en
Feedback
Раўаж ОТАРБАЕВ

Раўаж ОТАРБАЕВ

Open in Telegram

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев. БАЙЛАНЫС УШЫН НОМЕР: +99893 487-74-80 пикир-усынысларыңыз болса, усы номерге хабарлассаңыз болады!

Show more
435
Subscribers
No data24 hours
+17 days
-730 days

Data loading in progress...

Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '24
September '24
+9
in 0 channels
August '24
+35
in 0 channels
Get PRO
July '240
in 0 channels
Get PRO
June '240
in 0 channels
Get PRO
May '240
in 0 channels
Get PRO
April '240
in 0 channels
Get PRO
March '240
in 0 channels
Get PRO
February '24
+16
in 0 channels
Get PRO
January '24
+10
in 0 channels
Get PRO
December '23
+69
in 0 channels
Get PRO
November '23
+45
in 2 channels
Get PRO
October '23
+35
in 1 channels
Get PRO
September '23
+29
in 0 channels
Get PRO
August '23
+20
in 0 channels
Get PRO
July '23
+9
in 0 channels
Get PRO
June '23
+4
in 0 channels
Get PRO
May '23
+12
in 0 channels
Get PRO
April '23
+14
in 0 channels
Get PRO
March '23
+18
in 0 channels
Get PRO
February '23
+18
in 0 channels
Get PRO
January '23
+18
in 0 channels
Get PRO
December '22
+22
in 0 channels
Get PRO
November '22
+19
in 0 channels
Get PRO
October '22
+13
in 0 channels
Get PRO
September '22
+72
in 0 channels
Get PRO
August '22
+35
in 0 channels
Get PRO
July '22
+10
in 0 channels
Get PRO
June '22
+2
in 0 channels
Get PRO
May '22
+21
in 0 channels
Get PRO
April '22
+25
in 0 channels
Get PRO
March '22
+16
in 0 channels
Get PRO
February '22
+7
in 0 channels
Get PRO
January '22
+7
in 0 channels
Get PRO
December '21
+280
in 0 channels
Date
Subscriber Growth
Mentions
Channels
20 September0
19 September0
18 September0
17 September0
16 September+2
15 September0
14 September0
13 September0
12 September+2
11 September+1
10 September+1
09 September+1
08 September0
07 September0
06 September0
05 September0
04 September0
03 September+2
02 September0
01 September0
Channel Posts
ЎАҚЫТ ҲӘМ ЖАҢА ЖЫЛ Ийнинде  турмыстың тесик дорбасы, Толтырғысы келер, лекин бири кем. Бугин дым үмбе-дүм қызған саўдасы, Лекин, кеўли толмас айтар бири кем. О, сен қудиретли бийреҳим ўақыт, Әззилик қыламыз хүкмиң алдында, Жүгинип, сораймыз, әўмет ҳәм бахыт, Қосықлар айтамыз, шыршаң алдында. Кимниңдур қолына услатып балта, Кимниңдур қолына ҳаса бересең, Гүнәдан, саўаптан жүк арта-арта, Таў, дәрьядан асып, тарта бересең. Төрт пасыл шайқалған мысалы дарақ, Төрт пасылға гүўа он еки шақаң, Жырлайын мен қайсы өлшемге қарап, Қайсы теңеўлерге, тең келер баҳаң. Сениң ҳүкмиң менен келер жаңа жыл, Өтип барар және гүўалығыңда. Мен ушын басланған еди жаңа күн, Қырық үш жыл алдыңғы "Гүўалығым"да. 25.12.2023.

2
АҢЛА ДОСТЫМ Бул дүнья менменлер мәканы емес, Меҳир-муҳаббатқа қорған ол ҳаслы, Жаҳил, бузықлардың кәрўаны емес, Муҳаббат кәрўаны, мәңгилик ҳаслы. Қанша гердийсеңде аспан узақта, Жети қат сырларын жасыра берер, Сумлық үйренсеңде, ҳәтте қурсақда, Дүнья өз сумлығын асыра берер. Бүгин зәҳәр болды, кеше пал еди, Аңласаң тамыры, түби бир пәлек, Бир пайыт жап-жасыл нәўше тал еди, Туплери шириген, көримсиз терек. Қәдемиң өткинши талтайып басқан, Жоллар изиңди жеп жата береди, Сабақ ал, таўлардан қулаған тастан, Сен, менсиз, бул таңлар ата береди. Гердийсе, гердийсин мәңгилик дүнья, Ол мәңги гердийип қала береди. 19.12.2023
1 313
3
Буркиттиң мәканы таўлар арасы, Сатқынлар мәканы жаўлар арасы, Бүркитлер көбейсе таўдай өсерсең, Сатқынлар көбейсе кеўил жарасы. 19.12.2023.
778
4
РУҲЛАР (Устаз Еркин Ўаҳидов естелигине) Руҳлар аспанда гезеди дейди, Ҳәр бир қәдемиңди сезеди дейди, Намақул ис етсең безеди дейди, Ҳәр күни жаныңда гезеди руҳлар. Руҳлар қоллайды аспан астында, Лекин, қәдемиңди туўры бастыңба? Мәзи мақтаўлардан толып-тастыңба? Ҳәммесин, ҳәммесин сезеди руҳлар. Сыр толы жети қат аспан астында, Жасаған өмири бар қара тастыңда, Топраққа аяқты аңлап бастыңба, Жер астын, жер үстин сезеди руҳлар. Шеше алмай өтерсең дүнья жумбағын, Лекин, анық көзди мәңги жумбағың, Мениң өз аңлаўым, тапқан жуўмағым, Намақул ислерден безеди руҳлар. 16.12.2023.
735
5
ЎАТАН Ўатан мениң өз үйимнен басланар, Руўзыгер, жүз-күйимнен басланар, Жуўыраман ертели-кеш ул-қыз деп, Таңда атқан қәдемимнен басланар, Режелер анық, мәқсетлер анық, Олар тынық ақыл суўына қанық, Асығаман ол ким? узақтан танып, Жасы үлкенге сәлемимнен басланар. Бәрше ғам-тәшўишти қәлбинен жойған, Кеңлик, теңликлерге муҳаббат қойған, Мөмин киби сәждесине бас қойған, Аппақ қағаз-қәлемимнен басланар. Қай баҳаға арзыр өлшеў қарысым, Қай жерге апарар мынаў шабысым, Сыйдырған ишине жақын, алысын, Мениң кеўил әлемимнен басланар. Аппақ қағаз-қәлемимнен басланар. 16.12.2023.
563
6
Қыс сәни қар жаўды... Көзлериң ағарсын, жузиң ағарсын, Сөзлериң ағарсын, изиң ағарсын, Қақаман қыс есигиңди қағар шын, Қыс сәни қар жаўды Қарақалпаққа. Аппақ сырға тақты таллар шақасы, Ақ моншақ дизилген шеңгел арасы, Бийминнет сулыўлық жоқдур баҳасы, Қыс сәни қар жаўды Қарақалпаққа. Қардан қуўат алсын, дәрьялар, теңиз, Инсан ҳәм тәбият жаралған егиз, Аппақ қардай болсын айтылған лебиз, Қыс сәни қар жаўды Қарақалпаққа. Қар жаўған ақшамның жамалы басқа, Шымыры аязы, самалы басқа, Тәўиптей оранған аппақ липасқа, Қыс сәни қар жаўды Қарақалпаққа. Раўаж Отарбаев. 11.12.2023
1 043
7
ШАҲРИСАБЗ СУЛЫЎЫ (Қашқадарья дәптери дүркининен) Тарийхтың ашшы, душшы, Сырларын сезип бардым. Жол бойы туўған жердиң, Ой-қырын гезип бардым. Жүректе қат-қат сезим, Жыр болар езип бардым. Тамырым тасқан гезим, Өзимнен безип барсам. Сездим-ғой гезлесерин, Қорғанлар арасында. Көзлери еле берин, Жан тесер қарасында. Сулыўлық саған тәжим, Өмирдиң мәргиясы. Жүзимди басар әжим, Қасымда жүр саясы. 29.11.2023.
291
8
Теберик тутлар (Қашқадәрья дәптери дүркининен) Қаршы қаласына жақын тәрепте, Адамлар аяғы узилмес ҳәпте, Зыярат етиўге келер алыстан, Бул жерде бас ийер уллылар ҳәтте. Себеп бул орында уллы улама, Жасап өткен "Абу Муйин"дей дана, Ислам әлеминде даңқы ҳаўаза, Бизге жеткен мийраслары дүрдана. Улама қалдырған мийраслар киби, Беккем тамыр жайған тереңде түби, Бул жерде мың жыллық тутларды көрдим, Қушақ ашып турар мезбанлар киби. Бунда өз ҳикметин айтар ҳәр бир тут, Устаз үгитине балам қулақ тут, Тыңла, сабырлы бол, қәлбиңе тақла, Сол пайыт дүньяның тәшўишин умыт. 25.11.2023.
364
9
Шайыр имтихан тапсырды (Қашқадәрья дәптери дүркининен) Өмир талай имтиханнан ибарат, Өткенлер қурады беккем имарат, Жүрген дәрья, көрген пайда дегендей, "Китаб"да ўақыя көрдим кәрамат. Бир имтихан өтти алыс "Китаб"да, Менде гүўа болып отырдым сапта, Алпыс жасқа толған шайыр тапсырды, Болмасада, дасмал, пор, ағаш тахта, Жанында қәдирдан дослары менен, Қудай қосқан азиз қостары менен, Кеўли тасып аўылласлар алдында, Орынлады тил ҳәм дил тары менен. Мектепте алыпты талай имтихан, Ол пайыт бала деп берипти имкән, Устаз және бақлап, қойды баҳасын, Рахмет балам, шайыр болыпсаң "нәҳән". Қандай бахыт шайыр ушын алпыста, Устазы бақласа, ҳәр бир қәдемин, Жүрседе, аўылдан бираз алыста, Қушақ ашып, алик алса сәлемин, Түсиндирме: Қашқадәрьяда өткерилген қарақалпақ әдебияты күнлери шеңберинде 2023-жыл 11-ноябрь күни Китаб районында Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурманның 60 жас юбилей кешеси өткерилди. Кешеде шайырдың аўылласлары ҳәм мектепте оқытқан устазы М.Тўраева шығып қутлықлады. 25.11.2023.
424
10
Қойдың сүти "қорғасын" (Қашқадәрья дәптери дүркининен) Жазда жантақ онша желинбес екен, Қойлар жантақ жеди делинбес екен, Гүзде сөклегенде "Еркинбай ҳажы", Оны қысқа ғамлап "пресс"лер екен. Қамыс "пресс" көрдим, жоңышқа "пресс", Көрдим бийдай "пресс" ҳәм салы "пресс", "Косон", "Майда ябы" шарўа аўылы, Қысқа ғамлар екен мол жантақ "пресс". Кемпир апам айтар еди түсликте, Шайы қонса сүйенип қос көпшикке, Қойдың сүти "қорғасын"ғой жарқылық, Бала күнде бизлер талай иштик деп. Сыйыр сүтин иштим, ешкиниң сүтин, Мазасы бириси, биринен үстин, Иштим жылқы қымыз, түйе шубатын, Ишпеппен қойдың ҳеш "қорғасын" сүтин. Қандай жақсы жасамақ кең ўатанда, Таў, саҳра ҳаўасын жутпақлық таңда, Заўық алдым, бираз қосық жазғандай, Қашқадарья таманларға барғанда. Таңда жолға түстик әсте-ақырын, Айтып бабамыздың мийрас нақылын, "Касан"да күтип тур Еркинбай ҳажы, Жүриң, аўыл жақын елиў шақырым. Ел көриў, жер көриў шайырға мәдет, Бизде миймандослық ең уллы әдет, Кеўлин ашып жол бойында турған соң, Мойынтаўлық етиўге жоқ ҳеш қәжет. Жол өндирип "Жалғасбайдың тулпары", Дослық сазын шертип кеўилдиң тары, "Майда ябы" аўылына барғанда, Күтип алды қәтқудалар топары. Айтар "Профессор" көп жыллық достым, Бизде сөз бар, кеўлин қалдырма достың, Бәри, бәри уқсас бизиң аўылға, Айтар бири аға, бириси ғошшым. Бир кесе шай үсти басланды сәўбет, Бәримиз таныстық нәўбетпе-нәўбет, Әсте сөз баслады "Раўшан палўан", Мийман бизлер ушын ырысқы, дәўлет. -Шарўашылық ата кәсип-кәримиз, Жайлаў гезип қой бағамыз бәримиз, Қыс күнинде тымаў тийип қалғанда, Қойдың сүти ең бийбаҳа дәримиз. Талай тасып толған жылға, қайырлар, Бахтын тапқан нешше "Зухра-Тайыр"лар, Маған балалықтан ҳәўес, қулласы, Қой сүтинен қатық иштик шайырлар. Түсиндирме: Қашқардәрьяда болып өткен қарақалпақ әдебияты күнлерин жуўмақлап, жолға шыққанда, Касан районында бизлерди профессор Қуўанышбай Оразымбетовтың жақын досты Еркинбай ҳажы мийман етиў ушын күтип алды. "Майда ябы" -Косон районындағы шарўалар аўылы. Жалғасбай Мамутов - бизлерди Қашқадәрьяға алып барып қайтқан "Jak" автомашинасы басқарыўшысы. "Профессор" -филология илимлери докторы Қ.Оразымбетов. "Раўшан палўан" -"Майда ябы" аўылы кәтқудаларынан бири. 25.11.2023
242
11
Қойдың сүти "қорғасын" (Қашқадәрья дәптери дүркининен) Жазда жантақ онша желинбес екен, Қойлар жантақ жеди делинбес екен, Гүзде сөклегенде "Еркинбай ҳажы", Оны қысқа ғамлап "пресс"лер екен. Қамыс "пресс" көрдим, жоңышқа "пресс", Көрдим бийдай "пресс" ҳәм салы "пресс", "Косон", "Майда ябы" шарўа аўылы, Қысқа ғамлар екен мол жантақ "пресс". Кемпир апам айтар еди түсликте, Шайы қонса сүйенип қос көпшикке, Қойдың сүти "қорғасын"ғой жарқылық, Бала күнде бизлер талай иштик деп. Сыйыр сүтин иштим, ешкиниң сүтин, Мазасы бириси, биринен үстин, Иштим жылқы қымыз, түйе шубатын, Ишпеппен қойдың ҳеш "қорғасын" сүтин. Қандай жақсы жасамақ кең ўатанда, Таў, саҳра ҳаўасын жутпақлық таңда, Заўық алдым, бираз қосық жазғандай, Қашқадарья таманларға барғанда. Таңда жолға түстик әсте-ақырын, Айтып бабамыздың мийрас нақылын, "Касан"да күтип тур Еркинбай ҳажы, Жүриң, аўыл жақын елиў шақырым. Ел көриў, жер көриў шайырға мәдет, Бизде миймандослық ең уллы әдет, Кеўлин ашып жол бойында турған соң, Мойынтаўлық етиўге жоқ ҳеш қәжет. Жол өндирип "Жалғасбайдың тулпары", Дослық сазын шертип кеўилдиң тары, "Майда ябы" аўылына барғанда, Күтип алды қәтқудалар топары. Айтар "Профессор" көп жыллық достым, Бизде сөз бар, кеўлин қалдырма достың, Бәри, бәри уқсас бизиң аўылға, Айтар бири аға, бириси ғошшым. Бир кесе шай үсти басланды сәўбет, Бәримиз таныстық нәўбетпе-нәўбет, Әсте сөз баслады "Раўшан палўан", Мийман бизлер ушын ырысқы, дәўлет. -Шарўашылық ата кәсип-кәримиз, Жайлаў гезип қой бағамыз бәримиз, Қыс күнинде тымаў тийип қалғанда, Қойдың сүти ең бийбаҳа дәримиз. Талай тасып толған жылға, қайырлар, Бахтын тапқан нешше "Зухра-Тайыр"лар, Маған балалықтан ҳәўес, қулласы, Қой сүтинен қатық иштик шайырлар. Түсиндирме: Қашқардәрьяда болып өткен қарақалпақ әдебияты күнлерин жуўмақлап, жолға шыққанда, Касан районында бизлерди профессор Қуўанышбай Оразымбетовтың жақын досты Еркинбай ҳажы мийман етиў ушын күтип алды. "Майда ябы" -Косон районындағы шарўалар аўылы. Жалғасбай Мамутов - бизлерди Қашқадәрьяға алып барып қайтқан "Jak" автомашинасы басқарыўшысы. "Профессор" -филология илимлери докторы Қ.Оразымбетов. "Раўшан палўан" -"Майда ябы" аўылы кәтқудаларынан бири. 25.11.2023
1
12
Шаҳрисабз тақыясы (Қашқадәрья дәптери дүркининен) Үш мың жыл тарийхы бар, Сыр шертер ҳәр гиясы. Мың жыллық тутларында, Өмирдиң маргиясы. Қызлары шебер екен, Шырайлы тақыясы. Қосылып кетер екен, Жибине, қәлб зыясы. Ақтарсаң қызық екен, Ақсарай ўақыясы, Тарийхқа гүўа екен, Бабамның тақыясы. 24.11.2023.
287
13
САБЫРЛЫ ҲАЯЛ Ғам ҳәм тәшўишлерден ҳасла налымас, Шийрин арзыўлары таўлардай бәлент. Ерте таңнан қыбыр-қыбыр шаршамас, Турмыс арбасына жегилген мәўлет. Талап излеп кеткен баласын ойлар, Көз алдынан кетпес, күлимлеп көзи, Елге берсем, даўрықлы тойлар, Руўзыгер тәшўишин тартып бир өзи. Мийрими тасқынлап қызлары ушын, Узатыўға көрпе-төсегин тақлар, Ҳаўжардың жағымлы ҳаўазы ушын, Қоллары қабарып, қырық жанын қақлар. Перзент деп жуўырар уйқысы шала, Ҳасла тәрийпине жетпейжақ сөзим. Турмыс мушын жеген, шекпейди нала, Сулыў қәлби толы сабыр ҳәм төзим. 18.11.2023
843
14
Жол Жүремен изимде қалады, Ийтлердиң әўпилдеп үргени, Тек саям илесип барады, Тиримен бахтымның күлгени. Жүремен изимде қалады, Туттырмас, пайызлы күнлерим, Таңларға жетелеп барады, Уйқымды урлаған түнлерим. Жүремен изимде қалады, Көше толы шаўқым-сүренлер, Самаллар жеткерип барады, Өсек айтпаң, бахыт тилеңлер. 21.11.2023
464
15
САБЫРЛЫ ҲАЯЛ Ғам ҳәм тәшўишлерден ҳасла налымас, Шийрин арзыўлары таўлардай бәлент. Ерте таңнан қыбыр-қыбыр шаршамас, Турмыс арбасына жегилген мәўлет. Талап излеп кеткен баласын ойлар, Көз алдынан кетпес, күлимлеп көзи, Елге берсем, даўрықлы тойлар, Руўзыгер тәшўишин тартып бир өзи. Мийрими тасқынлап қызлары ушын, Узатыўға көрпе-төсегин тақлар, Ҳаўжардың жағымлы сазлары ушын, Мал бағып, жер егип, суўғарар бағлар. Перзент деп жуўырар уйқысы шала, Ҳасла тәрийпине жетпейжақ сөзим. Көйлекте алғысы келмейди жаңа, Сулыў қәлби толы сабыр ҳәм төзим. 18.11.2023
280
16
БӘҲӘР САМАЛЫ Қар ерип, суў болып топыраққа сиңер, Әсте бас көтерер жасыл майсалар, Аспанда айланып бултлар теңселер Әлемди оятар бәҳәр самалы. Бир ўақыт төбеңнен жамғыр себелер, Көкте шақмақ шағып жерди тебелер, Сүмелек сейлине таяр жеңгелер, Кеўилди оятар бәҳәр самалы. Ески уясына қайтып қарлығаш, Ерте таң шырылдар есигиңди аш, Жылғалар жағасы қызлар қолаң шаш, Ышқыңды оятар бәҳәр самалы. Тасқынлап елимниң Әмиў, Аралы, Шөлинде шапқылап, сулыў маралы, Қанатлы қосықтай өзиң намалы, Мәңги қәлбимде қал бәҳәр самалы. 18.11.2023.
417
17
БӘҲӘР САМАЛЫ Қар ерип, суў болып топыраққа сиңер, Әсте бас көтерер жасыл майсалар, Аспанда айланып бултлар теңселер Әлемди оятар бәҳәр самалы. Бир ўақыт төбеңнен жамғыр себелер, Көкте шақмақ шағып жерди тебелер, Сүмелек сейлине таяр жеңгелер, Кеўилди оятар бәҳәр самалы. Ески уясына қайтып қарлығаш, Ерте таң шырылдар есигиңди аш, Жылғалар жағасы қызлар қолаң шаш, Ышқыңды оятар бәҳәр самалы. Тасқынлап елимниң Әмиў, Аралы, Шөлинде шапқылап, сулыў маралы, Қанатлы қосықтай өзиң намалы, Мәңги қәлбимде қал бәҳәр самалы. 18.11.2023. Осмонда сузади парқу булутлар, Чақмоғин чақади бирдан гулдираб, Ёмғир ёғиб ўтар майинлик билан, Сўнгра қуёш чиқар кўкдан ялтираб. Қишга якун ясаб чорвадор хурсанд, Яйловга ҳайдайди қўзи-қўйини. Бўлиқ майсаларда тўрғай чулдираб, Таратар қирларда баҳор куйини. Трактор овози бир зум тинчимас, Тунни кунга улаб толмас ишида. Келажак кунларнинг бахт-саодати, Илҳом бахш қувончдир ҳар бир кишига. Ниятлар, мақсадлар чорлайди олис, Ҳур ҳаёт барқарор, бошимда қуёш. Ўқиб ўрганаман, меҳнат қиламан, Чунки йўлларимиз баҳорга туташ! ЎЗБЕК АЁЛИ Дунё ташвишидан бир зум ҳолимас, Орзу қанотида учар хаёли. Тонгдан кечга қадар ишлаб чарчамас, Бардошли, жафокаш ўзбек аёли. Гоҳи аскардаги ўғлини эслар, Кўз олдига келар кўрки жамоли. Келин, тўй орзуси дилида саслар, Меҳрибон, жафокаш ўзбек аёли. Меҳр гўшасида тизилган севинч, Қалбидан эсади шодлик шамоли. Улкан орзу билан кечаю кундуз, Тиниб-тинчимайди ўзбек аёли. Бири чўпонликда, бири соғувчи, Бириси пахтакор, бири зиёли. Фарзанд ишқи билан толиқмас ўзи, Мўътабар онадир, ўзбек аёли. Она, таърифингга сўзим етмайди, Меҳр-муҳаббатинг йўқдир поёни. Ўзбекистон агар бир бешик бўлса, Уни тебратувчи ўзбек аёли.
1
18
ОФИЦЕРЛЕР Бүркит пәрўаз, арыслан жүрек, Шын батырлар елге керек, Ҳаслы Алпамысқа дерек, Қаҳарманлар офицерлер. Жаңаланып ел жамалы, Гүлленбекте төрт таманы, Сизлер дәўир қаҳарманы Тилде дәстан офицерлер. Елге ҳадал хызмет еткен, Арзыў, мақсетине жеткен, Шегарада шейит кеткен, Мәрт қаҳарман офицерлер. Ел деп урған жүреклери, Ел ығбалы тилеклери, Ҳадал жеген шөреклери, Бахты жанған офицерлер.
769
19
Елимниң ҳүр қызларына көз тиймегей, Атларына ҳеш ўақ ашшы сөз тиймегей, Өз елиниң жигитлерин батырым деп, Өзге елдиң батырына бас иймегей.
698
20
Вввврч
1