ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 831 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 310,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 831 名订阅者。

根据 02 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -281,过去 24 小时变化为 -12,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.57%。内容发布后 24 小时内通常能获得 20.65% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 007 次浏览,首日通常累积 3 891 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 03 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 831
订阅者
-1224 小时
-757
-28130
帖子存档
Хәр кимниң бар өз иси, Бала-шаға,үй тәшўиши, Өтип кетер бәхәр-қысы Өзимизден артпай атырмыз Бир пайдасы тийсе барамыз шаўып,
Хәр кимниң бар өз иси, Бала-шаға,үй тәшўиши, Өтип кетер бәхәр-қысы Өзимизден артпай атырмыз Бир пайдасы тийсе барамыз шаўып, Узақ-жақын деместен таўып. Кеўиллердиң есигин жаўып Өзимизден артпай атырмыз. https://t.me/ibratli_sozler

Егер достың зейниңе тийсе жыла, душпаның зейниңе тийсе күл. "Уйқысыз түнлер" повести Кисиниң берген қаймағынан өз анаң берген ашшы айран абзалырақ... "Қарақалпақнама" Топырақ бүгин аяқларыңның астында болғаны менен, ўақыт өтиўи менен ол сениң мәңгилик төсегиңе ҳәм мәңгилик жамылатуғын көрпеңе айланады... "Қарақалпақпан.Тәўекелшимен" Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нәрсени усласа да, көз патаслыққа қарай берсе де, бас айыплы. "Қарақалпақнама" Киси өзи ушын жасаса пысқыйды, бала-шағасы ушын жасаса жанады, ели ушын жасаса жақты береди. "Бахытсызлар" Адамзат ушын еки қуяш бар: бириншиси - тәбийий қуяш күн, екиншиси - руўхый қуяш китап. "Қарақалпақнама" Халқың кийген кийим - кепиниң, халқың минген ат - ысқатың, халқың - анаң, халқыңның тили - анаңның тили. Халқыңа қылап қылыў - өз анаңа қол салыў менен барабар. "Маман бий әпсанасы" Дос болып жүрип душпаныңа айланған бир дос, сениң сырыңды билмейтуғын жүз душпаннан қәўипли. "Қарақалпақнама" Әззи деп ҳәтте қумырсқаға орынсыз ҳазар берсең, соның қолынан өлесең... "Қарақалпақнама" Ҳәр күни азанда оянып, "Мениң тирилигимнен жақынларыма, халқыма қайғурлым пайда бар?" деп өзиңе сораў қойыўды, ал кеште төсекке кирип, "Бүгин мен қанша адамға, халқыма пайдалы не иследим?" деп есап бериўди умытпа. "Қарақалпақнама" Тири адамның өмирлик үш жолдасы бар. Биринши жолдасы - досты, екиншиси - душпаны, үшиншиси - тамашагөйи... "Түсиниксизлер" (Т. Қайыпбергенов шығармаларынан) https://t.me/ibratli_sozler

7-май - Қарақалпақ прозасының байтереги,қарақалпақ әдебиятында салмақлы орынға ийе инсан Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылға
7-май - Қарақалпақ прозасының байтереги,қарақалпақ әдебиятында салмақлы орынға ийе инсан Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған сәнеси. ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ "Төлепберген Қарақалпақтың кең маңлайына ғайып берген, ал Қудай өз қарызлары орнына төлеп берген жазыўшы" ✍Абдулла Арипов https://tme/ibratli_sozler

photo content

Kózlerim" Әжинияз 🎙 Д. Қайпов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Қайырлы түн Жаныма жақын жаксыларым! 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 Бул жерге келгениң теңизден тамшы, Бабамыз әзелден көп жеген
#Қайырлы түн Жаныма жақын жаксыларым! 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 💫 Бул жерге келгениң теңизден тамшы, Бабамыз әзелден көп жеген қамшы, Дүнья өткиншидур, дүнья ялғаншы, Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди. Көп емес дүньяда Қарақалпақ аз, Сол ушын көксиңди қаға берме жаз, Ҳәрбириң ушыға, ҳәрбириң алмаз, Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди. ✍М.Жуманазарова 🟥 Қәдирлим, қәстерлеп абайлаң, Өз-өзиңизди! https://t.me/ibratli_sozler

视频消息00:03

视频消息00:03

语音消息00:01

БАЛАМЫЗ НЕ УШЫН ӨТИРИК СӨЙЛЕЙДИ? Қызық. Гейде кип-кишкентай баламыздың өзи өтирик сөйлеп, алдап турғанын көргенде «Мынаў бесиктен бели шықпай атырып, өтирик айтыўды қаяқтан үйренип алған?» деп таң қаламыз. Расында да, тили енди шығып киятырған, еле ақ-қараны ажырата алмайтуғын, оң менен солын танып үлгермеген бала алдаўды қайдан билиўи мүмкин? Бала билмейди емес, биледи. Неден дейсиз ғой? Қәнигелер баланың өтирик сөйлеўине ең биринши себеп, ата-анасының баланы жийи-жийи алдаўы деп түсиндиреди. Мысалы, Дүканға баратырған анасы кишкентайына «Мен ҳәзир дәриханаға барып келемен» дейди де, қалғанларына «Мен дүканға баратырман, үйди бүлдирмей отырың» дейди. Бала буның бәрин еситип, көрип тур... Әкеси жумысқа баратырып баласына: «Балам, мен жумысқа бараман, ол жерге балалар барыўға болмайды. Мен саған кешке үлкеееен машина әкелип берейин. Келистик пе?» дейди. Бала басын ийзеп қалады. Күн бойы машина күтип жүрген бала кешке әкесиниң қолына қарайды. Машина жоқ... Далада ойнап жүрген ақлығын түски аўқатқа киргизе алмаған әжеси: «Жүр, мен үйге көөөп қылып "кәмпит" әкелип қойдым», - дейди. Үйге келсе, "кәмпит" жоқ. Телефон шыр ете қалады. Телефонды баласы көтереди. Аржақтағы адам «Ҳәй, балам, қалайсаң? Телефонды әкеңе берип жибер, асығып тур едим», - дейди. «Аға, сизге» деп телефонды алып келген балаға әкеси: «Ким екен? Пәленше ме? Эй, жоқ деп айт», - дейди. Бала таң қалған ҳалда көзи бақырайып әкесине бир қарайды да: «Ағам үйде жоқ екен. Кетип қалыпты», - дейди. *** Мине, усындай алдаўлар баланың санасына өтирик айтыўға, орны келсе алдап жибериўге болады екен-аў деген сигнал береди. Өйткени, өтирикти ҳеш ким зериккеннен айтпайтуғыны анық. Көп ата-ана буған мәжбүрлик пенен барады. Бирақ, бизиң ең үлкен қәтемиз де сол. Балаға қандай жағдай болмасын, шынлықты айтыўымыз керек. Себеби, базыда балаға берген ўәдени орынламаўдың кесиринен олар да өтирик сөйлеўге, алдаўға бейим болып өседи. «Жаслықта берген тәрбия жас қайыңды ийгендей» деген сөз бар. Сонлықтан да ата-аналар өзлериниң күнделикли турмысында көп өтирик айтатуғынын, соның ҳәммеси балаға тәсир ететуғынын уққаны дурыс болады. Интернет материалынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

ЕЛ ЖАМАЛЫ Сары қум саҳраңда өмир, Қайнап атыр тасар кеўил, Арал теңиз оянбақта, Жан бағышлап жаңа дәўир. Жәйҳун дәрья жағасында, Жәмлескен ел арасында, Жасар мәңги, дослық, бирлик, Ҳәр бир инсан санасында. Қаратаўдың жағалары, Мол байлықтың сағалары, Халқымның кең пейли яңлы, Үстирттиң кең далалары. Қулан, кийик шабар шөлге, Қуслар ынтық Даўыт көлге, Қарабарақ сырлас өсер, Тарбайысқан сексеўилге. Шылпық қорған, Хожа көлим, Етеги ел, бөлим, бөлим, Қалалар көп, жанлы тарийх, Қыз шашындай өрим, өрим. Темир жоллар, машын жоллар, Абат еткен күсли қоллар, Жипек жолға, тутасқанда, Кең жәҳәнге сәлем жоллар. Ел жамалы, кеўил хошым, Тасқынлаған илҳәм, йошым, Қайда жүрсем қәлбимдесең Қәдирлисең, мениң ушын. Раўаж Отарбаев https://t.me/ibrati_sozler

#Ҳикмет Достыңыз бенен сондай қарым қатнаста болың, душпан болғаныңызда сиз ҳаққыңызда сөйлейтуғын жаман сөзлери болмасын. Ду
#Ҳикмет Достыңыз бенен сондай қарым қатнаста болың, душпан болғаныңызда сиз ҳаққыңызда сөйлейтуғын жаман сөзлери болмасын. Душпанларыңыз бенен сондай қарым қатнаста болың, дос болғаныңызда жүзиңиз қызармасын. ✍Румий https://t.me/ibratli_sozler

📖 Бердаққа. ✒️. Ибрайым Юсупов 🎙. Гүлбəхəр Қарабаева https://t.me/ibratli_sozler

"Бармекен" ✍ Әжинияз Қосыбай улы 🎙 Даўытбай Қайпов https://t.me/ibratli_sozler

Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Бүгинги зыяратларыңыз қабыл болсын. Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты
Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Бүгинги зыяратларыңыз қабыл болсын.    Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға кетеди. Сизлерге бүгинги түнниң жақсылығын, тынышлығын тилеймен.  Ертеңги Таңда аманлықта дийдарласыў несийп етсин. Түнниң периштелери, сизлерге шийрин уйқы ҳәм жақсы түслер инам етсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟