en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 831 subscribers, ranking 4 310 in the Religion & Spirituality category and 448 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 831 subscribers.

According to the latest data from 02 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -281 over the last 30 days and by -12 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.57%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.65% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 007 views. Within the first day, a publication typically gains 3 891 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 03 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 831
Subscribers
-1224 hours
-757 days
-28130 days
Posts Archive
Шарық-?
Anonymous voting

ҚОС БАЙТЕРЕК ӨТТИ ҚАРАҚАЛПАҚТА. Қос байтерек өтти Қарақалпақта, Әжинияз - Бердақтың жалғасы болып. Дүнья мойынлаған әдебиятта, Шайыр - жазыўшының ағласы болып. Бири таң қалдырып, барлық дананы, Маржан сөзлер дизип,  дүр етип кетти. Бириси тирилтип ата - бабаны, Дүньяға танытып, сөйлетип кетти. Оларды тән алды, жәҳән биледи, Екеўин сүйеди миллет жүреги, Бири - Ашық Аяз, бири - Төлеги, Қос байтерек өтти Қарақалпақта. Халқының олардан кеўили толды, Басшылар ҳүрметин жайына қойды, Екеўи қатара қахарман болды, Қос байтерек өтти Қарақалпақта. Бири - тарийплесе халық жүрегин, Бири - ашық айтты елдиң тилегин, Ғәрезсизлик тутып олар билегин, Қос қахарман өтти Қарақалпақта. Ғәрезсиз елимде жүзлери күлип, Егиздей екеўи саўлатлар қурып, Қос батыр ўақтында қатара жүрип, Сөйлер тили болды Қарақалпақтың. Сахра булбиллери - Ўатаны саздың, Илҳамы қуўатлы - қанаты ғаздың, Айтылып қосығы Әжинияздың, Жалғасы өшпесин Қарақалпақта. ✍ Сали Қудайбергенов "Есте қалған елеслер" китабынан алынды. 2018 - жыл Сәўир айы. https://t.me/ibratli_sozler

Voice message00:24

Voice message00:02

Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья, Былай жасарем, деп өкиниш етти. Кимгедур бул әрман керекдур, лекин Ибрайым дүньяға бир ке
Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья, Былай жасарем, деп өкиниш етти. Кимгедур бул әрман керекдур, лекин Ибрайым дүньяға бир келип кетти. ✍Абдулла Орипов https://t.me/ibratli_sozler

КЕЛИН ТАҢЛАЎ Еки кемпир балаларына қолайлы қыз излеп дөгерек-даштағы аўылларға шығыпты."Қызлары бар" деп еситкен бир үйге келгенде, қас қарайып, күн батқан екен. Кемпирлер сол үйде қонып, қыздың анасы менен аннан-мыннан сөйлесип, азанда ҳеш нәрсе айтпастан жолға шығыпты. ---Қызын сорамадың ғо?--депти бир кемпир екиншисине. ---Сорамағаным, шешеси бизлер менен сөйлесип отырғанда ошақтағы қуман пақырлап қайнап-қайнап қурып қалды. Сол қуманды я шешеси оттан алмады, я қызлары. Айтпасаң, өзи билип ислемейтуғын қызларды келин етким келмеди. ---Өзиң неге қызларын сорамадың?--депти әдепки кемпир оған. ---Сорамағаным, өзиң көрдиң, бизлер барғанда, қас қарайып, қараңғы түсип еди. Қораның басында күндиз жуўған кирлери жайыўлы тур екен. Сол кирлерди азанға дейин я шешеси болып, я қызлары болып ишке әкелмеди. Соның ушын мен де, түртпесең билмейтуғын нашарды келин етким келмеди. * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * Бир кемпир қоңсы аўылда үш қызы бой жетип отырған ҳаялдың үйине қызларының биреўин сорап барыпты. ---Қайсысын сорайсаң?--депти қызлардың анасы. Мениң үш қызым теңдей бой жетип отыр, сизге епли келин керек пе, сепли келин керек пе? ---Сен берген сеп маған дүнья болмас,--дейди қызын сорап келип отырған кемпир. --Маған епли қызыңды бере-ғо, себин үйге барған соң өзи-ақ дүзетип алар. ✍М.Нызанов #Қарақалпақлар. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ўақыт өте келе өзлеримизде балаларымызға "Өткен заман ертеклери"н айтып беретуғын болдық. Енди бул ертеклер баяғыдай шыраның жақтысында пахта шигитленип атырғанда емес, свет өшип қалғанда телефон фонариклериниң жақтысында, ямаса шыра жағылып соның жақтысында  "свет жанаман",---дегенше ўақыт өткериў түринде айтылатуғын болды. Ертеклеримиздиң де мазмуны; "колхозластырыў, жат-жамайды сапластырыў" емес, басқашалаў болды. Мәселен, ҳәзир сол өткен заман ҳаққында ертек айтсақ: ----Шырпының бир қутысы 1 тийин еди,--деп баслаймыз, және: ----Сиропсыз газлы суўдың стаканы --- 1 тийин; ----Қәлем--- 1 тийин; ----Өширгиш--- 1 тийин; ----Гитара медиаторының 2 данасы--- 1 тийин; ----2 сорт 12 бетлик дәптер--1 тийин, 1-сорты --2 тийин; ----"Жеткиншек" газетасының бир данасы---1 тийин; ----"Пионерская правда"ны оқығың келсе, оның да бир данасы---1 тийин; ---Мектеп буфетиндеги бир тилим [кусок] нан-- 1 тийин; ----Тағы не бар еди, қудай-аў, ҳе,  айтқандай, егер қолыңда 2 тийин, 3 тийин бола қойса: --автомат телефоннан арқайын сөйлесе аласаң, тирге барып, бир оқ сатып алып мергенлигиңди бир мәрте сынап көре аласаң; "Жеткиншек" тен үлкенлеў бир газета алып оқыўыңа да болады;  ямаса, асханаға барып қантлы бир стакан шай ишемен десең де қасыңда 2 тийин болса уялмай барып ишиўиңе болады; 12 бетлик қағазы жылтыраған, сапалы бир дәптер сатып алсаң да 2 тийин жетеди. 3 тийиниң болса, оннан да жақсы:--қәле майонезли булочка сатып ал, яки трамвайға минемен дейсең бе, түр қәлем алғың келе ме, ямаса сироплы газли суў ишемен десең де 3 тийинлик жүдә асқатады.---деп барып тоқтап, свет жанағоймаса изин және былай даўам етемиз: ---Бул адам дегенниң көзи неге тойған, сол дәўирдеги арзаншылықтың қәдирин де билмеди--аў! Өйдегеним:  ларёкларға қаўын, ғарбыздан баслап гешир дейсең бе, пыяз, помидор, қыяр, ләблебиниң қызыл, "түрпи"--деп аталатуғын түрлери керек пе, картошкаларды тележкалап төгип таслайды. Сонда үйилип атырған картошканың үстине минип, басқылап жүрип, ирилерин сайлап алып атырғаны. ----Ҳаў, мусырман, аяғыңның астындағы картошкалар езилип атыр, оны ким алады,---десе де тыңламайды, я ашлық емес, я жетиспей атырған ҳештеңе жоқ. Сол келип атырған палыз өнимлериниң баҳасын айтпайсаң ба, ийт муты! 1 сомға 6 килодан зыятырақ картошка аласаң, килосы 16 тийиннен, пыяз болса килосы 5 тийин, гешир оннан да арзан, килосы 3 тийин, помидор менен қыярдың биреўиниң килосы 5 тийин, биреўи 8 тийин..... -----Урррәәә, свет жанды! ----Онда телевизордағы сериалыңызды көре ғойың, ертектиң даўамын ендиги свет өшкенде айтып берермен..... ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Ол көринислерди қысқаша айтып берер болсам: "Колхозластырыў"---дегенди адамлар бирден түсинип кете қоймаған, биреўлер:---"колхозласлассаң малың ортақ, бала-шағаң ортақ, үлкен "колхоз көрпе"де жатады екенсең,--деген сада түсиник пенен айтылған гәплерден қорқып түни менен көшип кеткен, барса, көшкен жағында да колхозласыў мапазы қызғын кетип атырған усайды, соннан биреўлери қайтадан елге көшип келген. Бирақ, колхоздың жумысы қыйын болған, пахталарды биринши тракторлар келемен дегенше гүнде менен еккен, ҳаял-қызлар күндиз пахта терсе, кеште шай-пайын шала-пала ишип, түни менен айдың жақтысында салы ораққа кетеди екен. Соннан келип, нан-панын қазанға қатырып, ертеңги бала-шағасының жейтуғын нанын таярлайды, таң ала геўгимнен турып, бисәтындағы бар жүўериси бола ма, бийдайы бола ма дигирманға тартып, кешки тамақ ушын я жарма, я нанлық унын таярлап кетеди. Соң түнде қатырған наны, гей биреўлер азғантай қуўырылған бийдай менен шайларын ишип және колхоздың жумысы. Адамлардың ғәллеханасында артық-аспай дәни де жоқ еди, қатты қыйын ўақытлар болды,---дейди анам. Ал, "жат-жамайларды сапластырыў",--деген темадағы гүрриңлери буннан да аянышлы. Себеби, аталары, әкеси уламалар болғанлықтан, мал-мүлки  "кампискеленип" [конфискацияланып], кимиси қамалған, кимиси айдалып кеткен, аўылда қалған ҳаял-бала-шағаларын "ақ үйли" етип елден көширип жиберген.  Асыраўшысы жоқ  ҳаял, бала-шағаның күн көриси айтпаса да қандай қыйыншылықта өткени белгили. Оның үстине елден бөлеклеп жиберген соң, қолда бар мал-мүликти ҳүкимет тартып алса! Мен буларды қысқаша ғана жазып отырман.👇👇

<<ӨТКЕН ЗАМАН <<ЕРТЕКЛЕРИ>> БИР ТИЙИН. Кишкене ўақтымызда шыраның жақтысында, печьтиң қуўысында пахта шигитлеп отырамыз. Пахта шигитлеў гейде өз-ара жарыс түринде болып:--"ким көп пахта шигитлемек",--дегендей болады. Әлбетте, бул жарыс жас өзгешелигимизди есапқа алғанда "әдил жарыс" болды деп айтыў қыйын, себеби, жасы үлкенлеўлеримиз көп шигитлеп, жасы кишилеримиз бизлердиң деңгейимизге жете алмай мыйтыңлап отырғанда ---"қаяқтағы әдил жарыстың басын аўыртып отырсаң?!",-- деўге болады. Усы пахта шигитлеспекте бизлер ушын ең қызықлысы анамыздың әңгимелери. Әңгиме мазмунына қарап отырып, бизиң балалық санамызда бул гүрриңлер ертектей болып сезилер еди. Яғный,  --"Өткен заман ертеклери", бирақ, булар ертек емес еди, сол бизлер туўылмай турғандағы, оннан алдынырақ дәўирлердеги ҳақыйқый турмыс картинасы еди. Соңынан ойлап қарасақ, ол "ертеклер"---тарийхый мәниге ийе екен. Мәселен, ---"колхозластырыў, "жат-жамайларды класс ретинде" сапластырыў, урыстың басланыўы, тылда қалған кемпир, ғарры, ҳаял-қызлардың, жас өспирим балалардың фронтқа жәрдем бериўи, солайынша фашистлик Германияны жеңип шығыў",----деп тарийхта суп-сулыў етип жазылған тарийхый дәўирлердиң шын мәнисиндеги көринислерин бастан кеширген сол дәўир адамларының гүрриңлеринде басқаша көринислерде көрер едик.👇👇

&lt;&lt;Бир тийин&gt;&gt; https://t.me/ibratli_sozler
<<Бир тийин>> https://t.me/ibratli_sozler

Әкелер Он сегизге шығар-шықпастан, Үйлендирер улын биреўлер. Бала кеўли – гүлзар шық басқан. Несип етпес „муҳаббат..." деўлер. Жигирма бес – жигитлик шыңы, Үйлениўге болады қуштар. Гейбир әке қупламай буны: – Үйленбе! – деп жекирип таслар. Әкелер бар түрли минезде, (Биледи екен көп жүрген сынап). Гей әкелер – улына жезде, Гей әкелер – жасы үлкенсымақ. Әке болдым мен де, жан балам, Қандай әке боламан... қәйдем. Ақыл-ойым, өмирим саған, Ал, өзиме қалмағай ҳәйлем. Қандай әке боларман, буны, Саған қарап билер адамлар. Тентек болсаң көрсетип сени, Маған қарай күлер адамлар. Кеңесбай Рахманов «Саған асығаман» топламынан (1970) Канал: @Kengesbay_Raxmanov @Kengesbay_Raxmanov_topari https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ~бойында ата-бабадан киятырған жаўынгерлик руўҳ күшли, жаўларға қарсы ерлер менен теңдей атланып, батырлық
ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ~бойында ата-бабадан киятырған жаўынгерлик руўҳ күшли, жаўларға қарсы ерлер менен теңдей атланып, батырлық қәсийетлер руўҳына сиңип тәрбияланған. Орны келгенде ийбели, әдепли, ретинде қайтпас, қайсар, ретинде мийримли Ана, ерине қап қолдасар жупты, -"сөзди келгенде айтпай, өлгенде айтамыз ба",--дейтуғын туўры сөзли, дилбар, --"хан болсаң да келсапты әкел",--деген бет-жүзиңе, ҳәмелиңе қарап отырмайтуғынлығы, --"жаў келди деп жүрисимнен жаңылайынба",-- деген сабырлы, өз мәдениятын қысылтаңда да сақлай билетуғын, гөззаллығының астарында тынып турған мың сыры, бир қыры басым ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ! ✍Shahzoda Allamuratovа https://t.me/ibratli_sozler

#РӘЎИЯТ Бир шопан сүриўди отлы жерде отлатып, ийесине саўынларын саўып берер екен. Ийеси сүтке суў қосып сатар еди. Шопан хөж
#РӘЎИЯТ      Бир шопан сүриўди отлы жерде отлатып, ийесине саўынларын саўып берер екен. Ийеси сүтке суў қосып сатар еди. Шопан хөжейинин ескертсе, ол: "Жумысыма араласпа, қойларды бақ", дер екен. Бир күни, жаўын, сел жаўып, қойларды ағызып кетипти. Шопанның жалғыз киятырғанын көрген хөжейини: "Қойларым қәне?" депти. Шопан былай депти: "Хөжейин, сиз сүтке қосқан суўлар жыйналып, селге айланды да, қойларды ағызып кетти. Ҳарам нәрседен тоқтамағаныңыз қойлардың басыңызға жетти". https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_нақылы Сөз мәнисин билмеген, Сөзди өзине келтирер. Гүл мәнисин билмеген, Шақасына зил келтирер. https://t.me/ibratli_soz
#Күн_нақылы
Сөз мәнисин билмеген, Сөзди өзине келтирер. Гүл мәнисин билмеген, Шақасына зил келтирер.
https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди Өмир айтады: -Сен маған исенсең....тикенлердиң гүллерин көрсетемен. 📜"Кактуслар да гүллейди" https://t.me/i
#Китаптан үзинди Өмир айтады: -Сен маған исенсең....тикенлердиң гүллерин көрсетемен. 📜"Кактуслар да гүллейди" https://t.me/ibratli_sozler

🎤Сәўбет топары "Гүдер үзбе" https://t.me/ibratli/sozler

Ассалаўма әлейкум Қәдири Қәддинен бәлент Қәдирданлар! Атқан таң нуры ырыс-берекет,несийбе нуры болып жаўылсын! 🌹 🌹 🌹 🌹 🌹
Ассалаўма әлейкум Қәдири Қәддинен бәлент Қәдирданлар! Атқан таң нуры ырыс-берекет,несийбе нуры болып жаўылсын! 🌹 🌹 🌹 🌹 🌹 🌹 #Умытпаң Өмир-теңиз. Тағдир кеме. Ал, кемең суўға батпаў ушын, өзиң капитан болыўыңыз керек! ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ Жаўза айының 4-сәнеси,2026-жыл. https://t.me/ibratli_sozler