ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 789 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 323,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 449

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 789 名订阅者。

根据 11 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -264,过去 24 小时变化为 -2,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.21%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.80% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 300 次浏览,首日通常累积 3 720 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 12 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 789
订阅者
-224 小时
-327
-26430
帖子存档
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: БОЛАШАҚ ДЕФЕКТОЛОГ       Ҳәзир заман пәт пенен өтип атыр ма, ямаса билим ҳәм тәжирийбелер артып атыр ма, ол жағын терең аңлай алмадым. Бирақ жаслардың қызығыўшаң, излениўшең ҳәм илим-билимге умтылыўшаңлығы мени қатты қуўандырады.        Адам болған жерде ҳәр қыйлы ҳәдийселер болады ғой.  Ҳәр кимниң тәшўиши өзине жеткиликли.  Мениң пикиримше тәшўишлердиң ишиндеги ең тийкарғысы -  ата-ананың бала денсаўлығы ушын шеккен тәшўиши  деп есаплайман.      Денсаўлық мәселеси бойынша да жасларымыздың билимли ҳәм озық технологияларды үйрениў ушын жүдә көп изленип  атырғанлығын көрип көз қуўанады.       Пайтахтымыздағы Педагогикалық Институттың Дефектология ҳәм Логопедия тәлим бағдары бойынша төртинши басқышта билим алып атырған Алина Сәрсенбаева  усындай излениўшең жаслардың бири. Ол қыз қашан көрсең қолында тараўы бойынша китабы, қасында ноутбук пенен қағаз-қәлемин алып, бир нәрселер ислеп жүргени. Оның жанына барып, бир сораў береғойсаң, өзи изертлеп атырған тараў бойынша бирталай түсиникке ийе боласаң.      Мен жақында оннан:          - Сөйлей алмайтуғын балалар  не себептен ондай болады екен?  Оларды  пикирин еркин жеткизиўге  үйретиўге бола ма? - деп сорадым. Ол маған устазларынан үйренгенлери ҳәм илимий китаплардан оқығанлары бойынша түсиник берди.      - Баланың  тутлығып сөйлеўине  ямаса улыўма сөйлей алмай қалыўына көп жағдайларда қоршаған орталығы, айырым жағдайларда ата-анасы себепши болады. Көбинесе, аналардың ҳәмледарлық ўақтындағы ҳалаты балаға тиккелей әсер етеди. Егер ана көбинесе дем алыссыз ҳәм  шаршап, ямаса  руўхый жақтан қыйналып жүрген болса бул жағдайлар балаға тәсир етпей қоймайды.        Ал, бала анасының ишинде қәлипли жағдайда раўажланып, жетилиссе де, қоршаған орталықтың тәсиринен сөйлей алмай қалыўы мүмкин. Бир мысал келтирип өтейин:        Төрт жасар бала үйинде әжағаларының қасында ойнап жүреди.  Әжағасы  терең етип ҳәжетхана қазып атыр екен. Ол қасындағы үкесин услап алып:  "Сени мына шуңқырға таслап жиберейин бе?"  деп ҳәзиллейди.  Иши қараңғы ҳәм терең шуңқырды көрип қорқып кеткен бала  соннан баслап сөйлей алмай қалады және сол әжағасын көрсе,  қорқып қашатуғын болып қалады. Нәтийжеде, бала мектеп жасына барғанша сөйлеў дегенди пүткиллей умытып қояды.       Және бир мысал: Музыкадан сабақ беретуған келиншек ҳәмледар пайтында да  қатты ҳаўызлы  сеслердиң арасында жүре береди. Оқыўшыларды эстрада бойынша үйретип, "тәбийий  даўысларыңыз мына музыка сестин баса алатуғындай дәрежеге жетсе, сизлер ҳақыйқый туўма талантлы қосықшы боласызлар" деген қағыйданы басшылыққа алып, оқыўшыларына амплитуданы жоқары герцке салып, диапазонды кеңейтип айтыўға үйретеди.       Ал, өзи ўақты-сааты жетип босанғанда қараса, баласы сөйлемейтуғын ҳәм еситпейтуғын болып туўылады. Иштеги раўажланып атырған балаға сыртқы факторлар бундай дәрежеде тәсир ететуғынлығын көпшилик жас аналар биле бермеўи мүмкин.  Ең әпиўайысы, қыс күнлеринде айырым ҳәмледар келиншеклердиң пальтосы қарнына жетпей, ашық жүреди. Анасы тоңбағаны менен одан иштеги баланың нерв тамырлары аязлап, бала майып болып туўылыўы мүмкин.      "Неге ҳәзир майып балалар көбейип кетти?"  деген сораў туўылыўы мүмкин. Мениң ойымша: бурынғы әжелеримиз кең кийим кийгени ҳәм  тәбийий таза аўқат жегени ушын физикалық жақтан күшли болған. Соның ушын олардың денсаўлығы жақсы, сүйеклери беккем ҳәм  мийнеткеш болған деп ойлайман.      Ал, енди тийкарғы темамызға қайтсақ, ҳәзир тилинде дефекти бар балалар менен көбирек жумыс алып барып атырмыз. Оларды тынышландырып, жеңил  буўынларды, сөзлерди айтқызып үйретемиз.  Тутлығып сөйлейтуғын балалардың арасында белгили бир сести айтыўға қыйналатуғынлар да бар. Мысалы: "Қ", "Т" сеси сөздиң басында келсе, бала  бирден сөйлеп кете алмай қыйналып, қысынып қалады. Егер бул сеслер сөздиң ортаңғы буўынында келсе, бала сол сести қалдырып кетип айтыўы мүмкин.

photo content

Басқа бәле тилден келеди . Тил басты төргеде шығарады. Бир күни хан сарайындағы ўазирлердиң көпшилиги Жийреншени ханға жаманлапты . Хан яқшы ертең азанда келеғойың бәриңиз айыбын мойнына қойып бере алсаңыз болды өзим жазалайман депти.    Ертеңине Жийренше сарайға келсе барлық ўазирлер жыйналған  хан тахтында отыр. Хан Жийреншеге тилин көрсетипти Жийренше басын көрсетипти. Хан басын көрсетсе Жийренше тилин көрсетипти ҳәм Жийреншеге руҳсат берип жиберип ертеңге шекем мәўлет  ал, усы ҳәрекетлердиң мәнисин тапсаңыз Жийреншени жазалайман ал таба алмасаңыз өзлериңизди жазалайман депти. Ертеңине және  бәри жыйналған . Хан келгенлерден кешегиниң жуўабын сораса ҳешқайсысы таба алмапты Хан Жийреншени шақырып сорапты .   -Тақсыр сиз тилиңизди көрсетип тил инсанды не күйлерге салады деп сорадыңыз мен басымды көрсетип басына  бәле болады дедим .    -Кейин және басыңызды көрсетип инсанның басын  төрге  шығаратуғын не  дедиңиз мен тилимди  көрсетип инсанның басын да төрге шығаратуғын тил дедим  деп жуўап берипти. Соның ушында сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады . Жыллы жыллы сөйлесең жылан ининен шығады. Жақсы сөз -жан азығы. Жаман сөз- бас қазығы, - деп бийкарға айтылмаған... 📖 https://t.me/ibratli_sozler

#Архив Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде белгили балалар шайыры Сағыйдулла Аббазовтың 95 жыллығына арналып өткерилген әдебий кешеден үзинди. https://t.me/ibratli_sozler 💻 https://t.me/ibratli_sozler

Шыраз Нуратдинов "Қартайғанда сол жаман" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Ҳәрбир атқан таң сизге берилген имкәният есиги. Ол имкәния
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Ҳәрбир атқан таң сизге берилген имкәният есиги. Ол имкәнияттан кимлердур пайдалана алмаса, кимлергедур несип етпеди. Ал сиз оянып таңды көрген екенсиз бахытлы инсан екенсиз. Шүкир етиң ҳәм жақсы ислерге бел байлаң. Ўақыт бийбаҳа, өмир қымбат. Таң қайырлы болсын. Шаңарағыңа тынышлық, берекет, дәўлет алып келсин. ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ https://t.me/ibratli_sozler

Ҳәр күни бес ўақыт намазында. – Аңсатынан бере кѳр. Түске шекем билдирип, түстен кейин «илдире» кѳр деп тиленди. Жаслар тойынан келгенлер жүдә қуўанышлы еди. Бәри жақсы ѳтти. Тиллерде дәстан болатуғын беташар болды. Қәдир жеңгелери анасының бѳлмесине киргизиўди қәлемес де тыңламай кирди. Қуўанышын бѳлиспекши еди. Ол мәңгилик уйқыға кеткенин сезбеди. Бетине үңилип бираз турды. Уйқысын бузбайын десе де жүреги қандай да бийтәртип урып турар. Әсте қолларын сыйпаласа музлап болған екен. Жүзлери де кѳгерген. Беташардың қандай болатуғынын тойханадағыларға кѳрсете алғанына разы болған Қалбазардың жүзи жайнап турғандай еди.                                                ✍  Арыўхан ТУРЕКЕЕВА. https://t.me/ibratli_sozler

Оннан қалса және бир ақлығы Мурат беташар ушын үлкен баннер ислеп үйдиң қапталына тағып қойған. Зымырап ѳтип атырған ўақыт себепли усы күтилген мәўритлерге жетип келди. Халмурат үйдиң бир бѳлмесинде азанлы берли ҳүрмет-иззет пенен күтилип, аўқатланды. Келинди узатып әкелиўден үйге киргизбестен бет ашыўға  таярлады. Келининиң аяғының астына үлкен гилем тѳселген менен оның үстинде қойдың терисин  тѳседи. Еки қапталында еки келиншек қолынан демеп тур. Олардың ийинлерине тойдан пайы деп еки таўар жабылды. Ортаға саўлат тѳгип Халмурат шықты. Ҳәмме не болар екен – деп тур. Еки беташаршы қатар турыпты. Биреўи тойға арнап шақырған ҳәзирги ең зор деген жигит. Тамағын бир қырынды да Халмурат турған аламанға сәлем берип, той менен қутлықлады. Оған микрофон керек емес еди, даўысы ири, және жағымлы. Еле сол турысы екен. Қолына тутқан микрофонда әбден заңқылдап еситилди. Жаздың күни болғанлықтан кѳшеден ѳткен де кеткен де бул даўысты еситип тойханаға жыйнала баслады. Машыныларда тоқтап, адамлар алысларда қалған беташардың ѳзгешелигин сағынғанын сезип атыр. Бурын бул беташардың қүдиретин билетуғын кексе әўладлар: – Саў бола, жаның саў болсын. – Бәрекелла, ҳаўазың еле де жаңласын – деп атыр хошаметлеп. Адамның қай-қайсысына да хошамет жағады ғой. Халмурат та кем-кем ҳәўижге шықты. Ол қосықты да дуўтарды жақсы айтатуғын еди. Қалбазар креслода мардыйып отыр. – Зор деген беташаршы жигит шегинип тур. – Кѳрдиң бе мине беташар-деген усындай болады – дегендей Қалбазар бул жигитке де кѳз қарасы менен қәлбиндегин түсиндиргендей болды. – Дайылар қәне, келмейсизлер ме. Кейин қалдыңыз ба, қуда-қудағайлар. Қалтам сизлерди келеди – деп күтип тур – деп микрафоннан қышқырған  беташаршылардан қашатуғын болды, адамлар. Ҳәзир болса ортада турған 3 литрлик банкиге пулларды салып атыр. Ѳткен-кеткен жолаўшылар да атлары шықпаса да пул салғанын ѳзлери де билмейди сирә. Сонша адамды бир сааттан кѳбирек «услап» тура алған Халмуратқа пүткил журт разы болды. Адамлар беташарды созыў ушын бир-биреўиниң үстинен сәлем алыўға ѳтип кетти. Қулласы, еки саат дегенде беташарды жуўмақлаған Халмурат қолына дуўтар алып «Адыңлар»ға ѳтип  кетти. Қарақалпақтың миллий намалары, қосықлар не деген жағымлы. Және бир сааттай адамларды дуўтары, қосығы менен «услап» турған Халмуратты адамлар ортадан жибергиси келмейди. Кемпир-ғаррылар кѳзлерине жас  алып, бурыңғының беташарын сағынғанын сездирип атыр. Қыйқуў-шуўға үйренген жаслар да буларды кѳрип бет  бурып кете алмады. Халқының ѳтмишин байытыўға бийпәрўа қарайтуғын адам болмады. Изине жигирмалаған бир қыйлы кийимде жүрген жораларын ериткен ақлық баласы кемпир апасының қасына келди. Қолындағы гүлди берди. – Рахмет апа. Еле кѳп жыллар жасағайсыз-деп қушақлап бетлеринен сүйди. Усындай боларын сезген Қалбазардың еки кѳзинен аққан қуўанышлы жаслар алмалығын сызып ѳтип ийекке жетип, жерге тамшылады. Сабырлы деген бул кемпирдиң «тигиси» тегинликте сѳтилмес еди. Беташарды еситип, ѳтмишти ақлықларына кѳрсеткенине ѳзинен, Халмураттан разы болды. Халмураттың ийнине тон жабылып, басына папақ кийгизди. Той тойдай болды. Жыйналған адамлар елеберин тарқайын демейди. Халмуратты орап алып, сүўретке түсип атыр. Телефон номерин алып, биразлары тойларына шақырмақшы. Қалбазар да ѳз дийдине жеткенине разы. – Мың шүкир аллам. Маған усы күнлерди кѳриўге пурсат бергениңе рахмет. Енди мен таярман. Кемпирди дүзелмес дәрт ѳз шырмаўығына шырмағанына бираз ўақыт болған еди. Аўырыўға жеңдирип, қәддин бүгиўди қыялына келтирмеди. Тойды ѳткериў ушын ҳәр күни намазларында тәңирден имканият сораўдан шаршамады. Кеште ҳәмме жаслар тойына кетти. Қалбазар үйде еки кемпир болған келинлери менен қалды. – Мен шаршадым, жайыма кирип дем аламан. Ҳеш ким ишке кирмесин. Той таркатып келгенлер де келдик-деп жайыма бармасын. Еки келинине оның буйрығы «хат  пенен қәлем» болды. Түсимпаз кемпир «аманатын» тапсыратуғын пайыты болғанын сезип турған еди. Ең соңғы намазын оқып, диванына аяқ-қолын туўрылап жатып, ѳз ийманын ѳзи «үйирди». Беташаршының даўысы еле қулағында жаңлап  тур еди. Жүзи нур жайнап, бул  ѳмирден разы ҳалда, ап-аңсат ҳеш қыйналмастан «аманатын» ийесине тапсырды.

ҳүрмет те сѳнди ме? Бурын беташарды күтип, аты шықпағанша алыстан келген ағайин-туўған, дос-яран, дайы-жийен, қуда-қудағай кетпестен отырар еди. Беташаршы ирети келгенде ѳзиниң қасынан қосық қатарларын «тоқып», халықты бир жерде «услап» туратуғын қәбилетли болады. Үлкен қурды ѳзине қарата билген беташаршылар бүгин «суйылып» кетти-аў. Усы ойлар Қалбазарға сирә тынышлық бермеди. «Қәне, қартайып отырса да сол Халмуратты таптырып, ақлық келинимниң бетин аштырып жиберейин. Беташардың қандай болатуғынын халық кѳрсин. «Күшли» деген беташаршы бала да бир кѳрип қойсын. Үйренсин. Халмураттың дойнағында бар, абырай берип исенимимди ҳақласын». Бул жақта Халмурат телефон жабылып қалған соң лал болып қалды. Арадан неше жыллар ѳтип, тойға шақыртылып атыр. Енди не болады? Бир жағынан қәўетир, бир жағынан қуўаныш сыяқлы сезимлер жүрегин бийлеп алған еди. Керек емес – деп келини сырттағы складқа шығарып таслаған гѳне қара чемоданын сыпырып ишке алып кирди. – Ҳе, ғарры неге буны ишке әкелдиң. Келиниң кѳрсе жүзин «бүристиреди». Ҳәмме зат оған  «мусор» – болып кѳринеди. Ѳзлеримиз де сондаймыз. Тек шығарып таслайын десе аўылдағылардан уялады. – Ҳәй кемпир, жаўрамай тура тур. Мени тойға шақырды. Таярланыўым керек. – Кийимлериң мына шифонерде илиўли тур. – Яқ, беташар ашыўға шақырды. – Не дейди, қурған маңлайым, қартайғанда есиң кетти ме? Сени ким тыңлайды, ана жуўқылдаған жигитлер турғанда? – Сѳйлей бермей тур. Аўылдан қалаға кѳшкен «Генерал» апа ақлығының тойында беташарды ѳзиң ашып бересең – деди. Яқ, дей алыўға пурсат та бермеди. – Ѳйпей, «генерал» шешем айтса барасаң да, ғарры. «Зер қәдирин зергер билер» – деген. Шешем пақырдың ҳәзирги жаслардан кеўли толмаған. Бурыңғының ҳақыйқый беташарын сағынған. – Солай ма – дедим. Енди еплей алсам болар еди. Даўыс та, ѳзим де ѳзгердим. Абырай бергей. – Неге қорқасаң? Ўақтында бир аўылдың емес 10 аўылдың ҳәттеки, қаланың да талай келинлериниң бетин аштың.  Усы қара чемоданда «ѳкпелеп»  атырған беташар жазылған дәптер-дәптер қағазларың және «тирилетуғын» болды. Халмурат чемоданды ашып, шаң басқан дәптерди асықпай сыйпалап отырып, тазалады. Дәптерлерди ашып еди, арқасы қозып, делбедей ѳз-ѳзинен беташар айтыўға түсти. Тоқтаса қәне. Сағыныпты. Бул да адамға берилетуғын талант екен-дә. Ѳзиниң ғарры болып, сақал-муртына, шашына ақ түскенин умытты. Тап жаслықтағыдай қәлбине беташардың келинге айтатуғын нәсият сѳзлери келип атыр, келип атыр. Қоныс қутлы болсын, тойлар мүбәрек, Мине, бүгин гѳззал, сағым-дѳгерек, Жасасын қызылгүл, қызыл шүберек, Жүзиң әне, сондай жарқын болсын. Ойланып ой жибер сѳздиң салтына, Қалыс хызмет исле ел ҳәм халқыңа, Жарасады егер минез-қулқыңа, Сыңғырлаған күлкиң болса келиншек. Мақпал минез зер күлкиңе жарасқан, Кеўлиң бәҳәр, сүттей аппақ әл-аспан, Әдеп-икрам нырқың болсын келиншек. Келдиң енди ўатан деген үйиңе, Ийелик ет, босағаңнан-тѳриңе, Садық бол, келин боп түскен жериңе, Пәк муҳаббат мүлкиң болсын келиншек . Кемпири де ғаррысының йошып айтып атырған беташарын тыңлап оо, сол алыстағы жаслығын еслеп кетти. «Алтынды тат баспайды» дегени дурыс екен. Халмураттың даўысы еле сыңғырлап, ҳәр бир сѳзи сәдде-сәдде болып, қулақлардың қурышын «қандырғандай» еди. – «Генерал» бир нәрсени билмесе айтпайды. Еле күш-ғайрат бар екен. Қуда қәлесе бир тойды еплеймен. Халмурат ѳзине исенди де кешки тамағын жеп болып, және таярлыққа киристи. Бүгин шемби. Қәдирбайдың үйинде ерте таңнан адамлар жыйналып, келин той басланды. Үйдиң алдындағы шертек, оның қапталы гүллер, шарлар менен безелген. Еки үлкен той шертеги қурылған. Биринде қосықшылар турып, қосық айтады, екиншисинде пул жазатуғынлар отырады. Үлкен скамейкалар қойылып кѳше бийи, хызметтеги еркеклерге арналған. Және бир скамейкада тойхананың жасыүлкенлери отырыпты. «Қутлы болсын тойларыңыз» – деп басланатуғын той да кем-кем ҳәўижге минди. Адамлар ағылып келип атыр. Үш кѳшениң бийлери оларды қонық жайларына жайластырыў менен жүр. Айжамал қыздың интернет арқалы тарқатқан хабарларынан соң беташардың тезирек басланыўын күтип отырғанлар кѳбейди.

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: БЕТАШАР   (гүрриң)    Той бермен дегенше болатуғын ойласық, таярлық, пул жеткере алмай қыйналыў бәри-бәри той күни умытылып кетеди. Той алды ойласықта тѳрде ҳеш гәпке араласпай атырған кемпир адамлар енди тарқасайын деп турғанда: – Беташарды айтыўға Қәдирдиң тойына келген Халмуратты таўып келесиз-деди. Буны еситип, кемпирдиң баласы Қәдирбайдан баслап ҳәмме шоршып кетти. – Апа ол киси бар ма екен? Оннан қалса беташаршы таяр,  айтылып қойылған. Уят болады. – Сиз араласпаң да, апа. Ҳәзир ең «хит»  болып турған жигитти зорға таптық-дей бергени кемпир той болатуғын ақлығына оқырайып бир қарады. Ол тып-тыныш болды. – Сен сѳйлеме, әкең менен сѳйлесип турман. Билемен, оған пулының ярымын да тѳлегенсиз. Ол да келе берсин. Беташар деген қандай болатуғынын бир кѳрсин. Тап, Халмуратты. «Генерал» кемпир – деп оның бәрҳа ҳүрметин орнына қойып келгенликтен кемпир кѳп сѳйлеп сѳзин де зая етпей кесип бир айтады. Гәпин бѳлгенди ҳеш жақтырмайды. «Апа, ҳәзир заман ѳзгерди. Питип турған иске араласпа» – дей алмаған Қәдирбай үндемей яқшы ишарасын кѳрсетип бас ийзеди. Аўылдан қалаға кѳшип келгенине онлаған жылдан асты.Той-мереке болса ғана аўылға барады. Еле де телефон деген бар. Болмаса бир күнди жоққа шығарып, аўылға кетесең. Қәдирбай телефонды алды да Халмуратты излеўге түсти. Қәдирбайдың келиншегиниң бетин ашқан жап-жас, шаққан, ҳәзилкеш жигит еди. Енди оның кишкене  баласы үйленип атыр. Ол киси қартайғаны анық. Кемпир ол беташаршының тири екенин билип шақыртып отырғанын аңлады. Егер тири болмағанда оны тилге алмас еди. Анасы ҳәр гәпин ойлап сѳйлейтуғын ҳаял. Кемпир сексенниң алтысына жетип тур. Сорастырып Халмураттың ақлығының телефонын тапты. Аржақтан. – Тыңлайман – деген даўыс еситилгенде Қалбазар кемпир телефонды маған бер – деди. – Алло, Халмуратжан қалайсаң? Аман отырсаң ба? Ул-қызларың, ақлықларың саў жүрме? Жағдайларың жақсы ма? – деп сорасты. – Ассалаўма алейкум рахмет. Шүкир, аманбыз. Ѳзиңиз қалайсыз? – Мен, Қалбазар апаңман – дегенде Халмурат бир силкинип түсти. – Апа, қалайсыз? Ѳзиңиз аман отырсыз ба? Қаланың ерке апасы болып жүрсиз бе? Үй-ишлериңиз тегис аман ба? – Бәри ѳз орнында. Ал, Халмурат саған бир хызмет бар. Ақлығымның усы ҳәптениң ақырында тойы. – Оң болсын, апа. Аўылға шақыртыўшылық болса, айтамыз. – Яқ, аўылға хабарды басқа балаға тапсырдық. Ақлық келинимниң бетин ѳзиң ашасаң. – Ҳаў, апа, бизлер модадан қалдық ғой. «Баяғылар бағда қалды». Енди еплей алмайман. Оннан қалса бет ашыўдан шығысып кеттик. Ҳәзирги жаслардай дей бергени кемпир сѳзин бѳлди: – Жаслар менен не исим бар. Келесең, ѳзиң жақсылап таярлан. Бет ашарға текстти таярлап қойыпты. Мына ақлығыңның телфонына таслайды. Соны жақсылап кѳрип, жасларға бет ашардың қандай болатуғынын бир кѳрсетип қой. Ал, күтемиз. «Генерал» кемпир оның яқ яки яқшы – деген жуўабын да күтпестен телефонды ѳширди. Ҳәмме ҳайран. Отырғанлар қәйтип гәп қоспады. Тойы болатуғын келин-күйеўлер ѳз бѳлмесинде тоңқылдаў менен отыр. Кемпир ѳзине бейим, билимли ақлық қызын қасына шақырды. – Саған тапсырма, Айжамал.  Ана телпоныңнан  беташар ҳаққында мен айтқандай хабар жәриялайсаң. Бурыңғының ҳақыйқый бет ашары, Халмурат келеди – деп ѳз тилиңизде келистирип жаз. – Онда ағамның тойындағы сүўретлери ишинен беташаршының сүўретин табайын. – Сѳйт, қалғаны ѳзиңе. Ақлық қызы ѳзине жүкленген «генерал»дың үлкен жуўапкершилигин орынлаўға кирисип кетти. Барлық ағайинлер, қоңсылар деген ҳәм басқа-басқа каналларға жиберди. Қалбазар кемпир усы баланы үйлендиремиз – деп болажақ келинге сырға салып келген күннен баслап тынышсызланды. Ҳеш  кимге ҳеш нәрсе демесе де қыяллары менен «алысты». – Ҳәзир беташар деген бурынғылардай болмай қалды. Адамлар түсте келеди де гәси аўқатыңа қарайды, гейбиреўлери «списка»  дан ѳтеди де кетип қалады. – Жүдә жақын ағайин болмаса ҳәзир беташарға қарап отырмайды. Неге бурын ѳзине мәргиядай тартатуғын беташардың буншелли қәдири қалмады? Айырым шалалаў беташаршылар пул қәне пул, апасы, дайысы, жорасы – дегенге адамлар қашып кетти ме? Яки беташарды кәмине келтирип дурыслы айта алайды ма? Мына телефон деген бәле шығып, ҳәмме қызық сонда болып, беташарға болған

"БАССЕЙН" Сөзиниң қарақалпақшасы қандай?
Anonymous voting

ҚАЙСЫ СПОРТ ТҮРИНДЕ СПОРТШЫ АТТЫ КӨТЕРЕ АЛАДЫ? ⌛️⌛️⌛️
Anonymous voting

СОРАЎ❓ МАҚТЫМҚУЛЫНЫҢ жигитлик дәўири оғада қыйын дәўирлерге туўра келеди. Ол сондай қыйыншылықлар себеп болып өз ............ атлы ярынан айра түседи.   Ярының аты ким еди?  
Anonymous voting

Жақсыңды умытар,изиңнен сайып Тəғдир сүрниктирсе əўметиң тайып Хəр бир исиңизден излейди айып Дослар қыянетке жүз бурған күни
Жақсыңды умытар,изиңнен сайып Тəғдир сүрниктирсе əўметиң тайып Хəр бир исиңизден излейди айып Дослар қыянетке жүз бурған күни.. Той-жыйында көрсетпестен қарасын Ажыратар туўысқанлардың арасын Бəледей қып көрсетер хəтте анасын Жаман өмир жолдас дус болған күни Жолына қарайлап болып интизар Күткен хадалының лебизин умытар Жанарынан жас ағызып қурытар Ярының көзине шөп салған күни.. Келиниңди ғарғасаң улыңа тийер Күйеўди ғарғасаң қызыңа тийер Басынан өткизген дад дейип күйер Жаман адамларға жолыққан күни.. Хүжданға буйырып пəкле санаңды Қашанғы жылатар жуўас адамды Тəўбесине таяндырар əси наданды Хəмме исиң есап болар бир күни.. Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

#Миллий_салт_дәстүр 🔘Қарақалпақлар ата-баба дәстүрлерин бузбай сақлағанды жақсы көретуғын халық. Соның бири ески ҳәм ҳәзирге дейин сақланып келген дәстүрлериниң бири 200 ден аслам урыўлары. Қарақалпақларда қызды урыўы бойынша алысады. Гей бир урыўы бар түрки халықларында жети атадан соң қыз алыса берсе, ал қарақалпақларда неше атаға келсе де, бир урыўдан қыз алыспайды. Бир урыўдың ишинде кыз алысыўға болатуғын, болмайтуғын тийрелери болады. Ҳәр бир ата-ана перзентлерине усы қыз алысыўға болалуғын және болмайтуғын тийрелерин балаларына кишкене ўақтынан қулағына қуйып қояды. Усы тәртип қарақалпақларда қатал сақланған. Урыўлар ортасындағы қатнас, байланысы, арысы, тийреси, көшеси хат бетине түссин, түспесин, оннан бийғәрез ҳәр бир қарақалпақ өз урыўын биледи және қайсы урыў менен қыз алысатуғынын биледи. Бул қаракалпақларда халықтың тәртиби, хатқа түспеген заң. Қарақалпақлар урыўлас болған қыз балаларды күтә ҳүрмет етеди. Бир урыўлас қыз отырған жерде ол қызды танымаса да, ер адамлар сөйлеген сөзин аңлап, халықтың тәртибин бузбай, әдеп пенен туўысқан қарындасы отырғандай етип сөйлеўи керек. Ол жерде мәдениятсыз сөз айтылмайды, юморлық сөзлердиң де карындастың алдында айтылатуғын сөзи ғана айтылады. Урыўлас қыз отырмаса, еркин сөйлеп, ойнап күлип отырыўы мүмкин. 📖С. Баҳадырова "Қарақалпақ қандай халық" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

#мағлыўмат 📜 АШАМАЙЛЫ Қоңырат арысының Шүллик топарына киретуғын қәўим-руў. Ашамайлы 13 руўдан қуралған. 19- әсирдиң орталарында ашамайлы қәўиминде 790 дай хожалық болған. Олардан көзге көринип, ел басқарған - Әўез, Мергенбай, Жақсылық, Досым, Сексенбай, Елгелди, Төремурат, Ораз, Шерим деген бийлери болған.            ҚОҢЫРАТ                    |           АШАМАЙЛЫ               | Шоңтуқым Шоратуқым Бийтуқым Байтуқым Батыртуқым Базартуқым Қаратуқым ----------- ШОҢТУҚЫМНАН           | Қарахожа. Қабасан. Жалаңаяқ. Сақыў. Бесқойлы. ------- ШОРАТУҚЫМНАН          | БЕСБАЛА-Сары-Қара- Абыз- Паңқара. -------- БИЙТУҚЫМНАН            | БӘКЕ- Үшбас- Хожаназар-Сүйиндик- Төлес. БЕКПОЛАТ- Табасар- Бабасар- Жабасар. --------- БАЙТУҚЫМНАН             | ЖАПАР. --------- БАТЫРТУҚЫМНАН                | ЯҚЫПША. ---------- БАЗАРТУҚЫМНАН                | БҮЙИРЛИ. ---------- ҚАРАТУҚЫМНАН              | ҚУРАМА-Намаз-Анақ-Кишибай-Бекенбай-Жаманқара. ✍ Мағлыўмат М. Нызановтың "ҚАРАҚАЛПАҚЛАР" китабынан алынды. Кесте 2012 жылы шыққан "ҚАРАҚАЛПАҚ" руўлар кестесинен алынды. 📝📝📝 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Видеоға қарап қарақалпақ нақыл-мақалларын табың . Көргизбе қураллар каналынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler