en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 786 subscribers, ranking 4 323 in the Religion & Spirituality category and 449 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 786 subscribers.

According to the latest data from 11 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -264 over the last 30 days and by -2 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.21%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.80% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 300 views. Within the first day, a publication typically gains 3 720 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 12 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 786
Subscribers
-224 hours
-327 days
-26430 days
Posts Archive
Баламан-?
Anonymous voting

Гүлпуда-?
Anonymous voting

Ғəррек-?
Anonymous voting

"НӘПСИ БУЗЫҚ, ҲАЙТТА ӨЛЕДИ"............ Видеоны көриўиңизди мәсләҳәт беремиз. Пикир сизден...... Баҳадыр Ешимбетов Тимур Султанов........ Бул еки жигиттиң кейинги ўақытлары шығарып атырған ҳәр түрли темадағы видеороликлери, халықтың кеўлинен шығып, нешше-нешше инсанларға ибрат болып атыр.  Каналымыз атынан бул жигитлерге дөретиўшилик табыслар тилеймиз. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Каналымыздан узақласпаң... https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"ЕСИКТИ  ТЕППЕ"........    - ҮЙГЕ  КИРГЕНДЕ  АШЫЎ МЕНЕН ЕМЕС, НИЙЕТ ПЕНЕН КИР !!!,........ Усындай жақынларыңыз болса, жиберип қойың. Бир ибрат болсын... Пикир күтемиз әзизлер.... 👆👆👆👆👆👆👆👆👆👆 Бизден узақласпаң...... 👉https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

📹 Қарақалпақ бас кийимлериниң қандай түрлери бар? https://t.me/ibratli_sozler

📹 Илме Султан ойыны Кешиңиз пайызлы болсын https://t.me/ibratli_sozler

"СЫЙЛАСЫҚ" ҳаққында нақыллар..... 🌸 Ийесин сыйлағанның ийтине сүйек тасла. 🌸 Ҳәр ким сыйлағанның қулы.. 🌸 Жақсы, сөзиңди сыйлар... 🌸 Жақсы - сыйлағанның қулы,       Жаман - қорыққанның қулы. 🌸 Тириде сыйласпаған, өлгенде жыласпайды.... 🌸 Ел сыйлаған есикте отырмас.... 🌸 Ерди асы ушын сыйлама,       Басы ушын сыйла.... 🌸 Туўысқан менен сыйласпаған, Кең дүньяға сыймас.... 🌸 Таныған жерде бай сыйлы, Танымаған жерде тон сыйлы... 🌸 Жақсыны сыйласаң, есинен кетпейди,      Жаманды сыйласаң, есигиңнен кетпейди.... 🌸 Еки киси сыйласса,       Бир кисиге орын бар.... 🌸 "Қарағым" деген жыллы сөз, Тон болып денеңди жылытпасада, Жаныңды жылытады..... 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Бизден узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler

КӨ3ИМЕ TYCCEҢ Пардоз берер екен бәҳәрлер, гүзлер, Күннен жақты алар, нур алар жүзлер, Гүл деген шырайлы тәбият қызы, Сонша су
КӨ3ИМЕ TYCCEҢ Пардоз берер екен бәҳәрлер, гүзлер, Күннен жақты алар, нур алар жүзлер, Гүл деген шырайлы тәбият қызы, Сонша сулыўлықты биз ушын гизнер. Дүньяда көп болар гүл қумар көзлер, Ҳәрким ҳәр шәменнен өз гүлин излер, Уллы үмит пенен талпынған кеўлим, Гүллердиң ең гөззал биреўин гөзлер. Питер таў төсине, дәрья лебине, Шақасы желпинер таңның желине, Гүл аралап келер сәрўи қәўметли, Қара шашы түсер қыпша белине. Мениң қыялыма бир жанлы гүлсең, Жәҳән жайнап кетер сеп кулпы дөнсең, Таң самалы шайқап таңның алдында, Жаным заўықланар әсте тербелсең. Изиңе ерермен жел болып ессең, Тәрбия берермен гүл болып ессең, Ядқа түсирермен өткеи бәҳәрди, Жаслықтай жарқ етип көзиме түссең.                     Байнияз Қайыпназаров           https://t.me/ibratli_sozler

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 НӘШҮКИРЛИК Ҳәр жылы суўық түскенде Луқманы Ҳәким Аллаҳға былай дуўа қылады екен: - Аллаҳым, қыс және есик
🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 НӘШҮКИРЛИК Ҳәр жылы суўық түскенде Луқманы Ҳәким Аллаҳға былай дуўа қылады екен: - Аллаҳым, қыс және есик қағып киятыр, ал мениң аяғымда және етик жоқ... Бир күни мешитте еки аяғынан айырылған адамды көрип қалып, өзиниң нәшүкирлигинен уялып кетипти: - Мениң етигим жоқлығынан налығаным-налыған, ал бул сорлының етик кийетуғын аяқлары да жоқ екен ғо! "Ески дүнья рәўиятлары" китабынан. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! https://t.me/ibratli_sozler

#Миллий ойынлар Айқулаш «Айқулаш» ойыны жаз хәм гүз паслының ай толысқан ақшамларында ойналады. Ойын ашық майданда өткериледи. Ойын қатнасыўшылары еки топарға бөлинип, еки тәреп болып сап дүзеп турады. Олардың ара қашықлығы он-он бес адым аралықта болады. Ойынбасы аяк-қолы шаққан ҳәм айбатлы бир баланы «айқулаш» деп белгилейди. Ол ортада ай қулашларын кең керип турады. Сол уақытта тәреплер: - Айқулаш, айқулаш, Aйға қарап қулаш аш! - Айдан басқа не керек? Айдай арыу қыз керек!, - деп дәсме-дәс жуўап урысады. Усыны айтысқаннан кейин тәреплердиң ағзалары келеси жаққа қарай жуўырып өтиўге умтылады. «Айқулаш» еки жактың да балаларын бир-бирине жибермей тутып қалып, орынларына қайтарып жибереди. Тәреплер орны-орнына барып турғаннан кейин қарсы жаққа жибериў ушын тағы бир баланы таярлайды. Усы ўақытта тәреплердин бири: - Айқулаш, айқулаш, Айға қарап қулаш аш! - Айдан басқа не керек? Айдары айры ул керек! - деген усынысты айтады. Сол сөзди айтыўдан тәреплердиң пәтли-пәтли балалары тағы да талайын сынап көриуге умтылады. Олардың қайсы бири «Айқулаш»тың қолына түспей қарсы тәрепке өте алса ҳәм кимдидур тутса, соны өз тәрепине алып өтиўге ҳақылы. Қарсы тәреплерден алып келинген «әсирлер» топар қурамын толықтырады. Ойын соңында қайсы топарда бала саны көп болса, жеңис соларға тийисли екенлиги жәрияланады. Ойын қыз-бозбалалар арасында да ойналады ҳәм онда айтылатуғын қатарлар өзгерип отырады ҳәм айырым шәртлер киргизиледи. Дерек : 📚Қарақалпақ фолклоры. Көп томлық. 88–100-томлар. Нөкис, Илим, 2015. https://t.me/ibratli_sozler

#меҳир Әкең сениң дәўлетиң Анаң болса жәннетиң Ағаң сениң саўлатың Әжапаң болса рәҳәтиң Иниң болса ҳүрметиң Қарындасың иззети
#меҳир Әкең сениң дәўлетиң Анаң болса жәннетиң Ағаң сениң саўлатың Әжапаң болса рәҳәтиң Иниң болса ҳүрметиң Қарындасың иззетиң Көзди ашып көргениң Ярың - бул Муҳаббаттың Балаң болса таж-тахтың Солар сениң бар бахтың Жақынларымыздың барында қәдирине жетейик солар менен өмир мазмунлы. Дерек: alberuniy.uz https://t.me/ibratli_sozler

#Гөззаллық ❄️ 🌨 Қар жаўып атыр, буннан көзлер қуўанады, кеўиллер ентигеди. Себеби, қар шебер жаратыўшы болған Аллаҳ тааланың
#Гөззаллық ❄️      🌨 Қар жаўып атыр, буннан көзлер қуўанады, кеўиллер ентигеди. Себеби, қар шебер жаратыўшы болған Аллаҳ тааланың әжайып жаратылысларынан... https://t.me/ibratli_sozler

Akmuhammet Paltayew - Yelpesse Akmuhammet Paltayew (2).mp32.96 MB

М О Т И В А Ц И Я !!! 👍 Тек алға жүр! Тоқтап қалма! Өзиңди өзиң руўхландыр...... 👍 "Мени ҳеш ким өз мақсетим жолында тоқтат
М О Т И В А Ц И Я !!! 👍 Тек алға жүр! Тоқтап қалма! Өзиңди өзиң руўхландыр...... 👍 "Мени ҳеш ким өз мақсетим жолында тоқтатып қала алмайды !!!" 👍 "Мен күшлимен"!!! 👍 "Мен әлбетте нийетиме ерисемен"!!! 👍 Егер мақсетиң, нийетиң анық болса, оған күшли исеним менен жантас. Сен әззи емессең...... 👉 Умытпа !!! Өтмиште ямаса ҳәзирде ким болғаның әҳмийетли емес. Келешекте ким болыўың әҳмийетли.... 👉 Ал, келешегиң болса, өзиңниң қолыңда....... Ал, келешегиң болса бүгиннен басланады...... 🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏 Бизден узақласпаң..... 👉https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Тикеннен гүл өндирген Зат қысты тағы бəҳəрге айландыра алады. Көримсиз қурт гөззал гүбелекке айланғаны сыяқлы, күн келип барл
Тикеннен гүл өндирген Зат қысты тағы бəҳəрге айландыра алады. Көримсиз қурт гөззал гүбелекке айланғаны сыяқлы, күн келип барлық қайғы-ғамлар да қуўанышқа айланады. ©Жалалиддин Румий https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

САПАРБАЙ ШЕРНИЯЗОВ <Сағыныш> Намасы: М. Жийемуратов Сөзи: Ө. Хожанов. 💚💚💚💚💚💚💚💚💚 https://t.me/ibratli_sozler

✨✨✨✨✨✨✨✨✨ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Бүгинги таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге қуўаныш, жүзиңизге күлки жүрегиңизге толы меҳир ҳә
✨✨✨✨✨✨✨✨✨ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Бүгинги таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге  қуўаныш, жүзиңизге  күлки  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин! Қадирданлар.......    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! БҮГИНГИ КҮНИҢИЗ ЖАҚСЫ ЖАҢАЛЫҚЛАРҒА  ҲӘМ  САЎАПЛЫ  ИСЛЕРГЕ  ТОЛЫ БОЛСЫН !!! Каналымыздан узақласпаң. Ибрат излесеңиз, күниңизди биз бенен бирге  өткериң....! https://t.me/ibratli_sozler

Түн кейнинен атады таңлар... Дәрт артыннан келер бахыт бар... Арзыўлар менен жасаң адамлар.. ✍ Румий ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ Шын кеўилден о
Түн кейнинен атады таңлар... Дәрт артыннан келер бахыт бар... Арзыўлар менен жасаң адамлар.. ✍ Румий ✨ ✨ ✨ ✨ ✨    Шын кеўилден ойлаған бәрше арзыў-нийетлериңизге тез арада Рәббим Алланың Өзи жеткерсин! Қайырлы түн қәдирданлар.. Каналымызға ағза болыўды умытпаң 👇 ✿❀┄┅┅✿❀✿❀┄┅┅✿❀ https://t.me/ibratli_sozler