en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 792 subscribers, ranking 4 322 in the Religion & Spirituality category and 444 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 792 subscribers.

According to the latest data from 09 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -265 over the last 30 days and by -7 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.13%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.97% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 288 views. Within the first day, a publication typically gains 3 755 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 10 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 792
Subscribers
-724 hours
-447 days
-26530 days
Posts Archive
Махер Заин "Салауат" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 2-күни хəм биринши Жумасы мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған ораз
АССАЛАУМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 2-күни хəм биринши Жумасы мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған оразаларымызды, қылып атырған ибадатларымызды хəм дууаларымызды қабыл етсин ! 🌙 Сəхəрлик асыңыз ибадатыңыз ушын күш-қууат болғай ! Рамазан айының 2-сəнеси. Хут айының 20-сəнеси, хəптениң Жума күни . https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ден-саулық зор , əумет келсе избе-из Сағынтқанлар келип турса жүзбе-жүз Буннан артық бахыт барма дүньяда Ата-ан
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ден-саулық зор , əумет келсе избе-из Сағынтқанлар келип турса жүзбе-жүз Буннан артық бахыт барма дүньяда Ата-анаңды хəр күни көрип сүйсеңиз.. Қайырлы түн əзийзлер ! Жақынларыңыз алдында сиз , сизиң алдыңызда бəрше жақынларыңыз сау-саламат болсын ! Түниңиз тыныш, уйқыңыз пүтин болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы #Нөкис_ўақты_менен АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлт
#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы #Нөкис_ўақты_менен АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

Қəйненем Жақсы бол, өзиңе жаксы дер едиң, Истин көзин билген алтын зер едиң Ушсам аспан, қонсам жайлы жер едиң Тарбияңа миннетдарман қəйненем Барыңды корсетип иийман кутпесен Кеуили кемлерге қайыр етпесең Тууысқанның қəдирине жетпесең Берекетиң қашар дедин қəйненем Сақыйга мал питсе, хурмети асар Сықмарға мал питсе, пейили қашар Тарға тар, кеңге кең заманың болар Айтар акылыныз еди кайненем Жаслыгым самалдай еседи дедин Дəулетте бир келип, кетеди дедин Акыл берип муддам гамымды жедин Сағынып излеймен сизди қəйненем Жаман сөз сөйлесең көбейер душпан Тилиңе беккем бол, айырылма достан Деп бизди уйретип келдиңиз жастан Жайың жаннетлерден болсын қəйненем Лейла Мунтаева. https://t.me/ibratli_sozler

Күнлердиң биринде өзине тоқ, байсымақ жигит өзиниң шылт жаңа машинасында музыка тыңлап самалдай ушыртып баратыр еди.Бирақ жол шетинде балаларды көрди де машина тезлигин пəсейтип өтип ,енди жəне тезликти асырмақшы еди , сол уақыт машинасына бир тас келип урылды. Машинасын тоқтатқан бай жигит машинасынан ғəзеп пенен түсти де тас ылақтырған баланың жағасынан алып силкитип бақыра баслады : - Ақмақ ! Қайсы ойың менен машинама тас ылақтырдың ?! Билесеңбе бул машинаның қанша пул туратуғынын ? Сонда бала көзинде жасы менен дауысы қалтырап : - Кеширерсиз əжаға. Мен сизге хəм машинаңызға жаман нийетте тас атпадым .Мени кешириң. Анам майыплар арбашасынан жығылып түсти. Анамды арбашаға көтерип салыуға күшим жетпеди.Бир неше сааттан бери өткен машиналардан жəрдем сорадым, бирақ хеш ким тоқтамады да, əхмийет те бермеди. Кейин мəжбүр болдым усындай жол тутыуға. Болмаса сиз хəм тоқтамас едиңиз. ! Машина айдаушысы майып ананы арбашасына миндирер екен, тамағына зəхəрли тас тығылып қалғандай , көзлеринен бийықтыяр жаслары ағар еди. Ол адам сол машинасында бир нешше жыл жүрди. Хəр сапары машинасын оңлатыуға бергенде сол тастан қалған изди дүзеттирмес еди. Себеби сол из оған адамгершилик хаққында сабақ берген еди. Егер сен əтирапыңдағылардың үнсиз қəлб ауырыуларын сезбесең хəрдайым өзиңе тас атылады...! Бийпəруа болмайық қəдирданларым ! Ю.М. аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қәйин ене  <АНА> бола алама?  Келин енеге <Қыз> бола алама? Келген келин ийилип түскен жеринде  ийбели болып, ата- енесин ҳүрмет етип, өз орнына қойып, ата - анасындай көрип сыйласа,  қәйинбийкесин әжапасындай,  бийкешлерин сиңлисиндей,  қәйнисин инисиндей, қайнағасын - ағасындай, абысынын - апасындай көрсе Бир - бирине  ҳүрмет иззети күшли болса,  онда келин де сол үйдиң қызындай  болады.  Келини енесининиң айтқанын еки қылмаса енесиде келинин  қызындай көреди. Жаңа үйге бейимлесиўде аңсат емес. Соның ушын енесиде  Келинине билмегенин үйретип, қойған затларының қай жерде турғанын көрсетип,  қәте - кемшиликлерин   әсте,  бақырмай  айтып барса, Келини де енесинен билмегенин сораса, енеси әлбетте  ақыл айтып, кеңесин береди. Келинде енесин анасынан кем көрмей, жақсы көрип, ҳәм  анам, ҳәм енем. Мен енемдм анамдай көремен. Ол мениң өмирлик жолдасымның анасы. Ол маған сондай  көркем, ақыллы,  билимли, ийманлы   жигитти  дүньяға келтирип,  Аллатаалам маған қосып қойыпты. Мен сондай қуўанышлыман.  Мен жолдасымды қалай жақсы көрсем енемди де сондай жақсы көремен. Себеби ол да мениң  анамдай уллы  "Ана" деп келини енесин анасынан кем көрмейди. Бирақ базыбир енелер "келин" ҳеш қашан қызыңдай  болалмайды.  Сени тыңлап отырып, бәрибир өз билгенин ислейди, - дейди. Келин болса, енем мениң анамның орнын баса алмайды дейди. Бундай келинлерде табылады. Бирақ сен сол жерге ийилип түскен ўактыңда, сол үйдиң ашшы- душшысына, барына - жоғына көнип,  қуўанған да - қуўанып, қыйланғанда - қыйланып, сол үйде өмириңниң ақырына дейин жасайман  деп келген болсаң, енеңди "анаң" дай көрип сыйлаўың керек. Егер енеси менен келини Бир - бирин түсинип жасаса, онда әлбетте енеси келинине "Ана" бола алады. Ал, келини енесине "Қыз" бола алады. Баскалардың, сизлердиң пикириңизди   билмедимдә, бул мениң жеке пикирим.   ✍  Гүлбәҳәр Қарабаева. 19.02. 2026. https://t.me/ibratli_sozler

Сыңғырлап сес берип өңир моншағың Бурымда желкилдеп гилтли шашағың Мийманға кел дейсең ашып қушағың Көрки хүрге қыяс Қəрекем қызы... Тулымшақ ийрелип шеке мушынан Қəдемлери сезилмес аяқ ушынан Хүрмет-ийбе менен кесе усынған Ары ерге мегзес Қəрекем қызы... Көк көйлекке сəўкелең дым жарасып Жегдең нағысынан көзлер қамасып Не батырлар излеп келген қыр асып Сулыўлықта теңи жоқ Қəрекем қызы Бармағың тыңламай кетип дуў-сыйды Дуўтарды шерткенде əлем уйыйды Сулыў сыңғырлысы қуртып уйыз-ийди Хүрлиманның избасары Қəрекем қызы Дигирман тартқанда , кели түйгенде Жаўың зир титрейди қабақ үйгенде Гейде ақылың озық алпыс бийден де Қумар ананың əўлады Қəрекем қызы. Тəрийпиңе тилим жетпес мақтасам Сиздей гөззал көрмедим мен бақласам Сөздиң шынын айтып қатар тақласам Дейип сөз туўарар Қəрекең қызы.. Юсупова М. 17.02.2026. https://t.me/ibratli_sozler

Сизге бир гəп айтайынба? Рамазан айында бир инсанға Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен кириуди тиледим, табың ол ким екен? 😊 Қызықсаңыз ... Кəəбаның👇 устин басып көриң! 🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋 🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋🕋 https://t.me/ibratli_sozler

Соннан кейин атам мешитке бармай " ийеси табылса Қəдир ағам хабарын берер " деп оқыуын дауам еттирипти. Қыс сууығы өтип , март жақынлап қалғанда азанда көшеге шығып кеткен əкеси ,песинде мешит қарауылы Қəдир аға қайтыс болғанын айтып келди. - Тоба ,-деп гүрсинер əкеси - Қəдир аға əп-əнедей адам еди, ақырғы пайытлары алжығанба дедим. Кесел болыуына өзи себепши. Айтыуларға қарағанда , қара сууықта да , қалың қарда да азанда жалаңаяқ , аяғына шыт- шүберек байлап мешиттиң əтирапында қар тазалайтуғын еди . Узақтан бақлап турған адамлар қояндай секирип қар тазалап атырған қарауылды көп көрген.Неге жалаңаяқсаң деп сораса " иште геуишим де, пəтиңким де бар . Аяғым қызып кетип шешип жүрмен " деп ыржыйып жумысын ислей беретуғын екен. Өзим де бир еки рет " аязлап ауырасаң" деп дəкки берип бақырып едим. Бийшараның аяқлары сууық алып, қарасан денесине жайылып қайтыс болыпты. Аяғы көмирдей қарайып кетипти пақырдың ... Əкесиниң бул гəплеринен соң атам есинен айырылайын депти. Уахаййй урланған геуишлер ийеси маған алма хəм чай берип сыйлаған усы Қəдир аға болса ?!Неге ол хеш урыспады ? Сен " урысаң" деп сазайымды бермеди? Бийшара сол ушын күндиз өжиресинен шықпай отырар екендə . Атам қатты пушайман болыпты. Бирақ енди кеш еди.... Атам бир мəрте де сабақ қалдырмай , мектепти ағла бахаларға питкерипти. Институтта да оқыған. Қəдир ағасына берген уəдесин орынлап ел-халқына пайдасы тийди. Қай жерде болмасын хəр жылы Рамазанда қарауыл атаның қəбирин зыяратлап, мешит босағасына билдирмей 15-20 жуп геуиш қойып кетер екен. Бирақ гүнасы хаққында биреуге айталмаған . Хəзир жағдайы жүдə ауыр. Үш-төрт күн илгери бираз өзине келип сол уақыяны маған айтып берди. Қашанлардур қылған исине хүжданы еле азапта екен. Бул жылғы Рамазанда да мешитке барыуды қаншелли қəлеп атырғанын көзлерине қарап билдим хəм түсиндим.Қоңсы əжағаларым менен қосылып машина жуудым. Үш күнлик ис хақыма мына геуишлерди сатып алдым... Қəнекей атам сауалып аяққа турып кетсе.... - Əжапа өтиниш яқ демең . Бирге кирип , геуишлерди берип шығайық . Мен оған яқ дей алмадым.Мешит тазалығына жууапкер адамды тауып, өспиримниң хикаясынан толқынланып кеттим . Қəдир атаның руухына аят оқыдық. Бир ғана қылмысы ушын бир өмир азапланған инсанға АЛЛАДАН шəпəəтлер тиледик.. М. Иброхимова Қарақалпақ тилине аударған М. Юсупова https://t.me/ibratli_sozler

Бир жуп геўиш... Рамазан жақсыдə. Жас пенен ғаррының қəлбине илахий нурлар жаўылып ийманы жүзине шығады. Қутлы күнлердиң бири еди.Қала орайындағы дəрихана алдында турған он-он үш жаслар шамасындағы өспиримге көзим түсти. Песин ўақты.Қуяш нурларынан бир көзин қысып ,арық денесине футболкасы терден жабысса да былай саяға өтейин демейди. Ол еки адым аржағындағы мешит тəрепке қайта-қайта қарай берди. Қолында бирдеңелер салынған аўырлаў қалтасы бар.Дəриханадан шығып жумысым питкен соң да оны гүзете басладым. Буны ол сезди де : - Əжапа ,-деди, уялып жерге тигилгенше,-Сизден бир нəрсе өтиниш етсем болама ? Танымаса да көзлериме қарап жаудырап турған балаға " мейли" дедим. Қалтасын нусқап : - Өтиниш мына қалтадағы геуишлерди мешитке тарқатыуым да жəрдем берсеңиз . - Неге? Кимдики олар ? - Хеш кимдики. Тазадан сатып алдым. Намазханларға керек болып қалар...Атам аўыр қəсте. Сау уақтында хəр күни усы мешитте намаз оқыйтуғын еди... - Енди келе алмайтуғын болдыма? Бала гүрсинип , басын шайқады. -Қудай биледи..Ана күни маған балалығында жүз берген бир уақыяны айтып берди. Сизге де айтып берейинбе ? - Айтың . - Атамның балалық уақты жүдə ауыр дəуирлерге тууры келип, көп қатары дым кəмбағал күн кеширген. Урыстан соңғы жыллары болғаны ушын еплеп қарын тойдырадыда, шобыт кийимлерде жүре берер екен. Бəхəр, жаз, гүзде əмеллеп өтер, тек қақаман қыстың сууығы жанын тесип өтер екен. Бир жылы Рамазан қыс басына тууры келипти. Аш- жалаңаш балалар " адамлар қақ ерик, кишмиш болса да берер " деп мектептен шыға сала Ярамазан айтып пүткил ауылды айланып шығар екен. Биреулер барын берер, биреулери үйинде хешнəрсе жоқлығын билдирмейин деп есигин ашпауды абзал көрген екен. Сондай күнлердиң биринде атам жапқа түсип кетипти. Өзин жоралары зорға шығарған, бирақ бир пай ески брезент пəтиңкиси ығып кеткен. Қатты күйинип жылаған. Ақыры аяғында кийими болмаса мектепке баралмас еди. Еки күн сыртқа шықпай отырған. Ол пайытлар китап қыт . Үйге берип жиберилмейтуғын , тек ғана мектепте ғана пайдаланыу мүмкин еди. Үшинши күни бир пай пəтиңкиси менен мектепке бармақшы болды. Екинши аяғына көрпешеден шыққан сарғайған пахтаны сыртынан гөне шүберек пенен таңып , анасының көзиниң тасасын алып мектепке қашты. Адамлар дус келип қалса бир аяғын жасырып , шешилип кетсе қайтадан байлар екен. Сондай əбигершилик пенен мешитке келипти. "Мектепке шекем еле узақ ишке кирип киттай жылынып алайын " деп есикти ашыпты. Қараса еденде намазханлардың геуишлери турған екен. Бийшара атам қатты қыйналғанынан жаман иске қол урыпты. Ол жақ , бул жағына қарап , бир жуп гөнерип сиреси жыртық болып қалған геуишти алып ,қашып кетипти. Мектепке геуишти кийип класына кирипти. Ол заманларда балалар қырқ бесинши размер етикте келсе де биреу итибар бермес екен. Хəмме тапканын кийип келе беретуғын екен. Сол себепли атамның аяғында ғолпылдап турған геуишке биреу қарамаған да. Үйде ата-анасына " геуишти қалаға кеткен Садық муғаллим берди" деп бир хəпте кийип жүрди. Лекин , хадаллық пенен тəрбия алған үйдиң перзенти болған соң хүжданы қыйнала баслады. Ақыры мектептен қайтарсын мешит есиги алдында геуишин урлатқан адамның дəреги шығып қалар деп күнде аңлыйтуғын болды ." Кимниң геуиши жоғалған ? " деп тəкирар-тəкирар сораса да намазханлардың хеш бири индемес екен .Қар қалыңласып жауар, бирақ аяқ кийимсиз қалып кеткен адамды ойлап кеш түскенше отырып қайтар еди. Бир күни қатты ызғырық сууық болыпты. Мешитти сыпырып жүретуғын Қəдир аға кишкене айнектен басын шығарып оны шақырды. Алма менен чай берипти. Атам оған мың пушайманлық пенен қылған исин айтып берипти. Қəдир аға " Хə балам ə жақсы ис қылмапсаң , бирақ хешким геуиш жойттым деп келмеди. Қалаберсе , кимниңдур нəрсеси жойтылса дəслеп маған хабар береди. Сен үйиңе бара бер.. Айтпақшы жақсы оқы. Бир сабағыңды да қалдырма ! Үлкейгенде халыққа пайдаң тийсин ! Геуишти кийип тура бер, ийеси табылса өзим хабар беремен " деп қулағына шекем қызарып отырған айыпкер атамды қайтарып жибереди.

Егер сиз ўақтыңызды гүбелек услаўға сарпласаңыз, олар бәрибир ушып кетеди. Егер сиз шырайлы бағ егиўге ўақыт ажыратсаңыз, сол
Егер сиз ўақтыңызды гүбелек услаўға сарпласаңыз, олар бәрибир ушып кетеди. Егер сиз шырайлы бағ егиўге ўақыт ажыратсаңыз, сол гүбелеклердиң бәри сизиң алдыңызға ушып келеди. Сократ https://t.me/ibratli_sozper

🎤М. Утемуратов 🎤Б. Пердебаев 🎤Б.Темирбаев 🎤К.Хитжанов 🎤С.Қəллибеков 🎤Б.Разымбетов 🎼"Рамазан мүбарек" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 1- сəнесине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗ
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 1- сəнесине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗГЕ шексиз шүкирлер болсын ! ЖАРАТҚАН ИЙЕМДИ разы қылыў үмитинде ораза тутыўды нийет етип, сəхəрлик ушын шырағын жаққан хəрбир шаңараққа мол ырысқы, аманлық-тынышлық, отбасының берекетин , кеўил қəтержамлығын берсин ! Елимизге абаданлық , жеримизге несийбе , дəрьямызға мол суў, қəлбимизге шүкир, тилимизге салаўат берсин ! АЛЛА нийетлериңизди қабыл, саўабы -əжирлериңизди мол етсин ! Рамазан айының 1-сəнеси. Хут айының 19-сəнеси , хəптениң Пийшемби күни . https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Бахытты урлайтуғын үш нәрсе бар: Өткенге деген өкиниш Ертеңге деген қорқыныш, Бүгинги күнге шүкиршилик етпеў. Өткенге өкинбей, ертеңге АЛЛАҒА тəуекел етип , бүгиниңизди жақсылық пенен толтырың əзийзлерим! Хəрбир күниңиз берекетли, хəрбир түниңиз пайызлы болсын ! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚƏДИРДАНЛАР! https://t.me/ibratli_sozler