en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 884 subscribers, ranking 4 300 in the Religion & Spirituality category and 452 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 884 subscribers.

According to the latest data from 27 June, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -249 over the last 30 days and by -15 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.66%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.18% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 038 views. Within the first day, a publication typically gains 3 625 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 47.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 28 June, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 884
Subscribers
-1524 hours
-767 days
-24930 days
Posts Archive
📜Заман менен аяқ қосып жүрмесең, Кеўлиндегин қас-қабақтан илмесең, Шаңда қалып, ашалмассаң көзиңди Ҳәм шетке аларсаң кем-кем
📜Заман менен аяқ қосып жүрмесең, Кеўлиндегин қас-қабақтан илмесең, Шаңда қалып, ашалмассаң көзиңди Ҳәм шетке аларсаң кем-кем өзиңди. Ибрайым Юсупов, Төртликлер. 1981-жыл.....

Темир қатынлар. Тәшўиш балалаған  ақыл ойында, Пири де куйдирип минген мойынға, Сорасаң сыр бермес бәри жайында. Табанлап тартып жүр темир қатынлар. Ол  да нәзик болған жаслық шағында, Гулдей  еди қыз патшалық  тағында, ""Сәўдигимди""айтқан бахыт бағында, Нәўше қызлар еди темир қатынлар. Перзентлерин сел, буршақтан қорғалап, Етек елпи, жеңи желпи жорғалап, Пешанадан маңлай тери сорғалап, Журсе  сыр бермеген темир қатынлар. Телпекли жыйналып сырттан сайғанда, Өсеги сары шөптей тамыр жайғанда, Турмыс атлы  қыйын сынақ майданда, Бәйгиге туседи темир қатынлар. Ел айтады күй шығады күйгеннен, Көз куледи бул өмирди сүйгеннен, Бираз ийге тартпас телпек кийгеннен, Намыс арлы болар темир қатынлар. Иши лыққа толсадағы жутады , Қашажақ бахыттың қолын тутады, Сонда ғана бақталасты  утады, Қаны көз жасынан темир қатынлар. Жузинен аңызақ самаллар өпкен, Ишке салғанлары нар киби шөккен, Излесең табылмай енди жер көктен, Теберик боласыз  темир қатынлар. Ендигиден былай байқап қарасам, Издегини көрип ҳайран қаласаң, Ҳәзиргидей жудә ғамхор орасан, Таптырмай қалажақ  темир қатынлар. Балларды өзим ақ бағаман дейди, Бир басым қай бириңе жағаман дейди, Етек, жеңди турсем табаман дейди, Көбейип кетежақ па байсыз қатынлар?! Келин болып тускен жерин қыймаған, Төркин журтқа қайтып барса сыймаған, Кишкене улындай пирин сыйлаған, Музейлерде турар темир қатынлар. Гулистан Даўлетова Қарақалпақстан халық шайыры. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден
Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Базаргул_Ассалаума_алейкум_эст_1_1.mp32.57 MB

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !!! Ассалаўма әлейкум қәдирданлар!!! Сиз, Алланың сүйген бенделериниң бири екениңизди билесизбе??? МашаАллах деп
ҚАЙЫРЛЫ  ТАҢ !!! Ассалаўма әлейкум қәдирданлар!!! Сиз, Алланың  сүйген бенделериниң бири екениңизди билесизбе??? МашаАллах  деп қойыңыз.... Себеби, сизге бүгинги атқан таңды көриў несип етти.... Және бир Алланың инам еткен әжайып таңында сиз бенен бизди сәўбетлестириў, аманластырыў несип еттиргенинен шексиз шүкирлер айтаман. Қайырлы таң заманласлар!!! Аллахым сизге: 🌸 Сөнбес  ийман 🌺 Гөззал  әдет 🌸 Шүкир қылыўшы  қәлиб 🌺 Зикр етиўши  тил 🌸 Қайырлы  өмир 🌺 Дүнья  ҳәм  ақырет  гөззаллығын  инам  етсин. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 16.06.2026-жыл Бизден узақлап кетпең әзизим. 👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек
😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек Аллаға 💫Жетипбиз биз ақшамға! 💫Сизге қайырлы ақшам, 💫Қайырлы түн қәдирдан, 💫Таңда сизди оятсын 💫Сәҳәр айтылған азан! https://t.me/ibratli_sozler

Ана тилимизди таза сақлайық! Асас емес - тийкар Тадбир емес-иләж Молодец емес-бәрекелла Остоновка емес - бәндирги Гаплашамиз емес - сөйлесемиз Тадбиркар емес - исбилермен Масапа емес - аралық Одноклассник емес - класслас Жарий етиш емес - енгизиў Худуд емес - аймақ Ташкиллаштирыў емес - шөлкемлестириў Ташкилат емес - шөлкем Объявление, эълон емес - дағаза Нарх емес - нырқ Ҳаққаный емес - әдил Марказ емес - орай Намзад емес - талабан Мажбурият емес - миннетлеме Магазин емес - дүкан Фавхулатта емес - айрықша Тавсиянама емес - усыныс хаты Аддий емес - әпиўайы Ғурур емес - мақтаныш Маблағ емес - ғәрежет, қаржы Мустақыллық емес - ғәрезсизлик Танықлы емес - танымалы, белгили М. Бердимуратов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

ӨЗ ҮЙИМ Көрдим Ферғаўынлар қалдырған тағын, Тынбай араладым Искендер бағын. Тилла жайдың төбесинде отырып, Ядымнан шықпады өзимниң жағым. Патшада да болған емес артық бас, Зорлық барда уят пенен ар шықпас. Мийнет пенен тиккен он түп дарағым, Ханның ҳәўли-ҳәреминен артықмаш. Үйимниң ишинде керегим тайын, Қам гербиштен өрген бес қабат жайым. Питкен маңлай терим, табан етимнен, Узағына жасағайман илайым. Париж, Лондон шәҳәрлери қыяда, Жайсаң болып аталыпты дүньяда. «Қайсы шәҳәр сулыў?» — десе биреўлер: — Өз Нөкисим ҳәммесинен зыяда! Еске алсам шет елдеги гезимди, Оятады патриотлық сезимди. Ўатанымның жулдызларын көргенде, Өз анамның дийдарындай сезилди. Мен тек мәзи үй-ишиме басшыман, Ҳәр ўақытта жақсыларға жақсыман, Аман болсын бала-шағам, досларым, Жасай берсин, Нөкис – гөззал астанам. ✍Тилеўберген ЖУМАМУРАТОВ. 1971-жыл. Сүўрет 1962-жылы түсирилген.

Ҳеш кимге бағынбайтуғын, дүнья-малға сатылмайтуғын, биреўдиң кеўлине қарап, иркилмейтуғын, жалтақламайтуғын бир нәрсе бар; ол
Ҳеш кимге бағынбайтуғын, дүнья-малға сатылмайтуғын, биреўдиң кеўлине қарап, иркилмейтуғын, жалтақламайтуғын бир нәрсе бар; ол – ЎАҚЫТ. ✍А.Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

Төртликлерден Маржанның да арасынан тас шығар, Жай адамнан он есе пәс басшы бар. Өзим көрдим соның биреў-екеўин, Мүмкин, бира
Төртликлерден Маржанның да арасынан тас шығар, Жай адамнан он есе пәс басшы бар. Өзим көрдим соның биреў-екеўин, Мүмкин, бирақ, арамызда аз шығар.Тилеўберген Жумамуратов. 📖 ✍ 📖 ✍ 📖 ✍ Тилеўберген Купатулла улының туўылғанына 111 жыл толды! https://t.me/ibratli_sozler

Өзиниң айыбын жасырыў ушын, басқалардың айыбын таўып, Оларды айыпкер көрсетип қашып кететуғын (суўдан қурғақ шығатуғын) адамд
Өзиниң айыбын жасырыў ушын, басқалардың айыбын таўып, Оларды айыпкер көрсетип қашып кететуғын (суўдан қурғақ шығатуғын) адамды не яки ким деп атаймыз? https://t.me/ibratli_sozler

#Уллы_тулғалар 📜Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да, "Халық" деп сениң атыңды да, Ким қойса да, дана қойған. (И.Ю
#Уллы_тулғалар 📜Сен туўарсаң ақылды да, Сулыўды да, батырды да, "Халық" деп сениң атыңды да, Ким қойса да, дана қойған. (И.Юсупов) (Сүўретте Ибрайым Юсупов пенен Жолмурза Аймурзаев.) Каналға ағза болыў силтеме: 👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўаят 📜Ҳақыйқат Данышпанға сораў берди: - Инсанияттың қайсы ҳәрекетлери сизди ҳайран қалдырды?  Данышпан былай жуўап берди: - Бала ҳәм өспирим ўақтында илим үйрениўдиң орнына тезирек үлкен адам болыўды қәлейди. Ўақты келип үлкейгенде, илимсиз қалғаннан кейин жас бала болғысы келеди. Екеўинде де мақсетине жете алмайды. -Пул табаман деп ден-саўлығын жоғалтады, кейин көп пул сарплап сол ден-саўлығын қайта тиклей алмайды. - Ертеңги күнин ойлап қәўетер менен жасайды, бүгинин умытады. Нәтийжеде бүгинин де, ертеңин де алағадалықта өткереди, екеўинде де жақсы жасамайды.   Сиз оларға қандай мәсләҳәт бересиз? Данышпан жуўап берди: - Ҳеш кимди өзиңди ҳүрметлеўге, жақсы көриўге мәжбүрлеме! - Өмирде көп нәрсеге ийе болыўың әҳмийетли емес, көп нәрсеге мүтәж болмаўың әҳмийетли. https://t.me/ibratli_sozler

Бағ малынса мийўаға, Ийиледи шақасы. Демек, оның дүньяда Бар болғаны баҳасы. Дәл сондай-ақ, жаҳанда Баҳасыз зат жоқ екен. Бир
Бағ малынса мийўаға, Ийиледи шақасы. Демек, оның дүньяда Бар болғаны баҳасы. Дәл сондай-ақ, жаҳанда Баҳасыз зат жоқ екен. Бирақ оның адамға Қупыя жағы көп екен. Баҳалардың не түрин Түсинбей көп жүремиз. Гейбиреўдиң қәдирин Керек ўақта билемиз. Кеўилдеги гәплерди Гейде ашық айтамыз. Я соннан-ба, көп жерде Баҳаланбай қайтамыз. Гейбиреўге сол ушын Гейде жақпай қаламыз. Жүрип өткен жол ушын Қандай баҳа аламыз? Жақсы баҳа алсам деп, Гезсең де кең жаҳанды, Төрелигин айтып тек — Халық береди баҳаңды. Жоқ ҳеш алып-қосарың, Халыққа қулақ саласаң. Өзиң болып жасадың, Өзиң болып қаласаң. Жер-жаҳанға жалынлап, Шуғла шашып турсаң да, Халық ҳүрмети — ҳақыйқат Баҳа болар инсанға! Сыйланады сөзиң ҳәм Қалмайсаң ҳеш басқыға, Өз баҳаңды өзиң ҳәм Билип жүрген жақсы-дә!.. ✍️Толыбай Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

🎤Махсет Дошбаев "Бармекен" https://t.me/ibratli_sozler

😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек
😊Қайырлы түн, кун даўамында бизди қоллап-қуўатлаған Қәдирданлар! 💫Жулдызларды жетеклеп, 💫Айда шықты аспанға. 💫Шукир демек Аллаға 💫Жетипбиз биз ақшамға! 💫Сизге қайырлы ақшам, 💫Қайырлы түн қәдирдан, 💫Таңда сизди оятсын 💫Сәҳәр айтылған азан! https://t.me/ibratli_sozler

photo content