en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 826 subscribers, ranking 4 312 in the Religion & Spirituality category and 445 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 826 subscribers.

According to the latest data from 03 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -284 over the last 30 days and by -14 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.56%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.99% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 002 views. Within the first day, a publication typically gains 3 765 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 43.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 04 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 826
Subscribers
-1424 hours
-827 days
-28430 days
Posts Archive
#Өмирден БҮРКИТ ҲӘМ ЖЫЛАН Буркит өзиниң үстине жыланды миңгизип аспанда ушып барар еди. Ол өзинше: "Егер жыланды таслап жибер
#Өмирден БҮРКИТ ҲӘМ ЖЫЛАН Буркит өзиниң үстине жыланды миңгизип аспанда ушып барар еди. Ол өзинше: "Егер жыланды таслап жибериўге урынсам, ол мени шағып алады", деп ойлады. Ал жылан: "Егер бүргитти шағып алыўға урынсам, ол мени таслап жибереди", деп ойлады. Олардың бундай ойлап баратырғанынан хабарсыз пәстегилер: "Қараң! Қаншелли садық дослар!" деп ҳайран, лал болар еди. Бул тымсал ҳаққында жақсылап ойлап қарасаңыз, ҳәзирги замандағы базы бир адамлардың арасында болып туратуғын айырым мүнәсибетлерди түсинесиз. Жуўмақ өзлериңизден! https://t.me/ibratli_sozler

#күн_ҳикмети ⏺Бир ҳикмет мени таң қалдырды: "Бир теректен миллион дана шырпы ислеў мүмкин. Ал, бир ғана шырпының дәнеси менен
#күн_ҳикмети ⏺Бир ҳикмет мени таң қалдырды: "Бир теректен миллион дана шырпы ислеў мүмкин. Ал, бир ғана шырпының дәнеси менен болса миллион теректи өртеп жибериў мүмкин". Демек, бир жаман ис пенен өмириңдеги миллионлаған жақсы ислериңди өртеп жибериўиң мүмкин. Paziylet.uz каналынан https://t.me/ibratli_sozler

Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып, Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып. Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар, Өмир ушын ҳеш бир күн
Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып, Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып. Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар, Өмир ушын ҳеш бир күн жоқ аўысық. Адам болсаң жәмийетке дәрексең, Қосылмасаң, тамыры жоқ терексең. Ойламасаң тек өзиңнен басқаны, Айтшы қәне, сен кимлерге керексең. Өмирдиң де болар мәўсим-мәҳәли, Жарқын жаслық гүл өмирдиң бәҳәри, Бәҳәриңде таярлансаң гүзиңе, Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри. ✍ТИЛЕЎБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_нақылы
Төрдеги пышықа «пыш» десең, Есиктеги пышыққа «дик» ете қалады.
https://t.me/ibratli_sozler

ТӘБИЯТ ҚУБЫЛЫСЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ЫРЫМЛАР. Халқымызда тәбият қубылысларына байланыслы өзине тән қызықлы таным, түсиниклери, миллий аңлылығы менен салт-дәстүрлери, ырымлары менен тыйымлары бар. Олар тәбияттағы ҳәр бир қубылыстың өзгешеликлери менен қәдир-қәсийетин билип,  ҳәр бир қубылысқа баҳа берип, исеним билдирген. Усы тәбият қубылысларына сай ўақытты, не боларын алдын ала болжап шамалап билип отырған ҳәм усыған сәйкес ырымлары да болған. Сондай ырымлар ҳаққында төменде айтып өтемиз: ****Аспаннан жулдыз ағып түссе:---"жулдызым жоқары, жулдызым жоқары",---деп айтыў керек. Себеби, жулдыз ағып түссе, "адам өледи",--деп түсинген; ****Жаңа ай туўылғанда түскен келиншек баланы көп туўады,--деп ырым еткен; **** Еки жас үйленген күнниң түнинде аспан ашық, жулдызлар көп болса, "көп балалы болады"; ****Гүлдирмама гүркиреп турған ўақытта тилек тилесе, тилеги қабыл болады; ****Жазда үйге қуйын киятырса, қолға таяқ алып "таздың үйине бар",---деп қуўылады; ****Жаңа ай туўылғанын көрсе:--"сәлем айым, жаңа айда жарылқа, ески айда есирке",---деп айтылады; ****Жаўын тоқтамай жаўа берсе, үйдиң туңғыш баласы тоңқайып:--"мен апамның туңғышыман, жаўма күним жаўма",---деп тилек тилейди. ****Қайтыс болған адам жатқан төсекти, денеси оралған гилемди түнде ай, жулдыз шыққанда далаға жайып, ертеңине алып пайдалана бериўге болады; ****Жума күни тырнағын, шашын алып, жуўынса ден саўлығы беккем ҳәм тилеги қабыл болады; ****Жылы қой, сыйыр, жылқы, таўық болса, усы жылларда туўылғанлар жыл ийесин сойыўға болмайды; ****Өлиарада [жаңа ай менен ески айдың аралығы] қоныс өзгертиўге болмайды; ****Гүлдирмама гүркиреп жаўған жаўында жалаң аяқ жүрсе---адам аўырмайды, ямаса бурынғы аўырыўынан саўалады; ****Сәўир айында биринши жаўған жаўын суўын ишсе ем болады. Жыйнақлаған: Shahzoda Allamuratova. https://t.me/ibratli_sozler

<<Тәбият қубылысларына байланыслы ырымлар>>👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
<<Тәбият қубылысларына байланыслы ырымлар>>👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

СЕН АНАСЫ ЕДИҢ АЛП УЛЛАРДЫҢ... "Республикамызға белгили устаз-сазенде, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Инжигүл Сабурованың дүньядан өткенин еситкен мәҳәлде жазылған қосық..." "Тил тас жарар,тас жармаса бас жарар", Халық не айтса қалпы айтпаған ҳаслы. Инжигүл ең соңғы сапарға барар, Ул-қызлары ҳайран көзлери жаслы... "Алп анадан туўылады"деген бар, Шара таппас бүгин алп улларың. Енди жас ортада өзиңсиз қалған, Ким сезер қостарың Бүркиттиң ҳалын?! Бул жағдайдан еле бийхабар анаң, Еситсе не кешер пақырдың ҳалы?! "Атам дегизсең де,дегизбе ботам", Перзент десе пидә анаңның жаны... Биймезгил сум хабар таралған шақта, Пүткил елдиң қыйналғаны бир жәҳән. Ул-қызың анам деп бозлаған ўақта, Жаны жаўрамаған бир жан қалмаған... "Бул ялғаншы алдар бизди алғанша", Ул-қыз берип бахты бәлент айлардан. Ғапыл етер соңғы жолға салғанша, Бой көрсетсе әжел әлле қайлардан... Жоқ екенин сум әжелдиң шарасы, Бурын айтып кеткен дана бабалар. Жақынын жойтқанда адам баласы, Жүрегин ништерли жамғыр сабалар... Устаз болдың ағла гиржекши дара, Бәйгиде бас болдың"Жыл ҳаялы"нда. Еки улың атқарғанда опера, Космос бойлап уштың сен қыялыңда. Бахытлы шаңарақ қурдың зыяда, Аналық бахыттан алдың баҳаңды. Улларың тәрбия көрип уяңда, Қайыл қылғаны бар пүткил жәҳәнди. Жеңисбегиң жетисти зор бахытқа, Италияда дүрликтирип дүньяны. Туңғыш Гран-при алған ўақытта, Ел басшысы өз улым деп сыйлады. Бундай бахыт барлық адамға емес, Журт сүйсинди сонда сиздей анаға. Сондайда қыялға ҳеш нәрсе келмес, Көз тийер деген ой болмас санада. Кеше ғана гүлдей жайнап жүр едиң, Өмириң жулдыздай ақты да кетти. Ул-қызыңа теңи-тайсыз ҳүр едиң, Күтпегенде әжел наймытлық етти... "Тил тас жарар,тас жармаса бас жарар", Халық айтса қалп айтпаған" бул нақылды ...Ғәрип ана соңғы сапарға барар, Бозлатып-еңиретип узақ-жақынды... Сен анасы едиң алп уллардың, Орныңды ҳеш кимсе толтырып болмас. Енди жәннет төри болғай жайларың, Әттең,сенсиз қалған кеўиллер толмас... ✍Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА https://t.me/ibratli_sozler

Қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады Усы жылдың 1-май күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиң
Қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады Усы жылдың 1-май күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Саламат әўлад» ордени ийеси, Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты «Дастан атқарыўшылығы» кафедрасы доценти Инжигүл Сабурова 64 жасында қайтыс болды. Шаңарақ ағзалары хəм жақынларына кеўил билдиремиз. https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди Адам бир нəрсени нийет етсе, талабында болып ақыл-есин, күш-ғайратын жумсаса адамның жетпейжағы жоқ. 📜"Терб
#Китаптан үзинди Адам бир нəрсени нийет етсе, талабында болып ақыл-есин, күш-ғайратын жумсаса адамның жетпейжағы жоқ. 📜"Тербенбес" https://t.me/ibratli_sozler

📜 #Ibratli_sozler 📖 Бир аш, мискин келип сеннен аўқат сораса, жекиринбе! Бәлким, оның бүгинги ырысқысы сеннен шығар... 📖 Б
📜 #Ibratli_sozler 📖 Бир аш, мискин келип сеннен аўқат сораса, жекиринбе! Бәлким, оның бүгинги ырысқысы сеннен шығар... 📖 Бир ғәрийп есигиңди қағып, сеннен бере алатуғын нәрсеңди сораса, қуры қол қайтарма! Бәлким, оның қәлеўи сеннен шығар... 📖 Достың саған өз дәртин айтып атырғанынан шикәят қылма! Бәлким, дәрманы сеннен шығар... 📖 Жылағанның үстинен күлме, бийтапқа итибарсыз болма! Бәлки, шыпасы сеннен шығар... 📖 Бәрше саған мүтәж көринсе, ҳасла "мен" деп, өзиңнен кетпе! Бәлки ҳаслында иләҳий сызықтың сәўлелениўи сеннен шығар... https://t.me/ibratli_sozler

Гәп кеўилде! Айтпай -ақ сезилер көз қарасыңнан, Үнсиз қарасларың айрықша мыңнан, "Сүйдим " демесең де түсинип турман, Ышқы тилде емес ,кеўилде еди... "Сүйгениң бар ма?"- деп сорайды қызлар, "Бар!"-десем: "Ол ким? "-деп және сорасар, Кимлигиңди билип ала алмас олар, Исмиң тилде емес, кеўилде еди... Бир аўыз индемей жол баслай бердиң, Қолымды усынып, кейниңе ердим. Гөззал муҳаббатқа сөзсиз тән бердим, Арзыў  тилде емес, кеўилде еди.. Биреў  бир көргеннен: "Сүйип қалдым!"-дер, Биреў :"Ашықпан!"- деп ҳағынан келер, Бизди әпиў етиң,әзийз жигитлер! Шын муҳаббат кеўил төринде еди... 🌹💐 🌹💐 🌹💐 ✍ Алтынгүл Утениязова сөзи.  🎼Алишер Доспанов музыкасы. 🎤Марьяш Тажиғалиева атқарады https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум Қәдирли Қәдирданларымыз! Басланған шемби күни әўметли хәм табыслы болсын сиз ушын. "Ибратлы сөзлер" арнасы
Ассалаўма алейкум Қәдирли Қәдирданларымыз! Басланған шемби күни әўметли хәм табыслы болсын сиз ушын. "Ибратлы сөзлер" арнасы арқалы сизлер менен аманласып отырғанымыздан қуўанышлымыз! Шаңарақларыңызға твнышлық,тәнлериңизге саламатлық, ислериңизге раўаж тилеймиз! Күн даўамында бизди қоллап-қуўатлаўда күш-қуўат тилеймиз. https://t.me/ibratli_sozler

Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға
Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен.    Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға кетеди. Сизлерге бүгинги түнниң жақсылығын, тынышлығын тилеймен.  Ертеңги Таңда аманлықта дийдарласыў несийп етсин. Түнниң периштелери, сизлерге шийрин уйқы ҳәм жақсы түслер инам етсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН  ӘЗИЗЛЕР!!! 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

⚡️✨🌟⚡️✨🌟⚡️✨🌟 Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып, Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып. Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар, Өмир
⚡️✨🌟⚡️✨🌟⚡️✨🌟 Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып, Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып. Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар, Өмир ушын ҳеш бир күн жоқ аўысық. ✍Тилеўберген Жумамуратов Каналымызға ағза болыўды умытпаң!👇👇👇   https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Махсет Өтемуратов ""ҚАРА  ҮЙ"" сөзи: Гулистан Даўлетова нама: Әжинияз Паратдинов https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Сен ҳәмме нәрсеге әҳмийет бере берсең, бул сени бахытсыз адамға айландырып қояды. ✍Ф. Достоевский Каналымызға ағза болың әзиз
Сен ҳәмме нәрсеге әҳмийет бере берсең, бул сени бахытсыз адамға айландырып қояды. ✍Ф. Достоевский Каналымызға ағза болың әзизлер...... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

        СӨК ГӨЖЕ~сөк  азғана  суўға салып қайнатылады ҳәм бир қайнаған соң сүтин басым қылып қосып қайнатылады. Сөк гөжени қайнатқанда сөк жарма болып езилип кетсе, күткенимиздей мазалы болмайды, сол ушын езилип кетпеўин қадағалап, таярлайды. Сөк гөже тез таярланатуғын, балалардың ҳәм жасы үлкен ата-апаларымыздың тойымлы, сүйсинип ишетуғын тағамларынан бири. МАЙ СӨККЕ УЎЫЛҒАН ЗАҒАРА~атызда жумыс ислейтуғын адамлар күш бериўши ҳәм тойымлы тағам ретинде ислеп жейтуғын болған. Бул тез таярланады ҳәм адамға  аўқат жегендей тойымлылық ҳәм күш беретуғын тағам. Таяр май сөкке жүўери зағараны туўрап араластырып, нанға май сиңгенше уўады. Тарыдан исленген тағамлардың ишинде сөк, тақан, жент <<дүз тағамы>>на да киреди. Жол сапарға шыққан жолаўшылар бул тағамларды өзлери менен бирге азықлық затлар қатарында алып жүретуғын болған. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

⚡️ Ҳүрметли әдебиятымыз ҳәм тилимиздиң жанашыр саналы, зиялы жанкүйерлери ❗️ "Мәрт майданда" сыналатуғын ўақыт келди, тилди, әдебиятты улығлаў - елди улығлаў, миллийлигимизди улығлаў деп түсинемиз... 🗞 Газета, журналлар елдиң айнасы ҳеш ўақытта өшип кетпейтуғын архиви. Шайыр, жазыўшылардың, илимпазлар менен саналы жаслардың шыңланыў, раўажланыў мектеби. 📝 Шайыры, жазыўшысы, алымы, данышпаны, кәткудасы жоқ ел қанаты жоқ қусқа мегзейди. ✅ Сонша қыйыншылық пенен сақлап келген көзимиздиң қарашығындай "Қарақалпақ әдебияты", газетасына жазылыў мапазы даўам етпекте. ✅ Әдебиятымыздың органы болған 4 тилде шығып турған "Қарақалпақ әдебиятына" жазылыўға оны сақлап қалыўға ел халық бола тура бийпарўа, немқурайды болмайық ўатанласлар! ♻️ Редакциядан жазылыў баҳасы 1 жылға 400.000 сўм, ярым жылға 200.000 сўм, Почта арқалы 1 жылға 508 мыңды қурайды.Почтаның апарыў бериў хызмети менен. Енди қалған 8 айға жазылыў  газетамызға жазылыўға шақырамыз Газетаға редакциядан жазылыў баҳасы 280 000 сом ал почта арқалы жазылсаңызлар 338800 сом болады. ☎️ "Қарақалпақ әдебияты" газетасы телефон номери арқалы +998977879924 хабарласыўыңызға болады. хазир подписка азырак 2 айдан бир 24 бет етип шыгарып атырмыз. Подписка нормага тусип кетсе 12 бетлик етип айына 1 мартебе шығарамыз. Райондағылар почта аркалы жазылса болады. 🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content