин болып үйде аўқат писирмедиң", деп атырған ҳеш ким жоқ. Себеби қайын журты Айдананың ерке өскен қыз екенин жақсы биледи. Тек, балалар өзлери оңысып жүрсе болды деп еркине қойды.           Күнлер усылайынша өте берди. Бир күни Айдананың бойына питти. Енди ол аўқатқа қарағысы келмей, кеўили басқаша нәрселерди күседи. Оның жағдайын түсинген Дәригүл апа: "Әйдөкжан, үйде бола бер. Мен саған күнделикли жегиң келген затларыңды әкеп берип тураман", деди. Бул усыныс Айданаға, әлбетте, мақул болды. Оған Таўмурат аға да қарсы болмады.   Сол күннен баслап, Айдана әкесиниң үйинде жасай берди. Күнде кеште оны алып кетиўге күйеўи келеди. Бирақ, Айдана ол үйге барғысы келмейди. Себеби қайын атасының үйи өз әкесиниң  үйиндей емес, әлбетте.          Ўақыт өте берди.  Айдананың өз  әкесиниң үйинде жасап атырғанына да бир айға шамаласты. Бир күнлери "келинди алып кетейин", деп Айдананың қайын атасы келди. Бул ўақытта Айдана  әлле қашан ол үйден суўысқан еди...          Ата-анасы да  бир аўыз:  "қызым, енди сен бир үйдиң келинисең. Сол үйдиң ыссысына шыдап, суўығына көниўиң керек. Не болса да өмирлик жолдасың менен бирге көр",, деген сөзди айтпады.         Соны менен, Айдананың босанатуғын ўақыты да шамаласты. Күйеўи изинен келсе, Таўмурат аға ишке киргизбей, қайтарып жибереди.        Айдана босанды, ул перзентли болды.  Оның күйеўи менен некеси болмаған соң,  бала анасының атына ҳүждетлестирилди. Дәригүл апа оны туўыў үйинен шығарып, өз үйине әкелди. Қудалары менен арасы суўысып кетти. Қызы менен ақлығын ол жаққа жиберген менен, оларға ким қарасады.

ДЕСЕМ?.. Хожа Ахмет Яссауий жолына Өзи қәлеп жердиң астын мәкан тутып, Кеўлинде Ҳақ, бармақлары тәспи сытып, Халық аҳ шексе, ол қайты-қурым жутып, Өлмей турып өмир жолы питти десем! Нәкаслықты көрмейин де, күймейин деп, Намәртлерге алтын басын иймейин деп, Кеткен екен нәпси тонын киймейин деп, Жалған болар, әрманына жетти десем! Пайғамбардай салтанаты – сәни менен, Көкиректе шайыршылық кәни менен, Көзи тири, геўдесинде жаны менен, Недур, өзин дәрт отына тутты десем! Аяқ алып жүргизбеген урлық-тарлық, Ул-қыз бенен қоса туўған муңлық-зарлық, Бул дуньялық ислерден ўаз кешип барлық, Тек те, басын шайқай-шайқай кетти десем! Жоқ-жуқаның жалтақлығын көрмеў ушын, Қәнәәтсиз нәпсиге жол бермеў ушын, Өзгелер деп өзин-өзи тергеў ушын, Ҳақ пәрманын жер астында күтти десем!.. Мутәжине жеткереалмас пулын санап, Бул жоқшылық аш ийт киби жалақ-жулақ, Заман қайда баратыр, заң қандай Я Рәбб?.. Қарапайым халыққа қабақ шытты десем! Жараспас па, татыў ерли-зайып болса, Зурьяд зәрур!.. Туўар... Әттең, майып болса? Буның ушын сорлыларда айып болса... Рам тыйығы жан липасын сөтти десем!? Наҳақлық ой-сезимлерин таплар екен, Кеп-кең дүнья усындайда тап-тар екен, Жер үстин тәрк еткенинде гәп бар екен... Яссауийди неге ғамгүн етти десем!? Х.Дәўлетназаров “Ашық болып жасаң” китабынан (363-б) Нөкис. “Билим” 2011. Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

‎ҚОСЫҚЛАРҒА ҚУСАЙМАН ‎ ‎Бул зәминде бәҳәр қалар бөртик жарып, ‎Келе берер талай-талай қыслардан соң. ‎Көзиң ашық болса ғана әлем жарық, ‎Келмеспен топырақ ишре баслардан соң... ‎ ‎Ҳәр бәҳәрде өпепеклер қосық айтар, ‎Лекин тыңлаў несип етпес бир күн маған... ‎Ҳәр бәҳәрде дизбеклесип ғазлар қайтар, ‎Бәҳәр менен мәңги қалмақ бәри жалған... ‎ ‎Көнлигеди барлығыда менсизликке, ‎Бәҳәр сулыў менсиз сирә өзгермейди. ‎Рухым сиңер қосық пенен түпсизликке, ‎Бул әлемде жоқлығым ҳеш сезилмейди... ‎ ‎Гүлзарларда қосық жасар бәҳәр менен, ‎Кеўил тарым шертиледи нама менен. ‎Бул барлықты жоқлық пенен зәҳәрлеген, ‎Мен келемен мың жылдан соң шама менен... ‎ ‎Қосығымда шыжбайланған сүўретим бар, ‎Қосықларым ишлеринде жасайман мен. ‎Билсеңизлер сезимлерге қәўметим тар, ‎Адам емес қосықларға қусайман мен... ‎ ‎(архивтен) ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: ‎@Kramov_Abatbay_poeziya https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қәбиристанға барғанда... Ата-бабаларымыз дана инсанлар болып, олардың: "Аш қалсаң базарға бар, Тойып кетсең мазарға бар" - деген нақылында терең мәни бар. Мазарға барғанда адам басқа машқалаларын умытып, билип билмей қылған гүналары ушын Алла алдында тәўбеге келеди. Тәўсилмейтуғын дуньялық жумысларынан қашықласқандай болады. Бүгин бул дүньядан өткен жақынларымызды зыярат қылыў ушын иним екеўимиз қәбиристанға бардық. Үлкен үйде қалған жеңгемниң қайтыс болғанына да үш ай болыпты. Өмирлик жолдасынан еки ул, еки қызын таслап аманатын тапсырды. Жатқан жери жарық, топырағы торқа болсын. Биреў ерте, биреў кеш кетеди. Ҳәрким маңлайына жазылған өмирди жасайды. Қәбиристанға киргеннен адамда өзгеше сезим пайда болады. Үлкен-киши қәбирлер, қулпы таслардағы кеўил билдириўши сөзлер, марҳум ҳәм марҳумалардың жасап өткен жыллары инсанды ерксиз ойландырып, көзин жасқа толтырады. Айрымлары, жылларына қарасам дым жас кеткен. Жүриминиң болғаны шығар деп қоямыз. Қулпы таслардағы сүўретлерине қарасаң, мениң жақыным емеспекен зыяратқа келген деп телмирип қарап турғандай сезиледи. Ырасында да, көпшилик зыяратқа 9-май Еслеў күнине туўрылап барады. Бирақ, ол күни қәбиристанда аяқ басатуғын жер қалмайды. Қәбирлер арасынан өтип баратырып бир жақын инсаны шығып қалса сәлемлесип, сорасып турады. Бул жағдайды дурыс деп ойламайман. Ол дуньяға кеткен жақынларымызға тири инсанлардың тийетуғын пайдасы: зыяратқа келип турыў, қәбир әтирапының тазалығы ҳәм оларды тек жақсы ойлар менен еслеў. Оннан артық көмегимиз тиймейди. Балалығымда атам менен зыяратқа келгенимде, ата, мына қәбир неге үлкен онда жатқан адамның бойы неше метр, узынба? деп сораў беретуғын едим. Өйткени, мен қәбирдиң үлкен кишилигин солай түсингенмен. Енди билсем адамлар жағдайынан келип шығып қәбирлерди өзлери қәлеген көринисте ислейди екен. Гейбир қәбирлерге қарасам жасалма жасыл шөплер төселген, қасында отыратуғын орынлықлары бар, ҳәрқыйлы гүллер илдирилген, ал гейбиреўлерине қарасам қулпы тасындағы жазыўлары ағарып өшип кеткен, айрымларында арнаўлы белги қойылып қоршаланбаған. Тийе берсин жайы жәннетте болсын атам да өлмесинен алдын қәбириниң қай жерде болыўын айтатуғын еди. Атамдай болып алдыннан қәбир орнын белгилеп қоятуғынлары да болатуғын екен. Олардың барлығы Алланың алдында теңдей бенделери есапланады. Дүньядан өтип кеткеннен кейин тири ўақтында көрсетпеген меҳирин бериўдиң не пайдасы бар. Ҳәмме нәрсениң, ҳәттеки адамның да қәдири жоқлығында, келмеске кеткенде билинеди. Бирақ, ол ўақытта кеш болады. Бир рәўаятта оқып едим, шелпек писириў жақсы әдет болып, дүньядан өткен жақынларымыз ушын жаўынлы күнде шертек ўазыйпасын өтейди екен. Жети Шелпек таратыў да жақсы пәзийлет есапланады. Солай екен, бул бес күнлик дүньяда бир-биримизге азар бермей жақынларымыздың қәдирине барында жетип жүрейик. Бир күни ҳәр биримиздиң күлимлеп турған сүўретимиз қулпы тасларда телмирип туратуғынын базда қыялымыздан өткерип турайық! Жаңабаева Надыра Тахтакөпир районы. Қаратерең МПЖ. https://t.me/ibratli_sozler