347
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days
Posts Archive
Түске шекем ўйқылайтуғын Бахрам жорама ҳәзил.
✍ Парахат. Сулайманов.
Дәўдиң уйқысындай уйқысы қатты,
Таңды Бахрам жорам түске узайтты.
Туражақ ойы жоқ сыры не десем,
Жеңге жети қабат төсегиң жақты.
Жат жора жатабер, турып нетесең,
Турсаң тамақ шайдан тәме етесең
Сени күтип турған жумыс болмаса,
Басыңды аўыртпа уйықла және сен.
Жатабер ҳәз етип жатқанға берсин.
Тәўирмен дейберме ишип отқанда,
Бәне таппай отыр мына ҳүкимет,
Тәуир деп пенсия бермей жүрмесин.
Журт айта береди көшеге шық деп.
Барсаң айталмайды неғып жүрсең деп.
Еш кимниң дидәри қурып турған жоқ,
Оларға керексең токар болсаң тек.
Дүньяның тәшўишин жеңгейге қалдыр,
Жат, жатабер қозғалма, уйқыңды қандыр,
Ашқа шыдасаңда шарапсыз қыйын.
Жүдә жутап турсаң төсекке алдыр.
Арбаң шыйқылдайды, шықсаң көшеге,
Мәс болып жасайбер ишип нәшеңе.
Сени қулаталмай өзи қулаған,
Еле басын қасып дейди, өшеме?
Еле турмадыңба? гудок кетип тур,
Орныңа өзбек қыз сәлем берип тур.
Дәрти жоқ адамлар уйқышы келер,
Жат, жатабер жора, қудай берип тур.
24 - декабрь 2023 ж.
Төртлик.
Сақый, ақ көкирек, Қарақалпақтың.
Қонақ шақырып тур, қара үйлери.
Байрамда қыдырып келеғойсаңыз,
Хызметте тақ турар Маман бийлери.
Бүгин бизде байрам ағайинлер.
24 - декабрь. 2024 ж.
https://t.me/parahat1982
Жаңлайбер Гимним.
✍ Парахат. Сулайманов.
Қорғап қаракеңниң намысын арын,
Небир азаматлар берген-аў барын.
Зиндәнларда қалған батырдың зарын,
Ҳәр таң еслетеди жаңлап Гимним.
Шөлиркеп руўхым түсип кеткенде,
Талай мәрте өзек күйип кеткенде,
Батырың байрағын сүйип өткенде,
Сеннен тәскин таптық жаңла Гимним.
Уллы келешектен үмит үзбеген,
Қара бөрик, Қарақалпақ биз деген,
Намыс ары бийик, жарық жүз бенен.
Улларың тик турып айтар Гимнин.
Түркийдиң туўы бар жүрегимизде,
Теңлик кеңлик деген тилегимизде.
Дүньяда азатлық гүресимизге,
Сен жигер бересең жаңла Гимним.
Дарғалар илаҳый күш берген саған,
Ғәплет басса оят! жигер бер маған.
Сени жырлағанның дәрти қалмаған,
Айдын келешекте жаңла Гимним.
24 - декабрь. 2023 ж.
https://t.me/parahat1982
Жаңла Гимн.
Парахат. Сулайманов.
Ҳәр таң оятады Ўатан қосығы.
Ана ҳәййиўиндей жағар жаныма.
Бабам әрман еткен ерктиң қосығы.
Күш жигер береди сиңип қаныма.
Саҳра бүлбилиниң шадлы қосығы.
Жан берер суўынан журдай аралға.
Елим деп еңреген мәрттиң қосығы.
Жан берер қысқыға түскен заманға.
Азан* менен бәс байласар, шамаң бар.
Иләҳий талантлар жаратты сени.
Тик турып айтады Қарақалпақлар.
Шығып кеткенинше ең соңғы деми.
Жаңла Гимн, жас әўладқа толқын бер.
Жүреклер силкинсин тыңлаған ўақта.
Шет елде жүргенлер, ана журтым дер.
"Жайхун жағасында" жаңлаған ўақта.
24 - декабрь. 2022 жыл.
https://t.me/parahat1982
Энергетиклер кәсиплик байрамына бағышлап жазылды.
Сулайманов Парахат.
Журт билмеген көпдур, оның жумбағы.
Сен күшлисең кернеўиңдей сымдағы.
Бул дәўжурек кай батырдың урпағы.
Дегенлерге энергетик деген бар.
Бир пәс еглениўге жоқта илажы.
Жылдың төрт мәўсими, қысыма жазы.
халқының жансын деп айдын шырасы.
Энергетик журер хызметте бәрхә.
Гейде тән беремен ушада көрсем.
Тап жерде турғандай, сым жалғап журсең.
Стой напрежение дийсең кулесең.
Саған ҳарма деймен шаршама иним.
Акшам өшип калса уйде шырағым.
Берекетим кашар айтсам ирасын..
Пәтиямды берейин өшип қалмасын.
Деп кояды саған кемпир ғаррылар.
Қан тамырдай үлкен система дерсең.
ТП- ларды бирим-бирим санап бересең.
Усылардың бәрин кайдан билесең.
Энергетика илим, дейсең коясаң.
Энергетик бир алжасар деген бар.
Кәўип қәтер журер бәрхә барабар.
"Пз" ы орнатыппа түсип қараңлар.
Аман жүр кәсиптиң камалын таўып.
Кәсиплик байрамың кутлы мүбәрек.
Берекет тапкайсаң, ең жақсы тилек.
Айтсаң якшы дейтин бир аккөкирек.
Сенәм байрамласа, арзыйсаң аға.
Найзағайдың логотипи көксинде.
Энергетик бүгин йошып жүрсинде.
Қутлыклап өтиңиз көрсең иркилде.
Ҳүрметке ылайық инсанлар олар.
Диспетчер отырар баклап қырағы.
Жансын дейип усы журттың шырағы.
Нәзеринде оның жақын узағы.
Инженерлер сизге тәжим етемен
Кәсиплердиң ең уллысы, нурлысы.
Қәлесе ақшамды кылар күндизи.
Космостан көрсең нурдай жер жүзи.
Ғайратыңа турдым энергетиклер.
Кәсиплик байрамыңыз қутлы болсын.
22 декабрь. 2021 жыл.
https://t.me/parahat1982
Repost from НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
ЭНЕРГЕТИКЛЕР КҮНИ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!!
⚡️Бүгинги сәне мүнәсибети менен энергетика тараўында хызмет етип атырған өз кәсибиниң жанкүйерлерин, тараў нуранийлерин 22-ДЕКАБРЬ ЭНЕРГЕТИКЛЕР КҮНИ менен шын жүректен қутлықлаймыз! Бәршеңизге жаңадан жана әўметлер, шаңарағыңызға бахыт тилеймиз.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик нышанлары қашан қабыл етилген?
1)ТИЛ
1989-жылы 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң сессиясында Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги (статусы) берилди.
2)ГИМН
1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң XIV-сессиясында "Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни хаққында"ғы Нызам қабыл етилди.
3)ГЕРБ
1993-жылы 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Советиниң он екинши сессиясында "Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби хаққында"ғы Нызам қабыл етилген.
4)БАЙРАҚ
1992-жылы 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң XI-сессиясында "Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы хаққында"ғы Нызам қабыл етилди.
5)ДЕКЛАРАЦИЯ
1990-жыл 14-декабрьде Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң төртинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация» қабыл етилди.
6)КОНСТИТУЦИЯ
1993 жылы 9-Апрельде қабылланды.
Бул мәмлекетлик нышанларды перзентлериңизге, ақлықларыңызға үйретиң, ядлатың. Оларды кишкентайынан ўатанына садық, патриот етип тәрбиялаң!
@ADEBIYAT_QR
Әсир адамына айланған тулға. Ш. Айтматов.
Парахат. Сулайманов.
Жүзден жүйрик, бир келеди жүз жылда.
Сондай инсан, келип кетти қырғызға.
Дүнья әдебиятын байытып кеткен.
Теңер едим, сөнбейтуғын жулдызға.
Шығыстың ҳүр қызын азат еткенсең.
Жамилаға ақ пәтия бергенсең.
Ақ кемесин күтип жүрген баланың.
Үмит ушқынына түртки бергенсең.
Бөрини сөйлеттиң түркий ураны.
Түсинген дат деди, үнсиз жылады.
Көрегенлик екен, айтып кеткениң.
Дүнья әззилерди, маңқурт қылады.
Бахытсыз балалық басыңнан кешти.
Әрмансыз күнлериң шекер*де дести.
Талай түнлериңде оятқан шығар.
Манас таўларынан, Жаабарс сести.
Даналар өлмейди, мәңги жасайды.
Оқы! жақсылықтан ўағыз баслайды.
Жамила сүўретин сызған балаға.
Илҳәм берип турған, Шыңғыс қусайды.
Шыңғыс келди десе, аўыл аймағым.
Жесин деп жуғырған, алып қаймағын.
Қырғыздың көзине оттай басылар.
Ибрайым былғаған, қара қалпағым.
Дослық көпиринде жаңлар намалар.
Қутлы күн мүбәрек, қырғыз ағалар.
Шыңғыс мәңги жасар, Қарақалпақта.
Китабын дастанып, оқыр балалар.
12 - декабрь. 2022 ж.
https://t.me/parahat1982
Repost from Jańabay Aneteev
Шырағым, пул өз ҳүкимин жүргизген жерде, ийгиликли сөзге де, гөззаллыққа да орын жоқ.
Асқазан мийден көре ақыллылаў, өйткени ол жақпаған затты қайтарады.
Мий ҳәмме затты сиңдирип таслайды.
Инсан гейде-гейде дус келетуғын ҳәрбир сәтсизликти бахытсызлық деп есапламаўы керек.
Ким биледи дейсиз, бәлким ҳақыйқый бахыт киши сәтсизликтен басланар?!
Халықтың тилине қыянет жасаў - оның жүрегин жаралаў.
Факт деп заңға сүйенип, қутылсаң қутылып кетерсең.Бирақ билип қой, ел-журттың азап-дозағынан безип, оның қайғы-ҳәсиретин бөлиспегениң ушын, адам санынан шығып, қарабет атанып өтесең.Саған факт де, жаза да усы.
Ҳеш кимниң көзине түским де, ҳеш кимди көргим де келмеди. Басқаларды билмедим, усындай да, өзим жалғыз қалғанды, қайғы-ҳәсиретимди журт көзине көрсетпеўди қәлеймен.
Журт не қылсын мениң қайғымды?
Қолыңнан келсе, ашыўың тарқап, өксигиң басылғанша сыр берме...
✍ Шыңғыс Айтматов
https://t.me/J_Aneteev
Repost from Jańabay Aneteev
Бүгин қырғыз халқының даңқлы перзенти, атақлы жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың туўылған күни.
(12.12.1928-10.06.2008)
https://t.me/J_Aneteev
Repost from Jańabay Aneteev
Атың таста емес, жүрек төринде,
Қарақалпақлардың мәңги Атажан.
✍ Жаңабай Анетеев
🎬 Азизбек Алламуратов
https://t.me/J_Aneteev
Бабам Аллаяр.
Парахат Сулайманов.
Бабам Бозатаўды айтып баратыр.
Тыңласам нәпесим қайтып баратыр.
Минберден Бозатаў айтатын мәртлер.
Басқаша қосықты айтып баратыр.
Және иши тарлық, алалық болды.
Бабамның кеткени қаралық болды.
Көксиңди оқкада туттыңаў қашпай.
Бизге бир өмирлик азалық болды.
Туўысқаным десер нағыз жақыным.
Халқым умытпайды сиздей батырын.
Сыртыңнан сыр бермей, сатып кететин.
Қуллары бар бирақ, қара басының.
Руўхың көклерге, ушқан күн екен.
Билмедим әрўағың, баба, тынш бекен.
Станы бар, дәстүри бар өзгеше.
Елшилигин етер мына, ел деген.
8 - декабрь. Нөкис.
Repost from Karakalpakstan
08.12.1937-жыл — Қарақалпақ халқының даңқлы перзенти — АЛЛАЯР ҚОРАЗ УЛЫ ДОСНАЗАРОВТЫҢ жала, дөҳмет пенен айыпланып, атылған күни. Яд етемиз бабамызды!
@karakalpakstan_uz
Ойлар.
Парахат Сулайманов.
Ышқы шарабына толы, кесалар.
Қағысып қағысып, шайпалып кетти.
Айлы ақшамдағы, татлы посалар.
Мазалы ертекке, айланып кетти.
Ертек соңындағы мурад мақсетке.
Жеталмай кеткенниң көрдим, талайын.
Қарайтуғын шығар бәлким, әўметке.
Өмир солай екен шыда, ағайын.
Енди жаслығымды қумсап өтемен.
Кеңкилдеп еслеген ғаррылар қусап.
Деп жүрмей ақ қойың, қашып кетемен.
Ҳәммеге бар екен, қурылған дузақ.
5 - декабрь. Нөкис.
Ана тилиме.
✍ Парахат. Сулайманов.
Таза тил, таза қан, урпақтың жаны,
Атсын! қаракеңше келешек таңы.
Ана тилде жаңлап елдиң ураны.
Жайхун жағасында шағласын халқым.
Базы шонтықларда гүман қалмасын,
Бабамдай қозғап жүр, түбир сағасын,
Билмей жүргенлерге адам атасын,
Танытып қой бала Қарақалпақша.
Қара үйде жансын! мәнги шамшырақ,
Ана тил кеўилден шықсын саўдырап.
Ақ көкирек болсаң ҳәмме жаў бирақ,
Сондайда тиршелеў болагөр халқым.
Жат болған әзелден бизге дузсызлық,
Қорқыў салалмады ҳәтте суўсызлық.
Сахра бүлбилине жатдур үнсизлиқ.
Ырғағың бар болсын Қарақалпақша.
Иске асып атыр Маманның ойы,
Тик турған Шылпықтай әсирлер бойы.
Бүгин Қарақалпақ тилиниң тойы.
Оң болсыннан басың шықпасын халқым!
1 - жедди. 2023 жыл.
⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜⚜
ҲҮРМЕТЛИ "СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР" АЙТЫС ТОПАРЫ АҒЗАЛАРЫ !!! БӘРШЕҢИЗГЕ БЕЛГИЛИ, БЕРДАҚ ҒАРҒАБАЙ УЛЫ 196-ЖАСҚА ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН "САХРА БҮЛБИЛИ БЕРДАҚ ШАЙЫРЫМ" АТАМАСЫНДА ТАҢЛАЎ ЖӘРИЯЛАНҒАН ЕДИ.
🍀ТАҢЛАЎҒА:
1 САПУРА ДОШМУРАТОВА
2 АБДЫСАДЫКОВ ЕРСУЛТАН
3 МАМБЕТНИЯЗОВА ДИЛНАЗ
4 УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА
5 МИКО
6 ЗУЛФИЯ ТУРЫМБЕТОВА
7 ЗИНЕЛБАЙ ЮСУПБАЕВ
8 БАРНО ХАЕТБАШ
9 ЕШИМБЕТОВА МУХАББАТ
10 ЗИЙНЕТУЛЛА ХОДЖАНЯЗОВ
11 ЖАҢАБАЙ БАЙМУРАТОВ
12ХАМИДЖАН УБАЙДУЛЛАЕВ
13 ЖАНСАЯ УТАМБЕТОВА
ПАРАХАТ СУЛАЙМАНОВ.
14 КУУАНЫШБЕК НИЕТУЛЛАЕВ
15 ӘБДИРАХМАН ҚОЙЛЫБАЕВ(ЗЕРГЕР)
16 МАМБЕТНИЯЗОВА ДИЛНАЗ
17 ГУЛЖАХАН ХОЖАМБЕТОВА
18МАНЗУРА БАУЕНОВА
19БАХАДИР БАЙНАЗАРОВ (ӨЖЕТ).....лер
ӨЗ ДӨРЕТПЕЛЕРИ МЕНЕН ҚАТНАСЫП,
"СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР" БАЙРАҚЛЫ АЙТЫС ТОПАРЫ ТӨРЕШИ АҒЗАЛАРЫ ТӘРЕПИНЕН (1,2,3-ОРЫНЛАР) томендеги доретиушилердин доретпеси усы орынлар менен белгиленди:
🥇-ОРЫН:
БАХАДИР БАЙНАЗАРОВ
(ӨЖЕТ)
300 мың сум 🏆
🥈-ОРЫН:
ПАРАХАТ СУЛАЙМАНОВ
200 мың сум🏆
🥉-ОРЫН:
ЖАҢАБАЙ БАЙМУРАТОВ
100 мың сум🏆
СЫЙЛЫҚ ПЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНАДЫ.
🎗БУЛ ТАНЛАУГА ОЗ ДОРЕТПЕЛЕРИ МЕНЕН КАТНАСКАН ХАР БИР ҚАТНАСЫЎШЫЛАРҒА АЛДАҒЫ ТАҢЛАУЛАРДА ДА АКТИВ ҲӘМ ЖЕҢИМПАЗ БОЛЫУЫН ТИЛЕП КАЛАМЫЗ.
ХУРМЕТ ПЕНЕН:
СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР ТОПАРЫ АДМИНИСТРАЦИЯСЫ....
