ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 787 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 324,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 447

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 787 名订阅者。

根据 10 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -272,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.31%。内容发布后 24 小时内通常能获得 20.04% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 319 次浏览,首日通常累积 3 764 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 11 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 787
订阅者
-1424 小时
-447
-27230
帖子存档
photo content

ҚУЛЕН БОЛЫСТЫҢ БЕРДАҚ ШАЙЫР МЕНЕН ОЙЛАСЫЎЫ Қулен болыс пайғамбар жасына шыққанлығына (өз жасына шыққанының) той бермекши болыпты. Тойды еки мәнисте бермекши болыпты. Биринши, пайғамбар жасына шыққанлығына қуўанғанлығы болса, екиншиси, және оны болыслыққа сайланатуғын ўақыты келип қалыпты. Және халық оны сайлайма, сайламайма соның ушын соған және сайланыў ушын халықтың кеўлин алып, елге, халыққа және бир нәрсе жегизип, және бир рет сайланбас па деген де ой болыпты. Адамларды жыйнап тойдың мәсләҳәтин өткерипти. Мәсләҳәтке көп жағымпаз адамлар Қуленге: "Енди сен көп жыллар болыс болдың, пайғамбар жасына болса шықтың, сен жақсылап турып той бер. Тойға Бердақ шайырды да алдыр. Тойда оған өзиңди мақтат. Оған азы-кем сарпай берерсең" — деп кеңес берипти. Бул Қулен болысқа да мақул түсипти. Қулен болыс бир күни өзи Бердақ шайырға: "Ойласық келип кет", — деп адам жиберипти. Бердақ шайыр келипти. Қулен Бердақ шайырға той берейин деп атырғанлығын, оны тойға шақыратуғынын айтты. "Сонда бизди мақта, Көп бий, бай, болыс, ақсақалларды мақтаған елде қосықлар бар. Бирақ сонша жыл кимсең Қулен болыс болсақ та биз туўралы ҳеш жерде мақтаған бир қосық жоқ. Бақсылық қылып тойымды өзиң атқарып бер!"—депти. Сонда Бердақ шайыр Қулен болысқа: — Бул бизге аўыр болды ғой!—депти. Сонда болыс: — Аўыр болса саған ат миндиремен, жеп-жеңил боласаң. Жетегиңе саўын жетелетемен сүт, қатық ишип кеўилиң ағарар, үстиңе сарпай жабаман"—депти. Сонда Бердақ Қулен болысқа: — Тойда қуры мақтай беремиз бе, я дурысын айтамыз ба?— деп сорапты. — Дурысын айт, дурысын!—депти Қулен болыс. Ол ойлапты мақтағаннан кейин бизиң болыслығымыз сән-салтанатын дурыс мақтайды екен деп, бул гәптен кейин "Болады!"—деп оған Бердақ шайыр келисим берипти. Қулен болыс тойды баслапты. Сол күни Бердақ шайыр да тойға келипти. Мерекеде Бердақ тойға жыйналған халықтың көз алдында Қуленниң жаўызлығын әшкаралапты. Соның ушын халық басшысы ҳадал, ҳақ адам болыўы шарт деп дәлийилепти. Буны Бердақтан еситкен Қулен болыс жүдә пәнт жепти. Ашыўланып Бердаққа сарпай бермепти. Бердаққа анаў-мынаў деп бир нәрсе дейин десе, халық оны жақлап тойда бир ойқан болып жүрер деп қорқып Қулен болыс ҳеш нәрсе қыла алмапты. Бердақ тойдан үйине қайтып баратырғанда, тойға келген бир болыс Бердақ шайырға: "Сарпайыңды алып кетпейсең бе!?"— деген екен Бердақ оған: — Мен сарпайды оған кийгиздим!—деп жуўап берипти. Бердақтың Қулен болыс туўралы тойда айтқан қосығынан кейин адамлар оны болыслыққа сайламай таслапты. Кейинги сайлаўда халық Қуленди болыслыққа сайламай көтерилис шығарғаныда сол екен дейди. Ә. пахратдинов, К. пахратдинов "Бердақ шайыр ҳаққында легендалар, әпсаналар ҳәм ҳақыйқатлар" https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

#Мағлыўмат 📜 Ораз Мухаммед бий, аталық. XIX әсирдиң орталарында Қоңырат улусында ел басқарған журт ағаларының бири Ораз Мухаммед бий, аталық. Оның қарамағында Есим каналы, Көк өзек, Дәў қара, Қуўаныш жарма, сондай-ақ Ерназар қала, Серен қалалар болған. Ораз аталықтың ҳәм оның баласы Әўез ақсақалдың қәбирлери Қараөзектеги «Өтеген әўлийеде» жайласқан. Ораз аталықтың шежиреси: Базар бий аталық (1) — Хажигелди (2) — Султан бий (3) — Карабас (4) — Ешан (5) — Чияз бий (6) — Ораз Мухаммед (7). Ораз Мухаммед бийдин Арзымбет ҳәм Әўез деген еки баласы болады (8). Арзымбеттен Мамыт, Әўезден Қабыл (9), Туйылақ, Қабылдан Бабаназар (10) ҳәм т. б. ӨМИРБЕК ЛАҚҚЫ Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халықлары арасында әпсанаға айланып кеткен Өмирбек лаққы тарийхый адам. Ол қарақалпақтың қуйын руўының шыққан. 1831-жылы Шымбайда туўылған. Ол халқының руўҳый жақтан өсиўине өзиниң ҳәзил, күлкилери менен тәсерин тийгизген. Ел арасындағы даў-жәнжел, урыс-тартысларды әдил шешетуғын, сөзге шешен адам болған. Ережеп (тентек) бий менен дайылы жийенли болғанлықтан олардың көп дәкеклескенлери халық арасында әпсанаға айланған. https://t.me/ibratli_sozler

Қабырға қайысып ел деп жууырған Хəрбир сөзи келген бəрха туурыдан Халқы ушын бауырын таплап қууырған Бүгин ЕЛ АҒАСЫ кетип бар
Қабырға қайысып ел деп жууырған Хəрбир сөзи келген бəрха туурыдан Халқы ушын бауырын таплап қууырған Бүгин ЕЛ АҒАСЫ кетип баратыр... Қəддиң бүкпей..не түссе де басыңа Тартқан едиң нағыз ердиң хаслына Жетпестен жүзинши бəхəр паслына Бүгин ЕЛ АҒАСЫ кетип баратыр...😢 Юсупова М. Халқымыздың сүйикли перзенти өзиниң жанкүйерлиги менен əпсанаға айланған ҚƏЛЛИБЕК КƏМАЛОВ атамыз соңғы мəнзилине кетип баратыр... Иннə лиллəхи уə иннə илайхи рожиуун ! ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР каналы администрациясы атамыздың шаңарақ ағзаларына, жақын-жууықларына хəм бəршеге терең қайғырыу менен кеуил айтады . https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРЫ Жалғыз жүрип жол танығанша, Көпшилик пенен адас. Көптей тентек болсаң да, Көпке тентек болма. Ерден аспақ болса да, Елден аспақ жоқ Бағды қуртсаң балаңа қәўип, Елди жаманласаң өзиңе қәўип Телпек кийгенниң ары бир, Кемеге мингенниң жаны бир Халқыңды, журтыңды жаманлама, Халық табады миниңди Ўатан күннен сулыў, Алтыннан қымбат Ел басына түскен ис Ер басына түскени Көп билсең де, Көптен артық билмейсең Халық бир тислемнен берсе тойдырар, Бир муштан берсе өлтирер Ел сөзи - теңиз толқыны https://t.me/ibratli_sozler

базаргул боларем.mp31.71 MB

photo content

Базаргул_Каримова_Мажнунтал_саясы_сл_Галым_Сейтназаров_муз_Роман.mp38.35 MB

БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ. 🌟  Лао Дзы Қайырлы түн әзизлер... Аллахым түнниң тынышлығын бергей. Уйқыңыз пүтин болып, жақсы түслер көриң.  Ертеңги таңды жақсы нийет етип, сизлер менен бирге күтип алыў несийп етсин жақсыларым !!! ❤️🙏❤️🙏❤️🙏❤️🙏 https://t.me/ibratli.sozler

“МЕНИ ҚАРАҚАЛПАҚ  ЖЕРИНЕ КӨМИҢ!” Бүгин Игорь Витальевич Савицкийдиң туўылған күни Москва емлеўханаларының биринде өмириниң ең соңғы күнлеринде қарақалпақстаннан кеўлин сорап барыўшыларға ол усы сөзлерди айтқан екен “Билемен, таўсылып баратыр демим, Дүнья есаплатпас артығым-кемим... Туўмаса да болған туўғаннан бетер, Мени қарақалпақ жерине көмиң! Ҳаслы-тегим қалың Орысияттан, Көп əрман жыйнадым ояқ-буяқтан. Мəйли, жери шорлақ, кимнен зыятпан, Дузлы самал ескен шөлине көмиң! Ҳеш халықтың кеўлинде жоқ бундай нағыс, Соннанды, бар-жоғым əйледим бағыш. Арзыў масақларын шөпшеткен жағыс, Мени ески Жəйҳун бойына көмиң! Әпиў еткей ата журтым топырағы, Биз бир оның ушып кеткен жапырағы... Әттең, өмиримниң сөнер шырағы, Лекин, Нөкистиң бир қырына көмиң! Ҳақтан соң пайғамбар, пир туттым өзин, Бирадарлар, елге жеткериң сөзим, Демесеңиз; ашық кетпесин көзим... Мени қарақалпақ жерине көмиң! - - - - - - - - - - - - - Қарақалпақстанға ҳəрқыйлы себеплер менен келип ҳəм усы жерде жасап, халқымыздың руўхый дүньясын жанына жақын тутқан басқа миллет ўəкиллери болған айырым зиялылар, өмириниң соңғы демлеринде өзлерин усы топыраққа жерлеўди ўəсият етискен. Солардың бири белгили художник ҳəм пидайы искусство изертлеўши си Игорь Витальевич Савицкий. Ол Москва емлеўханасында өмириниң соңғы мəўритлеринде көриўге барған кəсиплес досларына усылайынша өтиниш еткен ҳəм оның бул тилеги бəржай келтирилген. ✍Халила Дәўлетназаов https://t.me/ibratli.sozler

ИГОРЬ ВИТАЛЬЕВИЧ САВИЦКИЙ
ИГОРЬ ВИТАЛЬЕВИЧ                САВИЦКИЙ

KORDIM.mp36.89 MB

photo content

5. Бул көплеген кәсиплердиң ишиндеги ең жарлысы еди. Оларды базар күни саллақханада сойылған маллардың???????? сатып алады. О
5. Бул көплеген кәсиплердиң ишиндеги ең жарлысы еди. Оларды базар күни саллақханада сойылған маллардың???????? сатып алады. Оны тазалап, писирип, қара самарға толтырып, Шымбай қаласындағы шарбақларға кирип жүрип, "????????  алатуғын барма?" деп бақырып жүрип сатқан. Оларды сатып боламан дегенше талай жуўылмаған қоллары менен усланады. Сораў:  Олар  қайсы кәсип ийелери еди? https://t.me/ibratli_sozler

4. Қарақалпақларда салыдан дән тазалап, гүриш қылыўшы кәсипти не дейди??? Олар (жумыс ислеўшилер) еркек адамлар болып, еки ад
4. Қарақалпақларда салыдан дән тазалап, гүриш қылыўшы кәсипти не дейди??? Олар (жумыс ислеўшилер)  еркек адамлар болып, еки адамнан ибарат  болған.  Олардың салы тартатуғын дигирманының бир жағы тас, бир жағы ағаш болған. Сораў: Бул қандай кәсип??? ☘☘☘☘☘☘☘☘☘ https://t.me/ibratli_sozler

3. Бул ҳаял-қызлардың өңирине тағатуғын безениў заты. Гүмистен исленип, жүзи нағысланады, алтын менен пуўланады. Төрт (чар-тө
3. Бул ҳаял-қызлардың өңирине тағатуғын безениў заты. Гүмистен исленип, жүзи нағысланады, алтын менен пуўланады. Төрт (чар-төрт), ҳәр қайсысының қызыл қасы болады. Гейбир шартүймелерге қастың дөгерегине майда пирузалар орнатылады. Шартүймениң төменги ҳәм еки қапталдағы ушлары үш жапырақланып келеди, оған шынжыр менен майда қоңыраўлар тағылады. Сораў: Бул тағыншақ не деп аталады? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул үплеп шертилетуғын саз әспабы. Ағаштан соғылады, түтиги темир болады. Сораў: Бул әсбап не деп аталады? https://t.me/ib
2. Бул үплеп шертилетуғын саз әспабы. Ағаштан соғылады, түтиги темир болады. Сораў: Бул әсбап не деп аталады? https://t.me/ibratli_sozler