ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 780 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 323,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 780 名订阅者。

根据 12 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -259,过去 24 小时变化为 1,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.31%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.91% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 319 次浏览,首日通常累积 3 741 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 45

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 13 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 780
订阅者
+124 小时
-307
-25930
帖子存档
ГӨЗЗАЛ СЕЗИМЛЕР Кексе жастағы адам 25 жасар улы менен поезд вагонына кирди ҳәм өз орынларын ийеледи. Жас жигит айна алдында отырды. Поезд қозғалғанда ол ҳаўа ағымын сезиў ушын айнадан қолын шығарды ҳәм бирден қуўанып бақырды: - Аға, қараң, ағашлар артқа кетип баратыр, Кексе адам күлимсиреди. Қасларында ерли-зайып отыр еди. Олар ержеткен жигиттиң өзин баладай тутыўынан ыңғайсызланды. Кутилмегенде жигит және қуўаныш пенен бақырды: - Аға, көрип турсыз ба, көл ҳәм ҳайўанлар... ал бултлар поезд пенен бирге жүрип баратыр. Ерли-зайып ыңғайсызланып, жигиттиң әжептәўир әдетин бақлады. Ал, әкеси болса буған ҳеш қандай таңланбады. Жаўын жаўа баслады ҳәм жаўын тамшылары жигиттиң қолына түсти. Ол және қуўанышқа толды ҳәм көзин жумды. - Аға, жаўын жаўып атыр, суўы маған тийип атыр! Қараң, көрип турсыз ба? Ақырында, ҳайран қалған ерли-зайып кексе адамнан сорады: - Неге улыңызды бир емлеўханаға апармайсыз? Ғарры жуўап берди: - Биз ҳәзир ғана сол жақтан киятырмыз. Бүгин улым өмиринде биринши мәрте көриў бахтына миясар болды. "Ҳикметлер гәўҳары" китабынан. Дерек: http://paziylet.uz Бизди бақлап барың..... https://t.me/ibratli_sozler

📱📱📱📱📱📱📱📱📱 Телефонның адам өмирине зыяны....     Ҳәзирги ўақытта уялы телефонсыз жүрген адамды көрмеймиз. Ол адам өмириниң бир бөлегине айналғандай. Өмирге енди келген нәрестелерге дейин, таң атқаннан, күн батқанша телефонға қараў менен ўақыт өткизеди. Узақ ўақыт телефонға телмирип отырыў адам өмирине зыян емеспе?     Бул сораўға *билмедим* деп жуўап бере алмаймыз. Себеби, өсип киятырған келешек әўладымызға қандай тәсир етип атырғанын биз көрип отырмыз. Көбинесе ата-аналардың жиберетуғын баслы қәтелиги, баласының тыныш отырыўы ушын қолына телефон услатып қоятуғыны деп ойлайман. Бул ислердиң кейини:  балада еситиў, көриў, сөйлеў  қәбилетлериниң төменлениўине алып келеди. Ден-саўлық инсан өмириндеги ең баслы байлық екенин биз гейде умытып қоямыз. Биз азборот  технологияларының  раўажланған заманында өмир сүрип атырмыз. Бурынғы қәлипке қайтыў......... енди қыйын.     Ҳәзир балалар арасында сөйлеў қәбилийети жүдә  кешигип келмекте. Аутизм усаған кеселликлер пайда болды.  Ҳақыйқаттанда, бүгинги күни логопед, дефектолог, невропотолог қәнийгелерине қатнаўдан, ана-аналардың табанлары тозды десем, асыра айтқан болмайман. Алымлардың айтыўынша, бул кеселликлердиң себеби, жас балалардың телефон менен оғыры, ерте досласыўы деп айтылмақта. Қулласын айтқанда, балаларымыздағы еситиў, көриў, сөйлеў қәбилийетлерин азайтыўдың ең нәтийжели жолы: телевизор, телефон ўақытын шеклеў, ата-ана-бала қарым-қатнасын жақсылаў жүдә әҳмийетли....      Смартфонның пайдасы жүдә көп, бирақ зыяны оннанда көп. Сонлықтан ата-аналар балаларын тек ғана технология менен таныстырып, досластырып қоймастан, оларға әжайып өмирдиң ләззетин сезиниўди, сөйлесиўге, ойланыўға мүмкиншилик туўдырыўы керек деп ойлайман...... Гулдасте Курбанбаева. Каналымыздан узақласпаң..... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler

Бурынлары адамлар  патша , бай адамларға қул болған  болса, бизиң заманымызда ҳәмме *телефонның* қулына айландық. Бәлким бул да, бир апатшылық шығар. Сораў: Сиз не деп ойлайсыз? Пикирлериңизди қалдырың заманласлар !!! 🙏🙏🙏 ✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Бизден узақласпаң ........ https://t.me/ibratli_sozler

✍✍✍✍✍✍✍✍✍ ЎАҚЫТ УРЫЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСЫҢ Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм 🌿 1. Мобил телефон, телеканаллар, интернет ҳәм кеўил ашар бағдарламалар. 🌿  2. Кешиктириў ҳәм сылтаў излеў — ең белгили ҳәм ең зыянлы әдетлерден бири. 🌿  3. Мәжбүрий бир иске кирисиў 🌿 4. Руўхый көтериңкиликтиң жоқлығы (қәлеў, мотивация жетиспеўшилиги). 🌿 5. Қорқыныш. 🌿  6. Ислердиң әҳмийетин айыра алмаў. 🌿 7. Дыққаттың тарқаўы. 🌿  8. "Яқ" дей алмаў — көп ўазыйпаларды қабыл етип, ўақытты басқара алмай қалыў. 🌿 9. Күтилмеген шалғытыўшылар — телефон қоңыраўы, айрықша жағдайлар, тосаттан келген дос ҳәм басқалар. 🌿 10. Бир исти қайта-қайта баслаў — бир нәрсе ислеп атырғаныңызда шалғып басқа иске өтип кетиў ҳәм және алдынғы иске қайтыў. 🌿 11. Режениң жоқлығы ямаса ислерди надурыс режелестириў. 🌿 12. Тәртипсизлик. 🌿 13. Нәтийжесиз жыйналыслар. 🌿 14. Күтиў (биреў менен ушырасыў белгилегениңизде ямаса бир исти орынлаўын келискениңизде ўақтында питкермей кешиктириўи). 🌿 15. Ҳәдден тыс көп қағазлар ҳәм тәртипсиз ҳүжжетлер — бул жумыс столын ҳәм дыққатты ийелеп, ўазыйпаларды қыйынластырады. 🌟Доктор Мустафа Фиқийдиң "Ўақытты басқарыў" китабынан Бизди каналымыздан  бақлап барың! https://t.me/ibratli_sozler

КОРРУПЦИЯ Сары шөптей шырматылып аяққа, Алдыңнан зоңқ етер барсаң қаяққа, Кең ен жайған ҳәтте сағалаяқта, Сондай жаман иллетс
КОРРУПЦИЯ Сары шөптей шырматылып аяққа, Алдыңнан зоңқ етер барсаң қаяққа, Кең ен жайған ҳәтте сағалаяқта, Сондай жаман иллетсең коррупция. Нызамларға қайшы өмир сүресең, Нобай пайда бар жерде сен жүресең, Он бармақты тығып дейсең гүресем, Аўзыңды арандай ашып коррупция. Ҳарам дүнья малдың мазасын татып, Белшериңнен аўыр гүнаға батып, Ҳәрекет етесең тасада жатып, Жым - жыма ис питирип коррупция. Саған иси түскенлерди майырып, Қойсаңдағы қанатларын қайырып, Мудам талтаңлайсаң топты айырып, Тутқыш бермес ҳийлекер коррупция. Адамларды «қоян» қылып қоясаң, Аямастан пахта менен соясаң, Нәпси қулы айтшы қашан тоясаң, Жемхор аттайсаң жермен коррупция. Тараў қоймай бәрин қамтып алғансаң, Жер тепсинип зобалаңды салғансаң, Желимдей болып жабысып қалғансаң, Қатаң тәртип жоқ жерде коррупция. «Қарды жағалмасаң таўып қалаўын», Тағыңнан да ҳәпзаматта қулаўың, Бардур ақыр тартатуғын жылаўың, Жулып түп тамырыңды коррупция. Ақшолпан Аманияз Бизден жырақласпаң әзизлер.... https://t.me/ibratli_sozler

Dosliq [t.me_qosiq].mp32.68 MB

✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨ "Елиңниң есинде бир жыл қалғың келсе - ас бер...... Он жыл қалғың келсе - ағаш отырғыз..... Ал, мәңги қалғың ке
✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨ "Елиңниң есинде бир жыл қалғың келсе - ас бер...... Он жыл қалғың келсе - ағаш отырғыз..... Ал, мәңги қалғың келсе - бала тәрбияла"............ "Халық даналығы". ✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨⚡️✨ https://t.me/ibratli_sozler

🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴 Қуда-қудағай, ене-келин, өмирде ҳақыйқаттанда  болатуғын ўақыялар ҳаққында әжайып видео роликти  сизлер менен бөлисиўди мақул көрдим. 🌟 Пикир сизлерден әзизлер !!! 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler

Китап оқымасаң жаман болады... --Апа,көркем әдебият оқымасақ,не болады жаман болама? Китап оқымаған саналы болмас, Руухы бай,
Китап оқымасаң жаман болады... --Апа,көркем әдебият оқымасақ,не болады жаман болама? Китап оқымаған саналы болмас, Руухы бай, кеўил ханалы болмас. (автордан) Китап оқымаған дунья қуўады, Жылан-байлық ақыл ойды буўады, Алма ағашынан түспес алысқа, Соңынан еки көзин жаслар жуўады. Китап оқығанның бағы ашылар, Адамның ҳәр қашан  өлшеў тасы бар, Көп оқысаң  периштелер қорғалап, Жолларыңа жарық сәўле шашылар. Бахыттың булағы сылдырлап ағар, Бағы шамен байлап, ғумшасын тағар, Айға қолың жетпей жүрсе әрманлап, Жулдызлар жымыңлап жолыңды бағар. Ығбал, даўлет,күтер қушағын ашып, Бахыт кундей кулер шапағын шашып. Ким китап оқыўдан алыслап кетсе, Уйинен берекет кетеди қашып. Шаменге айланар бахыттың бағы, Суринбейди тулпарыңның туяғы, Бәрҳә көзиң ашық, руўхың бай болар, Мен деген жигиттиң сынбайды сағы. Китаплар билимниң қайнар булағы, Суўсынлансаң  қолда бахыт шырағы, Жылқылары таўға шығып жигиттиң, Жарқын келешеги парлап турады. Китап оқымасаң жаман болады.. Гулистан Даўлетова https://t.me/ibratli_sozler

🌸👍М О Т И В А Ц И Я👍🌸 ☀️ Әзизлер келиң , дүньяда тек жақсы ислер ислеп, жақсы нәрселер жаратып жасайық. Себеби, жақсылық етиў  ҳәммениңде қолынан келе бермейди. Жақсылық етиўден шаршамайық. Сиз ислеген жақсылық, сизге әлбетте есеси менен қайтады. 👍👍👍 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Бизден узақласпаң 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

5777531132_1.mp35.03 MB

Ассалаўма әлейкум!!! ☘ Жаңа, әжайып таңды көрер екенбиз, Аллахымызға көбирек шүкираналар етейик.... ☘ Бахытлы инсанлар арасын
Ассалаўма әлейкум!!! ☘ Жаңа, әжайып таңды көрер екенбиз, Аллахымызға көбирек шүкираналар етейик.... ☘ Бахытлы инсанлар арасынан бизде және бир таңды қарсы алдық.... ☘ Саў-саламат оятқан Рәббимизге шүкирлер болсын.... ☘ Бүгинги күн кешеги күниңизденде қайырлы, пайызлы, берекетли болсын әзизлер!!! ☘ Биз бенен бирге таңды күтип алып, дәстурхан әтирапына  шай ишиўге отырып атырған заманласларымызға жағымлы иштей тилеймиз..... "Ибратлы сөзлер" каналынан узақласпаң әзизлер......... https://t.me/ibratli_sozler

Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетип, өмир дəптеримиздиң жəне бир бети толды, ертеңги күнимиз бүгинимизден де жақсы болыуына тилеклеспен!! Қайырлы түн әзизлерим! Ерте таңда көрискенше саў саламат болғайсызлар!🙏💐 https://t.me/ibratli_sozler

Қағаз гүллер хош ийис таратпағанындай, еки жүзли адамларда ҳешқашан өзгермейди. https://t.me/ibratli_sozler
Қағаз гүллер хош ийис таратпағанындай, еки жүзли адамларда ҳешқашан өзгермейди. https://t.me/ibratli_sozler

"Қыял атаўы" поэмасы кимниң қәлемине тийисли?
Anonymous voting

Әпсаналарда Даýыт ата нениң пири деп көрсетиледи?
Anonymous voting

Жәнәýит дегенимиз не?
Anonymous voting

Ғәним сөзи мәниси?
Anonymous voting

Балықтың сағағындағы суýдан кислородты ажыратып, балықтың өкпесине жеткерип бериý хызметин атқарыýшы орган?
Anonymous voting

Әдеп - сөйлегенде тилин, жалғыз қалғанда жүрегин, сыртқа шыққанда көзин тыйып жүриў дегени. ✍ Юнус Эмро https://t.me/ibratli_
Әдеп - сөйлегенде тилин, жалғыз қалғанда жүрегин, сыртқа шыққанда көзин тыйып жүриў дегени. ✍ Юнус Эмро https://t.me/ibratli_sozler