#ибрат
ЕГЕР БИР АЙ ЎАҚТЫҢЫЗ ҚАЛСА...
Бир адам ҳаялы менен ҳеш шығыса алмайды екен. Үйде ҳәр күни әпиўайы нәрселер себепли тартыс, жәнжел болар екен. Ол киси бул жәнжеллерден бийзар болып ҳаялы менен ажырасқысы келипти. Ерли-зайыплылардың даў-жәнжеллери себепли еки тәреп шаңарақлардың да арасына суўықшылық түседи. Бир күни ол адам мәслаҳәт сораў ушын көпти көрген, адамлардың ҳүрметине ийе болған бир дана кисиниң алдына барып, жағдайын айтады.
Ол киси айтыпты:
— Енди ажырассаң да ҳеш нәрсе өзгермейди. Бир ай өмириң қалыпты, не ислесеңде бәри бир, дейди.
Бул гәпти еситкен адамның қорқыныштан реңи қуўарып шығып кетеди. Жолда дус келген танысларынан разылық сорай баслапты. Үйине келип, «ҳаял кел, сонша ўақыт сени қапа еттим, жақсы ер бола алмадым, сен ушын жақсы әмел ислей алмадым, мени кешир, меннен разы бол, дейди.
Ҳаялы, «тәўбе, бул адамға не болған өзи, бундай сөзлерди айтып», деп ойлапты ҳәм оған рейми келип:
— Негизинде сиз разы болың, мен мудамы әдепсизлик еттим, сизди көп қапа еттим, дейди. Екеўиниңде кеўли босап көзлери жасланады…
Кейин ол киси, қәйнатасының үйине барады. Олардан да жылап кеширим ҳәм разылық сорайды. Ал ҳаялы да, қәйненесинен кеширим сорайды. Енди үйде ҳәр күни жәннетий өмир басланған еди, ерли-зайыплылар бир-бирин ҳеш иренжитпес еди…
Бирақ ол адам, ҳаялына яки басқа ҳеш кимге ҳүрметли дана кисиниң айтқан сөзлери туўралы ҳеш нәрсе айтпапты. Бир ай толыўын санай баслапты. Күн жақынласқан сайын жақсылықлары артар, ҳәр күни Жаратқанға сыйынар еди.
Ол кисиниң жақсы ислери көбейген сайын ҳаялын да, еки шаңарақтың да мүнасәбетлери жақсыланып, бир-бирине жақсылықлары артып барар еди.
Бир ай өтеди. Аўа бүгин өледи, ертең болса… Лекин ол киси өлмеди. Анық бир ай демеди, бир ай әтирапында, деген жоқпа?. Бәлким бир неше күнлик өмирим еле бар шығар, деп ойлайды.
Бир неше күн күтти, тағы өлмеди. Кейин ол сол дана кисиниң алдына барып сорайды:
— Мен өлмедим ғой.
— Өлиў неси? — дейди дана киси.
— Сиз бир айдай өмириң қалды, деген едиңиз, бир ай болды. Бирақ мен өлмедим ғой.
Дана киси болса :
— Бирәдар, мен сениң қашан өлиўиңди билмеймен, лекин соны билемен, өлим ҳақ, бир күни әлбетте өлесең. Өлетуғын адам жәнжел, даў менен өмирин зәҳәрлемейди. Ҳәзирги өмириңизден кеўлиңиз тола ма? — дейди.
— Аўа, ҳеш тартыспаймыз. Татыў жасап атырмыз.
— Қәне, енди солай даўам етиңлер, — дейди ол киси.
Ол шаңарақтың еки перзенти бар еди, оларда бахытлы шаңарақта гүлдей жаснап улғайды.
Өмиримиздеги көп мәселелер өлимниң ҳақ екенин умытыўымыз себеплидур!
https://t.me/ibratli_sozler