uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 813 підписників, посідаючи 4 306 місце в категорії Релігія і духовність та 443 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 813 підписників.

За останніми даними від 04 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -287, а за останні 24 години на -14, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 27.16%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.71% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 111 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 708 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 05 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 813
Підписники
-1424 години
-817 днів
-28730 день
Архів дописів
#ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар. Бағды қуртсаң балаңа қәўип, Елди жаманласаң өзине қәўип. Қарақалпақ байдың баласы едик, Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз. Қус қанаты менен, Адам елаты менен. Кемликке – камал, Менменге – заўал. Жүйрикке – томар. Кимде ким халыққа қысым қылса, Барып-барып өзи-ақ қудайдан табар. Жери байдың ели бай. Ҳәр қасқалдақ өзиниң батпағын мақтайды . Телпек кийгенниң ары бир, Кемеге мингенниң жаны бир Аспанға ушсаң, қанатың менен, Жерге түсерсең қуйрығың менен. Қамқа тонның қәдирин, Жамылып жатқан қарт билер. Ел-халықтың қәдирин, Жекке жүрген мәрт билер. Бақа – көлинде, Ҳәрким туўған елинде. Аўылласың ким болса, Аталасың сол болады. Ел ағасыз болмайды, Суў сағасыз болмайды. Жаў түби – ел, Жаз түби – кешиў. Халық айтса қалып айтпайды. Аз ғана елге аға болма, Аз ғана асқа бөлиўши болма. Бүлинген елден бүлдирги алма. Кең кийим тозбайды, Кеңесли ел азбайды. Халық сөзи – теңиз толқыны . 📖 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

photo content

photo content

ЕРКИНЛИК НЫШАНЫ — КОНСТИТУЦИЯ! Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни салтанатында оқылған қосық Халқым ерк деп келген талай әсирден, Жүрип тар соқпақ ҳәм тайғақ кешиўден. Сол еркти муқаддес билип көширген, Алтын сыя менен ҳәр бир бабына, Әзелий әрманым Конституция! Маман, Айдос, Аллаярлар өткен жер, Ерназары ерк деп шейит кеткен жер. Қумар ана жаўдың бағрын сөткен жер, Бүгин еркин ел болды өз алдына, Сол еркинлигимсең Конституция! Елимде орнатып бийғәрез заман, Айдын, саррас жолдан жүрип бараман. Баўырымыз пүтин, басымыз аман, Жасап атырмыз биз тыныш бәрқулла, Тынышлық сақшысы-Конституция! Үйим аман, тыныш аўыл-аймағым, Желбиреп тур ғәрезсизлик байрағым. Гүлшанда ашылған гүлдей жайнадым, Тыныш-татыў дәўран берген халқыма, Әдиллик айнасы-Конституция! Ығбал таўып ғәрезсизлик туўыңнан, Саҳыпқыран бабам қайта туўылған. Әдалатлық нуры менен жуўылған, 9-апрельде усы мәканда, Сен дүньяға келдиң Конституция! Жарасығы болып жаңа заманның, Тәртиби орнады бул бас Нызамның. Онда үстин болып мәпи адамның, Хуқық берди еркин, бахытлы жасаўға, Бахытымның нышаны-Конституция! Қайра-қайра қәдем басып жүргениң, Дос яраның менен ойнап-күлгениң. Билим алып, көп нәрсени билгениң, Теңи тайы жоқ бахыт ғой өз алдына, Сол бахытқа саға-Конституция! Жылдан-жылға гүлленбекте Нөкисим, Күн сайын толысып барар кемисим. Мийман келсе дастурханда жемисим, Пәраўан турмысқа өзиң баспана, Муқәддес қуралым Конституция! Халқым қутлы болсын уллы байрамың, Иске асқан халықлық арзыў-әрманың. Желбиреген ғәрезсизлик байрағың, Ығбалыңа қорған болсын бәрқулла, Еркинлик нышаны Конституция! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 9-апрель, 2009-жыл https://t.me/gulnara_nurlepesova

#Ақыл 📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары Қазаннан қара нәрсе жоқ, Ишсең қарның тойдырар. Қардан да ақ нәрсе жоқ, Усласаң қолың тоңдырар. Атың шықса лап пенен, Бақтың болсын халық пенен. Ерлик етип ас қойдың, Беглип етип алып қойдың. Елдиң сәни қыз болар, Көлдиң сәни ғаз, болар, Қыздың сәни наз болар. Отырыспаның сәни саз болар. Кемликке-кемал, Менменге-заўал, Жаманлық етсе, Ҳәрким өз пейилинен табар. Я қорыққан жылайды, Я қуўанған жылайды. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

Бийбираба Өтепбергенованың атқарыўында https://t.me/ibratli_sozler

photo content

КЕШЕ ҳәм БҮГИН    Үшинши класста оқыйтуғын едим. Бойым бираз өскени ушын биринши класстағы кийимлерим болмай қалды. Бул да жетпегендей, анам шалбарымның бир жерин тигип берсе, еки күн өтпей басқа жери сетилип кете береди. Қыста үлкен әжағамның пальтосын кийген едим, екинши әжағамның аяқ кийими менен екинши классты зорға питирдим. Қулласы ата-анам таза кийим алып беретуғын болды. Базарға атландық. Ата-бабалар айтқанындай, базар аш адам барса тоятуғын еш болмағанда базар көрип жүрген адамның көзи тоқ болатуғын екен. Әкем менен кийим-кеншек сатылатуғын  базарды ярым кун айландық. Ҳәр бир дуканның қасынан узақласады екенбиз, әкем өкиниш пенен бас шайқайтуғын еди. Көзиме қарамаўға умтылатуғын еди. Ақырында маған дурыс келетуғын кийим табылды. Әкем алып берген көйлек, шалбар, аяқ кийим ҳәммеси де тәўирақ үлкен еди. Әкем "еки үш жыл арқайын кийесең деп қойды. Қаттыға қуўандым. Мектпепке барғанымда классласларыма мақтанаман деп қойдым.    Кийим базардан шығады екенбиз, мурныма тағамлардың ийиси урылды. Әсиресе кәбаб көзиме оттай болып көринди. - "Шашлик" алып бериң, - дедим әкеме. Әкем бул сөзимди жерде қалдыра алмады. Әкемниң бир қолында мениң таза кийимлерим, екинши қолы болса қалтасында еди... Бир нәрселерди шама менен есаплап шашликхана тәрепке бурылды. - Жүр балам саған шашлик алып берейин, - генже перзент болғаным ушын-ба әкем ҳеш қашан сөзимди жерде қалдыра алмаған. Аспаз аға еки шашлик, нан ҳәм пияз алып келди. Мен алдын ҳеш нәрсеге итибар бермей алдымдағы шашликти жей басладым. Биреўин жеп болғаннан кейин, бираз нәпсим қанған сыяқлы, әкеме қарап: - Сиз жемейсизбе? - Сен жейбер, балам, мен аш болып турғаным жоқ, - әкем нан менен пиязды жеп отыратуғын еди.    Шашликти ақырына шекем жеп таўыстым, әкем болса пиязды нан менен жеди.    Жыллар өтсе де, бул ўақыяны ҳеш есимнен шығара алмайман. Әкем менен өткерген сол ўақыяны жүрегим езилип еслеймен. Себеби ол жыллары әкемниң ҳәр жылы маған таза кийим алып бериўге пулы жоқ еди.    Бүгин балаларымды қәлегенше шашликке тойдыра аламан. Қәлеген кийимлерин кийеди. Қалтамда ақшам таўысылады, деген уўайымым жоқ. Әкем де тири. Жақында сол бала дәўиримдеги ўақыяны еслеп, әкеме шашлик алып бережақ болдым. Бул менен мойынымдағы қарызымды үзиўди ойламадым, буның илажы да жоқ... Бирақ инсанда сондай сезимлер болады, оны тәрийиплеўдиң илажы жоқ. Тек жүрек әмир етеди.    Заманагөй ресторанда әкем екеўимиз отырдық. Дәстүрқанды үш-төрт түрли шашлик пенен толтырдым. Ең таңсық тағамларға буйыртпа бердим. Әкем бир шашликти қолына алды да бираз тигилип отырып, аз ғана жеген болды. Өзимше ойладым, әкем сол ўақыяны еслеп атырғанба екен? - Жең, әке. - Балам, буларды жеўге тисим жоқ-дә, оның орнына көк шәй айт... Жүрегим езилип кетти. Әкем сонда да пияз бенен қарын тойдырған еди! Телеграм тармағынан https://t.me/ibratli_sozler

Ózińizge bek bolıń, menmen adamlar! Pulıńız kóp mensinbeysiz bizlerdi, Siz aytqansız, qansha jaman sózlerdi. Bul gáp penen jaman demeymen sizdi, Ózińizge bek bolıń, menmen adamlar! Siz ushın qunı bar barlıq nárseniń, Doslıq degen sizler ushın bir tiyin. Gápi qızıq emes dos-yaranlardıń, Ózińizge bek bolıń, menmen adamlar! Ómir degen berilgen bir imkaniyat, Tuwrı joldan júriń, qaldır jaqsı at, Múnásip turmıstıń qosıǵın jırlap, Ápiwayı bolıń, menmen adamlar! 7-Klass oqıwshısı Nurjanbaev Arıslan https://t.me/ibratli_sozler

#ибрат ЕГЕР БИР АЙ ЎАҚТЫҢЫЗ ҚАЛСА... Бир адам ҳаялы менен ҳеш шығыса алмайды екен. Үйде ҳәр күни әпиўайы нәрселер себепли тартыс, жәнжел болар екен. Ол киси бул жәнжеллерден бийзар болып ҳаялы менен ажырасқысы келипти. Ерли-зайыплылардың даў-жәнжеллери себепли еки тәреп шаңарақлардың да арасына суўықшылық түседи. Бир күни ол адам мәслаҳәт сораў ушын көпти көрген, адамлардың ҳүрметине ийе болған бир дана кисиниң алдына барып, жағдайын айтады. Ол киси айтыпты: — Енди ажырассаң да ҳеш нәрсе өзгермейди. Бир ай өмириң қалыпты, не ислесеңде бәри бир, дейди. Бул гәпти еситкен адамның қорқыныштан реңи қуўарып шығып кетеди. Жолда дус келген танысларынан разылық сорай баслапты. Үйине келип, «ҳаял кел, сонша ўақыт сени қапа еттим, жақсы ер бола алмадым, сен ушын жақсы әмел ислей алмадым, мени кешир, меннен разы бол, дейди. Ҳаялы, «тәўбе, бул адамға не болған өзи, бундай сөзлерди айтып», деп ойлапты ҳәм оған рейми келип: — Негизинде сиз разы болың, мен мудамы әдепсизлик еттим, сизди көп қапа еттим, дейди. Екеўиниңде кеўли босап көзлери жасланады… Кейин ол киси,  қәйнатасының үйине барады. Олардан да жылап кеширим ҳәм разылық сорайды. Ал ҳаялы да, қәйненесинен кеширим сорайды. Енди үйде ҳәр күни жәннетий өмир басланған еди, ерли-зайыплылар бир-бирин ҳеш иренжитпес еди… Бирақ ол адам, ҳаялына яки басқа ҳеш кимге ҳүрметли дана кисиниң айтқан сөзлери туўралы ҳеш нәрсе айтпапты. Бир ай толыўын санай баслапты. Күн жақынласқан сайын жақсылықлары артар, ҳәр күни Жаратқанға сыйынар еди. Ол кисиниң жақсы ислери көбейген сайын ҳаялын да, еки шаңарақтың да мүнасәбетлери жақсыланып, бир-бирине жақсылықлары артып барар еди. Бир ай өтеди. Аўа бүгин өледи, ертең болса… Лекин ол киси өлмеди. Анық бир ай демеди, бир ай әтирапында, деген жоқпа?. Бәлким бир неше күнлик өмирим еле бар шығар, деп ойлайды. Бир неше күн күтти, тағы өлмеди. Кейин ол сол дана кисиниң алдына барып сорайды: — Мен өлмедим ғой. — Өлиў неси? — дейди дана киси. — Сиз бир айдай өмириң қалды, деген едиңиз, бир ай болды. Бирақ мен өлмедим ғой. Дана киси болса : — Бирәдар, мен сениң қашан өлиўиңди билмеймен, лекин соны билемен, өлим ҳақ, бир күни әлбетте өлесең. Өлетуғын адам жәнжел, даў менен өмирин зәҳәрлемейди. Ҳәзирги өмириңизден кеўлиңиз тола ма? — дейди. — Аўа, ҳеш тартыспаймыз. Татыў жасап атырмыз. — Қәне, енди солай даўам етиңлер, — дейди ол киси. Ол шаңарақтың еки перзенти бар еди, оларда бахытлы шаңарақта гүлдей жаснап улғайды. Өмиримиздеги көп мәселелер өлимниң ҳақ екенин умытыўымыз себеплидур! https://t.me/ibratli_sozler

Билмес екенсең Сезимлер қубылып, ҳәр күни таңда, Өзиңше йошланып, қуўанып базда, Сулыў әрманларға талпынып, бирақ,. Алда не боларын билмейсең ҳасла. "Нийетиң-жолдасың"-дейди-ғой бизде, Ой-қиял толқынлар жүрегимизде, Алда не боларын билмейсең әттең! Небир мақсетлерди түйсекте ишке. "Не ойлар кешсе де Жаратқан ийем, 'Буйырса болады, егер түсинсең,"- Дер еди бир инсан ҳәр гезде маған, Растан питпес ис, питпейди екен. Өмир-бул қайықдур теңизде жүзген, Толқынлар ығызып, дизгин көрмеген, Алда қай тәрепке жүзерин билмей, Самал тек оның ырқын бийлеген. Бул турмыс адамды бийлер десек те, Ҳәрекетсиз бийғам жатыў керек пе?! Алда  не боларын билмесекте биз, Талпынып жасаў керек қутлы нийетке!       ✍ Кеңесбай Тилеўов. https://t.me/ibratli_sozler

ХАЛҚЫМ ҲАҚҚЫНДА. Бир халық көрдим  жүреги көринер қабырғасынан           ( М. Лукин )     Мениң Ана - Ўатаным. Халқым  ҳаққында айтсам, Бизиң халық сондай меҳрибан, кеўлинде ҳеш гирбиңи  жоқ, өтирик сөйлемейтуғын ақ көкирек сада халық. Елшилик арасында сумлығы басым, тәртипсиз, мийримсиз, биреў алға умтылса, жоқары лаўазымға көтерилсе ямаса байыса  бир - биреўин көре алмайтугын дослар да, ағайин - туўысқанлар да табылады.     Қашанғы сөйтип жүре берер дейсең,  бул да жөнлесип, өз орнына түсер. Басқа еллерге, басқа миллетлерге қарағанда  бизиң карақалпақ халқы анағурлым миймандос, қонақшыл, үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет көрсетиўден тайынбайтуғын халық. Халқым ҳаққында қаншама қосықлар, поэма, повесть, роман ҳәм гүрриңлер жазсаңда, мақтаўға арзыйды. Өзи ишип - жемесе де Кеўлин  ашар  қонақ келсе  Өзи кийим киймесе де Жәрдем берер  бир- бирине Сумлығы жоқ, сада халқым Ийман жүзли, кеўли таза халқым. Мехир - мириўбет көрсетип, Мийрим - шәпәҳәтин  төгер  халқым. Халқым менен мақтанаман, Ҳеш қашан өсек айтпайман " Ибратлы сөзлер " атынан Халқыма  алғыс айтаман.      ✍ Гүлбәҳәр Қарабаева https://t.me/ibratli_sozler

Гулхатиша Айымбетова Сөзи: И. Юсупов Намасы: Н.Мухаммеддинов https://t.me/ibratli.sozler

БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ. 🌟 Лао Дзы Қайырлы түн әзиз
БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ. 🌟  Лао Дзы Қайырлы түн әзизлер... Аллахым түнниң тынышлығын бергей. Уйқыңыз пүтин болып, жақсы түслер көриң. ❤️🙏❤️🙏❤️🙏❤️🙏 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Rashid Xojasov-Muxabbat.mp32.17 MB

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... - Статистика та аналітика Telegram каналу @ibratli_sozler